Ибрайым Юсупов

Бүлбил уясы



 

                              Қосықлар ҳәм поэма


                              Нөкис. <Билим> баспасы. 1997-жыл.


                          Электрон вариантының корректоры Б.Досымбетов.



   
   Халық шайыры Ибрайым Юсуповтың поэзия шайдаларының нәзерине усынылып отырған "Бүлбил уясы" 
қосықлар ҳәм поэмалар жыйнағында сөз зергериниң ҳәр қыйлы жылларда 
жазылған түрли темадағы қосықлары орын алған. Бундағы ҳәр бир қосық 
өзиниң ширели көркемлиги, миллий бояўлары, жипек желислери менен оқыўшының жүрек сезимлерин 
жаўлап алады.


                               ҚОСЫҚТЫ СҮЙГЕН КЕЎИЛ


   <Қосық дүньяны гезип жүрип, бир күни Сырдәрьяның арғы жағындағы 
қарақалпақлардың үйине қонақ болыпты, - деп жазған еди қазақтың 
уллы алымы Шоқан Ўәлийханов өзиниң 1904-жылы Петербургта шыққан мийнетинде, - Есап-сансыз 
қарақалпақлар бахытлы аўылда жыйналып, қара кештен таң саз берип атқанша өзи шаршап, 
уйқыға жатқанша бул әжайып қонақты айттырыпты. Хош ҳаўазлы қонақтың 
көп ғана гүрриң-әңгимелерин, қосық ҳәм шежирелерин қарақалпақлар 
соннан ядына тоқып алыпты. Сонлықтан қарақалпақлар кең даланың ең бир хошҳаўаз 
қосықшылары болып табылады...>
   Сол дегендей, ҳалқымыз әзелден өз ана тилиниң ғайры-нағыс көркемлиги менен 
қосық шығарыўды сүйген ҳәм еле де солай. Өйткени қосык кисиниң кеўил күйин, 
арзыў-әрманын, қайғы-қуўанышын, өмирге болған инкарлығын, жүйрик қыялын 
жырлаўда теңи-тайы жоқ өнер. Қосық - халық тилиниң ең шийрин жемиси. Ол әсиресе, 
сулыў саз бенен, хош ҳаўаз бенен тил табысып, бир жерден ҳаўаз бере қойса адамда йошландырады да, жылатады да, 
жубатады да, өмирге ашық етеди, жасаўға қулшындырады.
   Қосық адам кеўлине жақсылық булағынан суўсын береди. Қосықты сүйген кеўилден 
жаманлық шықпаўы тийис. Сонлықтан қосық, бурынғылар айтқандай, бендениң жаўырны 
бесиктен тартып, табытқа тийгенге дейин инсанға өмирлик руўхый жолдас болып жасайды.
   Қосық өнерин жазба әдебиятта Европада <поэзия>, Күн шығыста <шеьриат> деп атасады.
   Жоқары сыпатлы қосықтың тили көркем, терең сырлы, астарлы мәнили болып келеди. 
Мақтумқулы <Саўылды қызық базарым> десе, Бердақ <Жүгим алып кәрўан кетти> дейди. 
Бул қосық қатарларының мәнисин шағып көрсеңиз, инсан өмириниң мәнгилик 
емеслигинен, өткинши дәўраннан налыш, кеўил қапашылығы аңланады.
   Сол айтқандай, Әжинияздың <Гузар дәрбентине қурған көшкимде дәртимди дәртлесер 
ҳәмдам болмады> дегени, М.Ю.Лермонтовтың <Жулдыз жулдыз бенен сәўбетлеседи> (<Звезда с звездою говорит>)
деген қосық қатары ҳәм қайсы бир қыссадағы <Жулдыздан жол сорап, айға жетистим> 
деген қатар, -үшеўи де руўхый жақтан бири-бирине оғада үнлес мәниге ийе: адамзат кеўилден 
кеўилге жол таўып, хош мулаққат сыйласықта, бири-бирин сүйип, түсинисип жасағанда ғана 
өмир сулыў, ўақты хош болады, инсанлар кеўли сәўбетлесип жасаўға талпынады демекши.
   Қосық көркем тилли, мәни жағынан усындай қупия сырлы болса, ол адамда терең ойлар 
оятады, кеўилди ийгиликли сезимлер менен тербетеди ҳәм жалпы адамзаттың ортақ руўхый мүлкине 
айланып, узақ жасайды.
   Қара сөз бенен бираз жерден айландырып сүўретлеп түсиндиретуғын гәптиң мәнисин 
шайырлық тилде бир қатар қосық пенен бере алыў мүмкин. Мәселен, Саадий бир қосығында 
<Дос қәдирин билмес досты көп адам> дейди, Пәми бар киси бул сөздиң мәнисин дәрҳал-ақ 
аңлайды. Буны қара сөз бенен узақ тусиндириўге туўра келеди.
   Бирақ бул жерде прозаның орнын поэзия басады екен деп қарамаў лазым. Олардың ҳәр 
қайсысының руўхый мәдениятта өз орны бар. Деген менен, көркем әдебият қайсы халықта 
болса да поэзияның уўызын емип, шайырлық булағынан саға алатуғыны мәлим. Дүнья 
әдебиятындағы қара сөздиң (прозаның) уллы шеберлери Лев Толстой, Бальзак, Шолохов, Хэмингуэй, 
Абдулла Кадирий, Мухтар Аўезов, Шыңғыс Айтматовлар, шығарманы қосық пенен жазбаса да, шайырлық 
тәбияты терең дана талантлар болып, сонлықтан олардын шығармаларында, поэзия теңиздей толқып 
турады. Керисинше, ҳәзирги замандағы көп ғана роман, повестлердиң өмири 
қысқалығының ең баслы себеби - олардың дөретиўшилеринде шайырлық тәбият 
жетиспейди. Олар, <еринбеген етикши болар" дегендей, көпиртип көп жазып, китап шығарады, ал жазғанлары 
тәсирсиз болып шығады ...
   Сол сыяқлы, уйқасқа түскен сөздиң бәри қосық бола бермейди, ал 
уйқастырып қосық жазғанның бәри шайыр емес.
   Қосық дүньясында түрли қәлем силтеўлер ушырап турады. Биреўлер түйдек-түйдек 
қосықлар жазып, көп топламлар шығарып, өзин "шайырман" деп жәриялап, мақтатып, 
барақ нәтийжеде жәмийетшиликтиң дыққат итибарына илинбей қалып атады. Базы ўақта, 
қандай да белгисиз биреў қәпелимде оғада жақсы бир-еки қосық шығарыўы мүмкин. 
Ал бир пара талант ийелериниң бир-еки қосықлары менен ақ әдебият тарийхында терең из 
қалдыртуғыны болады. Мысалы, Гүлмурат шайыр <Қайраўда жалғыз ғаз>, Жаңабай шайыр 
<Қазы ийшан>, <Ақсүңгил>, Нурлыбай шайыр <Бала гүрең>, Қыдырнияз бақсы 
<Өтениң соры>, Избасар Фазылов <Қара қой> қосықлары менен журтшылыққа кең 
белгили болып қалды. 
   Буларды айтып атырғанымның мәниси, қосықтың көркемлигин сезинип, мәнисин 
шағып оқыўға яки тыңлаўға жаслай өз талғамыңды тәрбиялаў керек. 
Дыйқаншылықтың мәнисин билетуғын адам егинди көгине қарап-ақ оның 
қандай зүрәәт беретуғынын айтады. Сондай, шайырлық сөзди мәзи уйқасқа 
түскен сылдыр сөзден айыра билетуғын боласаң.
   Жоқары сыпатлы қосыққа - поэзияға түсинигиңди, сезимиңди тәрбиялаў ушын 
әўеле халық қосықларын, дәстан ҳәм қыссаларды ықлас қойып көп 
оқыў лазым. Оннан кейин Бердақ, Әжиниязды, Наўайы, Мақтымқулы, Абай, Тоқай, сыяқлы 
түркий қосық дүньясының дана шайырларын (мүмкин қәдеринше түп нусқасынан)
жалықпай, сығалап оқыў керек. Хожа Ахмед Яссаўий, Сулайман Бақырғанийдиң ҳикиметлериниң 
ҳасыл нусқасынан оқыў руўхыңа көп нәрсе береди. Соның менен бирге, Саадий, Ҳафиз, 
Омар Ҳайям, Жамийдиң шығармаларының аўдармаларын таўып оқысаң, олар да жатырған бир 
кең муқийт. Бирақ усылардың бәри менен бирге, европалық поэзиядан да азықланбасаң 
бираз жолдан қаласаң. Пушкин, Лермонтов, Байрон, Гете, Гейне, Шиллер Шекспир - буларды оқымай, шайырлық 
дүньясының мәңги булақларынан суўсынладым дегениң ушқары гәп болады. Ал енди 
ҳәзирги дәўирдеги көрнекли шайырларды болса, өз заманласың сыпатында әлбетте 
бәраҳама оқып барыўға туўра келеди. Олар менен бир жасап, бир ҳаўаны жутасыз ғой. 
Сонлықтан олар саған әлбетте ҳәммеден жақын, сениң өз кеўлиңдеги дәртиңди 
жырлайды.
   Көбиси мектеп ҳәм жойқары оқыў орынларының әдебият бағдарламаларына кирген ямаса 
класстан тыс оқыўда пайдаланатуғын қосықлардан ибарат болған бул жыйнақты басып шығарып 
отырған "Билим" баспасына миннетдаршылық билдирип оқыўшылар жәмийетшилигине шайырлық сөзди 
сүйиң, сонда кеўлиң йошлы, нәшели, пейлиң кең, көкирегиң жақсы сезимге бай, 
ҳужданың пәк, өмириң ләззетли болады демекшимен.



              Өмир өтер, биз қалармыз жасқада, 
              Жулдызлар сәўбетин бузбас ҳасла да. 
              Бул өмирдиң күн көристен басқа да, 
              Руўҳый ләззети мазалы болар. ...


                                                                        Ибрайым Юсупов 18-сентябрь 1996-жыл.






                      ЎАТАН СОҚПАҚЛАРЫ


              АНА ТИЛИМЕ

Жыраў сени бәйги атындай баплаған, 
Шешенлер даўда шыңлап сени таплаған. 
Алпамыслар уран етип урыста, 
Бердақ сени қурал етип саплаған.

Байтерексең өскен гөне тамырдан, 
Дилўарлығың қыл суўырған қамырдан. 
Қарақалпақтың кеўил қусы сайраса, 
Сөз қыйсыны ғазийнеңнен табылған.

Гүлпаршынлар баўыры оттай қамылып 
Қызлар сыңсып муңын айтқан шағынып, 
Сен арқалы ханды жумсап қатынлар, 
Әжинияз сайраған елин сағынып.

Нақылларың, шағып көрсем, маңыздан. 
Жуўабыйсаң зейин суўын ағызған. 
Атам саған азаматлық жан берип, 
Анам саған мийрим сүтин тамызған.

Ырасгөйсең дурысын айтқан аңқылдап, 
Саҳрайысаң қатты даўыс шаңқылдақ. 
Жалған сөйлеп жағыныўды билмейсең,
Сыбырласаң ғазлар үркер ғаңқылдап.

Мен теңеймен сени жеген наныма, 
Уўыз бенен руўҳың сиңген қаныма.
Ес билгели тил жатырқап көрмедим,
Бирақ сен дым жақынсаң-аў жаныма!

Сазға қоссам, ҳаўалаған аласар. 
Илме султан сулыўлығың жарасар. 
Қандай жақсы ағайинниң көплиги! 
<Жақынбыз> деп саған көп тил таласар.

Ана тилим, сен - басқадан айырмам, 
Сен турғанда мен де әдеўир шайырман. 
Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай, 
Бул күнлерге жеткениңе қайылман.

20-сентябрь, 1970-ж. 


         ХАЛЫҚ   СӨЗЛЕРИ

Халқым дана десем болар, 
Нақыл еткен биле-биле: 
Сөйлей-сөйлей шешен болар, 
Көсем болар көре-көре.

Нақыл көптиң мүлки болар, 
Адам сумы түлки болар, 
Ийт жулдызға күлки болар, 
Айға қарап үре - үре.

Қорыққанларға қос көринер, 
Жолдаслық жолда билинер. 
Жүргенде жормал илинер, 
Көп көрерсең жүре-жүре.

Бәдҳасылға ҳәмел жетсе, 
Пуқарасын талар ийтше. 
Қумырысқаға қанат питсе, 
Ҳәлек питер келе-келе.

Халкым қалпы айтсын қалай? 
Заманларды көрген талай. 
Биреў өткен жылай-жылай, 
Биреў дәўран сүре - сүре.

Шайырлық етсе наданлар, 
Бәлеге қалар адамлар.
Ақмақ айтар, ақыл тыңлар, 
Зейин менен иле - иле.

Менменликке басты шатпаң, 
Шымшық өз тасына батпан, 
Ешек озсам дейди аттан, 
Желмаядай желе - желе.

Күшигеннен бүркит болмас, 
Теңиз суўын сырқып болмас, 
Жартыўлы жүн қырқып болмас, 
Ала қойды бөле - бөле.

Адамның бир парасы бар: 
Оқымай-ақ санасы бар.
От жаққыштан дана шығар, 
Сөзге қулақ түре - түре.

Қызлар белин қынасады,
Мәрт майданда сынасады, 
Қыймылдаған қыр асады, 
Еңбек еткен еме-еме.

Кирпиктен кеўилге жара 
Түссе, оған бар не шара? 
Бийтәртип өскен қыз бала
Бәле табар күле -күле.

Астарлап айтар маманлар, 
Буның мәнисин ким аңлар 
Атадан алтаў туўғанлар 
Жетеў болар өле - өле? ...

Қалаўын тапсаң қар жанар, 
Жүйсиз урсаң балта сынар, 
Жигит жаслай дилўар болар, 
Мәжилиске кире - кире.

Дүнья қуўған байыр, өтер, 
Ел қыдырған сайыл өтер.
Из қалдырып шайыр өтер,
Сөз маржанын тере - тере.

1970-жыл.

                             ШӨГИРМЕ


(Халық шайыры Аббаз Дабыловқа  оның алпыс жыллық тойында шөгарме кийгизилгенде)

Турмысымыз таза болғансоң енди, 
Кийимлер де көшкен жаңаша түрге...
Айтсам сен туўралы еситкенимди, 
Бабалардың бас кийими шөгирме.

Бир атың телпекдур, бир атың қураш,
Заманыңда кийим болғанын ырас. 
Түрли баслар менен сен болып сырлас,
Талай асыўларды астың шөгирме.

Әўел пайда болдың кимниң басында, 
Арал теңиз, Едил-Жайық қасында?
Он әсирлик орыс жылнамасында 
Қуўандым атыңды оқып, шөгирме.

Бабам пана излеп Россиядан,
Петербургқа жол тартқанда қыядан,
Ҳүрмет көрип Мәскеў, Макариядан, 
Көп жерлерди аралаған шөгирме.

Ҳәмел ушын Айдос арын сатқанда,
Бегис, Мыржық қаны саған қатқан ба?
Ерназарды жаў арқадан атқанда
Сен қанға боялып жаттың шөгирме.

Әреби, шийразы байларда болды,
Сени кийип олар тойларда болды. 
Мурны аспанда, кеўли айларда болды,
Дәўири шым-шытырық болғаи шөгирме.

Күниң бар ма жазда күйе түспеген? 
Өрде турсаң ығыңнан жел еспеген, 
Өттиң талай телпек дирилдеспеден,
Басыңа көп ғаўға түскен шөгирме.

Алдыңнан қарасам артың аўықтай,
Қапталдан қарасам түриң ғаўықтай,
Қыста сәўирлеген түйетаўықтай 
Самал қақса ҳәңкийесең шөгирме.

Қара үйге кирсе ким сени кийип,
Келдиң ергенекке сен зорға сыйып, 
Пүтин тери зая болмасын дийип,
Бабам байғус үйе салған шөгирме ...

Еркин қанат қақты азатлық қусы.
Кетти өмиримиздиң қаҳәрли қысы,
Ҳәр заманның өз кийим, өз модасы, 
<Жаңа турмыс өссин> дедиң шөгирме.

Гедейлик қысмети көп түсип басқа. 
Қолым тиймеди деп ҳеш қолаң шашқа, 
Телпек киймедим деп бир шалқып жаста, 
Аббаз шайыр әрман еткен шөгирме.

1969-жыл, январь.

ҚАРАҚАЛПАҚТЫ  КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ

<Бир халық көрдим. жүреги 
Көринер қабырғасынан>
(Михаил Луконин.)

Қарақалпақты көп мақтама көзимше, 
Қармаққа тез қабатуғын балықпан. 
Ҳәр кимниң бар әззи жери өзинше, 
Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан.

Бул кисини көзге мақтаўдан көре, 
Пайдалырақ минин таўып сөккениң. 
<Қарақалпақ жақсы халық> дегенге
Бабам шешип берип кеткен шекпенин.

Жалғыз атын сойып берип қонаққа, 
Жаяў қалып бул халық талай тарыққан, 
Соны айтып мақтайғойсаң бирақта, 
Оннан да зорын көрсететин халықпан ...

Беглиги көп йошып кетсе бул халық,
Дәстанларды қойдай дизип матаған.
Ҳәмме халықты қарақалпақтан шығарып, 
Өз тарийхын баслар Адам атадан ...
        
Мийнет десе жең түринген палўандай, 
Арбаға таў тийе десе тийеген.
Дослық десе жулдыз таўып алғандай. 
Халқымның ак көкирегин сүйемен.

Жек көрсе ол, <жек көремен сени> - деп, 
Саған барып айтпағанша тынбайды. 
Бир пул тапса, <бай деп санаң мени> деп, 
Есип жумсап қуртпағанша тынбайды.

Сумлық қылса сыр алдырар баладай, 
Кеўилшеклик минезине күйемен. 
Ал енди онық кең жазийра даладай 
Азаматлық кең пейилин сүйемен.

Тайын мақтап, атын минсең - сынамас, 
Мен бул халықтың минезине қанықпан. 
Кеўлим мениң Жәйҳун менен сағалас,
Ҳәр нәрсеге йошатуғын халықпан.

Жақсы сөзге жан семирер деген бар, 
Хошаметке ҳәр ким ҳәўес өзинше. 
Сондадағы өтинемен, адамлар: 
Қарақалпақты көп мақтамаң көзимше ...

1974-жыл, январь.

КҮНШЫҒЫС ЖОЛАЎШЫСЫНА

Өңиринде шайқалған жас қара тал, 
Әмиўдәрья суўларынан нәр алып, - 
Қубласында шөккен нардай Қара таў, 
Арқасында ақ сазанлы Аралы ...
Өз елиңниң бул мүйешин аралап, 
Жүрегинде мәңги сақлап кетиўге, - 
Күншығысқа сапар шеккен азамат, 
Асық достым бизиқ жаққа жетиўге!

Бизде сөз бар: мийман - ырыс, берекет,
Қонақ күтиў - зийнети ҳәр адамның. 
Егер үйге бес күн мийман келмесе, 
Шайы қонбас мениң байғус анамның. 
Тандыр жапқан жеңгейлерден бар мирәт,
Руқсат жоқ аўыз тиймей өтиўге.
Күншығысқа сапар шеккен азамат, 
Асық достым бизиң жаққа жетиўге.

Бунда дослык салтына жан сүйинер,
Жатырқамай араласаң егер сен. 
Ҳәр шәҳәрли, ҳәр дийқанның үйинен 
Өз үйиңниң жыллы лебии сезерсең. 
Бунда өскен пахтаның ҳәр талшығы 
Шын дослықтың беккем алтын жибиндей.
Жайлаўларға қурдай қаплап мал шығып, 
Кен далалар дөнер сурдың түгиндей. 
Оқыранар қайшы қулақ қаназат,
Желдей жүйиткип сени алып кетиўге.
Мингиң келсе ушқыр тулпар, азамат,
Асығагөр бизиң жаққа жетиўге ...

Бунда өмир қаўынындай Шаббаздың
Толып тасар тил үйиргиш ширеге. 
Бунда  Пушкин, Наўайы ҳәм Аббаздың
Қосықларын ҳәмме ядтан биледи. 
Мейли Киев, тундра я Арарат ... 
Уллы журттың турсаң да қай шетинде, 
Бул жер сени өгейсимес, көрмес жат,
Асық достым усы жерге жетиўге.

Нөкис, 1956-жыл.

ҚАРА  ТАЛ

Суў бойында шайқатылған жаным қара тал, 
Маған бальзам, сен тымықта шақырған самал;

Маған туўысқан ҳәр шыбығың ҳәм буртиклериң,
Сениң астың - киндигимнен қан тамған жерим.

Анам саған байлап мениң әткөншегимди,
Тербеткенде ырғалғансаң ҳайялап сен де.

Сениң үниң, турсаң гуўлеп алдында тамның, 
Жаныма үнлес ертегиндей әзиз анамның.

Кешки иңирде жуғырласқан шоқ шымшықларың
Берген маған шоқ минезин, шоқ қылықларын.

Самал түрса, сен бир тегис ырғалып ойшаң,
Салдамлырақ ой ойлаўды үйреттиң маған...

Сонда ылай суў бойында, сениң саяңда
Туўған жерге туңғыш сезим менде оянған.

Гә шежиресин баслайтуғын ғаррыдай үнсиз,
Гә романтик жас қыялдай шуўлап тынымсыз, -

Кулағымнан кетпес еле туўысқан талым, 
<Шайыр бол> деп маған талай сыбырлағаның.

Билим қуўып мен қалаға сапар шеккенде, 
Ҳақ жол тилеп, анам менен узаттың сен де.

Шадлық, дослық урқан атар ғыр айланаңда, 
Туўған аўылым ғурғынласып өсер, саяңда.

Гүллене бер, таллы жағыс, пахталы далам,
Мен - сениң бир нарт шыбығың, мен - сениң балаң!

1955-жыл.

СЕН   ДЕГЕНДЕ

(Сайлаўшылар менеп ушырасыўда оқылған қосық, 
23-февраль 1977-жыл.)

Жулдызлардың ен жақтысын 
Терип-терип алағойған. 
Адамлардың ең жақсысы 
Сол жақтыға барағойған.

Асқар таўдай адамлықты, 
Ағын суўдай ҳадаллықты, 
Уллылықты, еденликти 
Көкирегине қуяғойған.

Сен туўасаң ақылды да, 
Сулыўды да, батырды да ...
<Халық> деп сениң атыңды да 
Ким қойса да, дана қойған ...

Сен қуўансаң, кеўлим тасып. 
Ай-жулдызды аралайман. 
Сәл ынжылсаң, мазам қашып 
Саў жанымды жаралайман.

Базда өзим данадайман, 
Базда исим шаладайман. 
Сени көрсем, өз атама 
Еркелеген баладайман.

Сен йош берсең, сөз табаман, 
Бирди еки деп санамайман. 
Сен буйырсаң, бассаламан, 
Дуў - сыйына қарамайман.

Кеўлиңди табыўды ойлап, 
Бир сөзди бир сөзге байлап, 
Қара түнде қәлем шайнап, 
Ақ қағазды қаралайман.

Әрманым сол турсам-жатсам: 
Сөз қусын ушардан атсам, 
Саған аз-кем сөз унатсам, 
Басқа бахыт сорамайман.

Әжинияз, Бердақ, өтти, 
Аббаз, Садық жырлап өтти,
Дәрья болып ҳағлап өтти, 
Сол дәрьяны жағалайман.

Намыс ушын ат қашырған, 
Бийик әрманға асылған. 
Мен де журт қусап тасынған 
Бир жапакеш шымалайман.

Қосық - теңиз, болсам - балық, 
Ис буйырса сиздей халық, 
Аяғымды қолға алып, 
Басым менен жумалайман.


ҚОБЫЗ

Курбанбай жыраўға

Жаңла қобыз, әсирлердиң гүўасы,
Қарақалпақ сазларының сағасы. 
Қайтқан ғаздай ғаңқылдаған үниңе 
Шадлық қуйған жаңа заман дүньясы.

Кемсеңлетип ғаррылардың ийегин, 
<Посқан елди> толғап өткен Жийениң. 
Әсирлердиң аўыр шерин арқалап, 
Туқылы ашып, жаўыр болған тийегиң.

<Келте зибан> гүрмеўиңе келмеди, 
<Уллы зибан> бахыт таппай шөлледи. 
<Жортыўлыда> елдиң жоғын жоқлаған 
Батырлардың ат туяғын серледим;

<Шербейитиң> шерли жандай аҳ урып, 
<Көз айдының> қуўанышқа шақырып, 
Халық ғазеби толып тасса, сендағы, 
<Айға шаптың> арысландай ақырып.

Сен дийқанның қулағынан шаң қақтың, 
Шопан менен Қызыл қумда қой бақтың. 
Сен баянлап келдиң әрман-тилегин
Хан ермеги болған қарақалпақтың.

Саздан тулпар, тийегиңнен ер еттиң, 
Қыялыңнан қас батырлар дөреттиң. 
Халық бахыты деп атландырып оларды,
Саркоп пенен Байсын елин излеттиң.

Күн астында Саркоп, Байсын көп еди, 
Бәринде де байлар ғана тоқ еди. 
Мийнеткеш халық бахыты ушын <боз торғай-
Қой үстине аўнаған> ел жоқ еди.

Мәңги бахыт орнап туўған елиңде, 
Таза лапыз алды сениң үниң де. 
Шадлық жырын толғап Қыяс, Қурбанбай,
Жаңа турмыс сахнасында көринди.

Халықтың алтын ғазийнесин қолға алып, 
Ғарры жыраў қыя шөлде толғанып,
Алып шығып әсирлердиң шаңынан, 
Жаңа әўладқа мийрас етти қуўанып.

Жаңла қобыз, сол тапсырған мийрасың -
Халық өмириниң шежиреси, айнасы, 
Бүгин бизге жәрдемлесер жалықбай 
Гүллентиўде жаңа турмыс дүньясын.

Нөкис, 1956-жыл.
Ескертиўлер: <Келте зибан>, <Уллы зибан>, <Жортыўлы>, <Шербейит>, <Көз айдын>, <Айға шап>  - қобыз намалары. И.Ю.

ҲАҒЛА, ӘМИЎИМ!

Жазғы таңда шықсам Әмиў бойына, 
Ҳаўасы жаныма жағып барады, 
Қанат байлап қыялыма - ойыма, 
Ылай суўлар бурқып ағып барады.

Терең ийрим тартып, жайлап та ағар, 
Базда сазан атып, туўлап та ағар. 
Саўлатланып, суў тулпардың жалындай, 
Ырыс қазаны болып қайнап та ағар.

Басқа қызығыңды қоятур дерсең, 
Алтын сахналы бир театр дерсең. 
Суў ийеси Суләйманның мүлкиндей, 
Мол ғәзийне ығып киятыр дерсең.

Қызкеткен, Кегейли, Пахта арналар, 
Ғарқәллезий болып Қуўаныш жармалар, 
Көлде ғаз қыйқыўлап, жылымлар майлап, 
Атызларда дийқаншылық ырғалар.

Ҳәрекетке келтирип кең дүньяны, 
Қарағандай елдиң, жердиң дәўраны, 
Жағалықта жасыл туўын көтерип, 
Жас тоғайлар алғыслайды дәрьяны.

Ҳағла. Әмиў - берекеттиң булағы! 
Бар тиришилик саған қуллық қылады. 
Сен ҳәўижге минсең, еллер қуўанып, 
Шайырлар да сеннен илҳәм алады.

Теңизди терис қайтқан заманлар қуртты, 
Ҳеш ким емес, оны адамлар қуртты. 
Сағадағы суў симирип жуўҳадай, 
Аяққа ағызбай, теңселтти журтты.

Ашкөз бенделердиң пейлин байқаған 
Тәңирим бәлким талай басын шайқаған, 
Жаратқанның өзи жарылқар болса, 
Адам ириккен дәрья тасар қайтадан ...

Бойларыңда жүрип ойға таламан. 
Демде не заманлар кешти арадан! 
Пәтли ағысыңды қайтадан көрип, 
Қуўанғаннан көзиме жас аламан.

Ҳағла, ҳағла Әмиў, - жәўлан урып ақ. 
Абийҳаят суўы менен толып ақ. 
Әйдарҳадай айбат шегип, жулқынып,
Ҳәм жилли көзленип, Жәйҳун болып ақ.

Жағысына бахыт бәҳәрин берсин, 
Саған Нуў пайғамбар қәҳәрин берсин. 
Қырға шығып қалған байғус Аралға, 
Ҳәр тамшың тиришилик нәҳәрин берсин.

Жуўасып, ҳеш кимге бағынбағайсаң, 
Нәўпир суўдан ҳасла арылмағайсаң. 
Сен ҳәзирги адамлардың пейлиндей, 
Ишкирнелик етип, тарылмағайсаң.

Август, 1993-жыл.

ЖАРҚЫЛЫҚ, НАЎРЫЗДЫҢ  БАЙРАМЫ   КЕЛДИ

Мириўбеттиң нурын қуйып жанларға, 
Жүрек шәўкилдесип, қуўантып елди, 
Жарық сәўле берип атар таңларға, 
Жарқылық, наўрыздың байрамы келди.

Күн күлимлеп, ҳаўа райы жөнлесип, 
Дийқанды шақырар атыз <кел> десип, 
Усы бүгин күн менен түн теңлесип. 
Кеўиллерге теңлик дәўраны келди.

Жаслар желкилдесип, жүзлери жайнап, 
Қартлар шүкираналық инсабын ойлап, 
Наўрызлық гөжелер бүлкилдеп қайнап, 
Көптен күткен тойдың әнжамы келди.

Бул жаңа күн <Наўрыз> деп аталып, 
Мийрим-шәпааттың нуры тутанып, 
Әткөншеклер булдырыққа пәт алып, 
Ақшам айқулаштың майданы келди.

Жәмәәт жәм болып, қәўми-қоғамлар, 
Жеңгейлер наз етсе, күлип ағамлар, 
Дәстурханды безеп татлы тағамлар, 
Сүмелекти ертип қаймағы келди.

Сазенделер сазлап жаңлатып сазын, 
Шаңлақта шағласып журт қурар бәзим, 
Қаўышып көрисип абысын-ажын, 
Салланысып қыз ҳәм жәўаны келди.

Жәнжел дүньясында базар саўылған, 
Урыс жоқ, аразлық жоқ, бәрше баўырман. 
Бар адамзат шыққандай бир аўылдан, 
Татыўлық мүлкиниң султаны келди.

Жақсы үмитлер жуўып кеўил ғубарын, 
Дүзелгей деп арасаттың заманың, 
Руўхы шад болып ата-бабаның, 
Аўнап түсип жатқан хабары келди.

Ҳақтың инаяты инсан кеўлинде, 
Мийрибанлық, мириўбеттиң гүлиндей,
Шан-шәўкетли Өзбекстан елинде, 
Күн күлимлеп бәҳәр  әйямы келди! 
Жарқылық, наўрыздың байрамы.келди!

Март, 1991-жыл.


БУЛ  ҚАЛАНЫҢ  КӨШЕСИНЕН  ЖҮРГЕНДЕ

(Нөкистиң 60 жыллығына)

Бул қаланың көшесинен жүргенде, 
Билинбейди тоқлығым я ашлығым. 
Еске түсер гүўлеп өткен жаслығым, 
Бул қаланың көшесинен жүргенде,

Қайсы жайды қандай ўақта қурғанын, 
Қай көшеге қашан асфальт урғанын, 
Яд билемен қайсы терек қайманда 
Қай бәҳәрде қанша жапырақ салғанын.

Нөкис десе қозып қетер делебем, 
Көп жырладым, жырлайман да еле мен.
Жер жәҳәнде бул шәҳәрге усаған 
Қала тапбай, бәрҳа қайтып келемен.

Қалалар бар биз көрген ҳәм көрмеген, 
Халқы сыймай қара суў боп терлеген. 
Онда адамлар жасап турып бир жайда, 
Өмиринше қоңсыларын билмеген.

Бизде үй жоқ күндиз илип отырған, 
Апақ-шапақ жайнап күлип отырған. 
Арғы баста кимниң ийти үргенин, 
Берги баста ҳәмме билип отырған.

Бул қаланың аэропорты ишинде, 
Зилзила бар ҳәр лайнердиң күшинде, 
Бирақ базар деген бәле шыққалы 
Самолетсыз түс көремен түсимде ...

Шәҳәрлер көп мәлим дүнья жүзине, 
Ҳаўа жутсаң, түтин урар көзиңе. 
Алып қояма деп әлле биреўлер, 
Завод, фабрика қура берген өзине ...

Бул қаланың дым басқаша ҳаллары, 
Шаң болса да, таза ҳаўа жоллары.
Тек Аралдан ескен дузлы самаллар 
Шырқымызды бузды соңғы жыллары.

Тахиятас еле жақын қонажақ, 
Хожелиге және көпир салажақ, 
Бул үшеўи келешекте қосылып. 
Будапештей үлкен шәҳәр болажақ.

Қаттыағардан Қызкеткенниң сағасы, 
Қутлы қоныс болған Әмиў жағасы, 
<Ағам барда арқам тамда> дегендей, 
Уллы Ташкент оньң ғамқор ағасы.

Жигит дәўири әйне алпыс жасында, 
Үргениши, Ташаўызы қасында. 
Бухара ҳәм Самарқандтан үйренген 
Тәлимат көп бул Нөкистиң басында.

Арқамызда Қызылорда ағайин, 
Өзбек, қазақ, туркмен, қырғыз, ноғайым. 
Туўысқаны көп халықпыз бахытлы, 
Бир қосыққа қайсы бирин тығайын.

Аўзым бармас бул Нөкисти жас деўге, 
Көшелерин жер деўге я тас деўге. 
Алмасбайман доллар төсеп қойса да, 
Париж, Лондон, Вашингтон, Мәскеўге.

Ўа Нөкисим, сен питпеген жырдайсаң, 
Әйнегимнен таңда түскен нурдайсаң. 
Ҳәр тойыңды президент қутлықлап, 
Дүнья турғаншелли жасап турғайсан.

Ноябрь, 1992-жыл.

БЕРДАҚҚА

Сен  қосықсаң жыртық үйде туўылған, 
Аш халықтың әрманына жуўылған. 
Туўылыўдан ығбал излеп халқыңа, 
Жалаң аяқ қарды басып  жуўырған.

Ийниң тийсе пүтинирек кийимге, 
Шешип жаптың оны бөтен ийинге. 
Қосық жазар хошым жоқ деп йош аңлып, 
Отырмадың май кекирип үйиңде.

Залымлардың көзине сен жин болдың, 
Қарлыққанға   шаңқылдаған үн болдың. 
Қақаман қыс халықтың әпшин қуўырса, 
Сен оларға кемпир қуяш күн болдың.

Боз ордада айшы-әширет қурмадың, 
Дәнсиз жерде торғай болып шырладың. 
Қарлығаштай аўзың менен суў тасып, 
Прометейдей тәңириден от урладың.

Байрон болып даңқың түспес жәҳәнға, 
Оның менен кемип қалмас баҳаң да. 
Кеўиллердиң гүли болып жасарсаң, 
Өзиң өткен, биз туўылған мәканда.

Ел дәртине дәрман болған гиясаң. 
Халық әрманы туўған поэзиясаң, 
<Атақ емес, сөз қуўагөр, балам> деп, 
Көз алдымда турасаң да қоясаң.

1965-жыл.

СЕКСЕЎИЛ

Үнсиз көкке қолларын созып әстен, 
Ким булар ел шетинде ербеңлескен? 
Ҳеш ким емес, бул мәзи сексеўиллер, 
Шет - шебирсиз даланы қаплап өскен.

Бойында қызғыны бар тас көмирдей, 
Шаң басып қуўаң тартқан жас көринбей. 
Өз даласын жаўлардан қорғап турған 
Әййемги массагеттиң ләшкериндей.

Айқасар отлы әптап, жәбир менен, 
Жығылса иси болмас қабир менен. 
Жаўмай өткен бултларға өшегисип, 
Түйедей төзе билер сабыр менен.

Боранлар келип оны жулқылаған, 
Корықпас ол бирақ ҳеш бир ғулғуладан. 
Артезиан излеген барлаўшыдай, 
Узын тамыры шөл төсин бурғылаған.

Қақшыйып қыйынлыкқа төс кериўли, 
Билмейди қула дүзде сескениўди.
Салмағы мысалы пил сүйегиндей, 
Сүйемен шөл перзенти сексеўилди.

Туқымы жер таңламай өнип кетер, 
Жасында көк шыршадай дөнип кетер. 
Жанса да тегин жанбай, адамзатқа - 
Бойдағы бар қызыўын берип кетер.

1963-жыл

ТАЛЛЫ ЖАҒЫСТАҒЫ ЕСКЕ ТҮСИРИЎЛЕР

Ю. Маденге

Кегейли бойында қалған нартларым,
Сиз қандай өскенсиз, нәрўан болғансыз! 
Даўыл менен бас байласып мудамы, 
Гүресте бел бермес палўан болғансыз.

Урыс жыллары таллар  қараўсыз қалды, 
Таллар түўе бағлар қараўсыз қалды. 
Сөкитлерди шаўып көпирге салды, 
Сонда түбирден сиз пайда болғансыз.

Анам гейде жоқлап үлкен баласын, 
Жағаласа ақшам суўдың жағасын. 
Сизлер түсингендей оның наласын, 
Суўға ушыңызды малып турғансыз.

Әкесин сағынған балалардайын, 
Солқылдап турдыңыз көрсем ҳәр дайым. 
<Кел, биз бенен бирге сырлас, Ибрайым!> 
Деп түсимде шақырғандай болғансыз.

Ала көйлеңкели нартлардың асты, 
Самал китабымды жулқылап ашты, 
Биреў келип сонда көзимди басты, 
<Ким екенин бил> деп сылдырлағансыз.

О, сиз, жаслығымның сырласы, таллар! 
Аҳ, сол жағымлы қол, жүзикли қоллар! 
Бир жыл басып турса көзимди олар, 
Қабақ шытпас едим, досларым, ҳәргиз.

Көзимнен қолларын жаздыра берип, 
Сыңқ-сыңқ етип күлди алдыма келип.
Оның ықлас пенен күлгенин көрип, 
Ойлар едиң қыз екен деп әрмансыз.

Бирақ ат басындай еди әрманы, 
Ушып кеткен еди алғыр тарланы... 
Залым урыс, дым көп болды-аў қурбаны, 
Көшә-көш әйледи жолсыз, кәрўансыз.

Алмамекен дедим уўылжып пискен, 
Бойынан ышқының сәўири ескен, 
Билектей қос бурым бөксеге түскен, 
Бир қоса жупқасын басқа шалған қыз.

Кирпиги қайысқан тебендей еди, 
Кумай көзлер мени жегендей еди. 
<Ағаңнан хат жок па> дегендей еди, 
Айралық дәртине иштен жанған қыз.

Суўдан бир мешинди қармап илгени, 
Мойныма салмақшы болып келгени, 
<Қашан жигит боласаң?> деп күлгени, 
Есимде сыр бермей сабыр қылған қыз.

Жигит болыўын биз болдық-аў, бирақ,- 
Талай азаматлар,  қолында  жарақ 
Ўатан ерки ушын қушты топырақ, 
Қанша ҳаяллар тул, ярсыз қалған қыз!

Кеўилде кек лапўла жанды шаладай, 
Ойын, күлки жетим қалған баладай, 
Қосықлар қулаққа урған танадай, 
Баўыры пүтин бир де жан қалмағанбыз.

Бирақ қуралдан да мықлы ҳәм өзге, 
Уллы бирлик, ғайрат-күш болды бизде. 
Сол ғайрат жеткерди жеңисимизге, 
Кекли жаўдан кегимизди  алғанбыз...

Ўа, туўысқан таллар, дала батыры, 
Ўа, сиз, жаслығымның жасыл шатыры! 
Сарғайған саратан бармас батылы.
Сизге кәр ете алмас, айтсам жалғансыз.

Күнниң әптабынан қашқан самаллар 
Саяда түсленип тынығар, ойнар.
Жаўшымшық, мәдделер ҳәм қурқултайлар 
Сенсиз ҳәлден тайып, қалар дәрмансыз.

Ығбал айдынында шаршамай жүзген 
Бир әўлад руўҳы сезилер сизден.
Жаслық сазын тыңлап гүўилдиңизден, 
Мине, саяңызда отырман жалғыз.

Жүзигин жоғалтқан қыздай үңилип, 
Өттим астыңыздан ойларға шүмип, 
Кешеги нарт нәрўан болғанын көрип, 
Дедим: <бунша тез ержетип қалғанбыз!>

Ыраш өсип, жаплар жаңа саға алып, 
Баяғы ат қулақ өскен жағалық, 
Айдардай желкилдер ысқа қоғалық, 
Қолларды қанатып талай орғанбыз.

Баяғы кебирлик пахта жер болған, 
Ақ жайлар көбейип сыбайлас қонған. 
Машиналар жүйиткип барар тас жолда, 
Бир жағы жүзим бағ, бир жағы палыз.

Әне, сол палыздан бетлеп бермаған, 
Бир бала қыйқыўлап киятыр маған. 
- <Қостан қаўын жесин> деп атыр апам! 
Апаңды таныдым, иним, гүмансыз.

Кирпиги қайысқан тебендей еди, 
Қумай көзлер мени жегендей еди... 
Улы емес, өзи  келгендей еди,
Баяғы мойныма мешин салған қыз.

Баяғыдай маған телмирип қарап, 
Қыйнамас ол енди ағамды сорап, 
Урысқа нәлет айтар ишинен, бирақ, 
Дәслепки ярынан айра болған қыз...

Хош болың, талларым! Қосқа  барайын, 
Мардыйып отырып қаўын жарайын. 
Оннансоң сазымды қолға алайын, 
<Таллы жағысым> деп, сайрап әрмансыз...

1969-жыл, Шымбай.


АНА

Сел буршақтан қорғап өз палапанын, 
Кекилик қус өлипти шықпай уядан...
Мен сениң шадлығың, демиң, дәўраның, 
Иске асқан әрманыңман, анажан.

Жаралғансаң мени жаратыў ушын,
Дүньяға тиришилик таратыў ушын.
Мен деп уйқы көрмей таң атыў ушын 
Дүньяға келгенсең өзиң, анажан.

Ақ сүтиңди қарыстырып қаныңа, 
Ҳәўлетип көтердиң алақаныңа 
Ақшам ақ бесикти қойып жаныңа, 
Түн уйқыңды төрт бөлгенсең анажан.

Баз биреўлер <әлпешлермен, анам> дер, 
<Жая десең жал берейин саған> дер,
Бул мәзи бийкар гәп аңласаң егер, 
Қарызыңды өтеп болмас, анажан.

Мен кетсем өмирдиң қуўып қызығын, 
Сен жатарсаң жойтылғандай жүзигиң. 
Кирпигиң ушында ойнап узақ түн, 
Уйқыңды урлаўшы мендур, анажан. 

Дүзде журсем ойлап қатын, баламды, 
Базарлықтан умытарман анамды. 
Басқалар кеширмес мениң гүнамды, 
Тек сен кеширерсең бәрин, анажан.

Сен мийўалы дарақ, мендур жемисиң,
Бойларымды көрсең питер кемисиң. 
Ҳәрбир алған ғанийбетли дем ушын, 
Мәңги миннетдарман саған, анажан.

1962-жыл

МЕН ҚАЛАДА ОҚЫҒАНДА

Сабақтан кеш шығар едик, 
Мен қалада оқығанда. 
Күн бата аўылдан келип, 
Күтер еди анам сонда.

Пахта завод дийўалына 
Сүйенип ол турар еди. 
Пүткил дүнья қыялына 
Мен деп жолға қарар еди.

Төбемди ҳәр көрген сайын, 
Бир жыллы сөз айтады ол. 
<Шаршадың аў, айнанайын> 
Деп басымнан сыйпады ол.

Қайта туўғандай қуўанып, 
Алды-артыға қарамай ақ, 
Қараңғыда қарыўланып, 
Барар едик жалақ аяқ.

Ийт көринсе қарсымыздан, 
Қорықпағанға усар едик. 
Адам шықса алдымыздан, 
Жолдан шетке қашар едик...

Енди базда машиналы 
Өтсем зуўлап сол кәрадан, 
Желбиреп ақ орамалы, 
Мени күтип турар анам.

Ҳәм төбемди көрген сайын, 
Қуўанып қол былғағандай. 
<Шаршадың-аў, айнанайын!> 
Деп басымнан сыйпағандай.

Март, 1987-жыл.

АЙТ СЕН ӘЖИНИЯЗДЫҢ ҚОСЫҚЛАРЫНАН!

Айт сен Әжинияздың қосықларынан! 
Жыласын яр ышқы баўырын кескенлер. 
Еңиресин елинен айра түскенлер, 
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!

Сазын самал ядлап, сөзин ел билген 
Бир шайыр дүньяға келди де кетти. 
Тал артынан туўған айға телмирген 
Бир дилбар түсиме енди де кетти. 
Қосық дәрья-дәрья нур болып ақсын, 
Ышқысыз жанларға ышқы отын жақсын. 
Қыз жигитке жилўа-наз бенен бақсын, 
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!

Айт сен <Бозатаўды> намаға салып, 
Елжиремегенниң баўыры тас болсын. 
Қарақалпақтың гөне дәрти қозғалып, 
Шадлы дәўранына бүгин мәс болсын. 
Шайыр гезген шөлде бостанлар байып, 
Зарлы заман болды көзлерден ғайып, 
Бир илҳам перисин көрдим әжайып, 
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!

Мен оны тыңласам, қалмай тақатым, 
Кеўлимде бир ғошшақ бүлбил сайраған. 
Мен оны тыңласам, туўған елатым 
Жер жәннети болып көринер маған. 
Жулдызларды жерге үңилтпек болсаң. 
Жаман шайырларды түңилтпек болсаң, 
Егер мен өлгенде тирилтпек болсаң, 
Айт сен Әжинияздың қосықларынан!

1971-ж, февраль.


<БЕС ҚОНАҚ>

Келсин мейли, ерте қонақ, кеш қонақ, 
Қарақалпақтан қапа болмас ҳеш қонақ. 
Келсин мейли алтаў болып, он болып, 
Тек келмесе болғаны сол бес қонақ ...

КЕГЕЙЛИ

Кеўлим көтериңки киргендей бағқа, 
Толқынласып, ҳаллас урған Кегейли. 
Айдыныңда шоршыған ақ шабаққа 
Мен қызығып қарап турман, Кегейли.

Жағаң желкилдейди қамыс, урықтан, 
Балалық гезимди ойлап турыппан... 
Суўыңда шашылған уўылдырықтан 
Өршиген бир шабағыңман Кегейли.

Жазда қайырыңда ойнап қырғалақ. 
Қыста музларыңда тептик сырғанақ, 
Кекили гүзелген, мойны ырғанақ 
Қара бала ядыңда ма, Кегейли?

Бәлки шығып кеткенменди есиңнен, 
Өйткени бир мен бе өршиген сеннен?
<Балалық ўақтында өтер ҳәр кимнен, 
Бәри есте қала бермес> Кегейли.

Ышқының бәҳәри жетип маған да, 
Жигитлик ҳәсери  гезгенде қанда, 
Балалығым ойнап қалды жағаңда, 
Өмир өз жолынан ақты,  Кегейли.

Биз  көп шабақ едик өршиген бирге, 
Үйретип анамыз, жүздирген өрге. 
Хызметке жарадық туўылған елге, 
Өмирдиң мақсети солдур, Кегейли.

Бәлент ырашыңа мен миндим тағы, 
Қандай ысық туўған жердиң қушағы! 
Мунарланған терек, мийўалы бағы, 
Бахытлы аўылымның сәни  Кегейли.

Күншығарың Тағжап, батысың Аршан, 
Ақ алтын мәканы қай жерге барсаң. 
Жүз жап, мың салмадан ҳағлап ағарсаң, 
Сонда да тартылмас суўың, Кегейли.

Сендей нәўпир болып ақпаса шайыр, 
Халықтың кеўлине жол таппаса шайыр, 
Шайырман деп ширенгеннен не қайыр? 
Ҳәзир соны ойлап турман, Кегейли...

1956-жыл.

ОРДЕНЛИ ХАЛҚЫМА

Шам едиң ҳәстеси сынған, 
Дуўтар едиң дәстеси сынған. 
Бүгин тарың алтын сымнан. 
Халқым қайтадан туўылған
Аббаз

Қара таўдың жырасындай 
Кеўлиңде көп жара еди. 
Басыңдағы қурашыңдай 
Ығбалық шым қара еди.

Ғарғыс болды ханнан сыйың, 
Түтип жеди болыс, бийиң. 
Жыртық үзик қара үйиң 
Желсиз күни панаң еди. 

Едилден суў ишпек деген, 
Түркстаннан поспақ деген, 
Арқаланып көшпек деген 
Үйреншикли ылаң еди.

Әмиў бойы егис жериң, 
Жаўмағанда маңлай териң, 
Мисли қатып қалған шерим, 
Қуўраған қуў далаң еди.

Жаўдыраған жаслығында 
Көп шөлледиң таслы қумда. 
Аралтеңиз ашлығында 
Асыраўшы анаң еди.

Өрбимей үрин путағын, 
Бердақ болды тил ҳәм жағың. 
Аманлықта алтын тағың 
Жайдақ ешек, палаң еди.

<Азатлық> деп аҳыў-зарын, 
Қайнап кекли намыс-арың, 
Ала көзли Ерназарың 
Сен деп өлген балаң еди.

Қылғындырып қыл буғаўы, 
Бир майламай ығбал аўы, 
Әжинияздың <Боз атаўы> 
Ең бир шадлы намаң еди.

Өзбек, түркмен ҳәм қазағым, 
Бирге шегип хан азабын, 
Жақынлатқан жол узағын, 
Ханаласың ханың еди...

*    *    *

Қайрылып кет, ескен самал, 
Сениң маған керегиң бар! 
Шад өмирден шадлы нама 
Шертсем деген тилегим бар.

Үстирт бетте туўылдың ба, 
Кийик пенен жуўырдың ба, 
Аралымда жуўылдың ба, 
Тазалықтан дәрегиң бар?

Жумсақ жекен, өткир ысқа, 
Сүйкендиң бе нар қамысқа? 
Туўып өссең бул жағыста, 
Шалқып дәўран сүрериң бар.

Бедеўдей қурықтан қашқан, 
Омыраўдан көбик шашқан, 
Әмиўдәрья толып тасқан, 
Мол ғазийне телегим бар.

Төрт түлигим қаплап өрген, 
Ойпатым бай ҳасыл жерге. 
Ақ мамығы көзге сүрме 
Пахта деген бир егин бар.

Қанша байлық, қанша алтын, 
Жер, суў ҳәм есапсыз малдың 
Ийесисең өзиң, халқым, 
Бай несийбе - хорегиң бар.

Қус қанаты күйген шөлди 
Атлап полат жоллар келди. 
Қыя майданлардан енди 
Өмир гүлин термегим бар.

Дослыққа берик сениң жаның,
Ҳақ мийнет деп тебер қаның. 
Тағам толы дастүрқаның 
Толған майлы шөрегиң бар.

Еккен пахтаң ел дәўлети, 
Мың-мың жүрек муҳаббети. 
Мийнет десе талўас етип, 
Түлеп ушқан түлегиң бар.

Саў бол, халқым! Сен дегенде, 
Бир күш пайда болар менде. 
Саған қыянет еткенге 
Сыбаныўлы билегим бар.

Ибрайым дер: жаным қурбан, 
Дослық десе ҳаллас урған, 
Сениң ушын соғып турған 
Геўдемде бир жүрегим бар.

1960-жыл

БЕС ТӨБЕНИҢ ТАЎЛАРЫНДА

Көп ўақ болды ақсағалы, 
Сырласайық аўлағында... 
Елпип ескен таң самалы 
Бес төбениң таўларында!

Ата-баба әрман еткен, 
Аўып-талып зорға жеткен... 
Ол күнлер келмеске кеткен 
Бес төбениң таўларында.

Әмиўдәрья толқып атар, 
Суў бойында қатар-қатар, 
Бес нар түйе шөгип жатар, 
Бес төбениң таўларында.

Булдыр-булдыр боз думаны, 
Басында жаңа дәўраны. 
Ҳасыл байлықлардың кәни, 
Бес төбениң таўларында.

Жуўсан аңқып жылға сайлар, 
Отлап дүркин-дүркин қойлар. 
Ор текелер ырғып ойнар 
Бес төбениң таўларында...

1962-жыл.


ЎАТАН

Сен әўеле шайқатылдың тал шақасында, 
Мен өрмелеп барып сордым палыңды сениң. 
Қабығыңнан сырнай соғып  шерткен ўағымда 
Сада сестиң баянлады жанымды мениң. 
<Мен сениң бир жас шыбығың, жасаў жоқ сенсиз>
Деп безилдеп суў бойында жуўырды сырнай. 
<Дурыс> деди даўысы менен жиңишке ҳәм минсиз 
Перзентине уя тоқып турған қурқултай. 
<Қудай ма я қурқултай ма, ким шебер екен? 
Жарқылық-ай>!-деди анам уяға келип. 
Сонда анамның мийрим толы нурлы жүзинен 
Туңғыш ирет танығанман мен сени көрип. 
Оннан кейин шық малынған таңда алдымда 
Жоңышқалықта сен сап-сары гүл болып питтиң. 
Үзип алып, түп жағынан аўзыма салдым да,
<Қой болма да қошкар бол!> деп гүбирлеп кеттим. 
Ал сен сонда қозы болып шаптың томпаңлап, 
Әллеқайда бөденелер <пыт-пытлап> жатты. 
Сен әжжедей мектеп болып турдың сығалап, 
Шақырды жез қоныраўын шыңғырлап қатты. 
Сен Кегейли болып ақтың алдымда бирдей, 
Ашылған ақ пахталарда мен сени көрдим. 
Сырлы әрман айдаўында шаршаўды билмей, 
Тал түслерде қырғый аңлып далада жүрдим. 
Көрдим сени қумай көзли коңысы қыздың 
Жүзиндеги жанға ысық күлдиргишинде. 
(Мақтанышы еди ол қыз аўылымыздың. 
Сағынаман оны еле көрсем түсимде), 
Гейде дәртли қосық болып сен арқаш жақтан 
Падашы ҳәм пада менен өристен қайттың. 
Қаўын қоста, түтинликтиң басында ақшам 
Сен қорықшы ғарры болып ертеклер айттың. 
Мен қайсындай суўретлерде көрмедим сени! 
Гүзги аспанда уштың дизилип жыл қусы болып. 
Сен қырғаўыл болып талай шақырдың мени 
Ҳәм қышқырдың кебирликте жылқышы болып. 
Түн ишинде жарты пахса үстинен қарап, 
Бақлар едим көл бойында жанған отларды. 
Көпти көрген гүзар жоллар тум-тусқа тарап. 
Ўәде етти қызык-қызық саяҳатларды...

Мен қайсындай сүўретлерде сени көрсем де, 
Исен, Ўатан, уллылығың шыққан жоқ естен! 
Киндик қаным тамған жерди қанша сүйсем де, 
Оны сеннен бөлип алып сүйген емеспен. 
Жулдызларға ракеталар кәрўанын тартып, 
Мәгәр қайсы планетаға салар болсам из, 
Сағынарман сен арқалы Жерди қумартып, 
<Мен сениң бир шыбығыңман, жасаў жоқ сенсиз>.

1963-жыл, Июль.Нөкис.

ҚАЗАҚДӘРЬЯ

Ҳәр түп терек, ҳәр үй бунда 
Суўға баққан, Қазақдәрья, 
Қарақалпақтың тарийхында 
Атқа шыққан Қазақдәрья.

Торала ғаз тобын излеп. 
Көллерди шарқ урып  гезбек.
Суў бойында мәкан дүзбек 
Мийрас болған Қазақдәрья.

Арқаланып көп әрманда, 
Ата-баба аш болғанда, 
Жаўрап өзеги талғанда, 
Жалғаў болған Қазақдәрья.

Қарны қалқып, жылым майлап, 
Ырыс қазаны болып қайнап, 
Ел шақырып балық ойнап, 
Базар еткен Қазақдәрья.

Саға алып Ақдәрьядан, 
Ҳарлап талай гөне арнадан, 
Атыңды еситкен адам 
Саған көшкен, Қазақдәрья.

Белжекени, Майшы тумсық, 
Ақ каласы, Ақ там қумшық, 
Ғаз ғаңқылдап, ақ қуў сыңсып, 
Көп шалқыған Қазақдәрья.

Белгисиндей намыс-ардың 
Орны тур қанлы қамалдың. 
Батыр бабам Ерназардың 
Қаны тамған Казақдәрья.

Халықтың арын арлап өткен, 
Көз көргенин жырлап өткен, 
Ақ қалада Бердақ өткен, 
Теберик жер Казақдәрья.

Күнлик етип болып сайыл, 
Ержан атаў, Узын қайыр, 
Пишен орып Омар шайыр, 
Талап еткен Қазақдәрья.

Көшең - дәрья, суў арнасы, 
Ғаз қатар үй айналасы, 
Аралдың  Венециясы, 
Қызықлы ел Қазақдәрья.

Көл жағалап салған аўын, 
Нар қамысын шайқап даўыл, 
Гүрлеп атқан гүрең аўыл, 
Атақлы ел Қазақдәрья.

Базда қайтып, базда тасса; 
Суў тартылып, теңиз қашса, 
Жаңа арнадан саға ашса, 
Шалқыр және Қазақдәрья.

ТЫРНАЛАР

Әл ҳаўада қанатларын талдырып, 
Жат мәнзилге сапар шеккен тырналар. 
Айралық дәртинде бизди қалдырып, 
Шадлығымды алып кеткен тырналар.

Ҳаўазыңа қулақ салып қарасам, 
Ақ қағаздай ғағырласып барасаң. 
Хош аллияр айтысқандай боласаң, 
Келмеске жол тартқан гөззал тырналар.

Жерге бир нәўбетдур, елге бир нәўбет, 
Қайтып баратқандай қайтасы дәўлет. 
Аш толқынлар урмас жағысқа гүрлеп, 
Соналы көллерден ушты тырналар.

Сизлер нәсил көрген атаўлар аўлақ, 
Әдира қалғандай айдынлы суўлақ 
Диң аспанда муңлы <қурыў-қурыў> лап, 
Не деп баратырсыз, байғус тырналар?

Не ис тапса, инсан пейлинен табар, 
Ол қаст етсе, терис ағар дәрьялар. 
<Бул жер бизге ҳарам> дегендей олар, 
Аҳ урып қыйқыўлап барар тырналар.

Таңларым оянбас толқын сестинен. 
Қайлардан аларман ондай күшти мен? 
Дузлы шаңғыт көмген көллер үстинен, 
Бул жағысқа түспей барар тырналар.

Барар интизамлы, жипке дизилип, 
Мен қарайман жүрек баўырым үзилип. 
Сиздей мен де, ата журттан безигип, 
Неге кете алмайман, айтың тырналар?

Октябрь, 1989-жыл.

ЕРНАЗАР АЛАКӨЗДИҢ ЕСТЕЛИГИНЕ

Ғөруғлы бектей ер еди, 
Қатарда қоса нар еди 
Толы журтқа дәркар еди. 
Шейит өлди Ерназар бий.
Бердақ.

Кешир, ессиз бабам, келдим қасыңа, 
Саған алып келген гүлим де жоқ бир, 
Ақлықларың қорқа-қорқа, басыңа 
Еплеп белги салған. Оған да шүкир.

Кимди қорқытпаған сениң әрўағың. 
Теңиздиң ең сонғы жолбарысы да, 
Қамыслықтан шығып оқ тийген шағы, 
Түнеп өлген дейди сениң қасыңда.

Ҳәмме қорықты, сен қорықпадың ҳеш кимнен, 
Ала көзиңе ким тикленип бақты? 
Кең даланы дүсирлеткен сестиңнен 
Талай солқылдаған ханлардың тахты.

Сени қанлы кектиң қурбаны десер, 
Жоқ, баслы мүддәҳәң ол емес еди, 
Қорланған халықтың кеўлиндеги шер, 
Жүрегиңде жанған отты көседи.

Бул жанған от әтирапына топланған. 
Өзбек, қарақалпақ, түркмениў-қазақ, 
Сабыр касалары толып шайпалған, 
Мазлум халықлар еди көп шеккен азап.

Теңиз етегинде сыбайлас қонған, 
Бул халықларда тек бир мақсет бар еди: 
Бийғәрез ел болып, бир тәниў-бир жан, 
Дарқан жасаў ушын умтылар еди.

Сен сонда қорланған халықты қуўантып, 
Мәртлик руўх берип ақыл-санаға, 
Жүректеги жалыныңнан тутантып. 
Азатлық гүлханын жақтың далаға.

Ханның қоңыраўлы палўанын жыққан, 
Палўан ғана емес, мәрт батыр едиң,
Мәзи батыр емес, халықтан шыкқан 
Бийик сиясатшы ҳәм ақыл едиң.

Сендей мәрт туўылар, Ерлик, Даналык,- 
Екеўиниң тил табысқан жеринен. 
Раҳмет, анамыз Қумар аналық, 
Жолбарыстың жүрегине жериген!

Алмас қылыш сермеп, ашшы қыйқыўлап, 
Ғөруғлыдай миндиң Ғыйрат белине. 
Ханлар өрре турды жүреги суўлап. 
Қастын тигип қарақалпақ елине.

Шайқастың хан қәҳәринен тартынабай, 
Хан ләшкери бирақ санақсыз еди. 
Алма жеген алпыс бийдиң антындай. 
Заман абыржы ҳәм турақсыз еди.

Арысланды алар түлки ҳийлеси, 
Ханның сумлығына ким ҳәмел қылар? 
Ол бәрҳама сатқын менен тиллесип. 
Душпаның өзине өзин алдырар.

Бул тарийхта ең бир сыналған тәсил, 
Барлық ўақта мәртти нәмәртлер сатар, 
Ағайинди азғырғанда Әзәзүл, 
Бет алдыннан емес, арқаңнан атар...

Кешир әзийз бабам, турман қасыңда, 
Өзимше тарийхый ойларға шөмип, 
Өлмес руўхың гезер ел арасында, 
Денеңди бул жерге кетсе де көмип.

Ҳәзир сондай заман - сен әрман еткен, 
Шалқып есер ғәрезсизлик самалы, 
Сен ҳәм Аллаярлар жан пидә еткен 
Бул дарқанлық ҳәм азатлық заманы.

Заман ҳәзир еркин мүнәсибетли, 
Қәдириятлар қәдирин журт билип тур. 
Ата-баба жолы терең ҳүрметли, 
Гәп заманда емес, бизде болып тур...

Журтлар сиздей бабаларын яд етип, 
Ас берип, ҳаққынна дуўа қылмақта,
Бизлер сениң руўхыңды шад етип, 
Жарамадық жөнлеп еске алмаққа.

Өтмиш руўҳын тойдырмасақ биз бүгин, 
Ертеңги күн өз руўхымыз аш қалар, 
Өзин сыйламаса, танып өзлигин, 
Ол кисини қалай сыйлар басқалар?

Кеширимли болар үлкен әўлийе, 
Мейли, даңқлы баба, бузба уйқыңды. 
Алтынға қашандур табылар ийе. 
Жүзге сүртер топырағыңнан қыйқымды.

Халқың бар өзиңдей мәртти туўа алған, 
Әпиў ет бийпәрўа зүриядларыңды, 
Узын көйлеңкесин көрип куўанған, 
Бизиңдей болымсыз әўладларыңды...

1996-жыл.


ГЕСИРТКЕНИҢ КӨЗЛЕРИ

Заман жуп ай берген далама менин, - 
Жуп нурлы көзинен жүк машинаның. 
Көрдим мен көзлерин бир гесирткениң 
Тунжырап сол нурға шағылысқанын.

Айсыз түнде жол бойында нәбада, 
Бул көзлерге көзиң түскени барма? 
Бир периўза қаслы жүзик далада 
Түсип қалған яңлы шағылысар фарға.

Жасымда бул көзлер ақшам жанғанда, 
Оннан бир суўық, жат сәўле сезгенмеи. 
Соң бир от басында дүзде қонғанда, 
Шөл тилсимин көрдим усы көзден мен...

Илим үңилмеген сол бийик жақтан, 
Жерге бир жуп жулдыз муңлы баққандай. 
Ийнениң көзиндей еки саңлактан 
Терең сырлы көк нур қайнап атқандай.

Терең сырлы көк нур...
О, сақый далам!
От басында геологлар сол гезлери
Сени мақтағанда, көринген маған
Тек сол гесирткениң сырлы көзлери.

Енди көр! Биз қонған шатыр жоқ бунда. 
Газ қаласы дүзге ҳүжимин баслар. 
Шөлден өлген сексеўиллер орнында 
Желпир көшелерди жас қарағашлар.

Шексиз шөл теңизи маяк жаққандай, 
Компрессор турар нурланып мудам. 
Жулдыз жерге түсип түнеп атқайдай. 
Жулдызға қонаққа кеткендей адам.

Дөңбекшир жақтыда уйықлап көрмеген 
Қатал шөл тәңириси - жабайы дала: 
<Кимлер булар айбыныўды билмеген, 
Саҳраға бағ егип, орнатқан қала?!>

Дүзди дүсирлетип поездлар барар. 
Жас қала шырағын жаққан гезлери, 
Космослык көгилдир от пенен жанар 
Гесирткениң периўзалы көзлери...

ПАЗНАЛАР

Алмастайын қыл қаўасыз егелмей, 
Мисли қатарласып ушкан ғаз барар. 
<Жер астында ай баратыр> дегендей, 
Ҳармаңлар, жапакеш полат пазналар!

Ҳәр салған табыңыз - бир шуўмақ қосық, 
Болмас бир сөзиңди алып я қосып 
Сизди ысқан шадлы мийнеттиң йошы, 
Өшпес из қалдырған дана пазналар.

Тракторлар оятып кең даланы, 
Жаўқылдатып сизди иске салады. 
Қуслар кейниңизде тойлап барады, 
Бәҳәр нурын жерге берген пазналар.

Дийқан иси толы алғыс, мәниге, 
Өмир беретуғын ырысқал дәнине, 
Гүмис гилтсиз кең байлықтың кәнине, 
Азат мийнет жалтыратқан пазналар.

Пуўы шығып жаңа жабылған нандай, 
Жас топырақтың таныс хош ийиси қандай! 
Жер бетинде толқын дөреп атқандай, 
Шымларды төңкерген палўан пазналар.

Жаңа үмит пенен жанын сүйинип, 
Ҳарам шөплер түп-тамырдан қыйылып. 
Изиңизден ығбал дәни қуйылып, 
Жер анамыз жүкли болар, пазналар.

Шым топырақ қурсын жазып дем алар, 
Жер баўырына сиңип сөнбес нур қалар. 
Ертеңгиниң ырысқы дәни ырғалар, 
Сизлер жүрип өткен жерден, пазналар.

Инсан мийнетиниң рәҳәтин көрсин, 
Ҳәмме жерде ығбал урығы өнсин. 
Жер баўырын тилсе тек плуглар тилсин, 
Қуралды еритип, қуйсын пазналар.

1992-ж.

ТУЎҒАН ЖЕР

Шымбайға
Сәлем саған, туўған жерим! 
Көрсем шаңлағыңды сениң, 
Балалығым тутар мениң, 
Еркелеткен ел-жайымсаң, 
Лаўазымлы Шымбайымсаң.

Артқан сайын ығбал-бахтың, 
Хош болады менин ўақтым. 
Тарийхында қарақалпақтың 
Белли елсең өзиң сениң, 
Көпти көрген көзиң сениң.

Көп тақыўа ғаррылардан 
Сөз тыңладым жаслай мудам 
Ески, жаңа китаплардан 
Көп оқыдым тарийхыңды 
Ҳәм яд еттим тәрийпиңди.

Тарығып жер, суў ҳәм наннан,
Қысым көрип патша ханнан, 
Ата журты Түркстаннан 
Бабам байғус қашқан дейди, 
Саған қоныс басқан дейди.

Шықсам жолларыңа сениң, 
Соннан берги дәўирлериң,
Елес берип бирим-бирим, 
Жазылмаған романдай, 
Қыялымды тербер сондай.

Айна бетли асфальт үсти 
Мени саған алып ушты,
Тазғарадан көзге түсти 
Минарланған бәлент морың,
Өттим ҳәм <Өтениң сорын>.

Таллар тик аяқтан басып, 
Жол бойында қатарласып,
<Шайырым!> деп жабырласып, 
Қалар ырғалып изимде, 
Кеўлим толар хош сезимге.

Қайдан бул сезимниң ҳаслы? 
Қуўанғаннан көзим жаслы.
Кеўлимде бир бәҳәр паслы 
Жайғандай гүл жапырағын,
Сәлем, туўған топырағым!

Аймалаған Сен аямасаң,
Таллы жағыслы саямсаң. 
Мен қус болсам, сен уямсаң,
Аўзымдағы мәргиямсаң,
Анам, Шымбайымсаң мениң
Ким сағынбас туўған жерин!

*   *   *

Киндик қаным тамған жерим, 
Аманбысаң аўыл-елим! 
Әстен айда, шофер иним, 
Асфальтыңнан бур оң жаққа, 
Жетпей турып Жармыш жапқа.

Әне усы кен гүзар жол
Ата журтқа апарар ол.
Мен тил болсам, сен қулақ бол,
Туўған жердин гәпи узын,
(Түсинерсең еле өзиң).

Тағжап аўылы - таллы жағыс! 
Алтын бесигимсең нағыз.
Кеўлимде көп ғайры нағыс 
Суўретиң бар орнап қалған, 
Умытсам, туўғаным жалған.

Ой-шуқырың, атыз, салмаң, 
Көлиң, қумың ҳәм суўлмаң, 
Бәри-бәри таныс маған 
Есапшының шот тасындай. 
Санайман мен от басында.

Мынаў жийделиктиң сырты, 
Пәленше ағаның журты. 
Анаў Шымбай аэропорты, 
Ҳәр самолет ушкан ўақта 
Жас қыялым қанат қаққан.

Гүлте жоңышқа өскен өңир 
Бүклик еди туйе сиңир, 
Қас қарайып түссе иңир, 
Бир сағал төрт даўыс пенен, 
<Концерт> берер еди-аў бәлем.

Сүйлинлер көп бул өңирде. 
Атын үркер дүрлегенде, 
<Қырғаўылдың ҳәр пәринде 
Әзирейлиниң бир түги бар> 
Деп дурыс айтар ғаррылар.

Гөне ырашлар - жер тыртығы, 
Пахта еккен бәрин жығып, 
Жол өз сүрдеўинен шығып, 
Жаңа гүзар менен жүрер, 
Жер жаңарса, жол гөнерер.

Бийик көпир, қыйсық салма, 
От алғанман бунда малға. 
Келемен деп анаў талға,
Бир жийен қыз алдап кеткен. 
Нелер өтпей, нелер өткен...

Балалығым, балалығым! -
Дүзден терген қарамығым, 
Көп жыллардың аралығын 
Атлап, сен түсесең еске, 
Усап кеше көрген түске.

Жыл артынан жыллар жүзип, 
Ойыныңды кетер бузып. 
Балалық бир алтын жүзик, 
Түсип қалған соң қолынан, 
Ҳәрким излер өз жолынан...

Үлеп шәббелерди жебир, 
Топ ойнадым болып себил. 
Бесжап, Тағжап, Аршан кебир, 
Жуўа тердим  Әлишептен, 
Таттым собық, сүтилмектен.

Газетке орап зағарамды, 
Асынып семиз боқшамды. 
Жолларда суўырып шаңды, 
Мен қалаға қатнағанман, 
Оқыў десе жатпағанман.

Сол өткен балалық шақты, 
Еске алсам ўакты-ўақты, 
Алдымнан Кегейли ақты, 
Умытып гейде сабақты, 
Қара батпақ қайырында, 
Ойнай-ойнай қырғалақты, 
Соннан түрим қара болған. 
(Ҳәммелер де бала болған).

Не бол десең тайын болдым. 
Билим қуўып сайыл болдым. 
Қызларың Зуҳра балғанда, 
Мен ышқында Тайыр болдым. 
Сеннен шыққан шайыр болдым... 
Ҳәр кимниң бир кәсип-иси, 
Бир нәрседен несибеси...

Несибең мың жортсадағы. 
Көп жерге дуз тартсадағы, 
Даңқ-мәртебең артсадағы, - 
Туўған жер ушын баласаң, 
Оған бас ийип барасаң.

1961-1966-жыл

ДӘЎИРЛЕРГЕ ДАЎЫРЫҚ САЛҒАН  ЖАС ҚАЛА

(Тақыятас қаласының қырқ жыллығына)

Көз қыйығын салып көрсең картаға, 
Бир қала бар биз жасаған арқада. 
Алтын күнниң сынығындай жарқырап, 
Әтирапына сәўле шашар бәрҳама.

Тарийх берер ҳәр заманға бир заман, 
Түрли муқамларға дөнип тур заман. 
Жас болса да, заманында дүньяға 
Оның даўырық салғанына ырзаман.

Несибесин салып уллы несиптен, 
Тербетилип жатып алтын бесикте, 
Бул қаланың иңгалаған даўысын 
Заманында пүткил жәҳән ееиткен.

Техниканың тайнапыры мыңлаған
Ис басларда жер қулағы шыңлаған, 
Кремльдиң телефоны шыңғырлап, 
Сталинниң даўысын да ол тыңлаған...

Еске алсаң, мәзи ертек болғандай, 
Кеше көргенлериң бүгин жалғандай, 
Кең аймақтың энергетик жүреги, 
Бүгин бунда дүрис-дүрис соғып турғандай.

Бул жүректен таралған қан тамырлар, 
Жеткен жерде жеңиллесер аўырлар. 
<Ырысқыңды сат, - рәўшан ал> дегендей, 
Жайнап-жаснар мың сан қала-аўыллар.

Бул қаланың қолы жетпес қай жаққа? 
Гүриш тазалап, шығарады тай пахта. 
Бетон ийлеп, сыйыр саўып, от жағып, 
Қызлар менен балық аршыр Мойнақта.

Ол жарқ етсе, кеўлиң ўақты хошлықта, 
Телевизор көрерсең қол бослықта, 
Ургениште гилем тоқып бул қала, 
<Мерседес> ке завод қурар <Дослық> та.

Бул қаланы ҳәмме жерде яд етер, 
Нуры түскен жерин шын абат етер.
Қаратаўда ғасырлатып тас шайнап, 
Ташаўызда түркмен елин шад етер.

Ол қорықпайды базар деген бәледен. 
Бир жарқ етсе, миллион манат төлеген. 
Төлемесең, қараңғыда қалдырып, 
Төлегенди шуғласына бөлеген...

Ҳәр елат бир парқы менен айырылар, 
Бул шәҳәрге дәўлет қусы қайырылар. 
Қосық жазса Тақыятас туўралы, 
<Нур қаласы> деп мақтайды шайырлар.

Саўлатына таңырқанбай қоймайсаң. 
Жас ҳәм сулыў дийдарына тоймайсан. 
Жәйҳун дәрья бурқып аққан жағысқа 
Шамшырақ тас түскен бе деп ойлайсаң.

Қырқ жас деген бир жигиттиң дәўири, 
Алпыста да сыр алдырмас тәўири. 
Талай ғарры қалаларды қыздырар 
Тақыятас ГРЭС - иниң ҳәўири.

Қалағанда бул қаланың тырнағын, 
Сазға қосып уллы қурылыс ырғағын, 
Акация гүллеп атқан бул жерде, 
Жаслығымда мен де оны жырладым.

Жырла десең, елеберин жырлайман, 
Қыялымда қуяш болып нурлайсаң, 
Аққуўдай таранып Әмиў бойында, 
Келешекке нур таратып турғайсаң!

8-сентябрь, 1993-жыл.

ШОПАН ХАЛҚЫ - ШЫНЫҚҚАН ШӨЛ ПЕРЗЕНТИ

(Тахтакөпир қойшылық шарўаларының Бийсен булақтағы бас қоспа кеңесинде оқылған қосық)

Кәсиптиң жаманы жоқ шығар бәлким, 
Мийнеттин маңлай тери тамар алтын, 
Қызыл қумға қой жайып, қозы терген, 
Мен сүйемен елимниң шопан халқын.

Бәрқулла оған ҳүрмет етким келер, 
Сый көрсетип, кеўлине жетким келер,
Оларды көрсем, қойып сөз айдаўды, 
Қой айдап, Шопан болып кетким келер.

Тынбас ол дамыл таўып жамғыр, қарда, 
Бетегели бел, отлақ жасқаларда, 
Шопанның машақатлы машқаласы, 
Мен билсем, жоқ-аў деймен басқаларда.

Бир тынабай жазы менен, қысы менен, 
Ойнама бул шарўаның иси менен, 
Қалада сойыслыққа бир қой бақсаң,
Зыр жуўыртар үйиңниң  иши менен.

Күн ысып, бирде суўып, бирде жаўып, 
Қой деген жуўас малға бәри қәўип. 
Бир шопан жүзлеп, мыңлап қой бағады, 
Бәриниң басын жәмлеп, бабын таўып.

Шопанның бос ўағы жоқ бел таянған, 
Кеш жатып, таўықтан да ерте оянған, 
Баласы қыймылдаған жүкли анадай, 
Дөңбекшип түн уйқыдан төрт ояйған.

Мал деген ел байлығы тынып турған, 
Ети қайнап, қаймағы уйып турған. 
Өгей әке минезли қатал тәбият, 
Шопанды шөл қойнында шынықтырған.

Қой барда қонақ-күтилип, той саўылар, 
Турысы берекет ғой, ой жаныўар. 
Әзелден Адам ата жақсы көрген, 
Бейиштиң малы ғой бул қой жаныўар.

Мына бир базар деген заман келди, 
Өткели жайпаўытсыз, жаман келди, 
Малы бардың ҳәли бар дегендейин, 
Қандай базар болса да шамаң келди.

Бийсен булақ суўлары сыңқылдаған. 
Еңбегиң ең байлық ғой ыңқылдаған, 
<Қара көл пальто әпер - деп - аукционнан>, 
Қызлары миллионердиң қыңқылдаған...

Пахта ҳәм салы егейик дийхан болып, 
Бир жақтан қой бағайық шопан болып,
Аш-жаланаш қалмаспыз, қудай берсе, 
Пейли кең Қарақалпақстан болып.

Ағайин ойда өзбек, қырда қазақ, 
Туўысқаны көп адам көрмес азап. 
Берекет ҳадал еңбек, татыўлықта, 
Дүзелип кетер сөйтип заман өзи-ақ.

Тийсе де мына заман зейнимизге, 
Бизге енди қайтыў жоқ кейнимизге, 
Елимниң шөл батыры-шопан халқы, 
Қудайым бере бергей кең пейлимизге!

Қолдан келсе, кеўлиңди табар едим, 
Булақ болсам, мен сизге ағар едим. 
<Шопан ата> деген бир орден ислеп, 
Бәриңниң өңириңизге тағар едим...,

18-июнь, 1992жыл. Бийсен аўыл.

АЛТЫН ДӘРЬЯЛЫҚ САМАЛЫНА

Алтын дәрьялықтың пәтли самалы, 
Сен шалқып, йошланып ескенде мудам, 
Түрли тиллердеги түрли наманы, 
Қанатыңда алып келесең маған.

Сенде сарқыраўы күшли ағыслардың, 
Сеннен жуўсан ийси танаўға урар. 
Сенде наў карағай нар қамыслардың 
Миллион сыбызғылық сылдырлысы бар.

Булттай қараманлар, шоқ торанғыллар 
Бийиктен сәлемин жоллайды саған. 
Суў бойында нама шығарған таллар 
Саған өз нотасын үйретер мудам.

Мени асықтырар жалқаў тырнаның 
Мезгил курантындай <тыр-тыр> лаўлары. 
Ҳәз берер бийдәўлет шағалалардың 
Шын кеўилден күлип шақақлаўлары.

Асаў толқынлардың <тыңларын сүрген>
Пароходлар даўысы, шақырыўлары:
Сенде бар жоқары вольтли тоқ жүрген 
ГРЭС сымларының дыңылдаўлары.

Бәрин-бәрин ядлап үйренгенсең сен, 
Алтын дәрьялықтың пәтли самалы! 
Бирақ, айтып бер сен, маған әкел сен 
Жаңа адамлар айтқан жаңа наманы!

Әкел, жаңа күштиң йош булақларын 
Бурқылдатып ашқан жаңа заманның 
Жаңа қосықларын, жаңа сазларын, 
Жүрек соғыўларын, талпыныўларын!

Бул қосық еситилер қарақалпақтың 
Таллы жағыстағы хош ҳаўазынан; 
Даңқлы пахтакеши күншығыс жақтың, 
Туўысқан өзбектиң сулыў сазынан.

Бул нама Қызылқум жайлаўларынан
<Ет, сүт молшылығы!> деп сүрен салар. 
Малдың изин ироглифтей оқыған. 
Баўырым қазақлардың ән-күйинде бар.

Бул қосықты айтқан рус даўысы,
Туўысқан мотив болып сиңген қаныма, 
Жаңа дәўир, жаңа наманың күши
Лапыз берген туркмен айдымларына.

Бул намадан жаңа жигер, йош алған, 
Баҳадыр балықшы - Арал бойлары. 
Еситилген шалы атызларынан 
Бизиң кореецлердиң <торадийлары>.

Усы нама қайсы жерде айтылса,
Сол жер жасарады, абат болады.
Бул қосықты айтып халык ҳүжим қылса,
Үстирттен нефть шығып, газ атылады.

Бул-жаңа заманның жаңа намасы, 
Йош ҳәм жигер толы әжайып нама, 
Дөретиўши мийнеттиң сақый қуяшы, 
Төк сен нурларыңды далаларыма!

Ўа, алтын дәрьялық, туўған мәканым! 
Заман корабльлери асығар саған.
Қайсы тилде қосық айтсаң да, жаным, 
Бәри түсиникли, қәдирдан маған.

Шадлық, йош ҳәм  ышқы, наз бенен толып, 
Ессин ләззет бағыш самалың сениң. 
Бахыт, абаданлық жолдасың болып, 
Жайнасын келешек заманың сениң.

1962-жыл, Нөкис.

АҒАРТЫЎДЫҢ ЖЫЛ ҚУСЛАРЫНА

(Көрнекли педагог Жүмек Орынбаевтың алпыс жастағы мерекесине)

Сизлерди көргенде елдиң жаслары 
Кеўлиңде бир уллы дәрья жағалар. 
Ағартыўдың туңғыш қарлығашлары. 
Жыл қусындай көзге ысық, ағалар!

Ҳүрмет - жасүлкенге, жоллар-жасларға. 
Алдында ағасы болсын басларға. 
Алпыстың қыраўы түсип шашларға, 
Уллы тойға аман жеткен ағалар.

Жаслар аттан түсип қолыңнан алар, 
Журт жапырылып сыйлап, көрсе қуўанар, 
Дарақта түп биреў, шақа мың болар, 
Көп жеткиншек жетилдирген ағалар...

Көбиңиз балалықтан мәҳрүм болғансыз, 
Қаршадайдан қайқы таяқ алғансыз. 
Кимиңиз мал бағып, орақ орғансыз, 
Әзелден ылайы пискен ағалар.

Бахытлы балалық болмай, сақ сынып,
Жаслай көрип бәрин - жаман-жақсының. 
Услап ошағынан қуўырдақшының, 
Интернатқа берген сизди, ағалар.

Жаңа мектеп берип жаңа тәрбият, 
Ҳүкимет асыраған атаңнан зият 
Аўдарыспақ таңы, гөззал ҳүррият 
Теперишлеп шынықтырған ағалар.

Кими Сейфулғабийт, кимиси Қасым, 
Жаңашыл урпақтың жәм етип басын, 
Қағып-соғып мәденият арбасын, 
Таза жолға салып берген ағалар.

Ескиликтиң қара, түңлигин туўрап, 
Жаңа әлип дүзип, хатты сулыўлап,
<Қаллаш, латынлас!> деп ашшы қыйқыўлап, 
Таң азаннан сүренлеген ағалар.

Бириң Қаллы, Нәжим, бириңиз Асан, 
Әдебият жыйнап халықтың аўзынан, 
Избасар қутылып қара қойлардан, 
Кемликтиң кәмалын көрген ағалар.

Әбдираман журтты аўзына қаратып, 
Сахна соғып, таңның нурын таратып, 
Жолмырзалар журтқа сөзин жаратып, 
Жаңалықты дәстан еткен ағалар.

Бири Орынбаев, бири Досумов, 
Жаңалықтың майданында йош урып, 
Биразлары Шайдаковқа қосылып, 
Жамайлық шайқасқа түскен ағалар.

Қалжан, Қурбангүллер, Жумагүл апа, 
Қызларға бас болып шығып сахнаға, 
- <Оян, қызлар> десе Генжебай аға, 
Уйықлағанды оятқансыз, ағалар.

Жамайлық араны ашып жик болып, 
Шақасы мың шайқалмастай түп болып, 
Ким муғаллим, кими нәҳән <үп> болып, 
Заманында журт сораған ағалар.

Ғаррылыққа жеңилдирмей қасарып, 
Қуўаныштан қара көзге жас алып, 
Халқың менен қайта туўып жасарып, 
Төрде жайнап отырсызлар, ағалар.

Қанша жаңа әўлад қатарға турса, 
Қартаяр ма адам тең адым урса! 
Жүмек аға шәкиртлерин шақырса. 
Жарты республика оған <аға> лар.

Биз ушын кең сүрдеў салған жолыңыз, 
Даңқ, атақ аямас сизден елиңиз. 
Алдымызда узақ аман болыңыз, 
Жыл қусындай қанат қаққан ағалар!

1967-жыл.

СЕН ТЕБЕРИК ДӘРГАЙЫСАҢ БИЛИМНИҢ

(Әжинияз атындағы пединституттың 60 жыллығына)

Кең дүньяға көзин ашқан елимниң, 
Илҳамысаң сен шайырлық тилимниң. 
Қарақалпаққа қалың китап оқытқан, 
Сен теберик дәргайысаң билимниң.

Озық ойдың ошағысаң билгенге, 
Шамшырақ тас жанып турар иргеңде. 
Студентлик дәўранымды еслеймен, 
Ҳәр сапары есигиңнен киргенде.

Сен муқаддес медресем баўырман, 
Әрман гүли гүлшанымнан таўылған. 
Қақтың суўын ақсап келген кийиктей, 
Биз келгенбиз билим излеп аўылдан.

Келешекти үмит пенен болжаған, 
Урыстан соқғы жыллар еди ол заман. 
Отсыз жайда жазыўға қол жуўыспай, 
Дәўетиңе қуйған сыяң тоңлаған.

Студентке жүрек жалғар ас қыйын, 
Кенеп шалбар, бөз көйлегиң - бас кийим. 
Төсеги жоқ сым кровать астында 
Тик тур десең, тик турады носкийиң.

Руўҳымызға билим нурын нәр қылып,
Кетпегенбиз, жоқшылықты ар қылып. 
Бөлип жеген студентлик зағараң 
Пай, не деген мазалы еди жарқылық.

Көп әўладты билими зор халық етип, 
Атар таңда шыққан күндей жарқ етип; 
Келип-кетти не бир дана устазлар, 
Ақыл-ойын келешекке сарп етип!

Айтсаң ада болмас оның дәртлери, 
Көздиң майын емген билим кәнтлери.
Қайдасызлар қырық бесинши жыллардың 
Шүтик шыра жаққан студентлери!

Илҳам перим бунда бойжеткен ертеден, 
Сенсең туңғыш муҳаббатым - мәртебем, 
Қайда енди хош қылықлы сол қызлар, 
Зыр жуўыртып, ышқы отында өртеген?

Не жоқ дейсең еске алыўға ылайық, 
Мейли, енди өткен гәпти қояйық. 
Базар қатнасығы деген төбеден 
Келешекке нәзер салып қарайық.

Билим менен ақыл өсер, ой өсер, 
Өсер ўақта аўырады бойөсер... 
Көп узамай озық ойлы адамзат 
Компьютерлер тили менен сөйлесер.

Бул тилди тез үйренбесе жасларың, 
Турмысымыз мандымайды, досларым, 
Билим деген сырлы булақ суўындай, 
Қанып ишкен қойын бақпас басқаның.

Қосықтың бул аяқланған жери екен, 
Қутлы болсын алпыс жыллық мерекең. 
Келешекте қанша вузлар болса да, 
Алды менен сени сыйлар қарекең.

28-декабрь 1994-жыл.

МЕНИҢ ҮЙИМ

Шөл ҳәм бостан мәнги өшлескен жерде, 
Гүл ҳәм жуусан қоңсы өскен өңирде 
Адам жатырқамас үйим бар мениң. 
Ҳәмме жерди көриў кисиге мәр ме! 
<Жердиң түби ғой> деп қыйналып жүрме, 
Шақырып мазаңды алмайын сениң.

Бирақ адам менен адам дусласар, 
Ат баспайман деген жерин үш басар. 
Нағайбыл дуз тартып келсең булманға, 
Есигимди қағып, тартынып турма. 
Дүзиў нийет пенен еркин келе бер, 
Кел, қонағым, есик қақпай кире бер!
Үйге шақырыўсыз қонақ келгени.
Бүл ҳәм азаматлық абырайың сениң!
Шақырмай келгени-
Зейни илгени
<Адам- адам ушын мийман> екениң...
Мениң де өзиңдей исим көп мүшкил,
Бир баста көп жумыс ирили-майдалы.
Лекин, қонақ күтиў- жумыс емес бул,
Бул мен ушын көркем өнер байрамы.
Қастерлеймиз қонақтың қай-қайсысын,
Наўқан қурттай илле-пиллеге орап.
Жайлысын да көрдик,
Көрдик жайсызын,
Қонақтың жаманын көрмедик бирақ.
Шақырыўсыз қонақ -
Биймиллет қонақ,
Кел, төрле, бирадар,
Азамат инсан!
Бир сулыў дүньяға болғайсаң инақ,
Кеўил есигимди ашайын саған...

Бизиң халықтың кеўлин қайсы бир гезде 
Ҳеш қандай ҳүкимдар, 
Ҳеш бир патша, хан - 
<Миймандослық> деген дуўалы сөздей, 
Билләҳий, ҳеш жаўлап ала алмаған...

*   *   *

Хош мийманым,
Келмекте бол бул үйге,
Кешеги қонағым -
Бүгинги достым.
Дос арттырыў - ең бир уллы ғәзийне,
Раҳмет, ырысыма сен ырыс қостың.

Саў жүрсек, табарсаң бизди ҳәрдайым 
Усы шөл ҳәм бостан аралығынан. 
Саған унай ма деп сорап неғлайын, 
Суўым да, қырым да өзиме дәрман.

Бир жағым суў, бир жағым шөл болмаса, 
Бейиш қурып берсең де мен бармайман. 
Гүл ҳәм жуўсан ийси аңқып турмаса, 
Ол жерде мен қарақалпақ болмайман.

6-март, 1972-жыл.

ПОШША  ТОРҒАЙҒА

1

Сайра әлҳаўада, пошша торғайым, 
Саз бенен сәўбетсиз дәўран болар ма. 
Шалқортама жатып мен бир тыңлайын, 
Сөйтсем қулағымның қуршы қанар ма. 
Даўысыңды бала гезде қаршадай 
Кеўлиме мен жазып алып кеткенмен. 
Соннан берли сайрап турсаң шаршамай, 
Бүгин концертиңе келип жеткенмен. 
Май топыраққа аўнап дур-дур силкинсең, 
Сен көкке шығасаң қайта йошланып. 
Туўған жер ышқысы бул йош, мен билсем, 
Бул сезимге мениң кеўлим де қанық.

2

Урық арасында, суў жағасында 
Талай көрдим мен усқынсыз уяңды. 
Елестирмес едим қус деп жасымда, 
Сүйип тынласам да бийпул намаңды. 
Бул сәнсиз жағалық, орпаң топырақ,
Билдим, екеўмизди, аңласам, жаным, 
<Бири жерде, бири ҳаўада шырлап, 
Бизди тәрийп етсин> деп жаратқаның. 
Енди пәмлеп жүрмен, төбемде шырлап, 
Неге сени бунша сайрайды десем, 
Жалғыз келте налыш намаң менен-ақ 
Кеўлиме көп сезим қуйған екенсең.

3

Ҳасла өкинбеймен, балалық изим 
Асфальт жол астында қалғанлығына.
Тозып ески шаңлақ жайымыз бизиң, 
Орны пахта атыз болғанлығына. 
Ҳәтте мына ҳағлап турған Кегейли 
Бир мәҳәл арнасын жаңадан алар. 
Мен жүрген соқпақлар қалмасын мейли, 
Қалмасын мен ылақ баққан далалар. 
Мейли олар қалсын ядымда мениң. 
Йошлы халық мийнети жасартсын жерди.
Заман шадлығына бөленсин елим, 
Уллы өзгерислер дәўраны келди. 
Қосықлар өзгерсин муңсыз ҳеш қандай, 
Гөне көринислерди көз көрмей қалсын.
Туўған жерге деген инсан ышқындай 
Сениң даўысың ғана өзгермей қалсын.

4

Сайра сен, үрпек бас пошша торғайым. 
Ай-ҳай, туўған жердиң ҳаўасы қандай! 
Бир шалқама жатып сени тыңлайын,
Қайтадан жасарып бала болғандай. 
Мен қаншелли гөззал еллер көрмедим, 
Жер жәннети болған таўлардан өттим.
Қанындай бағларда шағлап жүрмедим, 
Қанша бүлбиллерди тыңлап ҳәз еттим. 
Мен ҳәммесин сүйдим, қызықты көзим,
Сөйтип жүрип сағындым бул шадлақты. 
Көкирегимде сайрап шақырдың өзиң,
Сайраўың көп әндийшелер аңлатты, 
Сен айттың: <кел, мениң балалық достым, 
Ең жақсы намамды сайрап берейин>. 
Сениң сол қодирең саҳрайы сестиң 
Тебирентер ең соңғы демиме дейин.

5

Кегейлиниң бойы - дарқан далалық, 
Не деген кең сарай - концерт залы бул. 
Ҳәмме билетиңди мен сатып алып, 
Тыңлайман, сайрай бер сен болып қумбыл.
Мен де, сен де еркин, өрисимиз кең, 
Мынаў жер, анаў суў, бәҳәр қуяшы... 
Бир топырақта туўып өсирген екен 
Адамның ўатаны, қустың уясы. 
Сайра, достым, әлҳаўада пырпырлап, 
Саз бенен сәўбетсиз дәўран болды ма. 
Сен көкте, мен жерде буншелли шырлап,
Сүймегенде, оннан ўатан болды ма!

1-март, 1976-жыл.

КЫРҒАЎЫЛ

Киятыр едим шар бузып, 
Үстинен таза қардың мен. 
Түскендей қолдан ғарбызым,
Аңырайып қалдым мен.

О, сулыўлық! О, дала! 
Сүўретшисең-аў әжайып! 
Қарай бердим қадала,
Жутынып, мойным узайып.

Бир шоқ урық астында, 
Ғыжлап жанып шоқ жатыр. 
Умыт қалған далада 
Акварельдей боп жатыр...

Иреңниң ағла, тынығы, 
Барынша көркке толғандай.
Айқулақтың сынығы 
Аспаннан түсип қалғандай.

Ғыжымы мойын тығылып,
Бас жатыр жан саўғалап, 
Сатқын қуйрық қубылып, 
Сыртта жатыр <мында> лап.

Ийкемсиз жас мүшеси 
Тар кийимге сыймаған
Сулыў қыздың денеси
Сыяқланды ол маған.

Ашығыңдай аймалап, 
Баўырыңа бассаң дә! 
Деп турғанда сығалап, 
Ушты дүрлеп аспанға.

Үркип кетти басымнан 
Даланың жуўас ойлары. 
Жүрегим туўлап жалма-жан, 
Жуўырғызбай қоймады.

Атлы, жаяў анталап,              
Арсылдап ийтлер шабысты.
Аңшының көзи қанталап,
Мылтығына жабысты.

<Тарс> етти мылтық бирден тек, 
Қулады сарқып қырғаўыл. 
Адамлар бүкти тепкилеп, 
Болып кетти <урҳа-ур>...

Өлимге оның жалынбай, 
Көрдим алысып атқанын. 
Бир жапырақ жалындай 
Урынып, лаўлап жатқанын.

Ойладым сонда: жалынлап 
Жасай билде, сүйе бил. 
Өлериңде де лапылдап, 
Жалын болып сөне бил!

1963-жыл. Декабрь

БОРАНЛЫ КЕШТЕ

Үстирттиң шөли көк тайғақ, 
Шыдатар емес боран дым. 
Ықлады кели көп сайғақ, 
Мал қорасын Оралдың. 
Бас салды ийтлер шаўылдап, 
Қызық болды қалайда. 
Қәпелимде аўылда 
Кийиктиң ети молайды, 
Қақаман боран жулқынып, 
Қағады кеште айнаны, 
Ҳәр қазанда бул күни 
Сайғақтың гөши қайнады. 
От басында Орал мәс, 
Ет туўрар малдас қурынып. 
Езиўден күлки жыйылмас, 
Қатынына бурылып: 
- Журт машынлы жүрипти 
Сайғақ атып боранда. 
Қудайдың өзи кийикти 
Әкелер айдап Оралға... 
Деп мардыяр мақтанып, 
Қызара бөртип қулперен. 
Сексеўилдиң шоқлары 
Ысытып ҳәмме терлеген. 
- Ийтлерге несип болар-ма,
Ең ириси сол аңнан... 
- Тойсын-да етке олар-да, 
Алған жоқ ғой қораңнан,
- Деп ҳаял сорпа қуяды 
Дуўрамалы самарға. 
Балалар-да тояды. 
Уйқыға жатар олар-да. 
Ашыўлы боран далада 
Айнаны сабар ҳүўилдеп, 
Маңырай-ма, жылай-ма, 
Түсинбедим тилин тек...

Москва, декабрь, 1987-жыл.

БАЙЫЎЛЫҒА

Телеантеннаға қонып иңирде, 
Тамбасында бай-байлаған байыўлы; 
Көптен жоқ едиң ғой сен бул өңирде, 
Қайдан келдиң сен оңбаған байыўлы?

Түриң убыжықтай, үкили көзиң, 
Дым бир зыянатсыз қуссаң-аў өзиң, 
Бирақ журт аўзында көп жаман сөзиң, 
Неден жаманатлы болдың, байыўлы?

Ырастан сен байдын улы болдың ба? 
Ата - анаңнан жаслай қарғыс алдың ба? 
Өгей шешең саған дөҳмет салды ма? 
Неден жаманатлы, болдың, байыўлы?

Мәканың гөне там, уяң жарықта, 
Бәледей көринер түриң халыққа. 
Мениң демим шамаласып қалыппа, 
Сен не деп қышқырып турсаң, байыўлы?

Теңиз толқып турған ўақта иргеде, 
Ел қандай мәс еди кеше Үргеде, 
Жүрегим даўамас енди көрмеге, 
Мәканлап алыпсаң өзиң, байыўлы.

Арқадан жағымсыз самаллар есер, 
Самал ескен сайын еңсемиз түсер. 
Узамай бул аўыл көшеди десер, 
Сол ма айтажағың, байғус байнўлы?

Нақыл бар: жер қатты, аспаны узақ, 
Көшпеймиз-бе деген үмит бар бирақ. 
Тамбасынға шығып бақыр қаттырақ, 
Бәлким, сениң даўысың жетер. байыўлы.

Апрель, 1988-жыл.

ТИЙМЕ.   ОҒАН

Тийме, бала, жыланға 
Ийреңлеп баратырған! 
Жасаў ушын буманда 
Олдағы жаратылған. 
Сениң аўылың болса, 
Оның-да ўатаны бул. 
Ақсардың арасында 
Ҳәз етип жатады бул. 
Сен тек, табаның менен 
Жер басып, жүресең жол. 
Пүткил денеси менен 
Бул жерге берилген ол. 
Оқыў я пайда қуўып, 
Кетерсең ер жеткенде. 
Ал, ол усында туўып, 
Өледи усы жерде, 
Жыланның түси суўык. 
Адамның иши суўық. 
Баўырына тартып жүрип-ақ, 
Адамлар жаяр уўын. 
<Жыланның тили зәҳәр, 
Шақса шатақ" дейди сол. 
Бул сөзде наданлық бар; 
Шақпайды, тислейди ол. 
Тислейди уўын жумсап, 
Урсаң ҳәм азап берсең. 
Мийрим-шәпаат қумсап, 
Жалт-жалт қараўын көр сен. 
Сезимиң серли болса
Сен серлер едиң бәрин: 
Қыз минез қылықларын, 
Қамшы өрим нағысларын... 
Туўылып өскенине 
Бул бир усқынсыз жерде, 
Айыплы емес ҳәм де 
Оған өкинбейди де. 
Жерге жылан-да керек.
Ем болар уўы ушын, 
Адамлар серлеңкиреп, 
Аяқ басыўы ушын. 
Ҳәй, бала, тийме оған! 
Сен не, уражақсаң-ба? 
Жасаў ҳуқыўқынан 
Мәҳрум қылажақсаң ба?

ҒАРРЫЛАР

Аўылымның ғаррыларын сүйемен, 
Ҳәр сөзине беререм бир түйеден, 
Ҳәр биринде Жийреншениң ақылы, 
Қалтасынан түртип турар нақылы. 
Гүрриңлескенинде жалласып олар, 
Ҳәр бири өзинше <фәйласуф> олар. 
Олар сәл нәрсеге қанәәт қылған, 
Олар асықпайды, асығып болған. 
Ғаррылықтың, аўыр миннетли жүгин 
Сыр бермей көтерип жүрисер бүгин. 
Сөз қозғаса Адам атадан баслар, 
Изин ай, жулдызға апарып таслар, 
Айдан келип, мақтасар бул заманды,
Сиясаттан <оқытар> ҳәр адамды.
Не айтса да, өзи көргендей айтар, 
Билмесе де, өзи билгендей айтар. 
Базда қайыл қалсаң даналығына, 
Базда күлкиң келер садалығына, 
Сөйтсе де, оларда терең мәни бар,
Ғаррысыз аўылдың қандай сәни бар? 
Жаслар хызмет етип, төринде күтер,
Сөйтип азаматлық сынаўдан өтер. 
Егер сен аспанды турсаң да тиреп, 
Аттан түсип, сәлем бермегиң керек. 
Сонда ғаррылар қайтадан туўғандай,
Қуўанар белине белбеў буўғандай. 
Жүрдек ешеклер үстинде ғаўқыйып,
Сөйлесип барар жолға зорға сыйып. 
Бирақ аңламаған едим ҳеш бурын: 
Кеше аўыл жолында кешқурын 
Көрдим базардан қайтқанын олардың.
Айҳай, дым сийрексип барар олар дым...

1975-жыл.

I
Суўы қумайтланған бир әзим дәрья 
Руўҳым арқалы ағып барады. 
Демиккен ең соңғы балықлар онда 
Есеңкиреп қалаш қағып барады.

Бурқып аққан ылай суўда сайранлап, 
Дәрьядан теңизге булқынып ойнап, 
Еркин түсер еди. Жок енди ол ўақ. 
Суўы кесилген соң нағып барады?

*   *   *
Муз түсерде туўлап ол ҳасыл балық. 
Қызыл суў теңизге гүўлеп жеткенде, 
Дәрьяның көп узақ өрине барып, 
Уўылдырық шашар еди көклемде.

Гүмис шабақларын дүрлетип айдап, 
Көк теңизге келер еди масайрап... 
Енди ҳәлден тайып, жигери қайнап, 
Теңиз тәңирисинен мәдет күткендей.


*    *     *

Теңиз тәңириси жоқ. Бар болғанда-да, 
Бәлки бул жағысты умытар еди. 
Сайран етип алыс океанларда, 
Бизге деген кеўлин суўытар еди.

<Үлкен хожалығын> жиберип ходқа, 
Мүмкин өтер еди хозрасчетқа... 
Бир <көл> қурыды деп ким берер сотқа?
Көлденең табысқа қунығар еди...

*    *     *

Тубаласа иркип күшли ағысын, 
Дәрьялар теңизге жете алмас екен. 
Теңиз таслап өз мәңгилик жағысын, 
Тәғдирине тәсил ете алмас екен.

Балық ойнар шалқар суўдың тусында, 
Теңиз алып кеткен барлық қусын да.
Адамның ең әззи жери усында: 
Өз ўатанын таслап кете алмас екен.

*    *    *

Суўға не. Бәри бир қайда толғанда,
Жаңа жағысларды жатырқай билмес.
Қай жерде суў болса, шағала сонда,
Қурғақтың қымбатын қәдирлей билмес.

Қалса Оның туўған жери қала ма? 
Муҳаббаты, жаслық өмири қала ма? 
Ата-бабасының қәбири қала ма? 
Инсандай сағынып кәдирлей билмес.

*    *    *

Қумшаўыт жағыста ойға таламан. 
Шаңғыт көз аштырмас, жүзиң көринбес. 
Ески ултан менен кетип бараман, 
Қайырылсам артымда изим көринбес.

Кемелер қаўсаған қайырда тозып, 
Көрсең, жүрек сызлар, дәртлериң қозып. 
Қанша қарасам-да мойнымды созып, 
Көз ушында көк теңизим көринбес.

*    *    *

Ҳәзир дәркар емес маған той-байрам, 
Аўлақ жүрип, қыял сүргим келеди. 
Бул апат ислерден ақыллар ҳайран, 
Себеплерин серлеп билгим келеди.

Тасыўдан аўыллар жаўраған гезде, 
Бурын қурбан берген дәрья, теңизге. 
Қайтып берер болса Аралды бизге, 
Жанды қурбанлыққа бергим келеди.

*    *    *

<Зәрредей пайда жоқ сениң жаныңнан>, 
Деп күлгендей гүўлер дузлы самаллар. 
Гүзги күн сығыраяр асырлып шыңнан, 
Тамыры жалаңаш жатар томарлар.

Кеше толқып жатқан қайырды қара! 
Қанлы урыс болғандай қып-қызыл сора. 
Бир ғарры үш ешки менен аўара, 
Алыстан аўыз суў тасыр ҳаяллар.

*    *    *

Той тарқаған алаң янлы әтирап, 
Жағыста аўыллар жетим қалғандай. 
Суўсыз балықшының иси патырат, 
Кемеси көшкисиз кетип қалғандай.

Алыс океанның балығын аўлап, 
Траулерден төгип, поездлар жаллап, 
Сол <алтын балыққа> ислер комбинат, 
Жүзди сарыплап, бирди пайда қылғандай.

*    *    *

Сондай мәрт еди бунда адамлар,
Даўыл ҳәм толқында сыннан өткендей.
Хош кеўилли, еден еди адамлар,
Бекире кеспелеп қонақ күткендей.

Қыста муздан музға секирер еди,
Даўылда көк толқын өкирер еди.
Шадлығын руўхын бекирелерди,
Енди бәрин биреў урлап кеткендей.

*    *    *
Сабыр-тақаты жоқ, шурт минез болған, 
Кимлер өз елинен шығып баратыр.
Кимлер Сары қамыс дейме қайлардан,
Балық излеп азап шегип атыр.

<Таслап ата мәкан Үрге, Шегеңди, 
Қоңыратқа барып салы ектик енди>.
Қайдағы бир Поладзада дегенди 
Және әлле кимди сөгип баратыр...

II

Бир мәрмер дача тур гөне жағыста,
Кешки жолаўшының қыялы яңлы,
Алтын пляж еди бул аўлақ туста,
Перуза аспанлы, мәрўерт таңлы.

Шөлдиң саратаны ҳәўирли ўақта, 
Не адамлар келер еди қонаққа, 
Көк толқын еркелеп аппақ аяққа, 
Бейиштиң бул да бир тымсалы яңлы.

*    *    *

Ҳәмелдарлар жутып бейиш ҳаўасын, 
Бунда дем алыўға көп келер еди. 
Арнаўлы самолет, ҳәңлеген машын 
Сыйлы қонақларды жеткерер еди.

Хрусталь жамларда шайқалып шарап, 
Салқын шардәреден теңизге қарап.
Ханымлар шөллесе <боржомий> сорап, 
Ханның қызынан-да өткерер еди...

*    *    *

Рәҳәтли күндиз, пайызлы ақшам, 
Сүңгип шыққаныңда салқын суў қандай! 
Бес күнлик дүньяға қутлы қонақсаң, 
Сезерсең енеден қайта туўғандай.

Бийсәўбет адамлар келе алмас еди, 
Не болып атқанын биле алмас еди. 
Күни кеше ғана бул ырас еди, 
Енди көрген түстей, таңғы думандай.

*    *    *

Бирақ бул түс емес, болды ҳәммеси, 
Жақсылық-жаманлық шабырсып кетти. 
Данқ, дүнья, ҳәзликке көп аўып еси, 
Ағамлар дурыс жолдан ғабырсып кетти.

Дәслеп хызмет еткен болды берилип, 
Кем-кем кисилиги тутты керилип, 
Ақырсында минген музы бөлинип, 
Сең жүрер алдында абыржып кетти...


III

Не ғәлетий дәўир! Адамзатқа 
Жақсылық ушын жан аямас заман. 
Бир жағынан өзин айдап апатқа, 
Аяғы астына қарамас заман.

Ақыллы, билимли, сумлықлы, сада, 
Көк тыйыны түссе, болардай гәда, 
Көз алдында көк теңизин жойтса да,
Жуўабын ҳеш кимнен сорамас заман.

*    *    *

Мийрибанлық жас сорғалап бетине, 
Уядан бир мәйек алмаған заман, 
Жерик болып аққуў кустың етине, 
Сыңсыўына қулак салмаған заман.

Ҳәр қызғыш өз көлин қорыр бул ўақта, 
Ҳәр ким мурап өзи суў ишкен жапқа, 
Бир сайғақты тиркеп <қызыл китапқа>,
Мың кийиктиң басын жалмаған замал...

*    *    *

Я инсап, адамлар не деген дана! 
Ўәжлескенде бир биринен өткерер. 
Жәбир көрип атса тәбият-ана, 
Сөйлеп-сөйлеп сөз тарашын жеткерер.

Биреўлер-ийеси мийримли жүздиң,
Биреўлер-ийеси тойымсыз көздиң. 
Биреўлер қурыўын тилеп теңиздиң, 
Соннан ләззет алып, сулыўлық көрер...

IV

Гүрсинген ҳаўазың тур қулағымда, 
Көз алдымда ақшам жарға урғанын. 
Жадырап күн шығып, жел басылғанда, 
Қыз минезли жуўас болып турғанын.

Таўлар шөгип, жерге кирмеген шығар, 
Жулдызлар ҳәм бирден сөнбеген шығар, 
Дүнья ҳеш ўақта-да көрмеген шығар:
Бир майданда теңиз қурып қалғанын.

*    *    *

Хош, теңиз, сүйиклим! Жаралы жандай, 
Өлим ҳалатында урасаң ҳаллас. 
Мениң қайғым амфибия-адамдай,
Сенсиз қырда жасап саўа бола алмас.

Сени сум әжелге еткен грипдар, 
Үш жаўыз қылмыскер еле де жасар.
Ҳеш ўақ қолға түсип, сотланбас олар, 
Ҳеш прокурор оған айып тағалмас.

*    *    *

Ол үш жынаятшы арамызда бар: 
Бири-бийпәрўалық мелузалары. 
Гилкилдеп, толқынсақ бетинде жатар. 
Муздай суўық жәнлик, жоқтай ҳазары.

Сездирмей денеңди жаралар әстен, 
Гүлшанларды басар соралар әстен,
Теңиз қурып, дәрья тубалар әстен,
Онда болмас мийрим, ҳүждан азабы.

*    *    *

Ол үш жынаятшы санамызда бар: 
Бири-өзимшиллик. тәкаббыр жар тас.
Аяғына бас урса-да толқынлар, 
Турар ызғарланып, жүзин жылытпас.

Шортан шабақ көрсе, жутпаға тайын,
Сөйтип жүрип, оны қуўалар жайын. 
Өзинен зор шықсаң ғана ағайин, 
Осал келсең, қапталына жуўытпас...

*    *    *

Ол үш жынаятшы арамызда бар: 
Бири - осамаслык, ой жоқ басында. 
Пайда ҳәм даңқ ушын кесиўге таяр, 
Өзи минип турған тал шақасын да.

Тек бүгинги табыс - ең бас әрманы, 
Келешек-олардың бийпул қурбаны.
<Бизден соң суў бассын мейли дүньяны>
Деп жазар олардың қәбир тасына.

V

Бул үш қылмыс қамалларын бузыўға 
Адамзат бир зор атланыс қылажақ.
Жаңаша ойлаўдың күни қызыўда,
Шынлық толқынлары ҳәўиж алажақ.

Басқа менен урысып үйренген Адам 
Өзине урыс ашар, байрағы-ҳүждан. 
Бул, шайыр айтқандай, <барлық урыстан 
Уллы ҳәм бирден-бир урыс болажақ>.

*    *    *

Ҳүждан азабында өртенип адам, 
Перзент анасынан кеширим сорап, 
Мийрим сүти сонда ийип қайтадан, 
Теңиз болып толқыр ана-тәбият.

Ҳағлап қудайымның дәрьялары-да, 
Тоғайлар маўжырап тыныш таңларда, 
Теңиз еркелер өз жағысларына, 
Сен ҳәм биз ол тойда болмаймыз бирақ ...

Апрель, 1988-жыл.

БЕГЛИГИНДИ БУЗБА СЕН

Бар билгени аўзында. 
Саўдырақ қарақалпағым. 
Жан сәўлеси көзинде, 
Жаўдырақ қаракалпағым. 
Кеўили кең майдандай, 
Тамға жулдыз жайғандай. 
Писип турған наймандай, 
Геўдирек қарақалпағым...

Заман барар өзгерип, 
Еситкенди көз көрип. 
Арбаның жаман жерлери 
Ой-шуқырға гез келип,
<Тартпайды - деп - табанлап,> 
Атыңды урма, жаманлап. 
Буннан да жаман жоллардан 
Жаныўар өткен ҳамаллап. 
Аўмастырма ябыңды 
Айғырға, қарақалпағым. 
Адамсаң ғой сабырлы, 
Қайғырма, қарақалпағым.

Тарийхтың талай өткелин 
Сал минип кешип өткениң 
Ядыңда ма? Сонда да 
Аяққа ығып кетпедиң. 
Жабығыңды жел түрип, 
Үзигиңнен сел кирип. 
Аңсағансаң ғой қуяшты, 
Булт артына телмирип
Келдиң ғой сөйтип келеге, 
Қызба, қарақалпағым. 
Беглигиңди еле де 
Бузба, қарақалпағым.

Ҳеш қашан сен ҳеш кимниң 
Болмағансаң еркеси. 
Ҳәмме сеннен үлкенсип, 
Гүжирейтер еңсесин. 
Инсанның пейли бузылса, 
Шошқаның болар гүркеси. 
<Аш адам урысқақ> дегендей, 
Суў көтермес сиркеси. 
Жән-жақта жәнжәл, арасат, 
Қубласы жоқ арқаның. 
Бундайда ақыл-парасат 
Дәнин ек, қарақалпағым.

Бир көзди бир көз жегендей, 
Тәкаббырсып атласып, 
<Қай баласаң?> дегендей, 
Ағайин кетти жатласып. 
Қызыўы кетип дослықтың,
Суўысып барар қатнасық. 
Жүзлери күлип жылтырап, 
Ишлери турар сотласып. 
Ерме журттың сөзине, 
Жулма гүлдиң жарпағын. 
Бир яратқан өзиңе 
Яр болсын, қарақалпағым.

<Алға бас, алға, алға!> деп, 
Артымызға қайырды. 
<Ақ алтын бер елге!> деп, 
Теңизимизден айырды. 
Қурырда байғус Аралдың
Дүньяға даңқы жайылды. 
Бозторғайдай шырлатты 
Шынын айтқан шайырды. 
Тар жолға турсаң дус келип, 
Дана бол, қарақалпағым. 
Өзиңе өзиң күш берип, 
Пана бол, қарақалпағым.

Жердиң тилин билесең, 
Ҳаслы дийқан халықсаң. 
Малдың тилин билесен,
Шарўаға да алықсаң. 
Ҳадал мийнет ислеўде 
Қашан ҳарып-талыпсаң? 
Өзиңди өзиң асырап, 
Қол жаймайсаң тарықсаң. 
Қонақ көрсең қуўжыңлап, 
Суўға кирген балықсаң. 
<Ағамлар өтсин деп> жүрип, 
Есик бетте қалыпсаң... 
Жесир үйдиң қызындай, 
Жараспайды жалтағың. 
Шыйратып ескен шыжымдай, 
Шыйрақ бол, қарақалпағым.

Тартыншақ жолы жиңишке, 
Сарсылма, қарақалпағым. 
Араласып кир ишке. 
Тартынба қарақалпағым!

Ноябрь, 1991-жыл   Ташкент.

БУЛ ЖЕР ЕЛЕ ЗОР БОЛАДЫ

I

Қәўесет бар: қарақалпақлар 
Көп узамай көшер деген. 
Қайдағы бир жақсы жаққа 
Барып қоныс басар деген.

Оқыдым бир газетадан, 
Ғамкоршымыз көп-аў, тоба! 
Еринбестей есаплаған, 
Сыртымыздан сызып жоба.

Айтыўынша: көшшек буннан,
Жаңа қоныс жайға қарап, 
Аралға суў апарғаннан 
Анағурлым арзанырақ.

Есаплаған шотқа салып... 
Ал буған не шек қоясаң! 
<Шотын қолдан жулып алып, 
Ҳәссени бир!..> деп коясаң.

Айырымлар алағада 
Болып сондай қәўесетке, 
Көшип үлкен қалада да 
Өз аўылын ҳәўес еткен.

Мейли, өзи билсин ҳәр ким 
Билгишлердиң заманы бул. 
Бирақ артық болмас бәлким, 
Сәўирлесек шамалы бир.

Кеткен ғазлар көлин жоқлап, 
Усы күнде келип жүрген. 
Ой жуўыртып соған шақлап, 
Бир нәрсени билип жүрмен.

Бардур болжаў қәбилиетим,- 
Билген нәрсем сол болады: 
Сәл азырақ сабыр етиң,- 
Бул жер еле зор болады.

Сабыр етиң сәл азырақ, 
Дузлы шаңғыт деген гәп бе? 
Көмпис болып биз ҳәзир-ақ 
Үйренистик оған ҳәтте.

Аўыз суўың дузлақ болса, 
Үйренген өз дузың болар. 
<Суў бар ма?> деп соза-соза, 
Түйе мойны узын болар:

Асты да дуз, үсти де дуз 
Жасап турған жеримиздиң. 
Ашшы ғой деп налымаңыз 
Тамған маңлай теримизди.

<Дуз татып кет!> дегенди де 
Тегин айтқан деп болмайды. 
Сөйлегенде сөзиңниң-де 
Дузы болса шеп болмайды...

Бирақ жетпес өз жериңе, 
Қанша жаман дегенде-де. 
Бейиштиң тап нақ төрине 
Катеж қурып бергенде де.

Өйткени бир қарабарақ - 
Шөп емес ғой адам деген. 
Терең тамыр урған дарақ - 
Ўатан деген, ўатан деген!

2

Қатты ағыслы уллы дәрья 
Көк теңизге қуйған жерде 
Қос басарда ата-баба, 
Сүйенип сийсери белге, -

Нийет еткен дейди таңда: 
Ким ислесе ҳадал еңбек, 
Жарқылық жер, сол адамға 
Әрўанадай ийегөр деп.

Жер ашып дүт қегейлерден, 
Суў апарып, дақыл еккен. 
<Кесеў шанышса көгергендей> 
Деген сөзди нақыл еткен.

Усы жерде өсип-өнип, 
Қара шаңырақ ел болғанбыз. 
Аўыр мийнетине көнип. 
Ислеп қара тер болғанбыз.

Бунда тапқан ырғақларын 
Қосығымыз, ертегимиз. 
Бул жер ушын бир ўақлары 
Дирилдеген телпегимиз.

Жағаласып жаў келсе-де, 
Бул жерди ҳеш бермегенбиз. 
Ким қай тилде сөйлеседе, 
Тил жатырқап көрмегенбиз.

Қара үй, ме, кийиз үй ме, 
Хийўа тараш ҳәўли ме я : 
Сыбай қонып татыў күйде, 
Бир шынарға салдық уя.

Кеўлимиз де, арымыз да 
Бир ғөректей ханаласқан. 
Малымыз да, жанымыз да, 
Қанымыз да араласқан.

Дийханшылық гүл жайнаса, 
Теңизинде аў майлаған, 
Шарўалары мал айдаса, 
Шайырлары сөз айдаған, -

Жаңа турмыс қушағында 
Шалқып атқан ел едик биз.
Абаданлық ошағында 
От сөнбеўин тиледик биз.

Тойып секирип соң бирақ та, 
Ҳәдден асып кетсек керек. 
Бул әдиўли топырақка 
Көп қыянет етсек керек.

Қайта қурыў айнасынан 
Қарап көрсек өзимизди, 
Жулдыз излеп ай қасынан, 
Май басыпты көзимизди.

Нәпсимиз ашылып кеңнен, 
Пейлимиз дым тарайыпты. 
Енди мине өзгелерден 
Излеп жүрмиз бар айыпты.

Бир-биреўге айып тағып, 
Айтыс пенен өтермиз биз. 
Дәрья еле толып ағып, 
Жағысына қайтар теңиз.

Теңиз қашқан менен бизден, 
Биз қашпаймыз үйимизден. 
Арба жүрип кетер еле, 
Иске өтип алсақ сөзден...

3

Жаратылыс әдил қандай! 
Обал-саўап, инсабы мол. 
(Сум болғанда адамлардай. 
Тутар еди-аў басқаша жол;

Күшлилердиң ығын шалып, 
Әззилерин қорлар еди. 
Жақсысын өзине алып, 
Жақынларын қоллар еди) ...

Жаратылыс әдил қандай! 
Үлесерде байлықларын, 
Анаң бөлип берген нандай, 
Алаламай бөлген бәрин:

Биреўлерге асқар бийик 
Таў берсе де жер бермеген. 
Марал маңырап, ақша кийик 
Жуўырғандай шөл бермеген.

Бир жерлер хош тәбиятлы, 
Қырғаўылдың қанатындай. 
Бирақ жемиси жоқ татлы 
Гүлабы, тор набатымдай.

Биреўлер балыққа жерик, 
Биреўлерде-Адриатик... 
Биреўлерге жамғыр берип, 
Күн бермеген жадыратып.
Ең бай еллер мүтәж ҳәтте 
Боян тамыр, газли кәннен. 
Японлардың <топырақ сат> деп, 
Жалынғанын еситкенмен...

Сиз бенен биз мәкан қылған
Бул топырақта бәри-де бар. 
Егин ексең өрре турған, 
Шөплеринде дәри-де бар.

Нар қамыслы көллеринде 
Ойнар сазан, бөргелери. 
Жантағының гүллеринен 
Пал жыйнайды ҳәррелери.

Кең жәзира даласында 
Малына жай өрислерин.
Қара талдың саясында 
Бир желпинип шай ишкениң...

Мийнетиң де, ләззетиң де 
Басымыздан кеширгенбиз. 
Жети иреңли сүўретин-де 
Руўҳымызға көширгенбиз.

Тегин емес туўған топырақ, 
Безе алмайды адам деген. 
Терең тамыр урған дарақ, - 
Ўатан деген, уатан деген!

4

Өзгермели дәўир деген, 
Жерге де бир нәўбет келер. 
Бизлер дүземеген менен, 
Дүзеледи бул жер еле.

Келер өз ийеси оның, - 
Жаңа әўлад - ақыллы жас.
Көп сөйлемес биздей болып, 
Биздей осамаслық қылмас.

Жердиң қәдирине жетип, 
Көтерисер төбесине, 
Биздей өлерменлик етип, 
Күл тартпайды көмешине...

Кайта қурыў кәбилети 
Жер-анада мол болады. 
Аз ғана жыл сабыр етиң, 
Бул жер еле зор болады.

Зер қәдирнн билип зергер, 
Сондай заман келген гезде, 
<Ижраға аз-маз жер бер> 
Деп жалынар дүнья бизге...

Сентябрь, 1988-жыл

ТУЎҒАН  ЖЕР

Күндизи қуяшлы, түни жулдызлы 
Бир елдиң ышқында кеўлим бийқарар. 
Өз көксинде бинияд еткен ол бизди, 
Оған перзент болып, таптық итибар.

Жәҳан глобусы турса айланып, 
Жиберселер мени көзимди танып, 
Бармағым-ол жерди жаңылмай танып, 
Минген атым оған жол таўып барар.

Топырағы тотия, суўлары шербет, 
Өмир бойы оған беремиз зийнет. 
Жер ышқы, яр ышқы, нан, азат мийнет, 
Жалықтырмас адам әўладын зинҳар.

Саратаны - булаў, салқыны - дәрман, 
Өмиримше жалыкпай жырлаўға барман. 
Бул елдиң ығбалы - мендеги әрман, 
Жамалына жулдыз болғай  интизар.

Журтлар ыссы дейди бул жердиң жазынг 
(Жаз болған соң, ыссы болмағы лазым). 
Ҳәзир журтқа жағыў қыйын, шабазым, 
Бейиш қурып берсе де бир мин табар :

Жамғыр аз деседи апрель, майда. 
(Аз жаўса дым әжеп дийқанға пайда.,
Қуяш бул үлкениң ышқында шәйда, 
Мен ҳәм қуяш нурларына қарийдар.

Жанға тийди десе, бул жердиң шаңы, 
Жер болғансоң болар шаңы-тозаңы. 
Сол шаңғыт астында гөззал дүньяны 
Дүзип атырған халық буннан хабардар.

Теңиз тартылса да, көллери қурып, 
Суўлары қашса да, аңғарын бурып, 
Кеўлимде бир уллы дәрья мәўжирип, 
Оның шөллерине ағар да турар.

Оянған саҳрадур оның жән-жағы, 
Ортада ырғалған мийўалы бағы, 
<Ўатан> деген уллы уғым соқбағы
Мениң ушын усы жерден басланар.

Мейли, бул жер болсын ыссы я салқын, 
Бунда жасар мени туўдырған халқым. 
Өзиме қыймаған жанымды, бәлким - 
Бул елге бер десе - мен оған таяр.
Сентябрь 1981-жыл ҳәм май 1996-жыл.

ӨМИРБЕК   ЛАҚҚЫ

(Шымбай әпсаналары)

Бир геллеге қонып мыңлардың бахты,
Пақыр-пуқаралар қыйналған ўақты, 
Ашшы күлки менен журтын жубатып, 
Шымбай жақта өткен Өмирбек лаққы.

Онда үй болмаған, ылашық болған, 
Бирақ қайда барса жол ашық болған. 
<Өмирбек келипти> десе бир үйге, 
Шийдиң жыртығына таласық болған.

Ол қазыўға барса қашар уўайым, 
Жеңиллесер Кегейлиниң  ылайы. 
Ол ораққа шықса, күнликши халқы 
Шадлы күлкилерге батар  удайы.

Оны көрсе байдың жүзи қубарар, 
Молла, ийшанның сәллелери шубалар, 
Муртын таўлап жуўап урса Өмирбек, 
Мен-мен деген қыз-келинлер тубалар.

Оның өзи - қуўаныштың белгиси, 
Сөйтип атқа шыққан екен бул киси.
Тотыққан пазнаны иске салғандай, 
Ғам кеўилди жарқыратқан күлкиси.

Кел жигитлер, гәпти онша созбайын, 
Бир қазанға күйдирейин сөз майын. 
Ҳәм сол майға салған гүриш пискенше, 
Бес-алты аўыз орсақы сөз қозғайын.

Пайдакүнем Өмирбек

Дем ишинде жигитлик дем-дем екен, 
Жигит болды сөйтип бизиң Өмекең. 
Қолтығында қайқылықтың қанаты, 
Үйге тийер пайдасы сәл кем екен.

Сонда оған ата-анасы сөйледи: 
<Сен, жүўермек, қайқылықты қой - деди 
Пайда қуўар басқалардың баллары. 
Ал сен мәзи собырайған бой деди.

Сен жүрипсең зәкиўан боп жән-жакта, 
Сендей баллар күнде барып саллаққа.
Ишек-қарын алып саўда қылса да. 
Ата-ананың аўзына ас салмақта.

Деп анасы ызалы тил  қатады, 
Бул сөз оның шымбайына батады. 
Таң азаннан турып алып Өмирбек, 
Базар бетке қарай адым атады.

Аралап жүрсин бе ол базарыңды! 
Сатып алды бир қап ишек-қарынды. 
Пайдасына сатпақ болып еп пенен, 
Гә мақтады, гә <алың> деп жалынды.

- Ал, алайық неден бала, қарының?
- Қаптан... - деди, қазып сөздиң қарымын.
- Қарыныңды неге бересең? - десе,
- Пулға, деди, берер жери бәриниң :

- Қарының таза ма?- деп сорағанға 
Деди: Басың бас па яки шалғам ба?
Бунша ақмақ болғаның не, яшуллы. 
Қарын бола ма ол таза болғанда?...

Ишек-қарын қалды сөйтип, <пайдаға> 
Кеш болғанда қаптың аўзын байлады. 
Жас саўдагер мол пайдаға қуўанып, 
Мине, үйге арқаланып айдады.

<Бүгин өзим таныттым-аў талайға. 
Епсиз емес екенмен - деп - қалайда",- 
Ай-ҳай, бизиң пайдакүнем жас жигит, 
Келер бағып белшесинен ылайға.

Аяғы тайып кетип еси жарымның, 
Ыңқ етти ишине терең қарымның.
<Өлә пайданың астында, Өмирбек!" 
Депти астында жатып бир қап қарынның...

1962-жыл.

Өмирбек ҳәм Ережеп тентек

Лаққыны бир сынамақшы болды да.
Өмирбекти шақырды бий алдына.
- Мә теңге! Базарға барып кел! -деди
Бир <ўақ-ўақ>, бир <ўай-ўай> алып кел!-деди.
Бийдиң сөзин ким тәрк еткен бундайда!
<Қуп әжеп> деп шапты Өмек Шымбайға.
Көп қызларды қуўырдаққа тойдырып,
Қайтты атын дизгин ушы қуйдырып,
Жолдан ҳәрре, шаян услап алды ол,
Ҳәм қоржынның бир басына салды ол,
Гүржилеўли бос қоржынды көтерип,
<Аманатың мине> деди жөтелип.
- Қане, қане көрейик-деп бий сонда,
Қуўанып тез қолын урды қоржынға.
Ўақ-ўақ, қолым... Бул нең, маңлайы қара?
Мынаўың ҳәрре ғой, ҳәй занғар! - деди.
- Қолыңызды суғыңқыраң бий жора.
Тейирегинде "ўай-ўайы" да бар-деди...

(Ережеп тентек қыпшақтың бийи, Өмирбектиң заманласы. И.Ю.)

1962-Жыл.

 ТЫМЫРЫҚ

28-июль 1989-жыл

Шөптиң басы сылт етпейди тымырсып, 
Ийтлер суўға гүмп береди ыңырсып. 
Ат тепсинип, мал мөңирер шыбынлап, 
Түтинликтиң ашшы ийиси қоңырсып.

Сытырламас жүўериниң арасы, 
Шымшықлар да шаршағандай шамасы.
Түнги ҳаўа ҳәўириндей тандырдың, 
Зериктирер шегирткениң намасы.

Күни менен шомылғаны есинде, 
Суў көргендей сандырақлап түсинде, 
Тыржаланаш қара боталақ балалар, 
Уйқлап атыр пешахана ишинде.

Саратанның қызын самал әкетип, 
Ашыў-ызасана бизди тап етип ... 
Олсыздағы өртең шалған бул дүнья, 
Жанайын деп тур ма деймен лап етип :

Шымбай,  Азат  аўылы, 1989-жыл

ОССУАРЛАР

Бир алым келиншек еплеп еринбей, 
Әййемги қорғанның текшелеринен, 
Сүт уйытып кеткен гүзелериндей, 
Тас қутыларды алып атыр биримлеп.

Қақпағын көтерсең, - мәзи қуў сүйек 
Саўдырасып жатыр! Ал сыртын көрсең, -  
Арамейше Жазыў. Ҳәм де еңиреп,
Жыласқан ҳаяллар тири ме дейсең.

Қара нағыс жаға, қынама бәшпент, 
Қолаң қара шашлар жазып таслаңған. 
Қоллар көтериўли, жыласар еңк-еңк, 
Бир уллы азалы қыйкыў басланған.

Ким билсин: бир гезде усы жерлерди,
Гүннлардың ләшкери ўайран кылғанды.
Исламға кирмеген ессиз ерлерди 
Хутайба гүўенлеп қолын шалғанды...

Аза түскен үйде бар қанша нашар, - 
Түўел отыр табыт айналасында, 
Ҳәммеси бетлерин осып жыласар, 
Қорқыў, қайғы, ғарғыс көз қарасында.

Қулағымды тесер зарлы саналар, 
Егилип, туншығып жыласар бәри. 
Ботасыз әрўана - сорлы аналар, 
Кердери журтының тул ҳаяллары.

Аҳ, бул тарқатылған шаштың өрими 
Ҳәм бул зарлаў жанға таныс аў сондай: 
Есимде, қоңысы үйдиң келини 
<Қара хат> келгенде жылаған усылай.

<Дойнақтан майырылған жүйрик қулыным>
 Деген сес қулаққа келип турғандай. 
Жарадар боп келип өлген улының 
Азасында анам жылаған усылай.

Биймәлим солдаттың қәбирин қушып, 
Рус ҳаялын көрдим усылай жылаған, 
<Улым> деп еңиреген ана даўысы 
Ҳәзир де Вьетнамнан еситилер маған...

<Қой шүкир етиң> деп жубатқан менен 
Қоймас Кердериниң тул ҳаяллары. 
Урысқа нәлет айтып жылаңлар әбден, 
О, сиз. Төк қаланың оссуарлары!

Июль, 1968-жыл,  Москва

СӘЎБЕТЛИ АҚШАМ

Ә.  Нураддинге

Тал астын тазалап төсек сал, жора, 
Ол жер өз алдына ҳаўалы болар. 
Үш көпшиктиң бирин өзиң ал, жора, 
Еккиси қонаққа даўайы болар.

Сенсиз кеўлим бөктергиси аўық-ты. 
Дослар гүрриңлескен ақшам заўықлы. 
Бүгин қурдас асқан түйе таўықтың 
Жүўери гүртиги мазалы  болар.

Гәпке шорқақ, быдым-быдым келесең, 
Бирақ сөзге терең мәни бересең. 
Қатынға сүйкенбей жүрсең өлесең, 
Сондайда арқаңның қозары болар ...

Сөз айтсаң гәпиңди балтадай саплап, 
Күлиўиң бар ықлас пенен ҳалласлап. 
Кәтқудалық етсең әкеңе усап, 
Шешеңе де тартқан таманы болар.

Бесжап бойы балалықтың мәканы, 
Табанларда бир соқпақтың тикени. 
Жаста - урныққыр, ҳәзир - тек тил екени, 
Буннан Улбийкениң хабары болар...

Өмир сүрип бул ғәниймет дүньяда, 
Дос арттырғанлардың бахты зыяда. 
Бирақ сениң орның бөлек оғада, 
Дослардың да жақсы-жаманы болар.

Жигит қамшы басып жүрмел торыға, 
Шыққанда атланып дәўран жолына,
Дос зәңгилес толар оңлы-солына, 
Узақ айдасары шамалы болар.

Биреўлери жолыңда жан өртеген,
Хошемети жумсақ жоңышка гүлтеден. 
Ет байлаған сайын ығбал мәртебең,
Күнлеп иштен күйип азары болар.

Биразы адымын абайлап басып, 
Дәўлет жүрип турса, қушағыи ашып, 
Сүринсең зып берер қайыстай қашып, 
Түлкиси бар жердиң сағалы болар.

Бири өттиң суўы түскен тағам-ды 
Исин көрип, көп усларман жағамды... 
Сөйтсе де, <яр-дослар> деген қоғамды 
Жаманласаң қатты зыяны болар...

Күтимин бермесең дақыл дәнлемес, 
Өзиңнен де бардур, олардан емес.
Тириде бир-биреў қәдирин билмес, 
Айта берсең түрли таманы болар...

Ақшамлассам дедим, кеўлим сағынды, 
Унатарман олпы-сопы жағыңды.
Билесең ғой баратырған ағымды,
Енди тек дурыс сөздиң заманы болар.

Басқаларға жақсам дийип мен йошып, 
Көптен берман түрли муқамға қашып, 
Сен сүйген жолларға жазбаппан қосық,
Буның да бир күни сораўы болар.

Ал жора, айта бер, тыңлайын сени, 
Аўылға келмедим бираздан бери. 
Ҳәўиж алып қайта қурыў ислери, 
Ис пенен сөз, ҳүждан сынаўы барар.

Халық әдил қуўатлап бул сиясатты, 
Шынлық жолбарысы оянып қатты, 
Өтириктиң өрелерин қулатты, 
Менменликтиң енди заўалы болар.

Аўылда өзгерис бар-ды бир қанша? 
Салынды дейсең бе совхоздан монша? 
Аўа, көп кирледик, жуўсақ та қанша, 
Бирден ағарыўы шамалы болар...

Көптен бул аўылда аға болмады, 
Елтири тон десек, жаға болмады, 
Көбиси ҳийлесиз хызмет қылмады, 
Мүмкин ендигилер саналы болар ...

Ғәреметти мәзи басшыға артып, 
Сизлер ҳәм жүрсизлер шөпдейин қалқып. 
Биз де <шайырмыз> деп, Нөкисте шалқып 
Жүрмиз. Ҳәмме буған гүналы болар.

Суўымызды байлап, шөлге ашқанша, 
Теңиз қайтып, бизди таслап қашқанша, 
Ўарқ-шарқ пенен қол шаппатлап биз сонша, 
Бийпарўалық енди ҳазары болар.

Адам пейли азса қурғын турмыста,
Көтере шаң-шәўкер, дәстүр қуўыспа, 
Ел еңбегин емиў, пара алыспа, 
Мийнетсиз байыўдың ылаңы болар.

Жәдигөй жылпылдап түсимли жерде, 
Дүмше молла болып шомпыйды төрде.
Жаңаны қуўатлап күтпеген жерде, 
Ескиликтиң егиз туўары болар.

Қанша уллы болса халық инабаты, 
Дәстүри ҳазарсыз, сулыў саўлаты. 
Бизиң үрп-әдеттиң ҳәр салтанатын, 
Артсаң қырық ешектиң обалы болар.

Қамшысын умытып кеткендей дүзде, 
Бизиң көп жигитлер жуўырар изге. 
Ҳәмме алға шулғып баратқан гезде, 
Бул ислердиң елге зыяны болар.

Хабарың бар дәўир көз қарасынан, 
Төбеңе нәзер сал тал арасынан! 
Жулдыз ағар дәрья киби тасыған, 
Заманның сондай қен гүзары болар.

Өмир өтер, биз қалармыз жасқада, 
Жулдызлар сәўбетин бузбас ҳасла да. 
Бул турмыстың күн көристен басқа да, 
Руўҳый ләззети мазалы болар.

Иззет-ҳүрмет сақлап киси кисиге, 
Ҳадал мийнет жумсап халықтың исине,
Ҳийле қылмай ҳүждан тәрезисине, 
Жасаўдың биймиллет дәўраны болар.

Атлар киснеп, тай тебистиң жумсағы, 
Арқашта отлаған шағын қумсады. 
Балалық шақ-пәк ҳүжданның тымсалы, 
Соңыра ҳәр кимниң өз гүзары болар.

Дослар аңсап келип қурғанда бәзим, 
Дым пәкизе болды бул берген ҳәзиң,
Тепкири бир сүйем ата қоразың
Шақырғанша гүрриң қызары болар...

Апрель, 1987-жыл.

КЕШКИ ИҢИРДЕ  УРЫҚЛЫҚТАН...

Кешки иңирде урықлықтан 
Бир топ торғай ушты кетти... 
Сениң қыз болған шағларың 
Ядларыма түсти кетти...

Қайда барсаң, журдим бирдей 
Қошантайдай ерип саған. 
Еркелеттиң өз иниңдей, 
Аўзыңдағыны берип маған.

Умытпайман сол шағыңды: 
Кийимиңди дурысладың. 
Әдираспан моншағыңды 
Сиңлиң тақса урыспадың.

Жеңгене қолласып күнде, 
Сен дигирман тартар едиң. 
Ақбоз атлы әлле кимди 
Қосық етип айтар едиң.

Айтта, тойда, әткөншекте 
Жигитлер сүйкенсе саған, 
Ашыўланбай, күлип тек те, 
Қарап қояр едиң маған.

Бир күни сен қаўын қоста 
Болдың да шашыңды тарап, 
Қара көзиң толып  жасқа, 
Үйбетиңе турдың қарап.

Дедиң маған күлип муңлы: 
<Көзиме шөп түсти мениң ... 
Бала жаным сезип турды 
Ҳеш қандай шөп түспегенин.

Басып жумсақ көкрегиңе,
Сүйдиң, мақтап бойларымды. 
<Жаксы жигит бол> деп және 
Сыйпай бердиң айдарымды.

Жийделик артынан тағы 
Ат киснеди, сен асықтың,
<Мени умытпа> дедиң дағы,
Қалтама бир алма тықтың.

Умыт қалды сынық айнаң,
Мен <кетпе> деп жылап турдым. 
<Керек емес берген алмаң> 
Деп изиңнен ылақтырдым.

Ат киснеген урықлықта,
Бир топ торғай ушып кетти...
Қашып кеткен сол ақшамың 
Бүгин ядға түсип кетти.

КӨЗЛЕРИМНИҢ  АҒЫ-ҚАРАСЫ   ҚЫЗЛАР

Биреўлериң - қызым, бириң - қарындас, 
Көзлеримниң ағы-қарасы қызлар. 
Сизлерсиз дүньяның қызығы болмас, 
Жалған емес, гәптиң ырасы, қызлар.

Сизге арналар бул қосығым мениң, 
Салланысып жүрген қыз бенен келин. 
Гүл егиўди қойған қаралпақ елин, 
Гүллендирип турған лаласы қызлар.

Апайлар, жеңгейлер, қурдаслар ҳәм де 
Қаҳарман аналар отырған төрде. 
<Ўақтында қыз болдық> - десер бәри де, 
Қашық емес гәптиң арасы, қызлар.

Сизлерсиз жайнамас өмир гүлзары, 
Шаҳсәнем Ғарибтиң шын аҳыў-зары.
Ҳәр жигиттиң болар сүйген дилбары. 
Ҳәр адамның бардур анасы, қызлар.

Тарийхың басланар Ҳаўа енеден. 
Пийриң Бийпатпадан алған өнеген. 
Айдай жамалына жулдыз түнеген, 
Ашықлар кеўлиниң қуяшы қызлар.

Бириси Арыўхан, бири Ақшолпан, 
Заманында елдиң ураны болған. 
Ләйли, Зулайхалар дәстанда қалған, 
Муҳаббаттың бийби задасы қызлар.

Баршын өткен Алпамысқа опалы, 
Надира ғаззели заўкы-сапалы, 
Қыз Жипектиң көш баслаған топары. 
Данқлы сулыўлардың урпағы қызлар.

Нәсият берейин десем сизге мен. 
Ҳәзир ақыл алмас биреў-биреўден, 
Сонда да айтайын сезгенлеримнен, 
Керек жерин алар шамасы қызлар.

Мен сизге тақбайман ески уғымды, 
Ҳәзир дәўир ескиликтен шығынды. 
Жарасықлы заманыңа бүгинги 
Әдеп-икрам жолын тутыңыз қызлар.

Ата-анамыз бизге ерик берди деп,
Еркин жасайтуғын заман келди деп, 
Баспақлардың жибин басқа түрди деп, 
Қудайды умытып кетпейик, қызлар.

Қызларымыз көпдур бәҳәр гүлиндей, 
Сулыўлығын жәрия қылмас билинбей. 
Ақыл-зейни шыңқобыздың тилиндей, 
Сол қызлардан өрнек алайық, қызлар.

Мейли сүрме шекиң, тулым қойыңлар, 
Мейли шашты кесип, бурым  қойыңлар. 
Мәселе шашта емес, баста деген бар, 
Жарасықлы жағын ойлайық, қызлар,

Мейли тырнақларды бояң қыналап, 
Бийик өкше кийиң нәлин сыналап.
Ҳеш адам мин тақпас айыпқа санап, 
Ерси көринбесе болғаны, қызлар.

Қудай берген сулыўлықты бурмалап, 
Плассмастан кирпик қойып сүрмелеп, 
Қаслары маңлайға қарай өрмелеп, 
Суў таўықтай сүмиреймейик, қызлар.

Өзиңди билмейсең, базда өзлериң, 
Бояўсыз-ақ сулыў айдай жүзлериң. 
Қуўырылған шимишкидей көзлериң, 
Гиртийип кетпесин сүрмеден қызлар.

Европадан үлги аламыз десип, 
Мусулманнан орыс боламыз десип, 
Дизелер ҳәррийип, юбканы кесип, 
Қуйрықсыз бөдене болмайық, қызлар.

Рок - концерт әўиретин ашқандай, 
Тап жиллиханадан жаңа қашқандай, 
Қышқырар аяғын өгиз басқандай, 
Соған жүдә ҳәўес базы бир қызлар.

Боламыз деп қатты мәдениятлы, 
Жек көрип ана тил, әдебиятты,
Өз халқың алдында болып уятлы, 
Тилди бурраңлатып сөйлемең, қызлар.

Сулыўлықтан биз қалмайық пәсте деп, 
Жаңа әўлад алар бизди еске деп, 
Халқың мың жыл кийим тикти кестелеп,
Жараспас па еди кийгенде, қызлар?

Түркмен қызларында бар жақсы өрнек, 
Кетен көйлек кийип салланып жүрмек, 
Модалар балтырдан жоқары өрлеп. - 
Кеткенде де олар бузбады, қызлар.

Нәсиятты қойдым енди туўарып, 
Жүрмең гене гәп деп, кеўилге алып. 
Ескиниң ҳәммесин жоққа шығарып, 
Жетпис жыл жаңалық қуўғанбыз, қызлар.

Өтмиштиң жаныўлы ошағын көсеп, 
Ата-бабамызды көп кылдық өсек.
<Коммунизм> қурып шалқыймыз десеқ, 
Бул қыткер заманға тап болдык кызләр.

Аяйман сизлердиң уйымыңызды, 
Қыз балларға керек буйымыңызды, 
Киймей, тәлимсиген кийимиңизди 
Қырқ баҳасын берсең табылмас, қызлар.

Қайта қурамыз деп жүрген даналар, 
Қылмысынан қашып, басын паналар. 
Бос дүкан аўзында байғус аналар 
Сандалып жүргенин не дерсең, қызлар.

Бундай болады деп кимлер түс көрген, 
Қуйқаң жуўлап турар баз бир ислерден, 
Қыз дәўири қыйын ўаққа дус келген, 
Сыныңызды бузбаң, қарағым қызлар.

Заман бүйтип турмас, келер келеге, 
Аз-кем сабыр етип турың еле де, 
Өтип алсақ базар деген бәлеге, 
Дарқанлыққа шығып кетермиз, қызлар.

Заман келер еле мереке-тойлы, 
Бәри орнына түсер жайына-жайлы,
Ышқыңда шайырлар қартайсын мәйли,
Бағларда гүл болып ашылың, қызлар.

Аралықтан түрли заман кешсе де, 
Дәстүрлер өзгерип айра түссе де, 
Барлық байрам календардан өшсе де,
Сизиң байрамыңыз өшпегей, қызлар!

Март 1992- жыл.

БҮЛБИЛ   ТОЙЫНА. 

(СССР халық, артисткасы  А. Шамуратоваға)

Сәҳәр турып шықсам Әмиў бойына, 
Гүллер ғумшаланып күлди, Айымхан. 
Өнер сахнасының шадлы тойында, 
Ҳаўазың сүйсинтти елди Айымхан.

Қайғыдан қамыққан жаўдыр көз едиң, 
Қоңыратлы қарапайым қыз едиң.
Әрман аспанында бир жулдыз едиң, 
Таң шуғласы менен туўдың Айымхан.

Өнер гилтин шалып илгир зейниңе, 
Ғайбарланып, ҳеш айланбай кейниңе,
Орайпекти қағып таслап ийниңе, 
Силкинип сахнаға шықтың Айымхан.

Көп күстаны қылып, сени көре алмай,
<Артист> деп бийпәмлер күлискен талай. 
Қалды сол өсеклер гүўлеп самалдай, 
Мәртебе таўына миндиң Айымхан.

Сазенделер сазлап қасыңда сазын, 
Дүньяға таралды азат ҳаўазың, 
Қуслар талўас етсе илмеги лазым, 
Өнердиң өрмегин илдиң Айымхан.

Сен сайраған ўақта шадлы наманы, 
Гүлдей жайнап жаңа турмыс жамалы, 
Есип кеўиллерде сәўир самалы, 
Қыс тоқсанлар жазға дөнди, Айымхан.

Сестиң жаңлағанда ҳәўижге  минип, 
Тасларға тил питер ғөяға келип, 
Кең сарайлы заллар силтидей тынып,
Жүреклер шәўкилдеп соғар, Айымхан.

Сенсиз қызбас той-тамаша сейиллер, 
Жолыңа паяндоз рәңбәрең гүллер, 
Алдыңда албырап ғошшақ бүлбиллер, 
Келип шаңыраққа қонар, Айымхан.

Бир айтсаң, <және> деп журт етип талап,
<Ҳай, саў бол жеңгелеп> яки <апалап>,
Үриккен кептердейен дүрлеп шапалақ,
Сахнадан жибермес сени, Айымхан.

Көрген ўақта туўған айдай жүзиңди, 
Халқым тыңлағанда хош ҳаўазыңды,
Театрлар тарта алмай назыңды, 
Сахналар сықырлап турар, Айымхан.

Даўысың жайлап өзбек, түркмен журтларын, 
Қыймылдаттың көп жигиттиң муртларын.
Қарақалпақтың көкиректеги қуртларын 
Наўқандай өргизер сестиң, Айымхан,

Шықсаң жаўлығыңды сен қыя салып. 
Журттың шапалақтан қоллары талып. 
Қайта бастан гөне дәрти қозғалып, 
Ғаррылар жаслығын еслер. Айымхан.

Халық баҳалап хызметиңди үлгили, 
Өңирине тақты ҳүрмет белгини. 
Әмиў бойларының шәйда бүлбили, 
Той мүбәрек болсын, жеңге Айымхан!

1988-ж. Декабрь.






КЕЎИЛ ҚУЯШЫ

КЕЎИЛ КЕЎИЛДЕН СУЎ ИШЕР

Кийиклер суў ишер сайдан, 
Ғаз-үйрек көлден суў ишер. 
Ал, адамның кеўли қайдан? 
Кеўил кеўилден суў ишер.

Көрдим ақ қуў ойынларын, 
Үйкелесип мойынларын ... 
Сағынғандай ашық яры,
Кеўил кеўилден суў ишер.

Атлар гүлдир-гүлдир киснеп, 
Шарқ урар үйирин излеп. 
Қой маңырап, бота бозлап, 
Кеўил кеўилден суў ишер.

Дәрьялар теңизге ашық, 
Асығар мәўжирип тасып, 
Жоллар жолларға уласып, 
Кеўил кеўилден суў ишер.

Дослық, иззет - уллы дәўлет, 
Жан азығы - жақсы сәўбет, 
Шөлге - бәҳәр, гүлге нәўбет,
Кеўил кеўилден суў ишер.
Аспанға, сер салып бақсаң, 
Жулдызлар сөйлесер ақшам.
Өзиң булақ болып ақсаң, 
Кеўил кеўилден суў ишер.

Жүрек шәўкилдеп турсын дә! 
Дүньяның қайсы буршында. 
Жасап турсақ та, дурысында- 
Кеўил кеўилден суў ишер,

Алыстағы асқар таўлар, 
Бири-бирин көрмек болар. 
Сол ушын да бийик олар, 
Кеўил кеўилден суў ишер.

Серле, ҳәй инсан баласы,
Жамандур кеўил аласы, 
Адам адамның қуяшы, 
Кеўил кеўилден суў ишер.

1968-жыл.



ЖИГИТТИҢ СОНЫҢДАЙ БИР ДОСТЫ БОЛСЫН...

Өзи болған, ҳәй өзмәмбет жигитлер!
Сүриңлер дәўранды, ортаңыз толсын. 
Ҳәзир қулақ сүймес пәнди-үгитлер. 
Сонда да айтайын: досларың болсын.

Дослық гүлшәнине мегзес бул заман,
Кеўил кеўиллерден суў ишер мудам. 
Өзиң дүзиў болсаң, көпдур дос-яран, 
Досларың ишииде бир достың болсын.

Саған ҳәмдам болсын өзи  жасынан, 
Студентлик ўақтың зағарасынан. 
<Жанымды берейин> демесин саған. 
Берсе айтбай берер бир достың болсын.

Сыншыл дүнья қосып талай басларды, 
Есап-шот қаққызып сынар досларды, 
Айтқызар ҳәр турли жаңылтпашларды, 
Сонда жаңылмастай бир достың болсын.

Суў бойында бир қос ҳаўалы терек, 
Тамыры қосылған, шақасы бөлек,
Атларын суўғарсын жүректен жүрек, 
Еки торала ғаз талпынар болсын.

Дүнья жолда жатқан түлкиге усар, 
Күншиллик жибине билдирмей тусар. 
Бир қыз болып еккиңизге көз қысар, 
Сондайда зейини қыл қаўып турсын.

Хожалық машқала түскенде басқа, 
Ҳәрким шырматылып бир қолаң шашқа, 
<Доспыз> деген мәртлер кетер тум-тусқа, 
Сондайда сыр бермес бир достың болсын.

Ақыл-парасатлы, ғошшақ азамат, 
Болсын өзиңнен де бир қәдем зыят. 
Ол ҳәм сеннен алсын йош пенен қуўат, 
Асқар таў айбатың - бир достың болсын.

Сен деп қалсын журт көргенде төбесин, 
Тартсын салдаўласып ақыл кемесин, 
Сен не айтсаң бәрин <мақул> демесин, 
Адассаң абайлап алдыңды шолсын.

Қайнап кетсең, тартып қойсын отыңды,
Шаршап қалсаң мешеўлесин атыңды,
Ақыл ойы асқатықтай тойымлы, 
Жигиттиң жөн билер бир досты болсын.

Жүк артылып, кәрўан жүрип кеткенде,
Орныңа жас әўлад келип жеткенде,
<Сондай дослар болыпты - деп - өткенде> 
Ийни келген жерде айтысып жүрсин.

Февраль, 1969 ж. Нөкис.

УМТЫЛАМАН ЖАН-ТӘНИМ МЕНЕН:

Умтыламан жан-тәним менен, 
Өмир, сени сулыў жасаўға, 
Кемис жерлериңди толтырып, 
Артық жерлериңди қашаўға, 
Умтыламан жан-тәним менен.

Бир түп емен тырмасып өскен, 
Жабайы шөп жарқабағынан
Бир сандықтас сақый  тәғдирден
Берилгендей сыйлыққа маған. 
Жасыл жағысынан дәрьяның 
Бақтым оған суқланып баста. 
Нурлы тулғаң - сырлы әрманым, 
Бекингендей көрдим сол таста, 
Жас еменге таслап жип зәнги, 
Сол тасты мен тынбай қашайман, 
Жарқабаққа асылып мәңги, 
Сениң ышқың менен жасайман.

Алмас қашаў, гранит тастың 
Ерегиси базда шаршатар. 
Ал төменде қутырған тасқын 
Мени аңлып гүркиреп жатар. 
Ашшы қуяш базда шөллетип, 
Мысқазандай мийди теседи, 
Нөсер жамғыр базда селлетип, 
Қара даўыл самал еседи.

Ҳәлден тайып мен қайсы күни, 
Алмас қашаў түсер қолымнан? 
Ўақтым питип, мен қайсы күни, 
Аш қурдымға қулайман қашан? 
Ҳеш пурсат жоқ: оны ойлаўға, 
Тынбай гранитти қашайман. 
Сени тас тутқыннан қутқарыў 
Ышқысында ғана жасайман.

Аспан бәлент, жулдызлар сырлы, 
Сениң сырың шексиз соныңдай, 
Сулыўлығың сондай көп қырлы,
Айқулақтың қубылыўындай. 
Машқалада төзермен не бир, 
Жумылғанша жуп қарар  көзим. 
Мен билмеймен, ҳәй, сырлы өмир, 
Неткен перийзатсаң сен өзиң? 
Суўретиңди ҳеш теңи-тайсыз 
Соғып шыға алмай қаларман. 
Алмас қашаў менен абайсыз 
Бир жериңди шаўып аларман. 
Заманласым, жеткиншеклегим 
Сонда турып сынап-минесер,
<Әттегене-ай, тап мына жерин 
Келистире алмапты-аў> десер.

Деген менен тән берер маған, 
Мийнетиме, инабатыма, 
Қара тасты күйдирип турған
Мениң сенлик муҳаббатыма ... 
Умтыламан жан-тәним менен. 
Өмир сени сулыў жасаўға, 
Кемис жерлериңди толтырып, 
Зыят жерлериңди қашаўға, 
Умтыламан жан-тәним менен...

ПӘЛЕКЛИ ҚОСТА ТҮНЕЎ

Ўа жолаўшы, уйқың қатты екен дым, 
Жаслай жатып, картайғанда ояндың.

А. С. Пушкин.

Таң сәҳәрден жолға түсемиз және.
Уйқыңды питирип ал, жаным, қәне.
Жас уйқы тез қанбас.
Қарама маған,
Мен көп уйқлағанман өз өмиримде,
Уйқыңды гүзетер жулдызлар шамы.
Қаныңдай ләззетли жаздың ақшамы!
Қосбаққыш ғаррының гәпи таўсылмас,
Жыйналғанша усы палыз бақшаны.
Узамай ай батып, түсер қараңғы;
Дүз уйқысы емлер кеўил жараңды.
Мийзан түссе керек, ҳаўа тоңазып,
Жақсылап қымтыйын пешеханаңды.
Түтинлик салғаным,
Шылым шеккеним,
Және уйқысызлық атын жеккеним.
Сүрилмеген қыял,
Ойланбаған ой,
Жазылмаған қосықларым көп мениң ...

Муҳаббат ҳәм қосық - азаплы әрман, 
Сол еки есикте өлиўге барман. 
Жол шаршатқан жас уйқыңды гүзетип,
Таң атқанша қосық ойлап шығарман. 
Самал қосық пенен тыныс алғандай, 
Жулдызлар да қосық болып жанғандай, 
Пүткил әлем қосық дәрьясы болып, 
Руўҳым арқалы ағып турғандай. 
Ҳәўлиртип, түнлерге урып таңымды,
Ҳалласлатып жүректеги қанымды, 
Сол дәрья бийрәҳим дегиши менен 
Ийрим тартып геўлеп атар жанымды.

Сонда мен өзимди шайыр сезермен,
Кеўлим-сегбир тартқан бир ҳақ Бәзерген, 
<Малыма қарыйдар табылғай да> деп, 
Жанға қысым қылып, шөлге төзермен.
Жолларым қулазып, базда бос шығар, 
Гә усындай бир пәлекли қос шығар. 
Гейде гүлхан жағып жолдың шетине, 
Түнеп атқан бир сәўбетлес дос шығар,
Жолшыға таптырмас бахыт бул әне,
Қаўышыў-ғәниймет, жол жүриў бәне. 
Гүрриңлесип, көз илгитип азырақ, 
Таң сәҳәрден жолға түсемиз және . . .

Алыста мунартар аўыл тереги, 
Таўықлар шақырып, ийтлер үреди. 
Тынған керизинен насос салманың 
Қурбақалар тынбай концерт береди, 
Түнге үңилсең кеулиң ҳүрейленеди, 
Кирпишешен тысыр-тысыр келеди, 
Балларын қымтаған ана қолындай, 
Бийшеклерин қымтар қаўын пәлеги. 
Ҳәкке шықылықлап табар сум хабар, 
Шық түсти маўжырап, ҳаўада ызғар. 
Самал ойнап үстин ашып кеткендей, 
Жалаңаш теңкейип уйқылар ғарбызлар.

Аўыл сыртында яр күтсе интизар, 
Шолпан <уйқылап қалып> қылық шығарар. 
Қара шашың менен ақ билегиңе 
Пешехана сыртынан ай сығалар. 
Сен оянып айттың: <Еле жатпадың. 
Болды, қыйнай берме қыял атларын ...> 
Мен айттым: <Азырақ тамашалайын 
Дүзде таңның қулан ийек атқанын...> 
Әне, түнге таң гезеги аўысып, 
Жулдызлар биримлеп түңлик жаўысып, 
Еситилер гейде палыз шетинен 
Ғаррының <ҳайта-ҳайт!> деген даўысы. 
Қорықшысы сақ болмаса серлеген, 
<Қаўынның жақсысын сағал жер> деген, 
Сондай поэзия палызында да 
Усыған тәқаббил ислер бар деген . . .

Тәәжжуб қаласаң заманға қарап,
Не деген кең сая, мийўалы дарақ,
Жан аўыртпай оның жемисин терип, 
Көплер тили менен орып жүр орақ. 
Ким ис жақпас болса ақылы зайыл, 
<Шайыр болып> шығар ғайыптан тайып, 
Еңбек пенен еккен пәлек өскенше, 
Ийт түйнеклер сырғыр урқанын жайып. 
Мәрт болсаң жулып көр... 
Боларсаң ақмақ,
Тум-тустан шуўласар оларды жақлап, 
Атақ-абырай атын тартып алдына, 
Китапларын басар алтынға қаплап. 
Тийип кетсең, айтар <қой, тиймеңлер> деп, 
Бақырар: <талантты қәдирлеңлер> деп, 
Арзасына виза шегер ағамлар, 
<Китабын шығарың, жәбирлемең> деп. 
Жаўшымшық тийгендей пискен тарыға,
Тапсып ақыл айтып тийер жаныңа,
<Атшабары> ҳәм <Көкаман> дегендей, 
Өзлериндей жәҳил сыншылары да... 
Биреўлери тынбай қәлем тербеген, 
Өз жазғанын өзи оқып көрмеген, 
Биреўлери гегирдекке суў бүркип, 
Озады деп жасларға жол бермеген.
Мақтумқулы, Бердақ келсе тирилип, 
Усылар менен бир нәўбетке турылып, 
Топламлары шықпай жаўрасар еди,
Баспахана планынан сүрилип . . .
Орсақы сөз айтып күлдирсе залды, 
Сый-ҳүрметтиң зоры соларға қалды. 
Көркем сөз деп шәлкем сөзди үйренген, 
Мен аяйман аўлдағы балларды... 
Салы арқасында суў ишсе шигин, 
Алымлар гербицид шашады бүгин.
Исенбеймен: НТР жол табар деп, 
Шайырлық атызын тазалайтуғын . . .

Яшағай, таң атты!
Ояндың сен де,
Түндеги тар кеўил кеңейди демде.
Жақсы адам екен қорықшы ғарры,
Алғыс айтып, жолға түсейик енди.
Сен қасымда барда жоллар рәўан,
Руўҳым жасарып, йош енер маған.
Гөззал арзыўлардың сырлы мәнзили 
Сени алып кел деп меннен сораған. 
Ол мәнзил мен ушын жулдыздай жырақ.
Әлбетте жетерсең сен оған бирақ. 
Үмит, мириўбетли өмир жолында 
Адам адам ушын әдиўли қонақ. 
Қанша жол бар, ойға алмайын ҳасла, 
Кеўил тасып ақсын жулдызлы йошқа. 
Дүнья турар, дәўран өтер ҳәр кимнен, 
Бир түнеп шыққандай пәлекли қоста...

Сентябрь, 1986-жыл.

ТЫНБАЙ   ЖАМҒЫР ЖАЎАР ПЯРНУ  ЖОЛЫНДА

X. Турымбетовқа

Тынбай жамғыр жаўар Пярну жолында, 
Тоғай көк плашын қымтар гүрсинип. 
Түнерер арқаның кеўилсиз күни. 
Тынбай жамғыр жаўар Пярну жолында.

Қәнекей, Мамыйдың кең майданында 
Ҳәзир бир ат шапсаң, тозғытып шаңды. 
Әттең, телеграмма титирер қолымда 
Ақ кептердиң сынған қанаты яңлы.

Тәўбе! Ким ойлаған алдыңан жорып, 
Сени бунша ерте өледи ғой деп. 
Мен де аңламаппан: бүгин сен өлип, 
Алыста көзге жас келеди ғой деп.

Бийтаныс жол. Барар машина зуўлап, 
Көз жумып отырман. Тек сен ойымда. 
Кеўлим сүўретиңди сызар сулыўлап, 
Күн сиркиреп жаўар Пярну жолында...

Тәбият өнерге бай, қолынан келеди, 
Адамның, шайырдың түрлери аз ба! 
Минезиң бир қыйын қолжазба еди, 
Журт қыйналар еди оқыўға базда.

<Ол енди жоқ> деген бир уғым жанға 
Ат жаўырына батқан ердей батады. 
Толқынсақлар минип-түсип атқанда, 
Жағада мыңқ етпей жар тас жатады.
Сен сондай нар едиң. Едиң бийҳазар, 
Тең едиң үлкеннен-балаға шекем. 
Ал енди ашшы тил, бийпул аўызлар, 
Сенсиз кимди мүнжип ҳәз табар екен!

Өзимизди санаймыз илгир зейинге, 
Ким басты көтерсе соны бассынып. 
Уйқасқа кире алмай жүрген фейиллер1 
Енди кетер деймен сенсиз асқынып.

Қосығыңа бир жыллы сөз айтса жайлы, 
Өзиңди сөксе де сен қайыл едиң. 
Өйткени, шынында сен шайыр едиң, 
Соқпағың бар еди өзиңе пайлы.

Енди қосық оқыр ўақыт қызғанбай,
Регламент сүймеўши базыбир шеберлер. 
Сениң ер геўдеңди көтере алмай, 
Енди сықырламас ағаш минберлер.

Журтқа не жетпейди? Дүньяда зал кең, 
Ҳәр ким отырар билет алған орнында. 
Бирақ орның бос тур. Жоқсаң енди сен... 
Тынбай жамғыр жаўар Пярну жолында.

Таллин, июнь 1968-ж.

АДАМ

 1

Гәўмис мамонт қарсы шапқанда, 
<Ма!> деп қатты сес шығарды ол . 
(Бул ең туңғыш сөз еди сонда, 
Еслегенди, өз анасын олардың). 
Тас пенен ол урды ҳайўанды, 
Ақыл, ҳийле көрсетти күшти. 
Бирақ издеги баласын урмады, 
Өз баласы ядына түсти :

Адам еди бул ҳайўан түсли.
Камераға тыққанда, балалар - 
<Мама> десип жылады шуўлап. 
(Бул ең соңғы сөзи олардың.) 
Ручканы жиберди таўлап, 
Вагонетка тасырлап күшли, 
Крематорияға сүңгиди... 
Ҳайўан еди бул адам түсли.

Февраль, 1987-жыл.


ДӘЎРАН

Дәўлет қусы қонарында
Бас таңламас мудам десер. 
Қуладин қуў аларында,
Жапалақты <тарлан> десер.

Дәўран қараған шағында,
Ҳәр ким патша өз тағында.
Дәўлети қайтқан ўағында,
Жақсыны да <жаман> десер.

Атлар аттан бөлингенде, 
Қыйқыўға журт еринген бе?
Дал бедеўлер сүрингенде,
Жүйрикти де <шабан> десер.

Мереке көрмеген кимсе, 
Өзин бек санар өзинше. 
Шонтық жигит атқа минсе, 
Өз атасын <жорам> десер.

Аңғырт минез аламаншы, 
Кыйқыўы өзине қамшы. 
<Халқым!> десе бир алдамшы" 
<Усы керек маған> десер.

<Пай енеғар мына ешек. 
Лап болмайды-аў тулпар десек, 
Қуйрығын самалға төсеп, 
Шабысына қараң> десер.

<Суў беремен теңизиңе> 
Деп инантар лебизине. 
Ҳәр ким тартар негизине, 
Аңламаған жаман десер...

Сентябръ, 1989-жыл

ТАСҚА КӨГЕРГЕН ГҮЛ

Адам адам болып тилге келгели, 
Дәстанлар дөретип, китаплар жазып, 
Өз-өзин түсинип болған жоқ еле, 
Адам тастан қатты, гүлден де нәзик.

Инсан ийниндеги жүктиң аўырын 
Артсаң, асқар таў да ыңырана баслар. 
Қус шоқыса Прометейдиң баўырын, 
Адам төзер, лекин төзбейди таслар. 
Сол қара тасларды жарып бәҳәрде, 
Өскен гүлди көрип жаның қулазып, 
Мақтанып, елжиреп ойларсаң ҳәм де: 
<Адам тастан қатты, гүлден де нәзик>.

Брестте тас ерип, темир тапланды, 
Соңғы демге дейин шайқасты солдат. 
Карбышев музлады, Гастелло жанды,
Тәслим болғанда да тас пенен полат.
Бирақ мәңги тарийх тасына олар 
Мәртлик оты менен кеттилер жазып,- 
Бул жазылған бес сөз былай оқылар: 
<Адам тастан қатты, гүлден де нәзик>.

Инсан кеўлиндеги мийрим-шапәәт 
Егер қуяш болса, тас гүллер еди. 
Ағар дәрья болса ышқы-муҳаббат, 
Дүньяда шөл қалмай гүлленер еди. 
Соңғы нанын берип өз жолдасына, 
Адам жығылады жүреги сазып. 
Жазсаң арзыр оның қулпы тасына: 
<Адам тастан қатты, гүлден де нәзик>.

Дослық, мийрим ушын кең қушақ ашқан 
Бул заманда озық ақыл-зейинлер. 
От ҳәм суў, пал ҳәм уў табысты қашшан,
Табысалмай атыр бирақ пейиллер.
Олар Хиросима ҳәм Освенцимди 
Дүньяға таңбақшы ақылдан азып.
Қыйраған тиршилик тахтына ҳәм де
<Адам тастан қатты:> деп қоймақ жазып.

Кеўил - бир гөззал бағ, тәрбия етип. 
Татлы мийўасын жеп, аралаў мүмкин. 
Бир жыллы жүз бенен ўақтын хош етип,
Бир жаман сөз бенен жаралаў мүмкин,
Гүлленсин деп инсан кеўлиниң бағы,
Бағман гүл егеди тәңирге жазып, 
Гүлди женшип кетер малдың туяғы, 
Ал адамның кеўли гүлден де нәзик.

Адамзат дүньяға келгели бери,
Жақсылық-жаманлық ойынын ойнап, 
Кимлигин түсине алмай өзлери, 
Қанша китап жазар басларын қыйнап. 
Адамзаттың минезлемесин маған 
Дәл, толық сүўретлеп бер десе жазып, 
Айтар едим халықтың нақылын оған: 
<Адам тастан қатты, гүлден де нәзик>.

Май, 1982-жыл.

САНАТ

Күшли болсаң жердей бол. 
Бар нәрсени көтергеи. 
Таза болсаң суўдай бол, 
Бәрин жуўып кетирген. 
(Қырғыз санаты).

Кеўил деген жаман зат. 
Таў болсам деп турады, 
Нәҳәнликте ҳәммеден 
Ғаў болсам деп турады,

Кеўил деген жаман зат, 
Дала болсам дейди ол. 
Қартайғанда қайтадан
Бала болсам дейди ол.

Кеўил нени күсемес? 
Бүркит болып уяда, 
Қус баласы қонбаған 
Қонсам дейди қыяға.

Қой баласы шөп отлап, 
Енапатқа семирер. 
Кеўил деген сондай зат, 
Марапатқа семирер.

Кеўил деген кеңейсе 
Кең сарайдың өзи ол. 
Кеўил қурғыр тарайса, 
Бир тебенниң көзи ол.

Кеўил қусы йошланса, 
Жулдызларға ушар ол. 
Кеўил көзи жасланса, 
Жапалақка усар ол.

Кеўил күни қызарса,
Таўдың тасын жибитер.
Жүреклерде муз турса,
Сол музды да еритер.

Кеўил қурғыр музласа,
Басқаларды тоңдырар. 
Кеўил гүли жайнаса, 
Шөлге бостан қондырар.

Сәл нәрсеге қылтыйып, 
Шамырқанып туратын, 
Кеўил деген не десем, 
Насбай екен бир атым.

Айнадан қатты нәрсе жоқ, 
Сәл нәрседен сынар ол.
Кеўилден пәтли дәрья жоқ, 
Сәл жерде тынып қалар ол.

*    *    *

Дәўран деген бир жорға,
Сүре алған сүрип баратыр. 
Нәпси деген бир дорба, 
Таўлар сыйып баратыр.

Нәпси деген зоң ғарға, 
Тояр күни болар ма. 
Размерсиз бир дорба, 
Толар күни болар ма!

Кисилерди қыйнайсаң, 
Ўа кисилик-кисилик! 
Өз ханаңа сыймайсаң, 
Сәл нәрсеге исинип.

Үлкенсип жүрип ҳәммеден, 
Ушалмаған кисилик. 
Аттан түссе, зәңгиден - 
Түсеалмаған кисилик.

Әп-әнейдей көзлериң,
Алаўратқан кисилик
Тәкаббырсып, тиллерин
Лалаўлатқан кисилик.

Әззиге үйип қабағын,
Шалқайып кеткен кисилик.
Күшлини көрсе, аяғы - 
Қыйсайып кеткен кисилик.

Жыйнап-жыйнап гийнени,
Жипке дизбе ийнени.
Досларыңа өкпелеп,
Түйе қылма түймени.

Сайып-сайып сыртынан, 
Күлме адамның артынан. 
Зар боларсаң достыңның 
Көшип кеткен журтына.

1975-жыл.

МЕН ӨЗ ТӘҒДИРИМЕ ҚАЙЫЛ ҚАЛАМАН

Жазғы ақшамларда жатып шалқама, 
Жулдызларға қарап ойға таламан, 
Өз өмириңди ойлағанда, бәрҳама 
Мен өз тәғдириме қайыл қаламан.

Бар оның бир жазыпатқан дәстаны,
Мениң өмиримнен шеберлеп қурап.
Мен туўылар гезде оны баслады,
Қашан питкерерин билмеймен бирақ.

Шадлықтан - арқаўы, ғамнан - ериси, 
Тоқып атырғандай ҳәр бир демимди. 
Базда йош бергендей илҳам периси,
Жазғанлары елжиретер кеўилди.

Базда руўҳы түскен, жамғырлы күндей, 
Бояўы бос шығар жазғанларының. 
Базда бәҳәрдеги ашылған гүлдей, 
Қуяр зейинине ләззетли нурын.

Мен өз Тәғдириме ҳайран қаламан, 
Ол сондай мийрибан, соныңдай қатал.
Бирде жаз күниндей күлип қараған,
Бирде қар - боранлап, қапылтып атар.

<Аналы жетим - зор> деген уғымды 
Бизге нәрестелей нәсип етти ол.
Аш ҳәм жалаңаяқ балалығымды
Тикешли соқпақлардан айдап өтти ол.

Ҳәм шығарды жайпаўытсыз, өткелек,
Қыйын ҳәм қызықлы жаслық жолына.
<Машақатсыз, аңсат өмир күтпе> деп, 
Бир ҳикметли қәлем берди қолыма.

Жаксы - жаман демей усы жолымнан,
Бизди алып кетер, тәғдир көреген.
Сол қәлемди түсирместен қолымнан,
Сүрине - қабына жүрип келемен.

Кеўил бүлбилимди мудам аш етип,
Сайрата-сайрата естен тандырды.
Муҳаббаттың шарабына мәс етип,
Айралықтың отларына жандырды.

Базда шадлық булағынан иширип. 
Дәўри - дәўранларды сүргизер бизге. 
Базда мусәпирлик ҳалға түсирип, 
Көрмес ислерди де көргизер бизге.

Руўҳыятым айдап шөл - бәябанға, 
Муңымды самалға шағындырады.
Мәккар муҳаббаттың тахты алдында 
Тиз шөктирип; оған табындырады.

Базда туйық көшелерге киргизип,
Ҳәўлиртип, әўере - сарсаң етер ол.
Базда тик шыңыраўлы жарға миңгизип, 
Бир ўақта қутқарып алып кетер ол...

Мен өз Тәғдириме кайыл қаламан, 
Ол есиркер арзыў- үмитлеримди. 
Оған тән беремен, тәўбе қыламан, 
Арнап шүкираналық мәўритлеримди.

Әзел жазмышымда жазған жол менен 
Ол мени шаршамай алып барады.
Билегимнен тутып мықлы қол менен, 
Сәл шығынсам, қайтып жолға салады.

Биле - билсең, аңсат емес оған да, 
Күн келгенде есап берер олда ғы. 
Тик турып баянат жасар ол сонда,
<Күнделик дәптерин> ашып қолдағы.

Тәғдирим! Мен саған сүйеймен арқа 
Ҳәм сыйлайман бийик инабатыңды.
Тилиң мүки болмай Тәңирим алдында,
Жақсы жасағайсаң баянатыңды.

Айтқайсақ сен сонда: Пәрўардигарым! 
Жазғаныңды ҳеш булжытпай бежердим. 
Ялғаншының бендешилик базарын 
Аралатып, бир бендеңди әкелдим.

Саўап ислер қылды, мириўбет тапты, 
Билип-билмей қылған гүнасы да көп.
Бирақ инсан деген уллы атақты 
Беглигин бузбастан алып өтти деп:

1995-жыл, февраль.

ШӨЛДИҢ ИЙСИН АЛСА ТУРМАС

Қырық ай қолда өскен кийик, 
Шөлдиң ийсин алса турмас. 
Дүзде жүрген шопан халқы 
Шәҳәрде байласа турмас.

Бағ ишинде писсе бадам, 
Татар несип еткен адам.
Нама танымаған надан 
Бүлбил сайраса да турмас.

Мириўбетли болса кеўил, 
Қайғы-дәртиң болар жеңил, 
Бағ ишинде ашылған гүл. 
Қазан урып солса, турмас.

Бултлар көшсе бәлент таўдан, 
Көз жасынан селлер жаўған, 
Изи келиспеген дәўран, 
Жатып түс көргенше болмас...


САДЫҚ ШАЙЫРҒА

Жүрген - дәрья дейди, отырған - бойра, 
Жүрдек аяқларды жоллар ҳәм сүйген. 
Ғаррылар ойласа не түспес ойға 
Дийўал қысып кетер шықпасаң үйден.

Жатқанға не айтар төсек ҳәм дастық? 
Мезгилсиз қартаймақ - өмирге қаслық, 
Бахытлы ғаррылық - екинши жаслық, 
Мисли кеш түскенде атқан таң деймен.

Бүлбил қус баласын алып жанына,
Сайраўды үйретер палапанына ... 
Қалмайын деп жас әўладтың шаңына, 
Күни-түни қәлем тартарсаң деймен.

Мен ҳайранман баз бир шайыр досларға,
Шаршадым дер шықпай атып асқарға. 
Сол иштен қартайып туўған жасларға 
Жасарыўдың жолын айтарсаң деймен.

Көз әйнекти сүймес нураный көзиң,
Кеўилге заўық берер көп айтқан сөзиң,
Пахтадан - Шамурат, қосықтан - өзиң
Ел кәрўанын мықлап артарсаң деймен.

Алпыстан асқансоң азыў кетилсе, 
Қапталынан жеткиншеклер жетилсе,
Заман даңқы ушын талап етилсе,
Космосқа ҳәм барып қайтарсаң деймен.

Ел жапқан елтири бойға шақ дейди,
Халық сүйгенниң несибеси нақ дейди. 
Қартлар Сизге қусап жасарсақ дейди,
Ал мен сиздей болып қартайсам деймен.

1963-жыл, август.

ТУСАЎЛЫ КИЙИК

(Мүсинши Қ. Жолдасбекке)

Қара пышақ қара тасқа 
Жанып-жанып қайралады. 
Бул шийбуўын аяқларым 
Неге шандып байланады?

Я болмаса бул аяқлар
Желден жүйрик емеспеди? 
<Мийрим> деген сөз қаяқта? 
Бар болса <қой> демеспеди.

Желдей жүйрик төрт аяғың, 
Еки аяклы жаўызларға 
Қалай ғана услаттыңлар, 
Көзи қыйып баўызлаўға.

Мийрим жоқ-аў ырасында, 
Бул инсанның баласында. 
Маңырап жүр ылақ генем, 
Қай путаның арасында?...

Июль, 1991-жыл.

АББАЗ БЕНЕН ХОШЛАСЫЎ

Дүньядан бир кеткен адам 
Қайта айланып келмес болар. 
Жақсы болып өткен адам, 
Тирилерге теңлес болар.

Айтқан сөзиң ириликте 
Нақыл болып жүрилипти. 
Адамды адам тириликте 
Онша жақсы билмес болар.

Ерк қуяшы нурын шашты, 
Қуўсырылған жағыңды ашты, 
Китабына ҳалық таласты, 
Мәңгиликке мөрлес болар.

Сөзиң сүйсинтер елди көп, 
Кеттиң орныңды белгилеп. 
Ким айтты сизди өлди деп? 
Жақсы шайыр өлмес болар.

1970-жыл. Январь

БОЛМАСА

Қус баласы болып илинбес санға,
Бүлбилдиң хош ҳаўаз сеси болмаса, 
Сазды шерткен менен келмес намаға, 
Кеўилдиң бир әндийшеси болмаса.

Әдет қалар, бәлким қәсийет қалмас. 
Елге хызмет етпей жигит сыналмас. 
Көп жасаған менен ақсақал болмас,
Парасатлы ақыл-еси болмаса.

Биреўлер қартайса зийнети асар, 
Елине сән берип, төрге жарасар.
Биреўлер урғашы маймылға усар, 
Мәзи адам сүўрет түси болмаса.

Кимлер жас қайтса да ақылы толған, 
Кимселер зуўқылдап тил-жағы қалған. 
Атқа <шуў> дегеннен басқасы жалған, 
Жасы үлкенлик әўселеси болмаса.

Кимдур тирисинде-ақ атын жоқламас,
Инсан болып, ишкен дузын ақламас. 
Бержағынан қуйған менен тоқтамас, 
Аржағында бирнәрсеси болмаса...

Сентябрь, 1980-жыл.

<ПЛАХА> ИЗЛЕП...

Шыңгыс Айтматовқа

Ўай, енағар адамзат! 
Өз исине өзи, ҳайран қалғандай. 
Сумлық ҳәм илимди қатырып жумсап, 
Бир плаха2 соғып шығардық сондай... 
Бир мүлик болды өзи айта қалғандай. 
Турар ийесиниң күнине жарап, 
Көрген жаға услап, тәўбе қылғандай. 
Соғыў аңсатлыққа түспеди бирақ: 
Қанша усыныслар, даў ҳәм жәнжеллер, 
Каншама диспутлар болмады пайда. 
<Бетоннан соғайық> деди биреўлер, 
Биреў айтар <НТР заманы қайда!>
Биреўлер дер: <болсын нағыз ағаштан,
Бетоның не? Аяң балтаның жүзин. 
Басы шабыларда адам ҳәр қашан, 
Тәбияттан бөлек сезбесин өзин...
Көп тартыстан, кейин шықтық аралап
Ағаш туқымы бар ҳәмме жақларды, 
Ливан кедрлерин қырықтық жарғылап,
Саваннада уллы баобабларды. 
Тайга қарағайын бийигин сайлап, 
Әйдик еменлерди қыйратып шықтық. 
Түбине зәҳәрли изей суў айдап. 
Саялы гүжимди қуўратып жықтық. 
Мине, таяр болды! 
Планетаның
Орнаттық халық барар кең майданына. 
Ҳәр ким алып барып оған душпанын,
Айбалтамды жуўсам дейди қанына.
<Жүр> деп бири-бирин зорлайды адам,
Зорлағаны менен бармайды адам, 
Бирин-бири тутып жуп жағасынан,
Сүйрейди, қыйнайды, қорлайды адам...
Кимлер адамзатқа етсе жақсылық,
Екиншилер ислер оған шақсыйлық.
Исеним көпири қыйрап белинен, 
Еки жағыс бир-бирине қақшыйды... 
Жүрер жолларды да шықтық, миналап.



Басып алмайық деп оны абайсыз. 
Ҳәр адым атқанда дизе қалтырап, 
Жүрекке ас батпас, уйқымыз жайсыз. 
Лекин жасаў зәрүр, жан деген татлы, 
Мәжбүрмиз миналы жолдан барыўға. 
Әжел қузғынлары қара қанатлы, 
Таяр тур өмирге пәнже салыўға. 
Жерде тиришиликке туўғызып қәўип,
Гүрсинер Невада, Семей шөллери. 
Әжелдиң бинарлы урығын таўып, 
Алғыс алар <илим пидәкерлери>. 
Уяға таласқан еки лашындай, 
Адамлар аяўсыз бир-бирин жулар. 
Подшипниги майланбаған машындай, 
Астымызда жер ҳаўлығып айланар,
Ашкөзлер шанағы терең қурдымдай,
Байлық үстемликти аўсар бир тынбай,
Жуўҳаланып теңиз суўын симирип,
Нәпси өрбир шегирткениң қуртындай, 
Жаўрап Миссисипи, Әйиў дәрьялар, 
Жағысларын таслап қашады Арал.
Газге уўланған ҳиндлер қаңғырып барар, 
Чернобльде таллар дир-дир қалтырар. 
Ишип дәрьядағы зәҳәрли суўдан, 
Жағыста қан қусып өлер негрлер. 
Әжел қыснағына вертолет қуўған, 
Қашып барар сайғақ ҳәм кенгурулер. 
Пахтадан <ақ алтын> алыў қастында, 
Зәҳәр шашқан самолеттиң астында 
Баўыры шаншып, ыңырсыйды балалар, 
Жолда өлип атқан торғайлар қалар... 
Динамит жарылар, лайнерлер жанар, 
Террорлар, мафилар - жаўыз ҳайўанлар, 
Плахаға қарай айдап бир-бирин, 
Яғный өзин-өзи қыйнар адамлар... 
Ал, ол дүңке ағаш өлим шақырып, 
Мудам қанға шөллеп турар деседи. 
Бирақ сел жамғырлар өмир шақырып, 
Ол ағаштан нарт шыбықлар өседи.
Сол нартлар жапырағын ылақлы ешки 
Жеп атыр артынан келип арқайын. 
Ол ағашқа келип отырар кеште. 
Муўсапийт жолаўшы жүзи сарғайып, 
Ҳәм үшкилсиз пишкен узын липасын 
Сәл қымтап, ағашты сыйпап қояды.
Шырамыттым түсин, сақалын, шашын, 
Ширкеўдеги сүўретлерге баяғы: 
Қудды көктен түскен Ийса пайғамбар 
Ҳаққында аңыз сөз түседи еске. 
Сол деп параз етсек, ойлаған шығар: 
<Азап пенен шегеленип крестке, 
Асықпай өлгеннен мынаўың абзал. 
Шарт үзилип түскен геллеңди көрип, 
Есиңди жыйғанша кетерсең өлип. 
Гераиннен тартсаң оның үстине, 
Өлериңде жаның аўырмас және. 
Не деген ннсанлық, мийрим-шәпаат, 
Өсип қеткен екен ғой бул адамзат! ...>

Ал, дәрья бойында адамлар барар, 
Өзи соқкан мүликке ҳәўлирип қарар, 
Ҳәр қайсысы өз басынан қәўип етип,
Билдирмей өз мойнын сыйпалап қояр, 
Олар енди уллы дәрья бойында 
Жаңа ойшылына жаңа заманның
 Жүгиниўди нийет еткен ойында, 
Ақылы киргендей ойсыз адамның. 
Соншелли пейлинен азған бул инсан, 
Сезген болса керек оянып ҳүждан: 
<Кемеге мингенниң жаны бир> деген 
Нақылды еслетип толқыр океан.
Жаўызлықтың мүлки сол дүңке ағаш, 
Мүмкин нартлап, дарақ болар қайтадан. 
Ақыл аспанында нур шашып қуяш, 
Уллы ҳақыйқатқа жол табар инсан :

Нөкис, март, 1988-жыл, 

НӘРЕСТЕ

Нәресте, ол - адамның ен үлкени, 
Ким болсаң да сен баласаң кешеги. 
Шешең бул турсында туўмаған сени, 
Ғаррылар да бала болған деседи.

Нәресте өмирдиң жүреги, деми, 
Еле булт көрмеген ол бир алтын таң.
Нәресте - адамның туңғыш қәдеми,
Соңғы қәдимиң де апарар оған.

Уллы келешек ушын иске, гүреске 
Тили шықпаса да ол үйретеди. 
Ол ийе пәкликке, қүдиретли күшке, 
Қуралсыз дүньяға ҳүким етеди.

Талпынған жас нәрестеге қарасам, 
Өмирге мен қыздай ашық боламан. 
Усы адамлардың бәри ырас-ақ 
<Бала болған ба?> деп саўал қояман.

Жоқ, жоқ, бәри емес! Тек те жақсылар, -
Ҳақ кеўил адамлар бала болғанды. 
Ал ишкирне жаўызлар ше? Жақ, олар 
<Бала болдық> деген сөзи жалғанды.

Егер олар журттай бала болғанда, 
Жүрмей ме Сонгмиде3 балалар өлмей. 
Мың-мың бала ботинкалары сонда 
Освенцимде жатбас еди аў кийилмей :

8-февраль, 1970-жыл.

ҚОЙ, ДАҢҚПАРАЗ БОЛЫЎДАН УЯЛ...

Ҳәй, жас ойшыл, нәсиятым саған: 
Болакөрме өйтип даңқпараз. 
Болса егер адам даңқпараз, 
Жерде жақсы ат қалмас оннан :
Бирақ та сен шайыр болдың да,
Өзиңе аўыр шоқмарды алдың. 
Журттан мақтаў дәме қылдың да, 
Изинде көп күлкиге қалдың. 
<Әкел маған гүлиңди, халқым, 
Мен шайырман" демекшисең сен. 
Наўайының сөзи емес, даңқың 
Мәжнүн болып излемекшисең,

Қой, даңқпараз болыўдан уял, 
Неге керек қанатсыз қыял! 
Оннан қайта бәҳәр келгенде 
Жол бойына көгерт бир түп нәл. 
Жыллар өтер, гүжим ержетер,
Сая берер шаршағанларға. 
Талай әўлад астынан өтер, 
Силтеў болар адасқанларга. 
Тәжирийбели жолаўшы турып, 
Бунда ойға батар гей күни. 
<Раҳмет буны еккенге> деп журт, 
Узақ жыллар яд етер сени ... 
Ҳей, жас ойшыл, сен маған қара! 
Соннан абзал даңқ бар ма сирә? 
Қой, даңқпараз болыўдан уял, 
Кимге дәркар қанатсыз қыял!

1957-жыл, Нөкис.

*     *      *

Скульптор бояғанда мен, 
Қара таўға шығар едим, 
Аяз қаланың мәрмеринен 
Сүўретиңди соғар едим.

Көп әўладты, көп заманды 
Дийдарыңа сағындырып. 
Қояр едим сур жыланды, 
Аяғыңа табындырып.

1967-жыл.

БИРИНШИ   МУҒАЛЛИМГЕ 

Төлеген ағаға.

Ғаррылық мийзанының қыраўы шалған 
Шашыңызға қарап ойға таламан. 
Үш түп ақ сөкиттиң астында қалған 
Кишкене ақ жайға кирип бараман.

Жез қоныраў таңғы уйқыны қашырып
Сыйып отыраман еплеп партаға. 
Шаўқым сүрен ҳәпзаматта басылып 
Сиз пайда боласыз және ортада.

Шақырсаңыз алтын балық тил қатып, 
<Т> дан тай шапқылап, <Ғ> дан ғаз ушты. 
Ҳәрип зорлық пенен қағазға жатып, 
Кеўилге әжайып бир сәўле түсти.

Не айтсаңыз бизсе сол болды закон, 
Нурлы дийдарыңыз кеўил тоғы еди. 
Бести беске қоссаң пайда болды он, 
Сизиң билмейтуғыныңыз жоқ еди!

Шыбығыңыз ушында карталар сөйлеп, 
Дәрьялар теңизге аға баслады. 
Маймыллар адамға айланып түргеп, 
Пил мамонт қуўып, от жаға баслады.

Ал биз өзиң жаққан оттын шаласы, 
Жаңамыз, Өзиңиз адам еттиңиз. 
Ата баласы емес, Ўатан баласы 
Болыў әлипбесин сиз үйреттиңиз.

Бүгин көрип сизиң ақ шашыңызды 
<Биз де келипбиз аў биразға" дедим. 
Қанша үлкейсем де, көргенде Сизди, 
Доскаға шыққандай албырар едим.

Биреў дана болар, биреў журт сорар, 
Жулдызға жол тартар, ал биразлары.
Сиз ушын баяғы балалар олар, 
Бас кийимин алар алдыңда бәри.

Биз таяр! Келешек бизди шақырды, 
Үйге тапсырманы сорап алың сиз. 
Биз ушын сиз еле журттан ақыллы, 
Еле Әплатуннен бетер алымсыз.

1969-ж.

*     *     *

Өзи қызық адамлар 
Қызық көрер дүньяны. 
Өзи бузық адамлар
Бузық билер дүньяны.

Өзи қызықшыл адам 
Ойлап жүрер тек ғана: 
Дүнья деген той - байрам, 
Қызықтан турар деп ғана.

Бузық адам мудамы 
Сумлықты ойлар ақыл деп. 
Дүньяның барлық адамы 
Бузықлық ислеп атыр деп ...

Март, 1988-жыл.


ЕКИ ҚУЎАНЫШ

Мен атымды түсип басқаға бердим. 
Ер-турман, дорбасы, қамшысы менен. 
Сен дәрҳал қуўанып жуўырып келдиң, 
Көзиңде шадлы жас тамшысы менен.

Сен байғус қуўандың ҳәз етип күлип, 
<Пияда қалдырып жазалады-аў деп. 
Мен байғус қуўандым: жаяўлап жүрип, 
Көп жақсы қосықлар жазаман-аў деп ...

Март, 1988.

ПОШША ТОРҒАЙДЫҢ ӨЛИМИ

(Элегия)

Жол бойында бир түп жуўсан түбинде, 
Жатыр, әне, жайып жансыз қанатын.
Жаңа ғана кең даланың көгинде 
Сайрап турған еди-аў ләззетке батып.

Шаңға шомылып, аўнап алып асықпай, 
Бираз ўақ жер тыңлап жатар еди ол. 
Бир ўақлары ылақтырған асықтай, 
Әл ҳаўаға өзин атар еди ол.

Көз астында қубылар қыр дөгерек, 
Кең даланың көркине көз қамасып. 
Диң аспанға өз жүрегин шегелеп, 
Шыр-пыр болып баслар еди намасын.

Туўған жерге ҳәм өмирге бийиктен 
Ҳәр ўақ ышқы етер еди жаңадан. 
Ҳәтте үркеклигин умытып кийик те, 
Сыйқырланып турғандай бул намадан.

Сыңқылдысын қойып мөлдир булақ та, 
Селеў шөплер жасыл шашын жайғандай. 
Пүткил әлем айланып бир қулаққа, 
Текте торғай даўысын тыңлап турғандай.

Йошланғанда өзин усылай умытып, 
Еси кетип көкте сайрай берди ол.
Бир ўақта сел буршақ оқларға тутып, 
Бәленттен қулдырап түсип өлди ол.

Қызғалдақ қан жылап, жуўсанлар аңқып, 
Қосықшы азасы гурсинтти шөлди. 
Өлди ол. Бирақ та қосықтың даңқын 
Қол жетпес бийикке шығарып өлди.

1968-жыл. 

НЕРВАЛАР

Ўа, нервалар, байғус нервалар, 
Жүреклердиң аяўсыз тары! 
Рәҳәтленип сизди урғылар 
Адамлардың жез тырнақлары, 
Бар тәшиўишин биймаза адамның 
Үстиңизге алғансыз сизлер. 
Аўыр блокларын заманның 
Кран болып көтересизлер, 
Умтылыўлар, бәлентке ушыўлар. 
Қатал гүрес қарсылақлары, 
Излениўлер, айтыс, ашыўлар 
Сизге салмақ таслайды бәри. 
Бәри-бәри полат серпинли 
Пружинадай шыйратар сени. 
Қысқа өмирге жәбирдур булар, 
Ўа, нервалар, жапакеш нервалар!

Ашшы тиллер, аларған көзлер, 
Кезерген ерин, сазарған жүзлер. 
Иштен шалыў, сырттан сайыўлар, 
Гедейлениў яки байыўлар, 
Кисилик жарыстарыў, күнлеўлер - 
Бәри қурт боп алманы геўлер. 
Бәри сизге даўагер булар, 
Ўа, нервалар, даўкес нервалар! 
Ең бир сезгир локациядан 
Қыбыр еткен сести услайсыз. 
Бәлент частотада сиз мудам 
Сезимталлық пенен ислейсиз. 
Әлле қайда сыналған атом, 
Әлле қайда түскен бомбалар; 
Баласы өлген вьетнамлы қатын, 
Кескилесиў алыс Конгода ... 
Пентагонлар, боннлар дүньясы
Бәри-бәри мийди бурғылар. 
Бул заманның Эол арфасы. 
Ўа, нервалар, шыққыш нервалар! 
Дүнья деген кең үйди талап, 
Тарылтыўшы тар пейиллер бар. 
Үйиңизден безбеймиз бирақ, 
Маўасасыз саўашлар барар. 
Маўжыраған тәбият қойнында 
Сизге ҳәз жоқ ҳәзирги гезде. 
Жүрек соғар өмир ышқында, 
Уллы мақсет жүкленген бизге.

Мәрт жүреклер - өмир моторлары, 
Ивфаркта <жоғал> дер булар. 
Әсиримиздиң аяўсыз тары, 
Ҳармаңызлар, полат нервалар!

Июль, 1968-жыл.

ДАҢҚ  АРБАСЫ

Даңқ арбасы гүпшекке зер жалатқан, 
Бөгенегин көмкерген сап гүмиске. 
Даңқтың жүгин тартыў ушын жаратқан, 
Болмайды ол шаңлы жолға миниске ...

Аяғыңды пута тырнап, тас қыйып, 
Өрмелейсең асқар таўдың басына. 
Жол азабы қастын тигер қасқыйып, 
Таў қарынан қыраў түсер шашыңа.

Ҳәмме қайтар машақатқа көне алмай, 
Тек сен кеттиң шыңға аяқ басыўға. 
Ақырында миндиң, журтлар мине алмай, 
Етекликте телмирискен асыўға.

Бултлар аўнар аяғына бас урып, 
Бирақта күн жердегидей қыздырмас, 
Түсерликте киятырсаң мәсирип, 
Аяқ талып, кирпигиңе муз турмас.

Киятырсаң түсерликте сен әсте, 
Мәнзилиңе жетиўге аз қалды дә. 
Көбинше сол көлик керек еместе, 
Даңқ арбасын тартар сениң алдыңа ...

Журт гүўлесип көтермелеп баратқан 
Бул арбаның жолы дымнан жиңишке. 
Марапаттың морт ағашынан жаратқан, 
Жарамас ол жумыс ушын миниске.

Баз биреўлер буны жақсы билсе де, 
Тоздырар оны қуўып айдап дембе-дем.
Ямшик жаллап жол арбасын минсе де,
Пушкин жолға даңқ арбасын минбеген ..

ХОШАДӘС

Т.Генжебай бақсыға

Ала мойнағыңды алып қолларға, 
Пәрлерин титиретип ушыр <Тарланды>.
Асырымы бәлент йошлы жолларға 
Сүр мәрдана ҳағлап <Қара жорғаңды>.

Қулақтан тер алып, көсиле түсер, 
Гә ҳәўижге минип, пәсине тусер.
Қайта бастан гөне дәртим қозғалып, 
Ессиз балалығым есиме тусер.

Есимде аўылға бақсы келгени, 
<Шасәнем-Ғәрипти> айтып бергени, 
Бақсыны дәстанға салар алдында 
<Қане, баллар, барып уйықлаң> дегени.

Геўиш арасында, есик артында, 
<Шықпайман> деп жылар ақыр соңында 
Бир бахытлы бала уйқыдан қалып, 
Таң атқанша бақсы тыңлаған сонда ...

Мардыйған жигитлер, туяна қызлар, 
Аяқ уйыса да, өтсе де ызғар, 
Отырысын бузбай сәҳәрге дейин, 
Бақсы тыңлар еди уйып, енағар.

Ҳәўижге мингенде сүйген намасы, 
Қыйқыўын жеткизер жигит ағасы. 
<Бәрәкалла> деп ғаррылар ырғалып, 
Жаслығын еслейди-аў билсем шамасы.

Бул күнде бақсының қайтқан дәўлети, 
Эстрада, магнитофон нәўбети.
Үйден шықпай сайрап турар жер жәҳән, 
Ҳәр заманның өз сазы, өз сәўбети.

Дәртли кеўил бийдәрт пенен ойнамас, 
Таза бағда <гөне бүлбил> сайрамас. 
Атларды қыйнамас узақ айдаўға, 
Журт жыйылып енди бақсы тыңламас.

Оннан көре ойнап-күлгени абзал, 
Кеште телевизор көргени абзал. 
Мал көбейтип, таўық сақлап, пул таўып, 
Барыс-келис пенен жүргени абзал.

Журтқа таңсық емес бул күнде бақсы, 
Дүнья қуўыў болды кеўилдиң нақшы. 
Той берип, пул жыйып жақын-жуўықтан, 
Улына <Жигули> алғаны жақсы.

Басқа қуслар сайрар бағларда бизиң, 
<Саналы гелдиң> нен оянбас сезим. 
Ғәрип сегбир тартпас Әлепшырўаннан, 
Сәнемлер көшкиден тасламас өзин ...

Ала мойнағыңды алып қолларға, 
Пәрлерин титиретип ушыр <Тарланды>. 
Машина жүрмеген аўлақ жолларда 
Сүрип-сүрип алғыл <Қара жорғаңды>.

Кимселер хош көрмес, кимге жағарсаң, 
Беглигиңди бузба, ынжылма ҳәргиз, 
Бәлким сен ең соңғы бақсы шығарсаң, 
Биз ҳәм соңғы тыңлаўшыңыз болармыз ...

Сентябръ, 1986-жыл. 

АНА ЖҮРИГИ

(Рәўаят сөз)

Жигит айтты: <не десең де көнемен, 
Бас алып кетемен, сүймесең егер. 
Босағаңа бас қойып-ақ өлемен, 
Маған ҳаял болып тиймесең егер>.

Мәккәр сулыў масайрады жол таслап, 
Айтты: <онда бир шәртим бар - тилегим:
Анық мени сүйген болсаң ыраслап, 
Әкелип бер өз анаңның жүрегин> ...

Жармес жигит үйине тез барды да, 
Бел байлады бежериўге тилекти: 
Кемпириниң басына бир қойды да, 
Геўдесинен жулып алды жүректи.

Жығылды сүрнигип ол босағаға, 
Жүрек түсти уўысынан улының. 
Жерде жатқан жүрек айтты: <Абайла, 
Аўырмады ма ҳеш жериң, қулыным!>

Ноябрь, 1989-жыл.

СОРША

Сонетлер

Қапа болсаң ағын суўды жағала,	
Тасып кетсең әўлийени арала.
                                   Нақыл

1

Барлық ҳәм жоқлықтың, шегарасы бул, 
Усы жерге келип излер жоғалар. 
<Менсиз дүнья жоқ> деп, асқынған кеўил 
Бунда сабасына қайта қуйылар.

Бунда күлки тынар ғумша ләблерден, 
Көзге жас жуўырар, ақыл албырар. 
Достың сенсиз үйге қайтар бул жерден, 
Я ол сен қайтқанда ере алмай қалар.

Өлимнен ҳеш жүйрик қашып қутылмас, 
Есаптан жаңылмас, ол ҳеш утылмас. 
Бирақ ол қаст етип қылса да ҳәмир, -

Тек те бир күш оның айтқанын қылмас: 
Саў болсын гүресшең, шаршамас өмир! 
Бир шыбығы сынса, мың болар саррас.

Әжел қурығынан жүйрик қутылмас, 
Оны ойлап қорықпа, қорық сен мынадан: 
Сени соңғы жолға узатқан адам 
Көзине алмаса бир қатире жас.

Өлимиң дәрт салмаса ҳеш бир кеўилге, 
Жоқламаса сениң орныңды өмир: 
<Бул да өтип кетти-аў, байғус, әйтеўир> 
Деп ойласа қойып атырып гөрге.

Отырыспада еске түссең нағайбыл, 
Исмиң тирилмесе мысалы бир гүл, 
Жақсың илинбесе тилге сол гезде;

Түсине енгениңде шоршып түсер бир - 
Бир дос, бир душпаның қалмаса изде,- 
Демек, сүрмегениң жартыўлы өмир.

3

<Ол қайта тирилип келсе еди бир, 
О, мен кирпик болып оның көзине. 
Көрмеген иззетин көрсетип не бир. 
Сыйлар едим шаң қондырмай жүзине.

Кешиккен солдаттай, келсе ол кирип,
Ярындай аймалар едим-аў сонда> -
Дер адам адамды жерлеп атырып ... 
Бул бийҳуўда өкиниш ғой шынында.

<Қара хаттан> кейин келген солдат ҳәм 
Жат көринер. Өлик тирилген гезде,- 
Сүйиў түўе, жолай алмассаң оған.

Сол ушын суў қайтып ақпайды изге, 
Бос өкиништен көре, бир-биримизди 
Сыйлай билген әбзел биз тиримизде.

4

Жүз елиўге шыққан бир ғарры көрдим, 
<Қандай бахытлы> деп параз еттим мен.
Излеп барып таптым ҳәм сәлем бердим,
Әлле неге қапа болып кеттим мен:

Бесте екен Бердақ туўылған жылы, 
Өзи үш кемпирдиң басына жеткен, 
Тарас Арал бетке қуўылған жылы, 
Үш ул көрип, көлде ол талап еткен.

Үшеўи де қартайып өлди бирақта,
Заманлас, дос-яран кетти жыраққа. 
Өзгерди әўладлар, өзгерди заман.

Ол түнерип қарар ғарры дараққа. 
Ғарры шынар турар қурт жеп қуўраған, 
<Гүўлеп турдым-аў -деп баяғы ўақта>.

5

Әфәндини көрдим қәбирстанда, 
Қәдимгише хошўақ, еле өлмеген, 
Ешегин урлаған уры да бунда 
Қанша аңлыса да еле келмеген ...

Ол жерде Өмирбек, суфы жолықты, 
Пийри менен бир мазарды қарап тур, 
<Бизиң жай пәкизе имарат болыпты, 
Енди не кемис?> -деп оннан сорап тур. 
<Енди кемиси тек өзиңиз, пийрим ..." 
Дегенде пир туўлап, гүжирейтти ийнин.

Сол айтқандай бизиң Ағаш қуйрық та 
<Қала болыпты-аў мынаў қойымшылық та> 
Деген ҳәмелдарға: <Аўа сен келсең, 
Қала ҳәкими де болажақ ..." деген.

6

Қулпы тасқа жатқан: <Бул жатқан марҳум 
Қырық күн өмир сүрген. Судья болған> ... 
<Қәте оқып турған шығарман бәлким?> 
Деп Әфәнди сорар жолаўишылардан.

<Қәте емес, бизде бар сондай дәстур: 
Өлерде ҳәммесин еске аласаң. 
Өмириңдеги шадлы демлерди бир бир, 
Өзиңше есаплап, шотқа саласаң.

Өмириңе есаплар тек сол күнлерди ... 
Айтты Әфәнди: "Бул даналық неткен! -деп, 
Нағайбыл елиңизде өлсем мен енди,-

Сизден илтимасым, айып етпең тек: 
Қәбириме жазың: "Байғус Әфәнди 
Дүньяға келмей-ақ өлип кеткен" деп ...

7

Атомды кеселге ем етемен деп, 
Талай доктор өз өмирин набытлар. 
Дүньяны адамға кең етемен деп, 
Сүнгир туңғыйықка космонавтлар.

Инсан өз ақылына уғрас келместей 
Тилсим менен ашар дүньяның сырын. 
Базда өз өмирин елестирместен,
Гөр аўзынан алып қалар бир-бирин.

Адам қандай қыйынлықты жеңбес ол!
Дүнья билер оның ақылын, күшин.
Тек бир нәрсе ғана қолынан келмес, ол:

Өз жанын, өз өмирин аяй билмес ол, 
Себеби, өзи ушын өмир сүрмес ол, 
Адам өмир сүрер адамлар ушын.

8

<Шынар, сен қалайша бир жерде турып, 
Уш жуз жыл жасайсаң? Үйретши маған!> 
Деп сорадым саясында отырып, 
Шынар айтты: <Мейли айтайын саған:

Сен мени егесең ҳақ нийет пенен, 
Ал мен жақсылыққа жақсылық ойлап, 
Тек бәлентке ғана умтылып өсемен, 
Инсанға сая ҳәм гөззаллық сыйлап.

Миллионлаған жасыл жапырақларым 
Ҳәр таңда күн шуғласына шомылар 
Ҳәм де бир-бириниң қағар шаңларын.

Пазыйлет дәрьясы тамырымды жуўар. 
Қәлбине орнаса бул айтқанларым, 
Адам да көп жасаў ушын туўылар.

9

Бир елде көп тилли улыслар жасар, 
Бәри бир анадан туўылған яңлы. 
Адамлар дослық деп қушағын ашар, 
Кеўиллер сүт пенен жуўылған яңлы.

Ал, сиз екеўиңиз аразластыңыз, 
Душпан сиясатлы еки ел қусап: 
Шегараға тикенли сым тарттыңыз, 
Ала бағана көмип, сақшылар услап.

Тасадан оқ атып бир бириңизге,
Инцидентлер болып турар арада, 
Жәбир етпей қысқа өмириңизге,
Жарасарсызлар ма сиз тириңизде, 
Яки сыйыса алмай кеп-кең дүньяға,
Сыярсыз ба тап-тар қәбириңизге.

10

Саўлатлы гүмбез тур қәбирстанда, 
Күн сүйип көк шырша бәдия тасын. 
Дәбдебели қәд көтерип аспанға, 
Түрли ойға салар адам баласын.

<Бәрекелла! Мине, өлиге ҳүрмет>,
Деп сүйсинип қарар гумбезге ҳәр ким: 
<Қай заманның мүлки? Хан ба яки бек? 
Алым ба, шайыр ма бул жатқан марҳум?

Ләҳәт қазып атқан биреў нас атып, 
<Қызық адамсыз> деп мырс етип күлди. -
<Бул - көкнаршы ғарры, жақында өлди.

Бул гүмбез - мийнетсиз пулдың мәслиги: 
Ол ғаррының улы көп жылдан бери 
Бизде саўда базасының баслығы>.

11

Базы бир адам бар, <өлди> дегенде, 
Исенбей турасаң өз қулағыңа. 
Абайсыз зәҳәрли тағам жеген бе, 
Машина қақтыма, тас қулады ма?

Жоқ, жоқ, мүмкин емес ... Қалайша өлди? 
Ҳийледен шайтанды утар еди ол? 
Неғайбыл дус келсе, Мефистофелди - 
Ибилиске үш мәрте сатар еди ол?

Егер жер астында болса ҳүкимдар. 
Буны алып барған Әжелди боқлап, 
Дер еди: < - Не бәле әкелдиң, заңғар!

Әй, дозақ сақшысы, бол мынаған сақ! 
Бул аўзыңнан кирип, артыңнан шығар, 
Сөйтип дозақты да етеди қарап :>

12

Базы адамлар бар <өлди> дегенде, 
Исенбей турасаң өз қулағыңа. 
Бир ғәлетий боран қутырып демде, 
Бастырып киргендей кеўил бағыңа.

Жаның ыршып түсер қылыш шабақай, 
Жақын-жуўық болмаса да ол адам. 
Сәўбетин тәрк еткен әзиз қонақтай. 
<Ай-ҳай, ийт дүнья деп кеўлиң қаўсаған.

Инсаный зибаны болса Тәбият, 
Айтар еди жаўыз Әжелге сонда: 
<Ўақ-ўақ, әттегене! Қылыпсаң уят.

Қалай көзиң қыйды жанын алмаға. 
Бул инсан өлими - маған қыянат. 
Бар, апарып жибер жақты дүньяға>.

13

Мен, сөйтип, өлиппен. <Ақыйры кайыр, 
Якшы адам еди> деп журт апарар, 
Есте қалғандай бир сөз айтса шайыр, 
Кимдур соны иштен гүбирлеп барар.

Духовой оркестр барар мөңиреп, 
Халық деген жақсы ғой, өлини сыйлар. 
Критигим келер изде мөнтеңлеп, 
Биреўлер <ордени нешеў?> деп қарар.

Досларым көзинен жасы сорғалар, 
Душпаным басымда қурдай жорғалар, 
Қыймылы дым шаққан, даўысы патлы.

<Абайлаң!> деп табытымды қорғалар, 
Бирақ соңыра ол да ынжылып қатты, 
Майдансыз мәрт қусап, салбырап барар :

14

Базарға барсаң, адам өлмегендей, 
Ким не менен бунда саўда етти екен? 
Әўлийеге барсаң адам қалмағандай, 
Дүньяға қанша адам келип-кетти екен?

Ҳеш ким алмағанды есабан буның. 
Туўылмақ ҳәм өлмек - лазымлы десер. 
Пышық қуўып таўсар найшаның жибин. 
Қайтып келмес жолға кәрўаның көшер.

Бунда иләҳият даналығы бар: 
Өлмейтуғынлығын билсе адамлар,
Ҳәмме тири жүрсе жердиң жүзинде, -

Нешик кешер еди дүньяның ҳалы?
Бес күн өмир сүргенниң өзинде,
Астан-кестен етип атыр дүньяны . . .

ТӘЖИРИЙБЕ ТАМШЫЛАРЫ 

Төртликлер

Адам кеўли - жолда өскен көк емен, 
Саясы мол, булақ ағар қасында. 
Түрли тыйық пенен, түрли қол менен 
Қолтаңбалар көрдим жазылған онда.

Дүзиў ағаш ел мәпине керекли, 
Шаўып алып, жайға басар сонлықтан.
Журт айланып өтер қыйсық теректен, 
Қыйсық ағаш узақ жасар сонлықтан.

- Таўдың қара тасы! Жылайсаң неге? 
Ким сени ыдыратты, ким қапа қылды? 
- Тас баўыр биреўлер жаңа бул жерде 
Биреўди аямай тас пенен урды ...

* * *

Дүнья аз ўақтында бәрине жетер, 
Инсап пақыр азға қәнәәт етер. 
Дүнья болған сайын Нәпси деген ийт 
Шынжырын жулқылап, қутырып кетер.

*    *    *

Ақылға уғрас келмес бул үлкен дүнья, 
Айы, күни ҳәммелерге тең дүнья. 
Инсан пейли тарылғанда бирақта, 
Еки адамға тарлық етер кең дүнья.

*    *    *

Апат келтирйўши қураллар жасап, 
Бағындыра алмаў мүмкин адамды. 
Ҳазарсыз кишкене қәлем менен ақ, 
<Жаўлап> алыў мүмкин пүткил жәҳәнды.

*     *     *

Бир гезде ўақыттан арзан нәрсе жоқ, 
Вокзалда отырсаң ҳеш ўақыт өтпес. 
Бир гезде ўақыттан қымбат нәрсе жок, 
Поездға минерде бир минут жетпес.

*     *     *

Көрдим Монамахтың музейде бөркин. 
Ол дым аўыр дейди (дурыс шығар бәлким). 
Бирақ оны, мойны сынып кетсе де, 
Бир кийиўди әрман етеди ҳәр ким ...

*    *    *

Астан-гестен ойнап болса балалар, 
Ҳәр затты орнына қояр аналар. 
Сол сыяқлы, кимлер дана, ким шала, -
Ўақыт бәрин орны-орнына қояр ...

*     *     *

Уқтым сени тилиң басқа болса да, 
Мәселе тилде емес, бәлким - кеўилде. 
Базда қарақалпақша сөйлеп турса да, 
Биреўлерге түсинбеймен өмирде ...

*     *     *

Ислемеген басты қыйнап терлеме,
Атларға урмасын ешектиң шаңы. 
Алма түскен менен ақмақ геллеге,
Ашыла бермейди Ньютонның заңы.

*     *     *

Қоңысы болып жасар тил менен қулақ. 
Бири бирин онша жақтырмас бирақ. 
Тил айтар: <Билемен, мени сүймейсең>,
Қулақ айтар: <Оғыры көп сөйлейсең>.

*     *     *

Халықтың жүрегине барар соқбақты 
Тапқанлар силтеўиш белги қақбапты. 
Машақатлар шегип, сол соқбақты мен 
Таў, дүз қоймай еле излеп жүриппен.

*     *     *

Қаралық тилеймен ҳәмме қазанға, 
Қаралық тилеймен қара көзлерге. 
Жасыллық - жапыраққа, қызыллық - қанға 
Адам кеўли, ақлық тилеймен сизге!

*     *     *

Шерт, башқурт, сыңсытып қуўрайыңды сен! 
Дуз самалы, шопан қыялы менен
Сырласқан усы бир қодирең шөптен 
Басланар қудиретли Моцарт ҳәм Шопен.

*     *     *

Ҳәмме ағзаң тозар, тил тозбас бирақ, 
Мүшелердиң мықлысы тил дер едим. 
<Тилим аўырды> деп докторға қатнап, 
Укол алып жүрген адам көрмедим ...

*     *     *

Ҳәр кимниң өзинше өлшеў тасы бар, 
Салмағың ол тасқа туўра келмейди. 
Жеңил келсең, ол күлиўге асығар, 
Аўыр келсең, жақтырмайды, күнлейди.

*     *     *

Кеўлиңниң өзинде қуяш болмаса,
Көктеги күн оны жылытпас ҳасла, 
Кеўлиң суўық болса, ыссыларда да 
Кимдур береўлерди тоңдыра баслар.

*     *     *

Бир жақсы адамға күнде иркилип, 
Сәлемлесер едим. Көрмедим бүгин :
Сондай кимдур биздидағы бир күни 
Бул жолдан табалмай, жоқлаўы мүмкин.

*     *     *

Өмир китабы! Көп жериңди түсинбей, 
Сезип жүрмен шала оқығанымды. 
Алгебраның қыйын мәселесиндей, 
Көп саўал қыйнап жүр енди жанымды.

*     *     *

Базда-базда бул қызықлы дүньяға 
Уллы адамлар да келип кетеди, 
Журт жыйналып орнын басалмаса да, 
Бир адам орнына өлип кетеди.

*    *     *

Жат журтларда өлди Овидий Назон,
Ўатан айралығы шайырды жықты.
Зер я гәўҳар емес, қалтасынан соң 
Түйиўли бир қысым топырақ шықты.

*     *     *

Әзелден дүньяның иси арасат, 
Патша - патшаларға келтирер апат. 
Тек сени әйемги алтын тахтыңнан
Тайдырарлық күш жоқ, гөззал муҳаббат!

*     *     *

Базардан биреўди қыдырғанымдай,
Мен өзимди гейде излеймен тынбай. 
Базда өз-өзимнен қашаман зымырап,
Қашып қутылмассаң өзиңнен бирақ.

*     *     *

Самал гуўлеп, булақ ағып қасымда, 
Кекилик қалғып кетти түн ортасында.
Түлкиниң аўзында кеткен жубайы 
Және қайтып келди түсинде сонда :

*    *    *

Қызғаныш үш түрли иреңге ийе: 
Қара иреңи - душпаныңның пейлинде, 
Қызғышы - дослардың күншиллигинде, 
Ақ иреңи -басқалардың бәринде...

*      *      *

Асып-тасыў суўға ғана жарасар, 
Бассынба сен басқаларды төменсип. 
Өскен сайын тут өзиңди аласа. 
<Ағаш мийўа питкен сайын төменшик>.

*     *     *

Мақтаншақлық - төменлеўдиң гиреўи. 
Буўынсыз тил - мақтаншақтың тиреўи. 
Тыңлап көрсеқ, оннан нәҳән адам жоқ, 
Аңлап көрсең, соннан надан адам жоқ.

*      *      *

Бир түктен шаш болмас, бир гүриштен ас,
Бир түптен бағ болмас, таў емес бир тас, 
Бирақ қуралады бәри биреўден, 
Он еки мүшеден жәмлескен геўдең.

*      *      *

Қонды бир тамшы шық пискен алмаға, 
Ҳәм <мен - мазмунман> деп керди көкирек, 
Бирақ күн шықты да оны жалмады, 
Алма тур, Ал қайда сол шықтан дәрек?

*    *    *

Ана кирпик болса, перзент көз болар, 
Перзент - кептер, ана - зер гүмбез болар: 
<Аналық ҳақыны толық өтедим> - 
Деген гәп кенеўсиз қурғақ сөз болар.

*     *     *

Бүлбилдиң тийкарғы кәсиби - сайраў, 
Оның үнинде бар сырлы қайталаў. 
Қосығымды бир рет мен қайталасам, 
О, бүлбил, не ушын журт күлер маған?

*     *     *

Салмадан суў ағып өтти сылдырлап, 
Атқулақлар өсек тақты былдырлап. 
Тек мешин иркилип деди оларға: 
<Ким арқалы өсип турыпсыз нурлап?>

*     *     *

Гей биреўлер жас гезинде ақ тозады. 
Гей бир гүллер қартайса да солмаған, 
Тән қартайса - тәбияттың нызамы, 
Бирақ жаслай жан қартайса, сол жаман.

*     *     *

Ислес болып жүрип пролетар менен,
Маркс қуралланды зор қурал менен.
Ҳәм <қосымша қунның> қулпын бузды да, 
Урды капиталды <Капитал> менен.

*    *    *

Көше толы адам баратырған екен, 
Нәзерлери саған қаратылған екен ...
Ҳәзир мендей сени ойлап дөңбекшип, 
Және кимлер ояў жатырған екен?

*     *     *

Қосық көзсиз, шықса - көкирегиң соқыр, 
Мийден шыққан сөзди журт мийге тоқыр,
Көзиңе шөп тиреп отырып жазбасаң, 
Журт оны көзине шөп тиреп оқыр ...

*     *     *

Бәрҳа сумлық ойлай берсе, ақмақ та - 
Күши жетер ақыллыны жықпаққа.
Өйткени, ақмақ бары - жоқлы ақылын 
Бағдарлайды жалғыз қыйсық соқпаққа.

*      *      *

Айна текте көрсетер сырт жүзиңди, 
Сыртқы шырай - шарқ урған бир шағала. 
Егер толық көргиң келсе өзиңди, 
Жүрегимниң айнасынан сығала.

*      *      *

Қапталымнан өткен қызыл көйлектен,
Желпиген леп желиктирди жас жанды. 
Әсте ғана желпип өткен сол лептен 
Жүрегимде бир дүбелей басланды ...

*     *     *
Мен - гибрид, сабық нәлден көгерген, 
Пушкин менен Наўайының шаңынан. 
Мен - таза қан, сап жүректе исленген, 
Мен - Бердақтың жалғыз тамшы қаныман.


*     *     *

Қай жерге болмасын алып барар жол,
<Жол> деп аталады соның ушын да. 
Бирақ қайсы жерге апарады ол? 
Мәселе сонда ...

САҚЛАНЫҢ БҮГИНГИ БУЗЫҚ ҲАЎАДАН 

(Шайыра Зульфияға)

Қатты бузық көрдим күнниң ырайын, 
Жанға жағымсыз бир самал ызғырар, 
Үй қасында бағда кеш түскен сайын, 
Ойшаң қәдем басып шайыра барар.

Жапырақларын төгип оның жолына, 
Үнсиз гүзетеди мықлы шынарлар, 
Ғарғалар ғақылдап анҳар бойында, 
Әлле қайда муңлы майналар жылар.

Гүл мәўсими питип, өткенин жаздың 
Өкиниш соқпағында ойлап барар ма? 
Я ерте үзилген бир сулыў саздың 
Әрманлы ҳаўазы жылап барар ма?

Мудам жаралыдур шайырдың жаны, 
Лекин илтимасым, сизден, шайырам: 
Умытсаңыздағы пүткил дүньяны, 
Сақлаң өзиңизди мына ҳаўадан.

Гүз емес, қыс емес, бир ийт аўара, 
<Бул қай мәўсим?> деп - те сорамас ҳәзир. 
Исенип болмайды бундай ҳаўаға, 
Ким болғаныңа ол қарамас ҳәзир.

Жалғызлық сазында жалғыз шархана, 
Самал сүйкенсе де ол жылар бәлким.
Өкиниш соқпағынан қайтың арқаға. 
Ҳүжданыңыз пәкдур, жүзиңиз жарқын.

Дәртли лираң менен инсанлар бахытын,
Жан күйдирип жырлайсыз сиз удайы. 
Гөззаллық гүлшанын, сабыр дарақтың 
Кеўил бостаныңызға еккен қудайым.

Бийби Фатманы мен ядыма алсам, 
Кеўлимде ҳүрметим артады сизге. 
Егер мен бир диншил мусулман болсам, 
Намаз оқыр едим етегиңизге.

Сөз бар <сақланғанды сақларман> деген, 
Бәрин илажлайды дени саў адам. 
Зинҳар, сәл қымтаның, өтинемен сизден, 
Сақланың мына бир бузық ҳаўадан ...

Апрель, 1991-жыл.

ҮШ ОҚ
(Легенда)

Бажбанның баласы ойнар тоғайда, 
Кеклик қус қышқырып жылайды сайда. 
Излеп таўып алса қустың уясын, 
Бир жылан ол жерде болыпты пайда.

Бала услап ылақтырды жыланды, 
Палапанын көрип кеклик қуўанды, 
Сол ўақта сес келди тоғай ишинен, 
Сүйсиндирип қулақ салған адамды:

<Адам улы, қандай жақсы баласаң! 
Сыйлыққа сен енди үш оқ аласаң. 
<Аттым!> десең, жықбайтуғын жаўың жоқ, 
Көзи қатты көзмәмбет сен боласаң.

Тири жанға айтпа бул сырды бирак, 
Дус келгенге атпа оқты заялап. 
Егер айтып қойсаң буны адамға, 
<Аттым> деген оғың атылмас онда ...

Бала үйбетине қашты ҳәўлирип. 
Бир күни тоғайда жигилдик терип, 
Қоңысының қасымкер баласы менен 
Төбелесип қалды ол ойнап жүрип.

Сол таўназар бала буны сабады, 
Дым қорлығы келди, өксип жылады. 
<Аттым> деди сынған тисин түкирип, 
Қоңсы бала жар басынан қулады.

Бала үйбетине қашты ҳәўлирип, 
Ержетти бир қызды унатты сүйип, 
Кесе турды буған бир жигит бирак, 
"Аттым!" дедн. Ол ҳәм күл болда күйип.

Қатынға сыр айтпас еркек кемде-кем, 
Шарап ишкен ўақта мақтанып дәкең, 
Сырын айтып қойды. Қалған бир оғы. 
Атқан менен енди көшпейди екен.

Барған сайын болды душпаны мықлы, 
Бирисинен бири күшлирек шықты. 
Енди өкинип жүр жигит өгейсип, 
Тоғай пийри берген ессиз уш оқты ...

Февраль, 1988-жыл. 

САЛЛАНА - ДОЛАНА  БАРАР  БИР ЖӘНАН ...

Кең далада кеўли дәрьядай тасып, 
Бир жигит баратыр таң сәҳәр шағы. 
Шекпени желбигей, көкреги ашық, 
Жанбасқа шырпылдар қосбаў шашағы.

Өзин Бердақ сезер, өзин хан сезер, 
Созса ҳәзир қолы жеткендей айға. 
Кеўли кең даланы шарқ урып гезер, 
Ысқырар сайраған пошша торғайға.

Қурашын желкеге сүрип бир ўакта, 
Нәзерлеп ол қарсы алдына қарады. 
Аңлай-аңлай серлеп көрсе, узақта 
Саллана-долана бир қыз барады.

Жигит көрди анық анадай жерден:
Қумырысқа суўретли нәзик бел екен. 
Қынама бәшпенти тамамы зерден, 
Қыз екен әндамлы <келсең-кел> деген.

Қызыл көйлек лаўлап барар буралып, 
Ким көрген буныңдай сулыўды бурын! 
Назлы аяқлардан <жүр> деп соранып, 
Өкшени қамшылап барар қос бурым.

Жем көрген қырғыйдай жигит жутынып, 
Аш нәзерин тикти суғы өткенше.
Жүреги шәўкилдеп, көзлери тынып, 
Асықты сол қызды қуўып жеткенше.

Мине, жақын келди, еситти ҳәтте 
Сыртылдысын жез мыйықлы геўиштиң. 
Жигит қурыжланып минди де пәтке, 
Және асып түсти бир қырдың үстин.

Жигит сәл иркилип шешти шекпенин, 
Сол заматта көзден қыз болды ғайып. 
<Қыз ба я пери ме қуўғаным мениң?
Я әжеп! деп жигит турды аңқайып.

Жоллар қалды шетте, шекпен де қалды, 
Қураш қалды бир төбениң басында. 
Етигин таслап, жеңилтекленип алды, 
Ессиз қосбаў қалды шат арасында.

Қыз барар сылаңлап қызыл түлкидей, 
Жигит тазы болып түсти кейнине. 
Әдира қалды барлық шадлы күлкилер, 
Топасланып питти ақыл-зейни де.

Жигит жыйнап бойға ақырғы күшин, 
Жуўырды кес-кеслеп қыздың алдынан. 
<Аҳ, қаныңдай сулыў, не деген пишин>
Деп ол туў сыртынан суқланды оған.

<Тоқта, ҳәй, қошшым!> деп ҳаплығып барып, 
Тутты билегинен саҳыбжамалды. 
Ҳам байғус жигиттиң жүзи қуўарып, 
Ләбин тислеп, үнсиз силейди қалды:

Таң азаннан кешке дейин қуўғаны 
Қотыр ҳәм шылпық көз бир ҳаял екен. 
Жигит кеўлин кернеп дәрт-пушайманы, 
<Ялғаншы дүнья-ай> деп, жылаған екен :

ИЗЛЕНИЎ

Өмир излениўден турса итимал. 
Изленемен, күндиз қолымда шырақ. 
<Излесең табарсаң> деген де сөз бар, 
Дурыс-надурысын сынап көрмедим бирақ.

Излеймен жол журип, китап ақтарып, 
Журттың сөзлерине қулақ саламан,
Самалдан сорайман шөллерге барып, 
Жулдызларға қарап ойға таламан.

Излеймен күн бойы бир көмик қазып, 
Терим жаўырныма шыққанға дейин. 
Излеймен түн бойы қосықлар жазып, 
Таңғы уйқы келип жыққанға дейин.

Аңшы дүзге шықса излейди таўшан, 
Тырна жалғыз қалса тырнасын излер,
Қызлар таң сәҳәрде булақ басынан, 
Ақшам түсип қалған сырғасын излер.

Ҳасла тахатым жоқ, ҳасла төзбеймен. 
Жоқ жойыткан жоқшыдай саламан сорақ. 
Өмирим бойы бир нәрсени излеймен, 
Не нәрсе екенин билмеймен бирақ...

1979-жыл 

ПОЭЗИЯ ЖУЛДЫЗЫНА

Жыллар асаў аттай, бизди узаққа 
Алып қашып барар кеши-күндизи, 
Жерде жанған отлар сөнер, бирақта 
Сен сөнбейсең, Поэзия жулдызы.

Инсанлар өз дәртин гүңиренип жүрсин, 
Деп тәңирим саған бергенди тилсим, 
Адам жулдызлардың тилин не билсин, 
Сен болмасаң, Поэзия жулдызы?

Таўлар булақ көзин көмбесе егер, 
Адамлық пазыйлет өлмесе егер, 
Әрман жулдызлары сөнбесе егер, 
Сен сөнбейсең, Поэзия жулдызы.

Жасыл жапырақ самал менен ойнаса, 
Ашықлық ышқыдан кеўил тоймаса, 
Гүллер ғумшаланса, бүлбил сайраса, 
Сен жаңасаң Поззия жулдызы.

<Ғалаўытлы ҳәм бул гөззал дүньяны 
Тәрк еткен шағда да шайырдың жаны, 
Бийик көктен сәлем жоллап мудамы, 
Жан үстимде, Поэзия жулдызы!

Апрель, 1991-жыл.

ӨМИРЗАЯ   ЖУЛДЫЗЫ

1

Өмиримниң кешинде, геўгим түскенде, 
Таўлар қабағында жанар бир жулдыз. 
Кийиклер урланып қақ суў ишкенде, 
Қәпелимде бирден сөнер сол жулдыз.

Жоғалтқандай сырлы сақыйна жүзик, 
Бир сулыў әрманлы көзлерин сүзип, 
Ҳәр қараған сайын баўырымды үзип, 
Ақшам түслериме енер сол жулдыз.

Аспан жийегинде жанғаны неси, 
Жанып турып демде сөнгени неси? 
Азаплап бизге пәнт бергени неси, 
Жанымды отларға салған сол жулдыз?

Айралық азабын кеўлинде гизнеп, 
Жаўтаңлап қарайман мен оны излеп. 
Жасаўдан да зыят бир ғайры ләззет 
Алдап әкеткен-бе? Қәне сол жулдыз?

Анам айтар еди оның тәрийпин, 
Әрманлы нашардың муңлы тарийхын, 
Көзден бир-бир ушқан яңлы бар уйқым, 
Өмиримниң кешинде сөнген сол жулдыз.

Мөлт-мөлт етип муңлы қарар да турар, 
Биреўди излеген болар да турар. 
Жел үрлеген шамдай сөнер де қалар, 
Ел аўзында ертек болған сол жулдыз.

2

Паналаған көл жағасын, таў шыңын, 
Жалғыз үйи турар еди аңшының. 
Мөлдир булақ көлге қуяр жылтырап, 
Өриминдей түсип қалған қамшының.

Жазғы түнде сол булақты жағалап, 
Баўырыңда нәресте бар шақалақ, 
Қыз жуўырар албырақлап көл бетке, 
Қуўдай сыңсып жылап барар <апа> лап.

Еситкендей апасы жоқ сорлының, 
Қызын ҳәм де емизиўли бир улын 
Қалдырып көз жумған әрманлы ана, 
Билсе еди өгей шеше қорлығын!

Еситкендей әкеси жүр таўларда, 
Қулан қуўып, арқар атып аўлаўда. 
Үйине еки-үш күнде бир келер, 
Қашан келсе үйде қатын шаўлаўда...

Қыз барар үкесин баўырына басып, 
Қорқып, албырақлап, акылдан сасып, 
Қасында бар қаплан ийти аңшының, - 
Тири жетимлердиң садық жолдасы.

3

Бул истиң мәнисин айтсам мен деген, 
Бийкар дерсең бул дүньяны кең деген. 
Көргенлер жағасын услар, тоба деп, 
Көрмегенлер ертек сөз деп сенбеген.

Ертек емес, ертеде журт көрипти, 
Ана байғус әрман менен өлипти. 
Өгей шеше, сол анадан туўылған 
Нәрестениң жүрегине жерипти...

Бесиктиң жанында жатқан қыз байғус, 
Шоршып ояныпты көрип жаман түс. 
Пейлин аңлап жаўыз өгей шешениң, 
Қашты өз үкесин алып асығыс.

Айды жоқлап еди, көринди ай-да, 
Жулдызлар да болды аспанда пайда. 
Отырды қыз таңның атыўын күтип, 
Көлдиң жийегинде қупыя жайда.

Бир ўақта гүўилдеп бир даўыл есип, 
Қамыслар сыпсыңлап, гүўлеп сөйлесип, 
Көл шетине ығып келипти дейди, 
Сонда тербетилип бир алтын бесик.

Қыз байғус қуўанды ҳаўлығып қарап,
Үкесин сүйди-де жатқызды орап. 
Етегин шербенип суўға түскенде,
Бесик ығып кетти сәл аррағырақ.

Бесикти тутсам деп ҳәрекет етти, 
Абайламай терең ийримге жетти, 
Қәпелимде гүрпилдеген ақ толқын, 
Қызды көмип, бирден батты-да кетти.

Жүрек-баўырын ништер тилгендей болды,
Түс көрип атырып өлгендей болды, 
Бир топар қыз әтирапында сыңқылдап, 
Буны ермек етип күлгендей болды.

Суўперилер еди күлискен булар, 
<Периде мийрим жоқ> деген сөз-де бар. 
Шешиндирип муздай қоллары менен, 
Бийгүна сулыўды әкетти олар...

4

Ийт жағыста шыр-пыр болды қаңсылап, 
Бир сумлық сезгендей жаныўар жылап, 
Өзин суўға атты қыздың изинен, 
Қутқара алмады ийесин бирақ.

Тислеп алып шықты көйлегин ғана, 
Тәғдирдиң исине ким турар ара! 
Жылап атқан нәрестени айланып, 
Көлге қарап улыды ийт бийшара.

Ким умытар бул азаплы кешени, 
Қарғанып киятқан өгей шешени, 
Көрген ўақта әлле неден сескенип, 
Ийт жүреги қалтырады деседи.

Дүньяда не жаман,- жериклик жаман,
Жерик асын жесе, қалармыс амам. 
Бирақ сол тас туўғыр өгей шешениң 
Жаўыз нийетине шыдамас адам.

Адам туўе, ийтиң жаны түршикти, 
Шалаўытлап қорғаныпты, урысыпты. 
Қыздың жоқ болғанын билип қуўанып, 
Ислемекши ойындағы қырсықты.

Келди нәрестеге жуўырып алып, 
Баланың жүрегин суўырып алып, 
Жеп маўқын басыўға асықты сондай,
Отқа таплап сәл-пәл қуўырып алып.

Пышақ шықты жылтырап жең ишинен, 
Сол ўақта бас салды ийт келип бирден. 
Қашты өгей шеше қаны сорғалап, 
Алба-дулба болып шыққандай гөрден...

5

Соннан берли байғус аңшының қызы,- 
Тәңирим аяп, жулдыз болыпты өзи. 
Ҳәр иңирде таў артынан сығалап, 
Қарайды сол Өмирзая жулдызы.

Ессиз сулыў буўлығып көз жасына, 
Сығалап қарайды көл жағасына, 
Жаўыз өгей шеше өткен ақшамы 
Келди ме деп үкесиниң қасына.

Жыллар өтпес, күнлер батпас санаса, 
Бала ойнап отыр енди қараса, 
Қапталында ийти жатыр гүзетип, 
Торсық шеке ул болыпты тамаша.

<Изеп бастырмайман ҳеш бир жаўызға, 
Қәтиржам бол, сулыў> дегендей қызға. 
Қаплан ийт бир улып қояр иңирде, 
Қарап таў артында туўған жулдызға.

Шүкир етип тәғдирине бағынып, 
Жулдыз уйықлар түн пердесин жамылып. 
Ертең және қараў ушын бир заман, 
Жердеги сол жас өмирди сағынып...

Август, 1988-жил.

ҒАРҒА ТАМЫР ТУЎЫСҚАНЛЫҚ 

ТУЎЫСҚАНЛЫҚ

Тарийхларға гүўалы сөз, 
Ҳәр бир дәртке даўалы сөз, 
Кийели сөз, дуўалы сөз,
<Туўысқанлық, туўысқанлық!>

Ар-намыс, ҳүжданы шерик, 
Малы менен жаны шерик,
Тамырында қаны шерик. 
Ханалас сөз <туўысқанлық>.

Бир ошаққа от жақтырған, 
Бир жайлаўда мал бақтырған, 
Той, лазымға ат шаптырған 
Ғарға тамыр туўысқанлық.

Бир тандырға нан жаптырған, 
Мүтәж затыңды таптырған, 
Биймезгил есик қақтырған 
Туўысқанлық, туўысқанлық.

Уллы рус баўырманым, 
Алған истиң аўырманын. 
Асқар таўым, мениң жаным 
Айбатлы сөз туўысқанлық.

Жаңа әўлады Бердақлардың 
Тарас даңқын ардақлар дым.
Бахтын қарақалпақлардың 
Бәлент еткен туўысқанлық.

Өзбекти өз ағам еткен, 
Уллы бахыт инам еткен, 
Бир қазанда ас демлеткен, 
Баўыр басқан туўысқанлық.

Суўымды сағалас еткен. 
Елимди аралас еткен, 
Түркменге намалас еткен 
Ғардашы көп туўысқанлық.

Қазақларға тай сойғызған, 
Қырғызларға қой сойғызған, 
Үй тиктирип, бас қойғызған 
Дәстүри бир туўысқанлық.

Заман жаңадан күш берген, 
Жайлаўға кең өрис берген, 
Алып өткен жеңислерден 
Қүдиретли күш туўысқанлық.

Асылғанда жаў жағадан,
Шақырғанда ана - Ўатан,
Туўылғандай бир анадан, 
Жаўға шапқан туўысқанлық.

Жер қозғалып, болса апат, 
Шәҳәрлерди қылса опат, 
Жаңа Ташкент болып абат,
Қала салған туўысқанлық.

Дәрьяны дәрьяға қосқан, 
Космостың түңлигин ашқан,
Бир семья аўқамласқан, 
Мәңги жаса, туўысқанлық!

1972-жыл.

УЛЛЫ ҚЫТАЙ МАҚАЛЫ

Дүньяның барлық халқы аяқ қосып 
Бир ўақта жерди тепсе, жер силкинер. 
Дүньяның барлық халқы урт толтырып 
Үплесе, даўыл турып, күн гүркирер.

1950-жыл. 

ӨЗБЕКСТАН

Сәйир етип мен сәҳәр ўақта, 
Кирдим бир әжайып бағқа. 
Жапырақ жамылып аўлақта, 
Бүлбиллерге сыр сырластым, 
Самал менен сыбырластым.

Бүлбил айтар: - усы бостан 
Мени тартты озал бастан. 
Сол ушын да бир тынбастан 
Сайрай-сайрай есим кетер, 
Ҳәўес артар оннан бетер.

Самал айтар: -мен саҳрадан 
Уйытқып шаўып келсем мудам, 
Бул бостан наз етип маған, 
Жуўасытып алар жаным, 
Сәўир болар боранларым.

Гүл жүзинде шық малынар,
Алма ағаштың зары бар:
<Үз мийўамды!> - деп жалынар, 
<Сынып кетпей турып белим, 
Мийўамды үз - дейди - мениң>.

Шәртек қайыстырған жүзим 
Ширеге мәс етип өзин, 
Қәрелилер қара көзин 
Сүзгенде, әл қызыл әнәр 
Ышқы отында күйип-жанар.

Суў бойында мәжнүн талы 
Сарҳаўызға шашын малып, 
Бир шийрин ойларға талып, 
Ләйли түскендей есине, 
Телмирер ай сәўлесине.

Наўайының урпақлары, 
Қолларында тилла тары, 
Қызғын мүшаиралары, 
Жаңа ғаззел, жаңа муқам, 
Бул мәжлиске кирдим мен ҳәм:

Соныңдай әжайып бостан, 
Тәрийп етсем таўсалмаспан. 
Перзентим деп қушақ ашқан, 
Өзге емес, өз жанымсаң, 
Гөззал Өзбекстанымсаң!

Гүрлеп жатар Ташкентимиз, 
Шығыста зор дәрбентимиз, 
Дүньяға белли кәнтимиз, 
Күнбатыстан, Күншығыстан 
Жолаўшылар көп ығысқан :

Жақсы исдур жәҳән гезбек, 
Көзиң менен көрип, сезбек, 
Мийман ушын туўған өзбек, 
Қонак күтиў - бул ҳәм өнер, 
Гүлдей ашылар кеўиллер.

Кел, бирадар, сапар шеккен! 
Жол билмес деп тағне етпең. 
Журтын сүйген бир өзбектен 
Кем сүйсем мен бул үлкени, 
Қарақалпақ демең мени!

Келҳа мийман, таўлар жаққа! 
Түсейик кийик соқпаққа. 
Мисли қырманланған пахта 
Шыңлар ашып ақ сийнесин, 
Алар күнниң ақыл есин.

Өтсең Китаб, Алтын көлден, 
Андижан я Мырзашөлден, 
<Пахта байрамына> келген 
Мисли <Бәҳәр> ансамбли 
Қулпырар ақ алтын гүли.

Алтын топырақ Ферғанадан, 
Қайтып шықпас барған адам. 
Ҳәр түп пахта, ҳәр ханадан, 
Өнер елдиң несибеси,
Пахтакештиң кәсип, иси.

Азат адам бахты усында, 
Бегабадтың шахтасында, 
Ақшам ГЭС-лер жақтысында, 
Бурып дәрьялар ийримин, 
Фарҳад табар өз Шийринин.

Билгир химик булкәрадан, 
Шыршықтың даңқы тараған. 
Газ бурқылдап Бухарадан, 
Кернеп гәўмис трубаларды,
Оралға отын апарды.

Гирес-гирес кәрўан, көшлер, 
Шым-шытырық рельслер, 
Вагон вагонларды тислер, 
Узақ жоллар болып қысқа, 
ТУ - лар ушар тумлы-тусқа.

Ташкент таңы нурға толар, 
Азат мийнет таңы булар. 
Ағар тасқын колонналар, 
Ташсельмаштың сменасы 
Келер батыл қәдем басып.

Сүңгип қалың жапыраққа, 
Жаслар барар ТашГУ жаққа, 
Билим гүллеген бул бағда
Иске асып турған бәри - 
Улуғбектиң әрманлары.

Уллы шәҳәр ортасында,
Жас гужимлер арасында, 
Фонтан атылып қасында 
Озық өнер сахнасы тур, 
Мисли ашылған қызыл гүл.

Саз қумартып келсең излеп,
Фрак кийген сәтең өзбек. 
Йошып, оркестрди гөзлеп, 
Шыбығын бир силтеп енди, 
Гүңирентер Бетховенди ...

Дослық, бахыт, ерик қуяшаы 
Турар мәңги нурын шашып, 
Иши күйген дуз жаласын! 
Өмиримиз бар бағы-бостан, 
Саў бол, анам Өзбекстан!

1964-жыл, сентябрь.

НАЎАЙЫҒА

(Шайырдың 500 жыллық мерекесинде оқылған қосық)

Сен әрмансаң шөлге питкен бақ болып, 
Саялы, мийўалы бир дарақ болып. 
Заманлар даўылы шайқаған сайын, 
Жамалың қулпырған зербарақ болып. 
Жети ықлым гүзарында бир гүмбез, 
Дәўирлер апатынан жырақ болып, - 
Ол турар. Өтер өзимшил патшалар, 
Дүньяға жақсы-жаман қонақ болып. 
Турдың жақтыртып гөззаллық әлемин, 
Қараңғыда жанған шамшырақ болып, 
Әўладлар кеўли ашықдур дийдарыңа, 
Жаны жолыңызға жапырақ болып. 
Саҳра гүллерин шашайын үстиңе, 
Наўайыны сүйген қарақапақ болып. 
Ибрайым дер, уллы руўҳың алдында, 
Бас ийейин шәкиртиң Бердақ болып.

19-сентябрь. 1968-жыл, Ташкент.

ТОҚАЙҒА

Бәҳәр келди. Келди демек поэзияның нәўбети,
Шық достым қәбириңнен, қызсын, шайырлық сәўбети.

Қуяш қызсын ышқы етип татардың Тоқайына, 
Кетейик Қазан арты я Қырлай тоғайына!

Билгенмен ол жерди мен де онда туўылмасам да, 
Жез тырнақлар түсиме енип жүрген анда-санда.

Онда еле ертек сөйлеп қайыңлар гүўилдесер, 
Жапырақ өзгеше сылдырлап, самал өзгеше есер.

Онда еле күшли жаңлап хош ҳаўазың тур сениң, 
Аз шертилген, ерте үзилген муңлы сазың тур сениң.

Гөззал татар музасының мәканына бул ўақта 
Сазың ышқыңда жаңадан әўладлар ағылмақта.

Жүйрик қәлем ийелери таўап етип сөзиңди, 
Көзине сүрме етер басқан балалық изиңди.

Және де онда қудиретли лираңа болып ҳәўес,
<Шертсем> деп, тырмасып атқан виршеплет4 ҳәм аз емес.

Ал сен ше? Көп раҳмет Тоқай болғаның ушын,
Кара нан жеп, шайырлықты ақлай алғаның ушын.

Туўған ел, ана тилиңниң әрманларын жырладың,
Бес қосық жаза салып, көкирегиңе он урмадың.

Түркий зибан шияриятын5 жаңартып алға айдадың, 
Қосықтың қос материгин тутастырып жалғадың.

Байрон, Лермонтов Шығысқа танылып лапыз бенен, 
Пушкинди сөйлестирдиң Саадий, Ҳафыз бенен.

Қазан үстинде қуяш нур шашып тур, түргелиң, 
Мен ҳәм әкелдим саған алыс даланың бир гүлин.

Сандуўғашлар сайраған бул бәҳәр шағларында, 
Жүр қәне, сайран етейик ол Кырлай жақларында.

Байшешеклер балаўызға толтырып пал келтирсин, 
Жаман шайырларды шүрәле6 қытықлап өлтирсин.

Нәлет айтып сен жасаған заманның жәбирине, 
Егер сен тирилер болсаң, мен жатайын қәбириңе.

Апрель, 1968-жыл. 

МЕН АБАЙДЫ ЯДҒА БИЛГЕН ХАЛЫҚПАН

(28-май 1971-жыл, Алма-Атада Абайдың 125 жыллық
мерекесинде оқылған қосық)

Мен Абайды ядға билген халықпан... 
Әмиў бойы туўып өскен топырағым, 
Сизиң менен бир путақлас жапырағым. 
Кеўлим ашық - ақшамы жоқ жарық таң, -
Мен Абайды ядға билген халықпан.

Шыңғыс таўда шыққан Абай жырлары, 
Көп жаңғыртқан қарақалпақ қырларын, 
Бердағымның қосығына қосылып, 
Қулағыма бирге шерткен сырларын.

Көш артында асық ойнап жасымда, 
Тарийхтан сәл кешеўиллеп қалыпбан, 
Билим бар деп ескермепбен басында, - 
Өлең сөзге өзим бирақ алықпан, - 
Мен Абайды ядқа  билген халықтап.

Бирге бастық тарийх жолын ақырын, 
Қанша узақ жолы болса түйениң.
<Қарақалпақлар - даланың бас ақыны>
Деп айтқан ғой уллы Шоқан жийеним.

Бахыт излеп бир қатепке жүк басып,
Бабалардың аты шаршап-шалыққан. 
Дормбыраңа дуўтарым тур жупласып, 
Жыррласқанда жырыңа дым қанықпан, 
Мен Абайды ядға билген халықпан.

Мине бүгин бахыт ели далаң тур, 
Кең даланы кеңелдирген адам тур. 
Жериң жақын <жәннет> деген уғымға, 
Абай аға аңсап кеткен заман бул.

Дилмашсыз ақ қазақшаға қанықпан. 
Күй тыңлайық, домбыраңды ала бар.
Сен Абайдың бирер сөзин умытсаң, 
Мен айтайын, кел де меннен сорап ал.

Тегимиз бир ерис-арқаў шалысқан. 
Мийрим сүтин бир емишектен емискен, 
Тар қурсақта тай ғунандай тебискен, 
Ханаласым қазақ ели, шарықлаң! 
Мен Абайды аға тутқан халықпан.

28-май, 1971-жыл. Алма-Ата. 

КӨКШЕ ТАЎ

Арқада бир ел көрдим Көкше деген. 
Таўларын қыз жүгиндей текшелеген. 
Бундағы өскен адам, өзге жерде- 
<Жәннет бар> деп мақтасаң көксемеген. 
Кел жаным, сол Көкшеге мингизейин, 
Төбеңди көкше бултқа тийгизейин. 
Меннен басқа сүймеген ақ жүзиңди 
Таўдың жупар желине сүйгизейин.

Журт көрмей-ақ Көкшени көп айтады, 
Биреў келмей, биреўлер кеп айтады. 
Гүмис көлге шомылып шыққан адам 
Жарты өмирге жасарар деп айтады. 
Кел жаным, шайыр тили жетпегенди 
Көкше таў көркем етип айтып берсин. 
Сексен көлдиң бирине бир сүңгип ал, 
Менсиз өткен жасыңды қайтып берсин.

Көкшениң сулыўлығын көп айтады, 
Биреў келмей, биреўлер көп айтады. 
Буўрабайда бир түнеп шыққан адам
Ашық болмай кетпейди деп айтады. 
Кел, сәўлем, тарттым саған көк кемени, 
<Жумбақ таста> қалдырма жекке мени. 
Сыйлай бил басқалардың барлығында, 
Ашық болсаң сүйегөр текте мени.

Бул таўда қойлар булттай көшеди екен, 
Бахыт дәни бийдай боп өседн екен. 
Көкше таўдың қымызын қанып ишсе, 
Даўасы жоқ дәртке ем түседи екен,
Кел жаным, ҳимметиңнен байығайын, 
Қазақтың бал қаймақлы шайы тайын. 
Бал бармақты батырып қуй қымызды, 
Өзиң жазған дәртиңнен айығайын.

Бул Көкше таў Сәкенге сырлас дейди, 
Қазақтың музасына Парнас7 дейди. 
<Оқ жетпеске> өрмелеп шыққан адам 
Шынтласа шайыр болмай қалмас дейди. 
Кел жаным, Айна көлде күтейин мен, 
Сулыўлықта садағаң кетейин мен. 
Тырмасып шайырлықтың көк шыңына, 
Өлгенше сени жырлап өтейин мен.

Тас сынығын әкеттим Сырымбеттен, 
Бунда даңқлы жийеним Шоқан8 өткен. 
Оны тапқан апамнан айнанайын, 
Қазаққа сондай улды сыйлық еткен. 
Жазғы кеште шомылым зер қуяшқа, 
Ақша кийик турады тик жар таста. 
Ақ қайыңлар бий бийлеп атырғанда, 
Аңсап көрген ашықлар ойнамас-па! 
Кел, сүйейин муҳаббат көли болып, 
Кетегөрме көлде суў пери болып, 
Аўыл сырты аўлақта сырласайық, 
Сен Ақтоқлы мен Ақан сери  болып. 
Бул жерге келсе биздей киси келгей, 
Муҳаббатқа қай жанның күши келгей? 
Ким сениң ығбалыңды күнлер болса, 
Илайым <Оқ жетпестен> ушып өлгей.

Кекше таў. 10-сентябрь, 1972-жыл.

МАҚТЫМҚУЛЫНЫҢ ЖОЛЫНА

Әл ҳасыл малына базар таба алмай, 
Сегбир тартқан кәрўанбысаң, несең сен? 
Көкиректе шер болап сыртқа шыға алмай, 
Жылап кеткен әрманбысаң, несең сен?

Селлер қутырмаса Әтиректе сайдан, 
<Қут қашты> деп, геркез қашар ол жайдан, 
Шабылмаған қылыш, мәртке зар майдан, 
Сүрилмеген дәўранбысаң, несең сен?

Яшмақ тислеп, гүляқалар тағынып, 
Ақ жүзиңе қара жаўлық жамылып, 
Айралықтан баўыры оттай қамынып, 
Зарлап кеткен жананбысаң, несең сен?

Зергерсиз зермисең, бағмансыз бостан, 
Қәлемсиз көкирекке питилген дәстан, 
Шөлде Ғариб Шасәнемге табысқан 
Гөззал көшки - әйўанбысаң, несең сен?

Устасы дүньяға бир келген ғалы, 
Сатып ала билмес дүньяның малы 
Сәти түсип оңнан турмай самалы. 
Атылмаған қырманбысаң, несең сен?

Жети ықлым гилтин зейинге салып, 
Гүл жапырағын қазан аязы қарып, 
Жәҳиллик дәртине дәрман ақтарып, 
Тапбай кеткен данамысаң, несең сен?

Шадлы дәўран келип, гүллеп диярың 
Зер - зергерин тапты, кәрўан- базарын, 
Жаңа әўладларға толып гүзарың, 
Шешек атқан бостанбысаң, несең сен?

Ибрайым дер: шын шайырлық жолысаң, 
Адам кеўлиниң сен солмас гүлисең, 
Қосықтың қудайы Мақтымқулысаң, 
Халқың менен қайта туўған шешенсең.

1968-жыл.

ХОШ КЕЛДИҢ ТУРКМЕНИМ, САПА КЕЛИПСЕҢ!

Шәйда бүлбил қонып таза гүллерге, 
Ығбал мийўаларын молдан терипсең. 
Кеўлиң ылғал етип, бизиң еллерге 
Хош келдиң түркменим. сапа келипсең!

Сапар әнжамында сарўи раўаның, 
Гөруғлыдай гүрлеп сүрген дәўраның.
Қурбаның болайын әзийз мийманым, 
Хош келдиң қардашым, сапа келипсең.

Дос сәлеми шийрин зибан - тиллерден, 
Нар, маялар шырпынысқан шөллерден, 
Қара қумлы, мурғы-зарлы көллерден, 
Хош келдиң түркменим, сапа келипсең.

Әтирек, Гүрген, Бәҳри Ҳазар жақлардан. 
Мурғап мәнзилинен, феруз бағлардан, 
Боз думанлы Балхан, Көпет дағлардан 
Хош келдиң әзийзим, сапа келипсең.

Жүгирик жәйранларды артыңа салып, 
Райхан гүллердиң жупарын алып, 
Туўысқан дийдарын аңсап қуўанып, 
Хош келдиң түркменим, сапа келипсең.

Ханлар бизди жаўластырып та көрди, 
Алдап, түрли жолға бурып та көрди, 
Бирақ буза алмады дос кеўиллерди, 
Әзелден қардашым, сапа келипсең.

Ата-баба бир жайлаўда мал бақты, 
Муўса, Сүйеў бир дуўтардан тар қақты. 
Кесте тиксек бирге бүктик бармақты, 
Намалас нағысым, сапа келипсең.

Ибрайым дер, аржақ ҳәм бержақ болып, 
Бир муқамға дуўтар ҳәм ғыжжақ болып, 
Сен Сейидий болсаң, мен Бердақ болып, 
Шадлы саз шалыўға сапа келипсең!

1967-жыл.

ХОРЕЗМГЕ

Халқыңды мен ханалас туўысқаным деп сүйемен, 
Жериңди мен баўырлас мәканым деп сүйемен. 
Хорезмниң топырағын қайда жүрсем сағынып, 
Киндигимниң қаны тамған ўатаным деп сүйемен.

Сен әййемги гөззаллықсаң, шаҳлар саған таласқан, 
Бабаларым бул Хийўаның тасын бирге қаласқан. 
Ўақыт пенен өшегисип өң бермеген бояўың, 
Гүңгирлеген гүмбезлериң, минарларың әласпан.

Сен алымсаң журттан бурын жети ықлым жаратқан, 
Күнбатысқа алгебраның сырлы есабын санатқан. 
Дүнья илими аспанында ай туўғандай жарқ етип, 
Мың жыл бурын Берунийдей бабам шыққан Қыяттан.

Шырша тасқа гүл питирген Хийўа наққаш шебери, 
Әўез Отар әрман еткен жерлерге гүл көгерип. 
Мақтымқулының жас музасы қыз болып бойжеткен жер,
Әжинияздың изи түскен көшелериң теберик.

Тамырымызда туўысқанлық қанымыз бар қатысқан, 
Ата-баба бир нан тапса, бирге бөлип татысқан. 
Халқымыз бар бир дәрьяның еки бойында турып, 
<Ассалаўма әлейкүм!> деп насыбай сорап атысқан.
Еки дийқан тәжирийбелес, еңбек етсе жарысқан, 
Еки палўан бир тойда ыңыранып жамбас салысқан, 
Бир қара телпек астында еки көздиң бирисең, 
Қыяметлик қоңысымсаң қазан-табақ алысқан.

Әмиў суўы жеримизге қан тамырдай тараған, 
Жапларымыздың тарнаўлары бир-бирине қараған, 
Күн десе күн, гүл десе гүл, жайна гөззал Хорезм, 
Ал мен мәңги ўатанласың қарақалпақ боламан!

ҚЫРҒЫЗЛАРҒА

Еки суңқар еки таўға қонғанда, 
Бир-бирине шаңқылдасып табысар. 
Торала ғаз айдын көлге қонғанда, 
Қанат қағып, ғаңқылдасып табысар.

Дослар бир-бирине мийман болғанда, 
Дәрьялар усайды тасып толғанға. 
Ҳәр ким туўысқанлық жолдан барғанда, 
Биздей күн астында күлип табысар.

Еки дәрья бир теңизге аққандай, 
Еки бала бир қурсақта жатқандай. 
Ала таўдың аспанында күн күлип, 
Қара таўда Шолпан туўып атқандай.

Еки таўда бир от бизди күйдирген, 
Азатлық деп ат қуйрығын түйдирген, 
Ата-анамыз ажырата алмай балларын, 
Бир қалпақты еки бояп кийдирген.

Еки Шыңғыс жаўлап алды елимди, 
Биреўин мен жек көремеи өлгенше. 
Екиншисин, - ашып жүрек төримди, 
Сағынаман, асығаман  көргенше.

Дослық күшли, бир-бирине берилсе, 
Дийдарыңа қарайман да тоймайман, 
Ала таўдан ақ қалпағың көринсе, 
Қара таўдан қара қалпақ былғайман.

1969-жыл.

БИР АҚ  ҚАЛПАҚ  АСТЫНДА

(Тоқтағулдың 125 жыллық тойында оқылған қосық)

Жер сулыўы Таласта 
Ат суўғарып тасқынға, 
Отырғандай Манас таў, 
Бир ақ қалпақ астында.

Таў басында жулдызлар, 
Айдан туўған ул-қызлар. 
Өсип - өнер қырғызлар 
Бир ақ қалпақ астында.

Алатаўға усатып, 
Аққа бояп төбесин. 
Тигип берген уқшатып 
Манастың чоң енеси.

Суўыққа да тоңбассаң, 
Ыссыға да күймессең, 
Жамғырда жаўрап қалмассаң, 
Бул ақ қалпақ астында.

Қанша тарийх дәўир бар, 
Инабатлы өмир бар, 
Кең даладай кеўил бар 
Бул ақ қалпақ астында.

Еңбекке билек сыбанған, 
Қонақ келсе қуўанған, 
Азамат ел қуралған 
Бул ақ қалпақ астында.

Қомуздан сулыў күй шығар, 
Толыбайдай сыншы бар, 
Тоқтағулдай ыршы бар 
Бул ақ қалпақ астында.

Астына ай-жулдыздың, 
Даңқын жайған қырғыздың 
Даналығы Шыңғыстың 
Бул ақ қалпақ астында.

4-октябрь, 1989-жыл, Фрунзе.



ДАҒЫСТАН ТАЎЛАРЫНДА 

Ғ.С.Пәтиматқа

Жүр, таўларға алып шығайын сени, 
Бул таўлар ҳаққында көп еситкенмен. 
Толстой, Бестужев бул таўға мени 
Бала ўақларымда талай әкелген.

Жаралы Лермонтов жатқандай бунда, 
Оның жан жарасы қыйнайды мени. 
Дәртлерге дәрман бар булақларында, 
Жүр, таўларға алып шығайын сени!

*      *      *

Таўлар бир қонақшыл таўлыға усар, 
Альфи отлақлары ашар зейинди. 
Жаўрасаң, паналар үңгирлери бар, 
Булақлары шөл басыўға мейилли.

Қарлы шың төбеңде аспанды тиреп, 
Булт орамал былғап шығарып салар, 
Қуслар шықылықлап, арқар мөңиреп, 
Саған ҳақ жол тилеп турғандай болар.

*      *      *

Шет-шебирсиз жүзим ойпатлығында 
Янтарь солқым үзген жасларға қара! 
Алмуртлар уўылжып таўдың ығында, 
Гигант шарайнадай Каспий жарқырар.

Өз тилинде сөйлер ҳәр аўыл ели, 
Өзинше сылдырар бунда ҳәр булақ. 
Мәртлик мийнет, дослық, муҳаббат тили 
Ҳәммеге қалыўсыз түсиникли бирақ.

*     *     *

Ўатаны шабандоз ҳәм сулыўлардың, 
Саз шертсең, <Лезгинка> шығар атылып. 
Кубачы безеген мүйиз жамлардың
Шарабы мәс қылар ишпей атырып.

Өл деген қонақшыл, бир мийман келсе, 
Аўыл болып күтип, шағлап жасайды. 
Мурады муртласар мийман ҳәз көрсе,
(Ал, бул жери қарақалпаққа усайды).

Бунда ҳәмме шайыр, Бирақ та олар 
<Шайырман> деп, жуўырмайды баспаға. 
Өйткенде ким жүзим егип, қой бағар? 
Ким атқарар жумысларды басқа да?

Биз олсыз да көппиз. Ис көп, сөз узақ, 
Дүнья толы сәтсиз роман, дәстанға. 
Заманында жалғыз Махмудтың өзи-ақ,
Сөз жүргизгең пүткил Аварстанға ...

*      *      *

Бийик таўға минсең, кеўлиң де бийик, 
Төменде қалғандай барлық тәшўишлер. 
Бой жазылып, төбең булытларға тийип, 
Дым майда туйылар жердеги ислер.

Жердеги исти майдасынба сен бирақ, 
Таўға минген менен ис питпес тек те. 
Ғамзатовлар таўдан жерге түсип-ақ, 
Көтерилген планетарлық бийикке ...

*      *      *

Биреўлер таўға минсе, сезбес өз шенин, 
Өзин бийик санап, даўырық салады.
Бийик өзи емес, таўлар екенин 
Жерге түскеннен соң аңлап қалады.

Биреўлер бүркиттей ушып шыңларға, 
Ел-халқының кеўлин бийлеп алады. 
Таў оларға емес, олар таўларға 
Бийиклик, сулыўлық берип турады.

*      *      *

Көздиң жаўын алған қызыл тобылғы, 
Қандай жақсы таса жерде өскениң! 
Кешки күнге шағылысқан шоғыңды 
Ҳеш ким сөндире алмас жүзиңнен сениң.

Ағашқа жан берер Унцукуль устасы, 
Бирақ жарқабақта, тастың үстинде 
Өсип турғандағы көркиңди, шамасы, 
Қайтадан жарата алмас ҳеш бенде,

*      *      *

Койсуў - таў дәрьясы қутырды әне, 
Аш толқынлар аппақ аяғыңды аңлып. 
Корықпа, бул толқынлар жуўасыр еле
Мениң жуўасыған жаслығым яңлы.

Таў басында бултқа телмирдиң және,
Өкинбе, кеўлиңнен қуў қайғы-ғамды. 
Қайғы булты өтип кетеди еле,
Мениң шадлығымның өткени яңлы...

*     *      *

Ҳәр кимниң кеўлинде минер таўы бар, 
Булыт ҳәм булақ, жасыл отлақ, терең сай,
Ҳәм қараңғы үңгир, ҳәм жартас, тоғай - 
Таўға не тән болса, - оннан табылар.

Әрман гүли - эдельвейс дегенди 
Ушыраттым мен сол бир таўдың басында. 
Саған әперсем деп қол созсам енди, 
Аш феникс отыр оның қасында.

*      *      *

Таўдың жоллары да өмир жолындай, 
Машақат ҳәм қызық, шадлы ҳәм азап. 
Әрман асыўына өрмеле тынбай, 
Шаршасаң да, жалықпассаң сен бирақ.

Тас төбеңде қәўипли жартаслар турар, 
Қорықпа, жолаўшы жоқ бул тас көрмеген, 
Ол тас қашан, кимниң үстине қулар? 
Бул туўралы еле ҳеш ким билмеген ...

*      *      *

Бүркит шарықлап жүр, таўлар үстинде, 
Оны қутлықлайды қарлы қыялар. 
Үстемлик сүргенде яки ишкенде, 
Адамның кеўлинде бүркит оянар.

Аңсат емес қуслар патшасы болмақ, 
Өспек суўық уя - шын қабағында. 
Ҳәмме қуслар бүркит болғанда бирақ, 
Нешик болар еди бул бассыз дүнья?!

*      *       *

Нар тәўекел иси - таўда жол жүрмек, 
(Қудай да қорқармыс тәўекелшиден). 
Мүмкин, алда күтер бахыт я мийнет, 
Я атың сүрнигер ... ким билер деген.

Лекин мәртлик, үмит бар болсын сенде, 
Дизгинди беккем тут, жолларың болғай. 
Адам алдындағын ҳәзир билгенде, 
Қызық болмас еди өмир де бундай...

*      *      *

Серпантин жол жатар таў карнизинде, 
Төменге қарама, көзлериң тынар. 
Дәрья қара терге түсип төменде, 
Айралық тасына басларын урар.

Бир жағыста - емен, бир жағыста - тал, 
Арасы қол созым, ынтығар олар. 
Бирақ терең қурдым, гүўлеген самал 
Ол екеўин мәңги айырып турар ...

*      *      *

Таўда ҳаўа қәпелимде өзгерер, 
Бираз жигитлердиң көз қарасындай: 
Олар тек өзлерин ақыллы билер, 
Сәл жерде қабағы қалар ашылмай.

Таў самалы салқын, ызғары басым, 
Қорықпа, сәл қымтансаң есер де кетер. 
Ғыйбат ҳәм өсектен қудай сақласын, 
Ызғырығы жети жүйреңнен өтер ...

*      *      *

Аспан өрелери сыяқлы таўлар. 
Ертек те бир өгиз жер менен көкти 
Шақында көтерип турыпты депти. 
Ал басқа пикирде базы адамлар.

Олар ойлар <аспан тиреги - биз> деп, 
Олар ҳақыйқатқа дым түсинбепти. 
Мәртлик, мийнет, ақыл билим, мириўбет, 
Бес составлы сутүн тареп тур көкти...

*      *      *

Бийик даңқ таўына көрмедим минип. 
Сильва Капутикян айтқандай, онда - 
Адамды тоңдырып музлар мәңгилик, 
Жерди сағынасаң дейди. Сонда да, -

Машақатын шегип өрмелеп минген 
Мәртлер мегзер тайнапыр көк еменге. 
Биразлар шығып оған вертолет пенен, 
Пәтеңге келтирер гүрлеп төбеңде...

*      *      *

Өрмелеп еңкейип, бир тар есиктен 
Ғамзат Цадасының үйине кирдик. 
Расулдың өзи жатқан бесикке 
Бир қызарып қарап күлгенин көрдик.

Бүркитлер таңламас екен уяны, 
Пәс ғана тар сакля кийиз төселген, 
Бийик талант, бийик поэзияны
Бийик жайда туўыў шәрт емес екен :

*      *      *

Аўыл-аўыл болып жулдызлар кеште, 
Өз саклялерине шам жақты олар. 
<Шайыр, қонақ жайды қайғырма ҳеш те!>
Деп мени шақырып турғандай болар.

Олар билер: галактиканың сырын, 
Илимпазлар ашып киятыр қашшан. 
Жулдыз-жулдыз бенен сөйлесетуғын, 
Тилдиң барын бирақ шайырлар ашқан.

*      *      *

Атыңды таўларға бур, Қайсын аға, 
Биразлар тек, асфальт жолға үйренген. 
Кекилик кәбап болып көринер оларға,
Таўды тамашалар машина әйнегинен.

Атыңды таўларға бур. Қайсын аға, 
<Булар жолсыз кетти> деп күлген күлсин, 
Шайырлық жатқан жоқ асфальт жолларда,
Дүньяға ең жақсы қосықлар келсин...

*      *      *

Қарақалпақтың жалғыз Қара таўы бар, 
Әмиў жағасына түйедей шөккен, 
<Таўға миндик> десем, бир қонақ авар, 
<Қәне таў?> деп сонда қарады көкке...

Арқар таўын сүйер, қулан-шөллигин, 
Лекин, биз - инсанбыз, Ўатан бир бизде. 
Таўдың бийиклигин, шөлдиң кеңлигин, 
Дәўир дарқанлығын тилеймен сизге!

Аңлатыўлар:
А.А.Бестужев - Марлинский (1797-1837) декабрист, жазыўшы. Дағыстан халықларының турмысынан <Аммалатбек>, <Молланур> 
деген повестьлер жазған.
Махмуд (1873-1919) - аварлардың классик шайыры.
Феникс - әпсанәўий қус (Күншығыс ертеклеринде оны <хақнус қус> деп атайды, қайта туўылыў 
символы. Ол әжайып саз даўысқа сайрап-сайрап, ышқы отында өртенип күл болады ҳәм күл ишинен 
дүр-дүр силкинип қайта тириледимис (И.Ю).


                 УКРАИНА, ЖҮРЕГИМДЕСЕҢ


Әдиўли анамдай аймалап сени, 
Мен тәңир сәлемин берейин десем,- 
Бирден төрт көпирге9 шақырдың мени, 
Украина, жүрегимдесең.

Күнниң зер кирпикли перзентлериндей, 
Айғабағарларың ырғалар ҳәсем. 
Сулыў жер көрмедим сениң жериңдей, 
Украина, жүрегимдесең.

Кобзарь қосығы жаслай жаныма инақ, 
Сенде досларым бар шайыр ҳәм шешен. 
Узақта жасайман. Өмиримше бирақ, 
Украина, жүрегимдесең.

                                     1960-жыл, Киев.


                ДНЕПР  БОЙЫНДАҒЫ  ЕМЕН


Арғы жағы асаў дәрья, 
Берги жағы кең гүзар жол - 
Көк шатырдай тиккен жарға, 
Дөң басында турыпты ол.

Турыпты ол - жасыл айғақ, 
Мың жасаған мықлы емен. 
Игорь бунда атын байлап, 
Түнепти деп еситтим мен.

Жат үлкеге узатқанда, 
Ярославна келген дейди, 
Жүрек ҳәўири қыздың сонда 
Жас еменге сиңген дейди.

Найзағайын шатырлатып, 
Қанлы урыслар өтти буннан. 
Жаўлар өртеп, шаўып, атып, 
Көп азаплар берди оған.

Бирақ та, ол туўған жерге 
Сүңгитип берик тамырларын, 
Төзди барлық бәлелерге, 
Жеңди ҳәм де өз душпанын.

Енди, мине, жайнап тағы,
Жайқалып тур емен жаным, 
Уллы дәрья бойындағы 
Кең даланың ветераны.

Енди оның саясында
Күлки, қосық жаңлар тынбай; 
Мәртлик ҳәм даңқ келип бунда, 
Сайран салып атырғандай.

КРЕЩАТИК  КАШТАНЛАРЫ

Гүллери бар шоғырласқан, 
Мисли Кремль шамлары, - 
Көргениңде зейиниң ашқан 
Крещатик каштанлары.

Көрмеген едим Киевти, 
Әл ҳаўаға ол тийипти. 
Жаслық липасын кийипти 
Крещатик каштанлары.

Усы жерде қанлы саўаш 
Болған десең ҳеш инанбас, 
Бәри сулыў, бәри де жас
Крещатик каштанлары.

Алдымда кең көше жатыр, 
Әжайып амфитеатр. 
Қатарласқан қалың шатыр - 
Крещатик каштанлары.

Саяңда сайранлап әсте, 
Келдим сизге күнде кеште. 
Сиз бәлентте, жоллар пәсте, 
Крещатик каштанлары.

Шадлы дәўран буннан бирдей 
Толып ағар Днепрдей. 
Қулпырған қызық өмирдей 
Крещатик каштанлары.

Скамьяңа барсам жақын, 
Еситтим ашықлар <аҳын>. 
Саў бол туўысқан дәргаҳым, 
Крещатик каштанлары.

Жапырағың жайнап сондай, 
Урысқа нәлет айтқандай. 
Украинаның жаслығындай 
Крещатик каштанлары.

Мәканымсаң шын баўырман, 
Саяңда сайранлап турман, 
Жаным қурбан, жаным қурбан, 
Крещатик каштанлары.

КИЕВ ОКТАВАЛАРЫ 

I

Алтын гүмбезлерге көзи қамасып, 
Жазғы таң азанғы уйқысын ашты... 
Жаңлатып жаңадан дослық намасын, 
Кел, қарсы алайық, достым, қуяшты! 
Арқада көп қалалардың анасы - 
Киев, бир улыңдай ийемен басты! 
Тәрийпиңди сорап өткен-кеткеннен, 
Сени бир көриўди әрман еткенмен.

II

Шығыс славянлар бабасы Кийдиң 
Мәкан басқан жери, ышқыңыздаман, 
Гөззал София ҳәм Печерскийдиң 
Алтын гүмбезлери, ышқыңыздаман. 
Жаңа турмыс қурған бул үлкен үйдиң 
Бүгингн мийнет ери, ышқыңыздаман, 
Киев, сен ертектей ески қаласан, 
Урыстан соң туўылған ҳәм жас баласаң.

III

Алтын дәрўазаңның алдына бардым, 
Тарийх қусы пәрўаз еткендей болды. 
Ғарры славяндай ойларға талдым, 
Мономах елеслеп кеткендей болды. 
<Россия бетке!> деп, ҳәммеден алдын 
Богдан Хмельницкий өткендей болды, 
Қалың журт қуўатлап қайсар гетманды, 
Мениң көз алдымда қуўғандай панды.

IV

Киев! Қандай ысық бул сөз жаныма! 
Бул сөз өр беттеги панамның аты. 
Сени мегзетемен өз ўатаныма, 
Сен мениң екиншн анамның аты. 
Украин емеспен, бирақ қаныма 
Көп сиңген бул жердиң руҳ саўлаты 
Жаралы жәйрандай қарақалпаққа 
Сен баспана болдың баяғы ўақта.

V

Айбатлы Октябрь ескерткишиндей, 
Сәлем, әй, оқ тескен жаралы дийўал! 
Елеслер тап кеше көрген түсимдей 
Мәртлик саўашларың сениң, <Арсенал>
Қаймықпай, тисиңе қойып тисиңди, 
Сен әжел бетине түпирген мәҳәл - 
Оғы түўесилген сур пулеметти 
Тарийх тас үстине орнатып кетти.

VI

Өртенип өзегин шалған күйикке, 
Жүрегин жулып жеп заман ҳазары, -
Патша ескерткиши турған бийикте 
Тарас турған шығар талай сапары. 
Бул жерде туўылған жанға сүйикли 
Максим Рыльский октавалары. 
Атасы әжайып көп фильмлердиң 
Марҳум Довженконы бир рет көрдим.

VII

Туўысқан солдатлардың қәбири басында 
Булытқа шаншылып тур ашыўлы минар. 
Мәрмер тас астынан атлығып онда 
Мәңги сөнбейтуғын от лаўлап жанар. 
Әзийз Украина топырағында 
Ўатан ушын өлген батыр ағалар! 
Теңсиз урыста сиз жығылған ўақта, 
Араңызда болғанды қарақалпақ та.

VIII

<Қатнастым Киевте қырғын саўашқа - 
Деп айтқан да еди туўысқан ағам, - 
Көшелер айланды күл менен тасқа. 
Қатаң урыс еди жер қалтыраған. 
Бир жаралы бүлбил, тартынбай ҳасла, 
Оқтан қашып келип тығылған маған. 
Сол қус қайда екен ҳәзирги ўақта? 
Киев дөнген шығар қайтадан бағқа!"

IX

Патон көпиринде өзим қарсы алған 
Дарница таңлары, муҳаббатым сизге.
Сылдырлысы саздай ядымда қалған 
Киев каштанлары, муҳаббатым сизге. 
Күл ишинен тиклеп қалалар салған, 
Ўатан адамлары, муҳаббатым сизге. 
Урыстан кейин салған саўлатлы жайлар, 
Сәлем, жас тереклер, жасыл тоғайлар!

X

Тарқасын десең сен кеўлиң қумары, 
Демалыс күнлери Днепрге бар. 
О, қумлақ Днепр жайпаўытлары 
Аппақ шағаладай адамға толар. 
Мейли, бул қаланың азаматлары 
Күнде ҳәз етсе де ҳақылы олар, 
(Бул сөзлер тийисли емес бирақ та 
Гейбир стиляга ҳарам тамаққа ...)

XI

Бәлки өмирим бойы сени жырларман, 
Украина, сәлем гүлбағларыңа; 
Кеўлиң шын дослықтың нурына толған. 
Гуцулды𜾶 ақ кийген жас дилбарына 
Мегзер қалқып турған уйқысыз Шолпан, 
Мәўжирген Днепр қырғақларына, 
Әне, жаңа өмир таңы нур шашты. 
Кел, қарсы алайық, достым, қуяшты!

АББАЗ ШАЙЫРҒА УКРАИНАДАН ХАТ

Украинаның жолы әжеп жол екен, 
Қанша көп жүрсең де жүрмедим дерсең. 
Иззет, ҳүрмет, дос-яранға толы екен, 
Сирә бийтаныс жан көрмедим дерсең.

Бул жолда парқ емес көп пенен азың, 
Ески досларыңдай қурарсаң бәзим. 
Бул шадлы заманда, әзийз устазым, 
Жүз дәўран сүрсең де, сүрмедим дерсең.

Алдымда көп екен көрмеген сыйым, 
Гүл берип қарсы алды қаншама жыйын, 
Бул заманда шайыр болмақтан қыйын 
Жумыс бар ма десем, <билмедим> дерсең.

Шайыр десе ескен самал тынғандай, 
Кең залларды кернеп адам толғандай. 
Сонда <шайырман> дегениң жалғандай, 
<Көп екен халқыма бермегим> дерсең.

Шайыр деген өз халқының елшиси, 
Шад өмирден мол берилген еншиси. 
Бола алмасаң ҳасыл сөздиң кәншиси, 
<Бийкар бул мәжилиске кирмегим> дерсең.

Уллы Киев, уллы елдиң орайы, 
Лыққа толды мәденият сарайы. 
Қуўаныштан толқып, демим тарайып, 
Турғанымды айтсам, <көрмедим> дерсең.

Сондай ўақта сен түсерсең есиме, 
Сөзиме сөз, күш қосылар күшиме.
<Сөйле иним, албырайсаң несине? 
Лазым сөз маржанын термегиң> дерсең.

Сонда халқым келгендей-ақ жаныма, 
Қызыў енер тамырдағы қаныма, 
Сол гезде шайырлық океанына 
Қайықлы барып - ақ өрледим дерсең.

Сен бир тарлан түлеп ушқан таўдағы, 
Биз палапан қонақлаған жардағы. 
Қарақалпақтың сен бүгинги Бердағы, 
Қәйтип <сөз маржанын термедим> дерсең!

Днепр бойынан атланып кеште, 
Биз барамыз жүйрик экспрессте. 
Сениң бүлбилгөя ҳаўазың есте, 
Қалайша <яд етип жүрмедиң> дерсең?

Сен отырсаң қара талдың астында, 
Мақбал тыслы еки көпшик дәстиңде, 
Қол былғасам <қара айғырдың> үстинде,
<Көзим гиреў тартып көрмедим> дерсең.

<Шайыр кеўли қартайыўды билмейди, 
Ол бир ағаш, қысы-жазы гүллейди>,
Деп ғарры Державин айтыпты дейди, 
Десем, <бала, бул қай ермегиң?> дерсең.

Шалқы, шайыр, шалқыйтуғын гез келди, 
Кеўилге йош, тилге шийрин сөз келди. 
Жигирмаңда елиң жайнап өзгерди, 
<Жаста бүйтип, дәўран сүрмедим> дерсең.

Мине, поездымыз Харьковке жетти, 
Халық жапырылып бизге ҳүрмет көрсетти. 
Бурынғы заманда бундай иззетти 
Бәлки <түсимде де көрмедим> дерсең.

Ўатанымыз шадлы өмирдиң бағы, 
Онда гүллер поэзия дарағы. 
Бурқып ақсын ҳасыл сөздиң булағы, 
<Шалқысын шайырлық өрнегим> дерсең.


ЖАСЛЫҚ ҲӘМ МУҲАББАТ

ТАСҚЫН БОЛЫП АҒЫП  ӨТ

Заманың бар шалқып дәўран сүрмеге, 
Суўман десең, тасқын болып ағып өт. 
Желмен десең, дүбелей бол дүрлеген, 
Шоқпан десең, жүреклерди жағып өт.

Гүлмен десең, аҳыў-зар ет көзлерди, 
Тилмен десең, дүр қылып шаш сөзлерди, 
Әўладларың атыңды айтқан гезлерде 
Танығандай тәўир белги тағып өт.

Шабар болсаң, арғымақтай арқыра, 
Ушар болсаң, суңқардай уш шарқ ура, 
Жигериңди жумсап жаслай халқыңа, 
Елдиң мәпин көз нурыңдай бағып өт.

Ўақыт қымбат, исырап етпе тегинге, 
Қыйынлықтан қыйпалақлап шегинбе. 
Гүркиреген еркин жаслық көгинде 
Таўлар аса шақмақ болып шағып өт.

Жаслық өмириң жазылмаған бир дәстан, 
Жаз жақсылап бир сөзин де бурмастан, 
Мына сөзди яддан шығарма ҳаслан: 
Жаслық саған бериледи бир рет.

1958-жыл.

МОНТЕР БАЛА СЫМ ТАРТЫП КЕЛДИ

Кеше жаңа жайлаўға бизиң,
Монтер бала сым тартып келди. 
Москваның таныс ҳаўазын, 
Тартқан сымы бизге әкелди. 
Қайтқан ғаздай дизилди қатар, 
Телеграфтың бағаналары. 
Қуўанысты шопанлар, ғаррылар
Ҳәм жайлаўдың жас балалары.
Жас монтерды арқадан қағып, 
Фермамыздың баслығы күлди.
Гүлжәмийла жеңгей қуўанып, 
Бир кастрюль сүт алып келди,
<Уста қәйним, әкелдим саған сүт, 
Мә, ишип ал маўқыңды басып.
Әттең, сол бир қыз күним болғанда, 
Болар едим мен саған ашық! ... 
Бир доғалақ сымға отырды да, 
Күлди жигит жадырап күндей. 
<Рахмет саған, саўыншы жеңге, 
Болса екен аў қызлар да сендей. 
Сен айтасаң, қыз күним болғанда, 
Болар едим дейсең сен ашық. 
Ал мениң сүйген қызым кийиктей, 
Мени көрсе кетеди қашып. 
Гейде күлер мениң үстимнен, 
Сөзге сараң, гейде дым туйық. 
<Муҳаббат деген не өзи?> - деп меннен 
Қасақана сорар тымпыйып. 
Жүрегим соғар сымдағы тоқтай, 
Өтсем күнде үйиниң тусынан. 
Ойласам қулап түсе жазлайман, 
Столбаның ушабасынан. 
Мени көрсе сол почтальон қыздың 
Мысқыл шашып күлимлер көзи. 
Айтшы жеңге, ол да неге сендей 
<Сүйемен> деп айтбаўы неси?... 
<Беў, ангөдек, тил билмес қәйним, 
Түсинбейсең, сен еле жассаң: 
Қызлар деген өртенип кетсе де, 
<Сүйемен> деп айтпайды ҳаслан...
<Аҳ, солай ма, демек, ол да мени
Жүр екен ғой ишинен сүйип!> 
<Солай қәйним, абайлап иш, аўзың - 
Ыссы сүтке қалмасын күйип> :
<Түсинбеппен аў оған мен гешше> 
Деп жас жигит жадырап күлди...
Сөйтип бизиң жайлаўға кеше, 
Монтер бала сым тартып келди.

1954-жыл. Нөкис.

Шынтлап сүйген кеўил ҳаслан айнымас, 
Сен өзиңди бостан-босқа қыйнадың: 
Бизден көре ажарлырақ ҳәм де жас, 
Яр тапсам деп, жат пикирди ойладың.

Сатқын тилиң <сүйемен> деп уялмай, 
Сыбырлады, сөйтип, бир жат қулаққа. 
Сонда туңғыш муҳаббатын қыялмай, 
Ҳадал кеўлиң менсиреди бирақта.

Маған соңғы хатты жазып, албырап, 
Қорқақ колың почтаға әкеп таслады. 
Менсиреген ҳадал кеўлиң, ал бирақ, 
Мендей көрип сүйе алмады басқаны.

Жигитке де жеңил емес айралық, 
Ышқы азабы мәлим бастан кешкенге. 
Талай түним өтти уйқысыз қыйналып, 
Сени ҳаслан қыя алмадым ҳеш кимге.

Жаслық өмир саған мениң жанымды, 
Сырлы алтын жиби менен ышқының - 
Тиккенлиги сонда ғана танылды, 
Үзе алмадым умтылсам да күш қылып.

Етегиңе ерген шөптей қалтырап, 
Кеўлим саған ерди, раҳим етпедиң. 
Бар сулыўлық нурың менен жарқырап, 
Мәккар күлкиң көз алдымнан кетпеди.

Ышқы, - бөдене емес, үриккен ўақтыңда 
Безетуғын уя салған жеринен. 
Көп оқыдым ышқы, айралық ҳаққында, 
Сениң дәртиң өтти бирақ бәринен.

Уйқы орнына сен жайластың көзиме, 
Айыплаўға тилим, бирақ, баспады. 
Не шара бар, ушқалақ қыз өзине 
Ҳәмир етсе <сүйесең> деп басқаны?

Жүрдик сөйтип, ал не болды кейнинде: 
Мине, алдыма келип турсаң айланып. 
Қалай екен шынтлап сүйген кеўилге, 
Қалай, қошшым, аңсат па екен айралық?

Мен өш алар едим ҳәзир, егерде 
Сендей көрип сүйе алсам өзгени. 
Лекин адам өз бахтына тебер ме, 
Өз бахтымды жек көриўге төзбедим.

Таза жүрек таза тәлим себеди, 
Муҳаббатты алдай алмас сайлы жас. 
Сүйсек, усылай шын сүйейик, себеби, - 
Шынтлап сүйген кеўил ҳаслан айнымас.

 1955-жыл.

ӘНАР ГҮЛЛЕДИ

Кел сүйиклим, бағ сейлине барайық. 
Бахыттың бағында әнар гүлледи, 
Басқа жемислердиң мийўасы байып, 
Гүл төккен ўағында әнар гүлледи.

Сәрўи болсаң, бүлбил қонажақ саған, 
Мәлел бермес, бағманымыз жақсы адам. 
Еркин гүл үзейик бағы-бақшадан, 
Толысқан шағыңда әнар гүлледи.

Ерик гүллегенде келмедиң ярым, 
Алма гүлин берсем, алмадың ярым, 
Басқа ағаштың гүли қалмады, ярым, 
Қырмызы тон кийип әнар гүлледи.

Тоншыға таптырмас әнар послағы, 
Жаслық дәўранымыз ашықлық бағы, 
Жаз өтсе, гүз бар деп силтеме тағы, 
Жаздың жарасығы әнар гүлледи.

1958-жыл, Төрткүл.

Бултлар көп түнеген асқар таўлардың 
Жүзин перделеўши думаны болар. 
Ярының көзине шөп салған ярдың 
Көкиректе гүдикли гүманы болар.

Гүлден гүлге қоныў бүлбилдиң кәри, 
Бийопалық деген нәпси базары. 
Селлер ылықтырса таўлардың қарын. 
Сайлардың баса-бас қамалы болар.

Муҳаббат ол гүли емес Қырымның, 
Желпилдимси емес жипек бурымның.
Жигитлик ҳәсери урған мурынның 
Кеминде бир батпан самалы болар.

Ышқы отында жанын қыйнай билмеген, 
Азаматлық арын ойлай билмеген, 
Өмирлик жолдасын сыйлай билмеген 
Жигит ол адамның жаманы болар.

Таўда гүл көп бири-биринен тәўир, 
Бәри бир қушаққа сыймас ҳәм аўыр. 
Бизлер жасап турған бул алтын дәўир 
Таза муҳаббаттың заманы болар.

1959-жыл. Арқа Кавказ. 

МЕНИҢ ЖИГИТ ЎАҚТЫМ, СЕНИҢ ҚЫЗ ЎАҚТЫҢ

Б-ға

ТАШГУ десем, дәрҳал түседи еске, 
Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың ... 
Туўра самолеттен түстим-де кеште, 
Жатақ жайыңыздың есигин  қақтым.

Нөкисте екениңде сен мени күнде, 
Ҳәтте саат сайын сағынар едиң. 
Бул сапары көрип мени Ташкентте, 
Салқын мыйық тартып <сенбисең> дедиң.

Гүлшанда ашылған бир таза гүлдей, 
Шырайыңа шырай қосқан екенсең. 
Қуўанышымды қәйтип айтарды билмей, 
Жутынып, телмирип қарай бердим мен :

Кеттик қолтықласып көшени бойлап, 
Үнсиз киятырмыз. Еснеп қоясаң. 
<Жаным, айтшы, киятырсаң не ойлап? 
Ертең ушырасамыз қай жерде, қашан?>.

Зер көйлек қоз шашып жанар үстиңде.
Сен айттың: <әпиў ет, мазам жоқ:> дедиң.
Ҳәм мәрмер текшеден сырғып түстиң-де,
Кеттиң : Мен сен ушын бийгәна едим.

Соңғы <Казбегимди> тутатып алып, 
Узақ тентиредим Әнҳар бойына. 
Мәжнун тал шақасын суўларға малып, 
Сениң шашларыңды салар ойыма...

ТАШГУ десем, мудам түседи еске. 
Мениң жигит ўақтым сениң қыз ўақтың... 
Саған енди қайтып мәлел бермеске 
Бел байлап, жанымды отларға жақтым.

<Кел> деп шақырады ашық айналар, 
Бағлар <кел, жигитим қайғырма> десер. 
Жүрегимди тырнап жылар <Тәнаўбар>, 
Жапырақларды тинтип самаллар есер.

Мен ҳәр барған сайын енди Ташкентке,
Саған көринбеўге тырысар едим. 
Бир күни тосаттан мени көрдиң-де, 
<Ырас-ақ сенбисең, сенбисең?> дедиң.

Әйне сәҳәр ўақта ашылған гүлдей, 
Қыз болып пәтиңе минген екенсең. 
Ҳинд қолына түскен асыранды пилдей, 
Үнсиз жетегиңе ере бердим мен.

Таўыстай таранған Ташкент қызлары 
Дослық иззетлерин көрсетти маған. 
Ески досларымдай күлисип бәри, 
Жайды алдыма студентлик дастурқан ...

ТАШГУ - билим бағы, жаслар дослығы, 
Қанша кеўиллерге нур берер жақтың! 
ТАШГУ - мың-мың қыз-жигитлер жаслығы, 
Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың...

1962 жыл.

Кеўил аспанымда жулдызлар сөник, 
Ай да он төртинде толғанын қойды. 
Қыяллар ҳәр түрли муқамға дөнип, 
Жоқты-барды әрман қылғанын қойды.

Шағлап отырар едим тойларда бурын,
Енди барып қалсам нәбада оған, 
Қапталымда болмаса да бос орын, 
Кеўлимде бир гүрси бос турар мудам.

Сол гүрси артынан келип қасыма, 
Муңлы музам <жүр> деп әсте сыбырлар. 
Ҳәм әкетип мени баспанасына, 
Таң атқанша қосық жаздырып қыйнар.

Қыйнар ол жандырып жүрекгенемди, 
Сениң сүўретиңе кирип доланып. 
Сүттей аппақ әрман болып сен енди, 
Узақлайсаң таң сәўлесин оранып.

Таң да атар, умыт болар жеккелик. 
Бирақ саўықтырып жан-жүрегимди, 
<Шайыр, шайға жүр!> деп еркелеп келип, 
Мойныма салмассаң ақ билегиңди.

3-август 1981-жыл. 

                       ГӨЗЗАЛ   ЮЛШАРА


   Абхазия таўларының ҳайран қаларлық сулыўлығын көргиси келген адам Бзипи қыснағында қайыстай 
таўланып жатырған тас жол менен Рица көлине кетеди. Қапталда бурқасынлаған дәрьяның үстине 
төнип қараңғы үнгирлер қалады. Бәлент шың басынан гүмис жилўа менен таўланып қуйып 
турған мәрўерт сарқырамаларды көресең. Буннан алдын Бзипи көпириниң қасында, әжайып 
сулыў ҳаўайы көзлери менен жолаўшылардың кеўлин арбаған арыў қыздай атақлы Көк көл қалады. 
Енди мине алдымыздан Юпшара қыснағы ашылды. Юпшара Кавказдағы ең сулыў қыснақлардан бири болып, 
оның еки бойында бәлент жасыл таўлар ийин тиресип турады. Қайнаўытлап, гүрилдеп, астан-кестен болып атырған 
суў тасқынларына қарап баратырып, ишиңнен шайырдың қосықларын оқып гүбирленесең:


Туў төменде мәўжирген тасқын 
Қаҳәрленип салады шаўқым.
Қулақ жарған даўысы мысал
Жүз ашыўлы үнге барабар...
                                 
                                      (<Мцыри>)


   Бул жерде ҳәрбир тас, ҳәрбир булақ жолаўшы ядында қандай да бир аңыз әнгимени оятады. 
Юпшара ҳәм Гего дәрьяларының кесисип ағыўы жөнинде де бундағы елдиң ертек сөзи бар. 
Юпшара узақ жыллар мийнет етип, өзине түпсиз тереңнен жол салып алған. Қараңғы туннельден 
өткен соң көп узамай бул еки дәрьяның түйисип аққан жери көринеди...
   

Альпинистлер соқпағы басланған жерде, 
О гөззал Юпшара, көрдим мен сени. 
Мен Кавказ суўыны болсам егерде, 
Қалар едим қасыңда питкенше демим. 
Қәўипли қыямайларға лып-лып секирип, 
Ойнап шығар едим сениң өриңе. 
Ол жерде Гего менен бир сайға кирип, 
Сүйисип атырғаның анық көринер. 
Сен бир поса берип, жырылып қушақтан, 
Қаштың сыңқ-сыңқ күлип, шүңгил сай қуўып, 
Гә таслар артына жасырынып шаққан, 
Гә самшит путағын толқынға жуўып. 
Ал Гего мәс болып шийрин посаға, 
Бираз есеңкиреп көзлерин ашса, 
Юпшара қушақтан қашшан босаған, 
Сөйтип, қашқан екен бул жерден қашшан. 
Гего албырақлап жалт-жулт қарады 
Оқырайған суўынға, үнсиз шыңларға. 
Суўын мүйизинде шапақ жанады, 
Демек, күн батыўға тақалып қалған. 
Ҳеш кимнен Юпшарасын сорамады ол, 
Өжет Гего шапты бир сайды бойлап. 
Көксин путалардан жаралады ол, 
Сүйгенин тез қуўып жетиўди ойлап. 
Таўда жасырынбақ ойнаў қәтерли, 
Сен бийкарға қаштың, Юпшара тентек! 
Ақтарып сайларды көп ўақтан берли, 
Бийшара Гего жүр таўда тентиреп. 
Гего жулқынады интизар, ҳайран, 
Қаўышыў тилеги жанар кеўлинде. 
Излер муҳаббатын терең сайлардан, 
Ал сен өз күлкиңе, ойынға бенде. 
Тек суўын ойыныңды тамаша көрип, 
Шабар тик жағаңда, сен қайда шапсаң 
Ол - ҳайўан, тек оның сыртында көрик, 
Тек ырғыўды билер, секирип шапшаң:
Мен суўын болыўды әрман етпеймен,
Айттым тек те сени сүйгенлигимнен. 
Айралық дәрти, яр ышқысында мен 
Достым Гего яңлы күйгенлигимнен.

1966-жыл. Хоста


                        АҚТАС РОМАНТИКАСЫ

Хостаға жазда, жаным, келсең еди,
Аралап қуртоғайды жүрсең еди. 
Қытықлап ақ балтырды қос бурымың, 
Ақтастың аясына минсең еди. 
Ақтас, бул, - тәбияттың бир балконы. 
Алдыңан ашылады Кавказ оның. 
Қарсыңда уйлығысып қарлы таўлар, 
Таласып созар еди-аў саған қолын. 
Пальмалар пешанаңды желпип әсте, 
Тәриплеп қубылжыған қуслар сести, 
Бананлар жапырағын жаўып саған, 
Магнолия гүлин төгип дәсте-дәсте; 
Сымбатлы сәрўи таллар қатар дүзеп, 
Шиповник бояў сүртип өзин безеп, 
Әсирлик тиссалар да тас төбеңнен 
Таңланып қарар еди гезек-гезек. 
Бултлар көрип сени усы жерде, 
Шабысып шомылғанда қара терге,
Қызғанып ийирилген аппақ думан, 
Жүзине тутар еди жуқа перде. 
Ал сонда пәтли қурдым жемтик аўлап, 
Айқасып аш толқынлар, тынбай шаўлап, 
Ыңыранып ырғыр еди гранитке, 
Ақтастан алыў ушын сени жаўлап :
Рафаэль өзи салған суўретине 
Ашық болып қалғаны есиңде ме? 
Гүрилдеп қол шапатлар еди сондай, 
Тәбият сендей сулыў перзентине.

Хоста, 1955-жыл.

САҒЫНЫЎ

Сәҳәр ўақта минсем Машук таўына, 
Күлди күншығыстан таңның жулдызы. 
Гүмис булақлардың шоқ қайнаўы да 
Сени еске салды, Әмиўдиң қызы.

Таўдан ақ бултларды айдаса самал, 
Былғап турғандайсаң маған орамал. 
Суў ишиўге келген бир арыў марал 
Саған мегзеп қалды, Әмиўдиң қызы.

Асқар таў Эльбрус аспанға тийген, 
Сымбатлы ақ төсин көкше булт сүйген.
Бәҳәр байрамында ақ көйлек кийген 
Турқыңды яд еттим, Әмиўдиң қызы.

Самал сылдырлатса жапырағын талдың, 
Сени келди ме деп талай алдандым. 
Кеклик дүрлеп ушса астынан жардың, 
Жамалың елеслер, Әмиўдиң кызы.

Көрсем сыңқ-сыңқ күлген суўларын сайдың, 
Тыңлап шопан шерткен сестин сырнайдың, 
Сонда бир сен болып шадлығым, қайғым, 
Турдың көз алдымда, Әмиўдиң қызы.

Нарзан булақлары қандай азада, 
Сениң кеўлиң яңлы тынық ҳәм таза. 
Таўлар оянады, кеўлим биймаза, 
Инкарым өзиңсең, Әмиўдиң қызы.

Сағынышларың бийлеп бар тақатымды, 
Тас үстинде турдым оқып хатыңды. 
Жазсам жас еменге ойып атыңды, 
Таўлар ядлап алды, Әмиўдиң қызы.

Бештаў мунарланып турар қасымда, 
Көкше булт желбирер ушабасында. 
Ҳәр ким яр ышқында күйсе жасында, 
Мендей болып күйсин, Әмиўдиң қызы.

1953-жыл. Пятигорск. 

МАГНОЛИЯ

Қара теңиз жағасында жайқалып, 
Май жапырақлы магнолия өседи. 
Көрген сайын жас кеўлиме ой салып, 
Ышқы сезими менде арта түседи.

Терең тамырын жуўып шалқар океан, 
Тур бәлентте сулыўлыққа таласып.
Жаз таңында қалың жапырақларынан
Шық тамшысын емер түслик қуяшы.

Бирин ашып, бири ғумшасын салып, 
Қысы-жазы шашар аппақ гүллерин. 
Пал ҳәрреси балаўызға қадалып, 
Ийисин алып қашар мәўсим желлери.

Сол сияқлы жүрегимде мениң де
Қысы-жазы гүллеп жатар муҳаббат. 
Бурқыраған магнолия гүлиндей 
Сап ышқымды, сәўер ярым, қабыл ет.

1955-жыл, Хоста.

АМИРА АЗАПЛАРЫ

Та встреча краткая, земная.
И.Бунин.

Кеште ойын көриўге де қорқаман, 
Капрон кирпиклер, сүрмели көзлер 
Мени көрип, үнсиз биреўди излер, 
Кимди излегени түсиникли маған... 
Репетиция тәнеписинде
Бул ойнақы көзлер бояўсыз ўақта 
Мени көрип, күлимлеген пишинде, 
Жуўырысар еди әлле қаяққа.
Олар дүркиресип қара қуўлардай, 
Сулыў қәдем таслар жәйран жүристе. 
Шығар арасынан суўырылып талдай, 
Қара триколы дилбар периште. 
Өнердиң қайсысы болса-да азап, 
Жүзинде моншақ тер тамшысы менен,- 
Қатал маэстро оларды узақ 
Қуўады музыка қамшысы менен. 
Аяқлар сырқырар, кебер еринлер, 
Қәлпе түлеткендей жас туйғын қусын. 
Қара триколы бул назәлимлер 
Сахнада аққуўдай жүзиўи ушын. 
Аўлақ таныс скамья бар бунда, 
(Енди не нәрселер түспейди еске!) 
Тиз шөгип отырып оның алдында. 
Қанаған аяғын таңаман әсте, 
Ол шашларым менен ойнап отырар:
<Ақ шаш сизге сондай жарасар еди ...>
<Усылай күттирсең, ол-дағы болар:>
Қызлар бизге урланып қарасар еди. 
Тәнепис қурғыр-да таўсылды әне, 
Тағы зал аўзында жалғыз қалдым мен, 
Қатал маэстро оларды және 
Қуўады музыка қамшысы менен.

*    *    *

Суў бойына барыўға да қорқаман,
Гүзги кеш. Жап тынған. Жағалақ аўлақ.
Үш түйир қып-қызыл жийде машаўлап,
Уша баста жанар.
<Булар ғарғадан
Қалай аман қалған?> дедиң суқланып.
Мен алдым тикенге тырналып барып.
Үш жулдыз үзгендей айдың қасынан,
Путақшаны алып кедим жаныңа,
Ҳәм қуўандым сениң қуўанғаныңа.
Гүмис жапырақларын үплеп, абайлап.
Алып жүрдиң, үзип жемедиң бирақ.
<Неге екеў емес,... үш жийде булар?>
<Бәлким, ким билипти ... үш балам болар:>
Деп шадлы ушқынлар ойнап көзиңде,
Көкирегиме қойдың сулыў басыңды.
Умыттым дүньяны ҳәм-де өзимди, 
Қапалықты, жеккеликти, жасымды :

*      *      *

Мен таўларға шығыўға-да қорқаман,
Аҳ, қандай көркемХунзақ жоллары! 
Жол өрмелеп барар бултлардан ары, 
Шайырлар аўылы Цадаға таман. 
Қойсуў гүрлеп ағып жол ернегинде, 
Бир нәрселер айтар авар тилинде. 
Жар таста желбиреп қызыл көйлегиң
Сен қуўанып қарақалпақша сөйледиң.
Ҳәм мениң ийниме асылып турып, 
Қышқырдың еркелеп артқа бурылып: 
<Айтшы Қайсын аға, не деп тур дәрья?> 
<Неге мен дәрьяман, аҳ ессиз дүнья! 
Неге абрек-жигит емеспен деп тур. 
Бул суў да өзиниң дәртин сөйлеп тур...
Қәне, отырың тез машинаңызға, 
Расул күтип тур көпир аўзында :

*     *     *

Ақшам жалғыз қалыўға-да қорқаман.
(Қалмасқа не илаж?...)
Гей күни кеште,
Гүңгирт ай сәўлеси дирилдеп әсте,
Айнадан сығалап қарағанында,
Уйқылы сулыўдай мениң жанымда
Сен жатасаң үнсиз, ерниң қаязып, 
Билезикли қолда саўсақлар жазық. 
Суп-суўық пешанаң... 
Жоқ, енди тамам!
Қәлем дирилдейди буннан армаған...
Ҳәр жүректиң өз жарасы бар дейди. 
Тыртық болып питсин, питпесе жатсын. 
Базда шырт уйқымнан оятсын мейли, 
Сарғайып тиришилик таңларым атсын...

*      *      *

Отырыспаға барыўға-да қорқаман,
Ол жерде көп шадлық сазларын шалар.
Маған тост берерде тым-тырыс болар.
Мен сонда кеўилли болып жортаға,
Тырысаман журтқа мәлел бермеске
Ҳәм-де қасымда бос орынға әсте
Урланып қарайман.
Бос қалған уя...
Ол да жоқ,
Сен де жоқ...
Ялғаншы дүнья!

Сентябрь 1988-жыл.

ГҮЛЛЕР АҢЛАМАС

Тобынан айырылған торала ғаздың
Ғаңқылдысын айдын көллер аңламас, 
Гүл ышқыңда күйген бүлбил наласын 
Бәҳәрде ашылған гүллер аңламас.

Биреўге айралық, биреўге сайран, 
Дүньяның исине қаларсаң ҳайран. 
Суў излеп ылақса жаралы жәйран, 
Өзи суўсап атқан шөллер аңламас.

Қастың бардай сонша қыйнап жанымды, 
Аяўсыз шертерсең кеўил тарымды. 
Мениң сен деп шеккен азапларымды, 
Қудаға мың шүкир, еллер аңламас.

Гүл мәўсими өтер бәҳәри - жазы, 
Биймезгил урмағай қазан аязы. 
Ашық Аяз сен деп питкен баязың 
Бийдәрт жанлар, алшақ диллер аңламас,

ТУСЫҢНАН БИР ЖӘНАН ӨТИП БАРАТЫР

Ағаңның сезине қулақ сал, бала, 
Бет алысың жаман кетип баратыр. 
Зейни пәслик қылмай бир серлеп қара, 
Тусыңнан бир жәнан өтип баратыр...

Билмедим кийгени қандай таўардан 
Сын-сымбатын көрип естен аўарман, 
Ҳәр басқан қәдеми бир дәртли әрман, 
Сен өзиң бил, маған өтип баратыр.

Гөззаллық дүньясы соншелли абат, 
Сулыўларда болар ғайры кәрамат, 
Гүлли көйлегинен желпип аромат, 
Жүзи маҳый табан өтип баратыр.

Наданлар ашықлық ләззетин билмес, 
Саз-сәўбетти сүймес, ойнайып күлмес, 
Соңыра қонып кет деп жалынсаң келмес
Үй тусынан мийман өтип баратыр.

Илҳамым яр болып, келсе әўметим, 
Бир тәрийплер едим қәдди-қәўметин, 
Жаслық дәўран тең-тайы жоқ дәўлетиң, 
Тез бақпасаң, дәўран өтип баратыр.

Сен болсаң жаныўсыз, гүлханың суўып, 
Уўызда тоймапсаң енеден туўып. 
Әкең жетеалмаған дүньяны қуўып 
Бир аш көзли надан өтип баратыр.

Инсанда сиз-бизлик ҳәм де мириўбет, 
Көзлериңде нур жоқ, сөзиңде - ләззет, 
Муҳаббатың басқа журтқа күйеўлеп, 
Көкиректе әрман кетип баратыр.

Ашық нәзер менен серле, ҳәй, бала! 
Жаслық бағы солмайды деп ойлама, 
Бәҳәр паслы келди, гүллеп айнала, 
Таў басынан думан өтип баратыр.

Кеўил әндийшесин айттым мәзи мен, 
Жаслық дәўран болмас өзи-өзинен, 
Көзиңди аш, жуўермек, жуўыр изинен, 
Тусыңнан бир жәнан өтип баратыр!

Москва, декабрь, 1988-жыл.

МАЗЛУМХАН ЕЛИНДЕ КӨРДИМ БИР ЖӘНАН

Мазлумхан елинде көрдим бир жәнан, 
Қыял етсем, ҳурден зияда келди. 
Бир аш бүлбил сайрап кеўлимде мудам, 
Қайта бастан тилим гөяға келди.

Жүзлери мунауўар аспанда айдан,
Ай менен жулдыздан бизге не қайран? 
Суп-сулыў ылағын ерткен бир жәйран, 
Жаман көзден аўлақ уяға келди.

Көзлериме ысық, хожаның ели,
Жәйҳун жағасында ырғалған гүли
Қыялым сол ярға кеўил бөлгели, 
Атын талға байлап, пияда келди

Кийгени ханатлас, зербалак лазым, 
Ҳәр мыйық тартқаны бизге лаўазым. 
Жаңадан жалғанып үзилген сазым, 
Қайтадан ҳәўижли намаға келди.

Ҳәмиреде - Хансаят, Ғәрипте - Сәнем,
Мийрибанлық еткей бизге де ийем.
Ышқы дәптерине тебиретсем қәлем, 
Гүлдеи кейин тилим сараға келди.

Жери жәннет мәкан, мийўалы бағы,
Хожа - сейитлердиң гөззал урпағы.
Бир гүлдиң ышқында жанларын жағып,
Ашық Аяз сизиң араға келди.

Сентябрь, 1993-жыл.

*     *     *

Мен сениң кеўлиңди қабартқан күни 
Өзимди сеземен дүзде қалғандай. 
Рәҳәт және таслап кетеди мени,
Далбайға келмеген үркек тарландай.

Инсан өмири деген биймаза мәўсим,
Олсыз да онда аз шуўақлы күнлер.
Кеўил - ағып турған булақ-ды бәлким,
Парықламай тас атар оған ҳәр кимлер.

Жаңсақ ислер өкиндирер изинен, 
Сүймесем, мен булай сөзлемес едим. 
Табылса дәрьяның берги жүзинен, 
Арғы жүзден сени излемес едим.

Кеўил көзгимде тек сени көремен, 
Ҳасла қыянет жоқ онда тамшыдай. 
Сени қапа қылсам, жаўрап жүремен, 
Дүзде күкирт шөбин таўысқан аңшыдай.

22-март 1996-ж.

ЖАҢА ДӘЎИР БОСАҒАСЫНДА 

МҮНӘЖАТ

Тәңирим, инсап бер өз бенделериңе. 
Бул барыстан нешик замана болар? 
Дәрт жамалып кеўиллердиң шерине, 
Дәўир дағдарыстан аўара болар.

Ақыллар тубалап, болып арсары, 
Ким не айтса, аўып журттың аңсары, 
Малын пуллап бийинсаплық базары, 
Ҳәр кимниң кеўлинде бир нама болар.

Кимлер ҳийле менен шалқып жатажақ, 
Пулға өтсе жоқ ийманын сатажақ. 
Мириўбет таңлары қашан атажақ? 
Журттың бир әрманы сол ғана болар.

Тәкаббырлық иллетине шатылып, 
Күшлилер әззиге дизе батырып, 
Арзан сөзлер қымбатына сатылып, 
Бийдай нанның изи зағара болар.

Қырмызы қан ағып асқар таўларда, 
Абыл-Қабыл түскен питпес даўларға. 
Аналар перзентин берип жаўларға, 
Ботасыз бозлаған әрўана болар.

Тәңирим, сен билерсең заманның сырын,
Пейил азса, ығбал кетерлер қырын. 
Кеўиллерге қуйсаң мириўбет нурын, 
Инсан бир-бирине пәрўана болар.

Жүрек жанса, ышқы отында жансын,
Ашықлар уйқысын бузып оянсын, 
Таянса, аналар бесик таянсын, 
Балдақ таянғанлар бийшара болар.

Отлар жанса, жансын ошақта гүрлеп, 
Атлар шабар болсын байраққа терлеп, 
Ким қолын жылытса урыс отын үрлеп, 
Қарғысқа ушырап, гиряна болар.

Усласса, палўанлар жаға услассын, 
Тасласса, қошқарлар гелле таслассын. 
Урысса, қоразлар ғана урыссын, 
Адам урысқан жерлер ўайрана болар.

Октябрь, 1992-жыл.

КӨРСЕТКЕН РӘҲӘТЛИ  КҮНИҢ УСЫ МА? 

(М. Горбачевқа)

Дана рәҳбар билап саған ергенде,
Бизди алып келген жериң усы ма? 
Халық исенип саған кеўил бергенде, 
Көрсеткен рәҳәтли күниң усы ма?

Ақыл айттың бийик минберден турып, 
Қолдан от шығардық шаппатлар урып. 
Гөнерген дүньяны қайтадан қурып, 
Шағлап жасайтуғын елиң усы ма?

Жаңаша ойлаўды журтқа үйреттиң, 
Өзиң гөне сүрдеў жол менен кеттиң. 
Дүньяда бир уллы мәмлекеттиң 
Тойларын тарқатқан жериң усы ма?

Жақсыңды жасырмай, айтсақ дурысын, 
Тойтардың дүньяның <салқын урысын>. 
Ески тутымларға қарсы гүресиң 
Усап еди дәслеп үмит қусына.

Темир перделерди жулдың арадан, 
Көзин ашсын дедиң ҳәр ел, ҳәр адам. 
Гүрмеўли тиллерге сен берип зибан, 
Сөйлеп-сөйлеп болған жериң усы ма?

Оқырайып қарап миллет миллетке, 
Дуўшар болдық аўыз алалық иллетке. 
Күшлилер әззини қақбайлап шетке, 
<Қой дерге хожа жок> деген усы-дә!

Дослықты қаслықтың қарасы басып, 
Көплер посты жыллы үйинен қашып. 
Бузықлар сахнада аўиретин ашып, 
Әдеп-икрам үйреткениң усы ма?

<Қаўын-қаўын> деген ойын бар қызық, 
Қайта қураман, деп ҳәммесин бузып, 
Халықты бос дүканның аўзына дизип, 
Купонға үңилткен күниң усы ма?

Тах таласып, бир бириңе тас атып, 
Түрли жолға жалтаң етип жасатып, 
Ельцин <еркин баҳа> ийтин босатып, 
Журтты талатпақта базар тусында.

Усап дүзде қасқыр қуўған кийикке, 
Баҳалар секирип кетти бийикке. 
Парахордың мәпине ким тийипти? 
Әдил заман орнатқаның усы ма?

Ең бай елди аштан жулдыз санатып, 
Журтты жаўыз мафийларға талатып, 
Батысқа қол жайып, қайыр соратып, 
Бир масқара қылған жериң усы ма?

Бириң бас саўғалап қаштың узаққа, 
Бириң отыр сени тайдырған тахта.
Әдилликтиң соты қурған дузаққа 
Түспеймиз деп, тапқан шараң усы ма?

Дағдарыстан шықсақ дағыспай аман, 
Базарға өтермиз, дүзлесер заман.
<Қайта қурсақ, болар бир шадлы дәўран>, 
Деп сүргизген дәўранларың усы ма?!

БАЗАР  ЖОЛЫНДА

Бәзерген малысыз базар қызар ма,
Кәрўан жүгин әнжам етиң, жигитлер. 
Енди ҳәмме биз шығамыз базарға, 
Базарың инсаплы болғай жигитлер.

Көптен бери бармай базар-ошарға,
Турмысымыз айланыпты нашарға, 
Сөзден даңғырлатып айдап бос арба, 
Ақылгөй болғанды қойың жигитлер.

Базарладық Хожелини, Шымбайды, 
Биз бурында көргенбиз бе бундайды? 
Сарсық сезден қулағымыз шыңлайды, 
Жер жүзи гәп етер бизди, жигитлер.

<Шыртым> ойнап, шығып қалдық ойыннан, 
Қудайды умыттық бәрҳа сыйынғаи. 
Суў емес, сөз ақты Түйемойыннан. 
Жалған ўәделерден тойдық, жигитлер.

Аўызбиршилик қашты кем-кем арадан, 
Ҳәр ким өзин журттан билгиш санаған.
Мий шайылып кетти <ўарра-ўарра> дан, 
Буның ақыбетин бергей, жигитлер.

Ҳәр билгиш өзинше силтеп бир жолды, 
Басшы айтса, қосшы қупламас болды. 
Бос услаған қамыс қыйғандай қолды, 
Ҳәмме <демократ> болды, жигитлер.

Питер емес билгишлердиң айтысы, 
Базар мусаллаты журттың қайғысы.
Билгир санап жүргенлердиң қайсысы,
Жол саңлағын табар екен жигитлер.

Жылан жалағандай дүканлар кепти, 
Ийген желинлерди суўалып кетти. 
Темеки тартқанлар насбайға өтти, 
Саўдагердиң қолы келди, жигитлер.

Жумыс қалды, айтыс базары қызды, 
Биреў жойбарласа, биреўлер сызды. 
Еплеп жүрип турған машинамызды
Бузып таслап, жаяў қалдық, жигитлер.

Көлиги бар еллер салтанат тутып,
Үстимизден өтип атыр шаңғытып. 
Жаяў базарлаймыз енди шаң жутып, 
Бөтен илажы жоқ буның, жигитлер.

Бирақ енди изге қайтып та болмас, 
Аттың басын кейин тартып та болмас. 
<Қайда барамыз?> деп айтып та болмас, 
Тәўекел қайығын миндик, жигитлер.

Бул сондай әжайып базар болажақ,
Жәҳән саўдасына барын салажақ. 
Әдалатлық тәрезисин қуражақ, 
Бизиң безбен дәртке аспас, жигитлер.

Бул базарда өтпес еплемей затың, 
<Жеңимпаз> атанған сый-марапатың,
<Конкуренция>  дер жарыстың атын, 
Сол жарысқа шайланыңлар, жигитлер.

Тәлли-пәлли ислеп алдап келгенлер, 
Халықтың есабынан дәўран сүргенлер, 
Шаппат пенен жүз қызартып жүргенлер, 
Бул базарға кире алмас, жигитлер.

Билим, зейин менен узақтан шолып, 
Бул базар тәртибин атқарсақ толық,
<Мерседес> минерсең миллионер болып, 
Сүре алғанға дәўран келди, жигитлер.

Гүршиң - доллар болар, пахтаң - ақ алтын, 
Суў болса, жер - анаң асырар халқын. 
Мал бақсаң, бул базар көтерер нарқын, 
Бардамлыны базар сүйер, жигитлер.

Сатарманға бермес онша жәбирин. 
Аларманға жүргизер өз ҳәмирин, 
Ҳәтте мәрмер тасың, боян тамырың 
Қып-қызыл валюта болар, жигитлер.

Бизлер пахта сатсақ, Сибирь - орманын, 
Қазақстан сүзер бийдай қырманын. 
Қаўын сатсаң, шытырлайды шырўаның, 
Нитратсыз найшалатсаң, жигитлер.

Баяғыдай қосып жазып пахтаны, 
Услап қалмас халыққа дәрек ақшаны. 
Бул базардың басқа болар қақпаны.
<Банкрот> дер ол қақбанды, жигитлер.

Көмешке күл тартсаң егер гөрқаўсып,
Жеңилдиң үстинен барсаң жалқаўсып, 
Қарақалпақшылық қылсаң албаўсып, 
Бул базар пәнт берер бизге, жигитлер.

Жоқарғылар бул базарды жақтырмас, 
Ўәде берер, Аралға суў ақтырмас. 
Бурынғыдай буйрық күтип тақ турмас, 
Бул базардың өз заңы бар, жигитлер.

Пуллыға - май, пулсызларға- тортасы, 
Жуқалық етип тур журттың қалтасы. 
Мафия ҳәм саўдагердиң маңқасы 
Қашшан бул базарға кирди, жигитлер.

Бул дүнья дегениң бир қызық базар, 
Мал өтимли болса, саўдасы қызар. 
Тезирек барғаймыз оған бийҳазар, 
Базарың инсаплы болғай, жигитлер!

Март, 1991-жыл. 

МУСТАҚИЛЛИҚ МАЙДАНЫНАН ӨТКЕНДЕ

Бүгин Әмиў болып аққым келеди. 
Арғымақ ат болып шапқым келеди. 
Бүгин өңирине өзбек ағамның 
Кеўлимнен гүл үзип таққым келеди.

Наўайы, Бердақлар дәстан биткенде, 
Бабур тәрки ўатан қылып кеткенде, 
Машраб ғаззеллери пәряд еткенде, 
Ойға алған мақсетине жеткен бе? 
Бабалар руҳы кешти ойымнан, 
Мустақиллиқ майданынан өткенде.

Ақмал, Аллаярлар атылып кеткенде, 
Жаўлар Қадрийди қатл еткенде, 
Шарафатлы инсан уйқысын бузып, 
Қәбиринен шығарып алып кеткенде... 
Бәри көз өңимнен өткендей болды, 
Мустақиллиқ майданынан өткенде.

<Ақ алтыннан таудай қырман питкенде,
Оны жат кәрўанлар алып кеткенде, 
Сен ойшаң сүйенип аўыр кетпенге,
Үнсиз турысларың елеслеп кетти, 
Мустақиллиқ майданынан өткенде:

Сениң руўҳыңдағы мәртлик, даналық 
Жаңа дәўран жолын тапбағы лазым. 
Бийик инсанлығың дүнья тән алып, 
Жәҳән минберинен шықсын ҳаўазың.

Кеўил талўас етип, илҳам йош урар, 
Мийрим суўы менен толғандай Арал, 
Есер бир әжайып жағымлы самал, 
Мустақиллиқ майданынан өткенде.

Өзбекстан - Күншығыстың Шолпаны, 
Көп қыйын жоллардан өтерсең асып. 
Бинияд таўып азат инсан әрманы, 
Жолыңды жақтыртар ығбал қуяшы.

<Қутлы қәдемиңе ҳәсанат!> дийип, 
Қан-қардаш халықлар қол берип қолға, 
Қара қалпағымды шалқайта кийип, 
Жаныңда бараман бул уллы жолда!

22-август, 1992-жыл, Ташкент. 

ЖУБАТЫЎ 

("Қулағым еситпейди, көзим гиреў  тартты> деп налыған бир яшуллыға)

<Еситпейди> деп налыма қулаққа, 
Онда турған ҳеш гәп жоқ арсынғандай. 
Бул күнде сондай сөзлер айтылмақта, 
Еситкиш қулақлар да сарсылғандай.

<Көзлерим гиреў тартты> деп өкинбе, 
Онда гәп жоқ, қысынып, бекингендей, 
Бул топалаң дүньяда усы күнде 
Қызық жоқ көрмедим деп өкингендей.

ПАЙҒАМБАР ЖАСЫНДАҒЫ АДАМҒА

Сен енди пайғамбар жасына келдиң, 
Бурынғыдай бийпул дәўраның болмас. 
Катқудалық истиң басына келдиң, 
Жаслардың қылығын қылғаның болмас.

Жас минер, күш қайтар, толысар ақыл, 
Атызлар жалаңаш, жыйналар дақыл. 
Көрер көзге ерси және намақул 
Ислердиң басына барғаның болмас.

Ҳаўлықпай ҳаўалап ушар аласар, 
Сабырлы қус деп журт оған қарасар. 
Парасат белбеўи саған жарасар, 
Шурт минезлик әйлеп, сынғаның болмас.

Әўел расулилла алайҳиссалам 
Ҳақтың бирлигине келтирди ийман. 
Туўрылықты сүйер ҳақыйқат мудам, 
Ҳийле менен жолды бурғаның болмас.

Биреўлер - атеист, биреўлер - диндар, 
Бул сөзден бираздың қулағы шыңлар 
Пайғамбар жасына шықпаған ким бар? 
Кеўилге менменлик алғаның болмас.

Ҳийле менен сумлық екеўи егиз,
Төртти төртке қоссаң шығармас сегиз, 
Ҳаслына тартады түбинде негиз, 
Негизи жоқ гәпти айтқаның болмас.

Жақсылық гүлханын жаға билмесең, 
Дурыслықтың жолын таба билмесең, 
Такаббырлық туўын жыға билмесең, 
<Ҳақпан> деп, айбарақ урғаның болмас.

Не ис өтсе өтти жаслық шағыңда, 
Нәпсиңди тый сен ендиги жағында. 
Бул муқаддес жасқа келген ўағыңда, 
Елеўиреп терис қайтқаның болмас.

Өткен ислериңе тәўбе қылмасаң, 
Гүзарыңды туўры жолға салмасаң, 
Ҳүждан мүлкин ҳәзир қайта қурмасаң, 
Ақыретте қайта қурғаның болмас.

Июль, 1991-жыл.

АЛЫС ӘЎЛАДЛАРҒА

Жазғы таңда жасыл жапырақ жамылып, 
Бүлбил қуслар менен сайрағым келер, 
Батар күнниң шапағына шомылып, 
Атар таңға сәлем жоллағым келер.

Даңқ ҳәўес етиўден нийетим аўлақ, 
Қайсы шайыр алар кеўлиңди жаўлап? 
Алыс қашырымлы ҳәй гөззал әўлад, 
Сениң кимлигиңди болжағым келер!

Кең дүньяның сағалаяқ елинде, 
Шайыр болып атым шыққан мениң де, 
Қайсы қәўимлердиң қандай тилинде 
Сөйлер сөзиңизди аңлағым келер.

Сизге дейин небир заманлар өтер, 
Қанша әўлад келип, қаншасы кетер. 
Билмедим, ҳаўазым қай жерге жетер, 
Сонда да бир қосық арнағым келер.

Дәрьялар терис ағар, теңизлер кебер, 
(Бундай иске бизлер оғада шебер). 
Кырқ шилтер тесилип, жер кейин тебер, 
Соннан бурын оны қорғағым келер.

Оқып көрсеңизлер тарийхнамадан, 
Бизлер жәрияладық бир жаңа заман, 
Нийетимиз дүзиў, пейлимиз жаман, 
Шынды жалған менен алдағың келер.

Сондай машақатлы жолымыз бизиң,
Қәўип-қәтерли оңлы-солымыз бизиң. 
Шетиңизден билгир бәримиз бизиң, 
Қайсы биримизди тыңлағың келер.

<Әўели өзиңди қайта қур, қәне!> 
Деп тәп берип турмыз бир биримизге, 
Өзин қайта қурыў жағады кимге? 
Өзиңди емес, журтты оңлағың келер...

Жықтық тәбияттың жасыл туўларын, 
Зәҳәрлеп питирдик ағын суўларын. 
Заманның буныңдай түс алыўларын 
Түрли жаққа жорып, болжағың келер.

Дүньяны жаңадан дүзеймиз десип, 
Қызыл гегирдек боп, қаралай өшип, 
Биреў жалғағанды, биреўимиз кесип, 
Тилди сөзге жанып қайрағың келер.

Тарийх ана азап шеккен жолдағы, - 
Жаңаланыўдың бул ашшы толғағы, 
Сиз туўылар дәўирлерге алдағы 
Нәсил таярлар деп ойлағым келер.

Бийхабармыз сизиң кимлигиңизден, 
Мириўбетиңизден, сумлығыңыздан. 
Жулдызлар үңилсе түңлигимизден, 
<Ким екенин айт> деп ымлағың келер.

Бир-биреўди жатырқамай еле сиз,
Интимақлы жасаў жолын билесиз, 
Бизиң көп ислерге күлип жүресиз,
<Байғус бабамлар> деп ойлағың келер.

Жасап инсан ҳүждан, ар-уят пенен, 
Сыйласасыз қызғын муҳаббат пенен, 
Адам тил табысса тәбият пенен, 
Нағыз инсан сол деп сыйлағың келер.

Тәбият - ол тиришиликтиң ийеси, 
Қорлағанға болар ғарғыс-кийеси. 
Олдур адамзаттың Ҳаўа енеси, 
Қәйтип өз анаңды қорлағың келер?

Жасыл тоғайлардың саясы сизге, 
Теңизде толқынлар намасы сизге, 
Дәрья суўларының тазасы сизге, 
Бәрин-бәрин сизге арнағым келер.

Ҳәй, сиз алыс әўлад - бийтаныс урпақ! 
Дүньяға келесиз сиз қай ўақ, бир ўақ. 
Узақ өтмишлерден сизди улығлап, 
Сизге таң сәлемин жоллағым келер.

Май, 1990-жыл.


ТӨК ТАЎЫНДАҒЫ ОЙЛАР
 
1.

Түс атыңнан, кел Улмамбет қасыма,
Бир шығайық Төк таўының басына.
Сениң менен бир сәўирлеп қайтайын,
Келгенимде мен пайғамбар жасыма.
Айталмассаң сен де <жүдә жаспан> деп,
Қарайсаң ба қыраў шалған шашыңа?
Бирақ <ҳәзир ақ шаш мода ерлерге>,
Деп ҳаяллар айтысар көп жерлерде...
 
2.

Дослар болды. Еле де бар. Бирақта
Биразлары кетти келмес жыраққа...
Биразы ҳәмелдар болып өзиңдей,
Көринер тек жыйналыста, қонақта.
Отырыспада апақ - шапақ боламыз,
Зор беремиз марапат ҳәм араққа.
Сол заңғар ғой Брежневтың тусында
Еркеклерди сүйистирген усындай...
 
 3.

Ал сен, бала, сәл жасырақ болсаң да,
Бизиң менен сырласыўға барсаң дә.
Мениң ушын өзгермейсең өмирде,
Кердериге ҳәким болып турсаң да.
Жүр қәне, бир жыртылысып алайық,
Төк таўына гүз киятқан қарсаңда.
Сен бир гезде шайыр едиң <ўо> деген.
Өзгерислер болмай атыр не деген.
 
 4.

Бир биймаза назбийке ғой шайырлық,
Дурыс иследиң өз ўақтында айырлып,
<Өнерди үйрен де жийрен> дегендей,
Hеке талақ десе, бердиң қайыллық.
Йош периси не буйырса ал маған,
Бас тартыўға менде жоқ ҳеш тайынлық.
Көмпис болып, көнип кеткен қусайман.
Жеп жүргеним жоқ бирақ та пушайман.
 
5.

Ўа, шайырлық! Сенсиз саҳра шөлдеймен.
Булағынан ишкен сайын шөллейман.
Ҳәр сапары түсип кетсе ушқының,
Тамызықтай жанып болмай сөнбеймен.
Йош периси келсе, жойтып есимди,
Жанды қайда қоярымды билмейман.
Бирақ ҳәзир ким тийгизер ол қайырды,
Fаррысынып жүрсе керек шайырды...
 
 6.

Еки заман енши алысқан бир ўақта,
Бир наментай шайыр келип бул жаққа,
Астан - кестен қылып <қайта қурды> ол,
Көп кемелер шығып қалды қурғаққа.
Сонда сениң айтқан ушқыр сөзиңди
Журт күлисер еске алып ҳәр ўақта:
<Дүньяның исине қаласаң қайыл,
Шайырлар - секретарь, секретарь - шайыр...>
 
7.

Мәйлидағы... Hе ис болса, алладан,
Қарақалпаққа кимлер бийлик қылмаған!
Бүгинги заман басқа, заң басқа.
Ҳәр шайыр өз ойын ашық жырлаған.
Бираз жери жақпаса да заманның
Усы жери унаңқырап тур маған.
Еркин сөйлеп, еркин жазыў дегенди
Көрип - билип атырмызғой биз енди.
 
8.

Ўа, еркинлик! Жүрген жериң қут қандай!
Hе бар сениң орыныңды тутқандай?
Суңқар қустың пәрўазы бар өзиңде,
Таўға шығып, таза ҳаўа жутқандай.
Қайраўдағы ғаздай едиң байлаўлы.
Сәл талпынсаң, ийең қабақ шытқандай.
Партияны жырладық тек атам деп,
Туўған елди айтқызбады - аў ўатан деп.
 
 9.

Ҳәр кисиниң болар ўатан - анасы,
Өз ўатанын сүйер адам баласы.
<Ўатан қайда?>, <Ўатан саған билип қой.
Мойнақ пенен Муз теңиздиң арасы.
Сол аралық бәри сениң ўатаның>,
<Ал мынаў - ше, қарақалпақ даласы?>
<Оны мәзи <туўған жер> деп жырлайсаң,
Солай етсең, сен миллетшил болмайсаң>.
 
10.

О туўған жер! Сен нелерди көрмедиң.
Көп көргенсең күшлилердиң ермегин.
<Искендердиң шақы бар> деп, қудыққа
Hеге адамлар бақырғанын серледим.
Күшлилилерге қосығымды берсем де,
Сенлик ўатан муҳаббатын бермедим.
Сениң ышқың кеўилге нур қуйғандай,
Сүтилмегиң сағындырған Зийўардай.
  
11.

Жигитлер бар, <өз ўатаным> дегенде,
Көре алмас аўылынан басқаны.
Ўатан маған ат миңгизсе егерде,
<Ўатаным> деп оны тилге баспады.
Дәртке ушырап, қайғы - ҳәсирет шегерде,
Бул топыраққа тамып көзден жаслары,
Өкингенде, өгейсимей баласын,
Сыйпар бастанусы ўатан - анасы.
 
 12.

Өзлигиңди билмей турып, өзгени
Билдим деў, - қамлығыңның белгиси.
Өзлигиңди мисе тутпай безгениң,
Билсең, келте пәмлигиңниң белгиси.
Даналарды тыңлай - тыңлай сезгеним:
Инабатың - беглигиңниң белгиси.
<Сен ҳеш кимнен кем емессең, бирадар,
Ҳеш ким сеннен артық емес сира да>.
 
13.

Өз үйиниң туўырлығын жел түрип,
Еркин өскен инсан налыш қылар ма.
Ана топырақ, туўып - өскен ел турып,
Fайры журтта ол аңсамай турар ма.
Қара талдың саясында желпинип,
Сәўбетлесип, шай ишкендей болар ма, -
Ең жақсы жер бар десе бул дүньяда,
Ол - бизиң ел, ҳәммесинен зыяда.
 
14.

Анам мени шешип алып бесиктен,
Қара үйден шыққанында ҳәўлетип,
Туңғыш ирет қуяш нурын көргенмен.
Ўатан сенсең өмирим ҳәм дәўлетим.
Сен қайғырсаң, қайысады қабырғам,
Қуўанаман, келсе аз - кем әўметиң.
Жансам, сениң дәртиң менен жанаман,
Босағаңды бәрҳә таўап қыламан.
 
15.

Туўыласаң десе маған жүз ирет,
Тек те усы жерде туўылар едим.
Жалаң аяқ май топырақты шаңғытып,
Барлық соқпағыңнан жуўырар едим.
Бурқып аққан ылай суўын Әмиўдиң
Жүзлериме сүртип, жуўынар едим.
Бунда терең тамыр урған терекпен,
Ўатан - маған мен - Ўатанға керекпен.
 
16.

Өз суўының бойын сүймес қай терек,
Сен таўымсаң мениң арқа сүйеген.
<Жәйҳун жағасында өскен байтерек>
Деп басланған гимниңди сүйемен.
О суверен Республикам, Ўатаным,
Сени сүйиў ҳуқыўқына ийемен.
Мустақиллик - бийғарезлик самалы
Жүзлериңди желпип турғай мудамы.
 
17.

Ой, заман - ай, кеттиң - аў бирден өзгерип,
Кеше еситкенди бүгин көз көрип.
Шешенликтиң семинарын өткиздик,
<Қайта қурыў> емес, болды езбелик.
Гөнелерин буздық, жаңасын қурмай,
Бираз ўақыт ис орнына сөз келип.
Үлкен үй шаңырағы күйрелип қалды,
Баллар басқа шығып, үйленип алды...
 
18.

Қан шашырап қарабақлар ашылды.
Мафиялар жаўызлығын асырды.
<Беккем бирлик> бир заманда ыдырап,
Болып кетти дүнья улы - тысырлы.
Бийбастақлық, қымбатшылық, қытшылық
Турмыстың бар берекетин қашырды.
Енди болса, биз көрмеген бурында
Баратырмыз бир базардың жолында.
 
19.

Көргенлердиң айтыўынша, бул базар,
Онда болар <ҳәким базар>, <қул базар>.
<Ҳәким базар>, - ис билермен, дәлдалшы,
Алыпсатар, саўдагерге пул базар.
<Қул базар> - бул жумыссыз ҳәм гедейге,
Арзан мийнет, қымбат турмыс, пулға зар.
Бул базардың өз заңы бар қыямет,
Оған ҳәтте тиси батпас ҳүкимет...
 
20.

<Келген едик бул жерге дем алмаға,
Сиясаттан аз - кем саўа болмаға>.
<Жутар ҳаўамыз да сиясатланған,
Тиришилик жоқ оны жутпай турмаға>.
<Дурыс айтасаң, бул сиясат ҳәммени
Үңилдирип қойыпты бир дәрьяға!
Үмит пенен тигилемиз оған көп,
<Алтын балық> шығар екен қашан деп>...
 
21.

Тарийх түнеп жатқан Төктиң қаласы,
Сол әйемги <жипек жолдың> жағасы.
Арамейше жазыўларын оқыўға
Еле илимниң келмей атыр шамасы...
Алтын гүздиң азанында ҳәз берген,
Айҳай гүздиң, туўған жердиң ҳаўасы!
Жаслық дәўирим және маған қайтқандай.
Сен бул жерге ҳәкимсең - аў айтқандай.
 
 22.

Сен туўмадың хан туқым я төреден,
Ҳүкиметти тиреп турған өреден
Баласысаң қара табан дийханның,
Шешең сени бөз жөргекке бөлеген.
Ҳәким деген үлкен ҳамал әлбетте,
Ҳәким болып көрмесем де билемен.
Елеўиретип ушар - ушар қусы бар,
Сол кешеги райкомның күши бар.
 
23.

Жағдай жоқ бир - биреўге күлгендей,
Журттың билмегенин биреў билгендей.
Ҳәким болыў оңай емес тап ҳәзир,
Баяғыша шалқып дәўран сүргендей.
Журт жаўраған жетпесинлик көрпесин
Басқа тартсаң, аяқ тоңып бүлгендей.
Шамалы ғой сениңдағы айырмаң,
Қәлем шайнап, бас қатырған шайырдан.
 
24.

Әттең, бирақ жигитлер бар айырым.
Еске салар бир есерсоқ бай улын.
Бүгин ҳәким, ертең <ҳәр ким> дегендей,
Ел мәпине аз тийгизер қайырын.
Журт билмейди, деп ҳәзликке берилип,
Тартпай минип жүрмелиниң айылын,
Аттан аўнап түскени бар қайырға...
Тоба - тоба, абырайдан айырма!
 
 25.

Ҳәр бир адам өзинше зор файласуф,
Шерткен сазы жуп емес, тақ тарлыдай.
Өзим менен өзим турман сөйлесип,
Арқан есип отырған бир ғаррыдай.
Жанбас жилик қайнар қазан түбинде,
Қалқып жүрип қайнар екен шарбы май.
Өзин өзи мақуллаўдай мысалы,
Сөйлемшеклик - қартайыўдың нышаны.
 
26.

Бунда өткен не дәўирлер, не күнлер,
Ата - баба дәргайы бул әжайып.
Етекли ел, көз қуўантқан егинлер,
Бағ ҳәм палыз, салы атызлар көк жайып,
Бир қапталда изейкешсиз кебирлер,
Бозлар жатар боз бийедей тыңайып.
Қойымшылық көринер жол таманда,
Әзлер баба руҳы бар олманда.
 
27.

Адамзаттың барлық ишип - жегени
Еңбеги ғой дийхан деген кисиниң.
Бар бәлени табар шәҳәр дегениң,
Арқаўы - илим, ериси - сумлық исиниң.
Аңлығаны алдастырып аўылды,
Арзан алып, қымбат сатыў, түсирим.
Hайшалатыў ушын ҳәр түп пәлекти,
Дийхан байғус алты ай жаз ҳәлекти.
 
 28.

Дийхан халқы ҳақ нийетли кисидур,
Тамған тери тиришиликке дәнекер.
Жер, суў, ҳаўа, - алағада түсидур,
Таптан - қапқа түскенинше қәўетер.
Шайырлық та ҳақ бәзирген исидур,
Hе жазсаң да бәри ҳаққа тәўекел.
Мәнили сөз базарына салғанда,
Қарыйдары болғай дейсең алғандай...
 
29.

Мен аяйман қәлемкешлер қәўимин,
Жазған китаплары жатыр басылмай.
Сөйлеп - сөйлеп шығарды ҳәўирин,
Жыйналысы қулдың тарабасындай.
Пегаслар жүр ҳәкке шуқып жаўырнын,
Ийесиз, министен қалған ғашырдай.
Ҳәзликке үйренген йош перилери,
Кетип атыр коммерсантларға ерип...
 
30.

Ал өзим - ше? Өзимдағы қәлемкеш.
Сизлерден жоқ ҳасла мениң айырмам.
Бирақ бүйтип сыр бермейик, дослар, ҳеш,
Жаңа заман не күтеди шайырдан?
Буны билер биреў ерте, биреў кеш:
Баяғыдай <ҳүррийт - шәк> ке айырған
Обкомың жоқ сиясатқа сүйреткен,
Пахтакешке пахта егиўди үйреткен...
 
31.

Соның ушын, жаза бериң. Бирақта,
Халық дәртинен қалтырасын қәлемиң.
Заманында Әжинияз, Бердақ та
Дәме етпеген қәлем ҳақы төлемин.
Китап болып шықпаған да ҳеш ўақта.
Енди мына базар деген бәлениң
Текшесинде китабыңды көре бер,
Hеше пуллық екениңди биле бер.
 
32.
 
Халықтың яды - қумшаўытлы ақ жағыс,
Толқынсақлар жуўып кетер изиңди.
Бунда өтпес жалған даңқ ҳәм жақ жарыс,
Жаңа әўлад оқырмекен сөзиңди,
Булақ басы болар ма я тамтарыс,
Бул дүньядан жумғаннан соң көзиңди:
Буны алдан ҳеш ким айта алмаған,
Қалыс хызмет - бизден, несип - алладан.
 
 33.

Сөйтседағы, бендешилик деген бар,
Базда турып қыял етсең ойланып,
Бизлер қуўып салған әрманлы Арал,
Өз жағысын аңсап, келсе айланып,
<Теңиз, теңиз!> десип қуўанған баллар,
Мениң зиратымның қасына барып,
Ядға алса қосығымды төрт қатар,
Руўҳым бир аўнап, шад болып жатар...
 
 34.

Өмир деген хошадағлы әрмандай,
Көрген қызық, сүрген дәўран жалғандай.
Ялғаншының Төк таўына бир түнеп,
Мәңгиликке сапар шеккен кәрўандай.
Опалы дос пенен өткен демлериң
Санаўсыздур асқабақ жеп турғандай.
Лекин ҳеш ким айтпас мәңги турман деп.
Hе қыяллар кешпес ойдан, Улмамбет!

Август, 1992  - сентябрь, 1993-жыллар.

БҮЛБИЛ УЯСЫ

ПОЭМА

Жүрек жарасының қаны менен ол 
Қуслар дүньясына бахыт келтирген

Г.Гейне.

Шеңгелге қонған бүлбилдиң
Шымшық қурлы сәни болмас.

Бердақ.

1

Қаныңдай шырайлы шеңгел гүллери! 
Жупқа орамал жайып кеткендей қызлар, 
Сол шеңгел астында көп күннен бери 
Өзим көрип жүрген қус уясы бар :

Көзге ысық Кегейлиниң жағасы,
Туўып-өсип, шаңда ойнаған жерим. 
Музам менен тал астында табысып, 
Туңғыш муҳаббатты жырлаған жерим.

Онда анамның ысық жүзи, даўысы, 
Онда дослар заманыма еншилес. 
Үлкен жолдан шетте аўылда усы 
Көрип турмасам ҳеш кеўлим кеншимес.

Кетип баратырсам таныс сокпақтан, 
Қулаққа бир ҳәлсиз сес келип жетти. 
Палапан екен ол шыйқылдап атқан, 
Аяныштан жаным сескенип кетти.

Уясы бузылған шөби шашылып, 
Шеңгелликке кирдим тырналып әсте. 
Сары аўзы топыраққа басылып, 
Жерде жатыр қус баласы нәресте.

Үпледим қондырып алақаныма, 
Шымшык дейин десем, басқарақ оннан. 
Жатыр жалғыз мәйек қабығы ғана. 
(Неткен қус буншелли нәсилге сараң)

Уяны жөнледим шөп терип жерден, 
(Сағал сүйкенген бе, самал бузған ба?) 
Еплеп услап епсиз қолларым менен, 
Палапанды салдым өз уясына.

Ол өз бесигиниң жумсақ қаўызына 
Бөленген баладай емшек сорап... 
Аўзым менен суў тамыздым аўзына, 
Қурт әкелип салсам жутпады бирақ.

Анасы қайда екен? Неге келмейди? 
Я байғус қурт излеп жүрген бе екен. 
Атасын айтпай-ақ қояйын мейли. 
(<Әкениң жақсысы жездедей> деген:)

Қаныңдай шырайлы шеңгел гүллери! 
Соншелли тикенли, соншелли дилбар. 
Таныс соқбақ пенен мен соннан бери, 
Сол уядан алып тураман хабар.

Бир барсам, қанаты шығып палапан, 
Талпынып, ушыўға талўас етеди. 
Базда барғанымда сол бир уядан 
Бийтаныслаў бир қус ушып кетеди.

Шымшық дейин десем, оннан ғаўырақ, 
Мен көрген қусларға қатнаслы емес. 
Түри боз торғайға мегзес тәўир-ақ, 
Бирақ пошшабайдай шотбаслы емес...

2

Терекли ел болды биз өскен өңир. 
Бираз ерик, шабдал бағы бар еди. 
Олар ерте бәҳәр ашқанында гүл, 
Түн бойы бүлбиллер сайрасар еди.

Нәзик гүл жупары аңқып түнлерде, 
Жүрер едим жалғыз бағларға шығып. 
Бала кеўлим аңсап әлле кимлерди,
Бүлбил сестин тыңлар едим ынтығып.

Сондай сулыў, сондай сырлы үн менен 
Олар тамылжытып сайраған ўақта,
Сәўбетлес болғандай <Мың бир түн> менен, 
Қыял сүрер едим жүрип аўлақта.

Бир иләҳий қустай өзин сыр тутып. 
Бүлбиллер көринбей сайрасар узақ 
Тыңлар едим барлығымды умытып 
Қандай қус екенин көрмедим бирақ.

Ал жазда қуслардың шоқ сайраўында 
Оны еситпедим. Қайда жоғалған? 
Бирақ бир муғаллим болды аўылда, 
Бүлбилдиң дәл өзи болып <сайраған>.

Аўылда ҳәўескер концерт болғанда 
Дуўтар шертип, тамбур шалар еди ол. 
Журтты дуў кулдирип ысқырып сонда, 
Айнымаған бүлбил болар еди ол.

Базда колхоз палызынан түнлерде 
Биз уятсыз қаўын урлап жер едик. 
Бүлбил сайрап кетсе қайсы жерлерде, 
<Муғаллим келди> деп зып берер едик.

Әкелген дәрьяның арғы жағынан, 
Күйгелек көз келиншеги бар еди. 
Қосық айтқан ўакта хош ҳаўазынан 
Ай туўып, жулдызды сағынар еди.

Ел абат, бағларда ашылды гүллер... 
Бирақ урыс басланды ҳәммеге мәлим. 
Аўыл толы тасырлаған жигитлер 
Бәри урысқа кетти, кетти муғаллим.

Қалды еки қабат жас келиншеги, 
Көзи дөңгеленип жағыста жылап.
<Жолға айдай қарап күтемен> деди, 
Жаўды жеңип, аман келиўин сорап.

Кегейли бойында халық ығын-жығын, 
Жигитлер кемеге минди песинде, 
<Бүлбил> сайрап кетип, Мускат ийтиниң 
Суўға секиргени журттың есинде...

Урысқа баратырған табельщик ағам 
Таслап кетти <аша таяғын> маған.
Өңкей қыз-келиншек пенен биздағы 
Жумысқа жегилип, қалдық оқыўдан...

Жалғыз мәйек салып қурық басқанда, 
Бир ынтықлы сезим жуўырып қанға, 
Ерик нәўшесиндей жүреги қустың 
Мийрим булағына шомылар сонда.

Қус нийети дүзиў, ықласы қалыс, 
Баўыры елжиреп, табар жубаныш, 
Бойынсынып жаратылыс заңына, 
Уўыз ийни қурып жатады байғус.

Шеңгел арасына уя салғанда, 
Тикен тырнамаған жери қалған ба. 
Сол сызлап аўырған жаралар питип, 
Жата берди уйқылы - ояў солманда.

Жубайы қурт услап аўзына салды, 
Базда сулыў сайрап кеўилин алды, 
Шеңгел қорғап оны тикени менен, 
Күн ысыған ўақта саясын салды.

Базда қәўип - қәтер келгендей болар, 
Түнлерде қызық түс көргендей болар. 
Бағда ушып - қонып, палапанына 
Сайраўды үйретип жүргендей болар.

Мәйек шайқап, ўақтын - ўақтын қозғалды, 
Күндиз шуўақ, ақшам аяз ызғарлы. 
Гүбелектиң қанатынан оянып,
<Қустың уйқысындай> деген сөз қалды.

Қурқ басқан қуслардың сабыры зыяда, 
Азып - тозып сарғаяды уяда. 
Сепкил мәйек бир күнлери жарылып, 
Қус нәсили шықты жақты дүньяға.

Анасы елжирер шүкир еткендей, 
Жубайы да мақсетине жеткендей, 
Сайрар жақын жерде шеңгелге қонып, 
Шадлығын жәриялап, сүйинши күткендей:

3

Бирин айтып, бирисине кеттим бе, 
Қусты қойып, адамзатқа өттим бе? 
Урыс жыллары изи қалған талайдың, 
Аяқ соқбағы көп бизиң беттиң де.

Олар алып барар пахталықларға, 
Жүўери атыз ҳәм жоңышқалықларға. 
Бунда табельчиктиң <аша таяғы> 
Тиймеген бир қыйтақ егис жер бар ма?

Ҳаял-қызлар таң сәҳәрден турады, 
Күндиз пахта отап, кетпен урады. 
Айдың жақтысында арпа баў сабап, 
Шық түскенде туқым жоңышқа орады.

Ишинде бир еркек <тәбилшик бала>, 
Мурны ийис билмеген олдағы шала. 
(Шынын айтсам, сол жыллары сумлықсыз 
Қуўанаман гөдек болғанлығыма:)

Ашшы қамшы тийген аттай артынан, 
Күнлер өтер аўыр мийнет тарпыған: 
Алыстағы қанлы урыс жалыны 
Жүреклерди жас қайыңдай шарпыған.

<Жеңге-бийкеш> ойнап, <дайы-жийенли>, 
Үмит, мийнет пенен қайғыны жеңди, 
Қайтқан қустын дизбегине телмирип, 
Қыз-келиншек бел - кетпенге сүйенди...

Есимде, бәҳәрде сыйыр қос жегип, 
Соңғы пахта жерди жүргенде егип, 
Атыз басындағы бүктиң ығында 
Ҳаяллар қулперең, машақат шегип, -

Жабырласып атты, еркек жолатпай, 
Мәс болып күлисти көпке, узатпай. 
- Сүйинши сора муғаллимниң үйинен, 
Ҳәй тәбилшик бала, жуўыр қуўант, ҳай!...

Деп бир жеңгей қыйқуўлады мен бетке, 
Мен дәрҳал жуўырып кеттим, әлбетте. 
Ул ма, қыз ба,- сорамаппан бирақ та, 
<Аўыш> деп ҳаяллар көп күн күлки етти.

Есимде бар, <ақсақ почта> бир гүзде 
Хат әкелди атыз басына бизге. 
Фронт газетасы екен қарасақ, 
Оқып бердим, ҳәмме жас алды көзге.

<Сайра, бүлбил!> деген темасын қара, 
Урыс барар Днепр жағаларында. 
Шаққан разведчик болып жетискен, 
Бизди оқытқан сол муғаллим аға.

Бүлбил болып сайрап келтирип бабын, 
Тил әкелгиш екен таўып есабын. 
Бул кеўилли, жаў жүрекли сержанттың 
<Соловей> дер екен полкта лақабын...

Ҳәмме жабырласты сонда қуўанып, 
Муғаллимди мақтап есине алып. 
Газетаны әсте бүклеп келиншек, 
Түйди жупқасының ушына шалып,

<Украинаның жолы жол болдымекен, 
Жолында шоқ шеңгел гүл болдымекен. 
Фронт жайда жүрген бизиң сәўер яр 
Бизлерди сағынып сарғайдымекен...>

Деп арзыўлы ярын алып ол еске, 
Шетте пахта терер ыңылдап әсте. 
Геўгим түсип, кеш қалғансоң атызда, 
Қанарластым терген пахтасын кеште.

<Үш жыл бурын - деди - усы күнлерде 
Москвада болып, Горький паркинде 
Мен қосық айтқанман, ол дуўтар шертип, 
Ҳәўескер талантлар концерт бергенде.

Жамғырда жығылып қалдым бир күни, 
Костюмине орап, көтерди мени. 
Ойда жоқта <Москваның жамғыры
Қосқан еди сөйтип еки кеўилди...

Сол жүргенде өз аўылын мақтаған, 
Дәртли қосықларын арнаған маған...> 
Пахта терип жүрип сөйледи узақ. 
Мен тыңлаған сайын мийрим қанбаған.

Тамызыққа от ушқыны түскендей, 
Ақыл-ҳуўшым ләззет суўын ишкендей, 
Тершип турған тал бойынан кеўлиме 
Жупар аңқып жыллы лебиз ескендей.

Урланып қарайман жүзде меңине, 
Жақынласып деми тийер демиме. 
Сезбес ол жаныма жара салғанын, 
Өзинде екенин оның еми де.

Сөйлейди сыңғырлап есимди алып, 
Қысынаман әлле неден уялып, 
Пахта қанарласар едим бирақ та 
Деймен таң атқанша қасында қалып ...

Қайтып дуўшар етпегей ол күнлерге: 
Күндиз аўыр мийнет зоры - беллерге, 
Кемпир-ғарры, бала-шаға уйқысыз 
Үйде ғорек шығарамыз түнлерде.

Бақыраўық бригадир ағамыз, 
Ел жатарда және иске шығамыз: 
Ғорек шығарғанлар уйқламасын деп, 
Таң атқанша айналарды қағамыз.

Тастай түнек, қара нөсер қуйып тур, 
Көзлеримде уйқы тасы уйып тур. 
Көз илгитип алыў болып әрманым, 
Айналарды қағып жүрип буйықтым.

Шүтик шыра, ошақта от жанады, 
Қустай қалғып көз илгитип алады. 
Енеси, бийкеши ғөрек шығарып, 
Қыз нәресте аппақ көксин сорады.

Қыз аўзынан емшегин алады, 
Тез қымтанып, ийбе қылған болады. 
Сыртта жаўрап турғанымды сезгендей, 
Айна бетке сетем алып қарады.

Деймен <урлап қараў уят болады>, 
Бирақ көзим дегенине барады. 
Уйқлап кеттим айна алдына бас қойып, 
Түсимде ол сөйлегендей болады.

Сонда қонышыма сүйкенип әстен, 
Оятып жиберген ким екен десем, 
Мелле жүнли Мускат екен жаныўар, 
Қандай ғана жақсы ийтиңе шекем...

4

Колхоз кеңсесине бир күни түсте 
Ғаўыр-ғаўыр журт жыйналды бир пәсте, 
Райкомнан келген бир қолсыз ўәкил, 
Ортада тик турып сөйледи әсте.

Айтты жағдайдың аўыр екенин, 
Қай фронтта қыйын, тәўир екенин. 
Урысқа атландырып жүзлеген улын, 
Мийнет еткен бул мәрт аўыл екенин.

<Жаўыз душпан жанталасар бүгинде, 
Қанлы саўаш Москваның түбинде. 
<Қарақалпақстан> танк колоннасын 
Дүзиўимиз керек тезден бизиң де.

Бул туўралы кеше радиодан 
Айттық, еситпеген жоқ шығар адам. 
Кимде қандай усыныс бар, жолдаслар, 
Кимлер қандай үлес қосады буған ? -

Дегенде сөз алып бир ғарры дийқан, 
Айтты: бәримизде бир тилек, бир жан. 
Бир сыйыр әкелдим кемпирим менен, 
Урысқа кетти кеше екинши балам...>

Деп көзин сыпырды ғарры қысынып, 
Үнсиз қалды халық оны түсинип. 
Кекли ғәзеп қайнап, көплер сөйледи, 
Ҳәмме писетинде барын усынып.

Кимлер пул әкелген тырнақлап жыйып, 
Кими мал әкелген турмыстан қыйып, 
Кимлер қымбат баҳа затын әкелип, 
Есаптан өтпекте ортаға үйип.

Мен жетелеп, анам айдасып изде, 
Бир қызыл баспақты әкелдик биз де, 
Гитлерди <ийтлер> деп қарғап кемпирлер, 
Балаларын айтып жас алар көзге.

Айҳай, қүдиретли-аў халықтың санасы!
Әне келер муғаллимниң анасы. 
Қасында келини, қолда түйиншик, 
Барын аямайжақ ол ҳәм шамасы.

Ортада ақ жаўлық орамын шешти, 
Бир әжайып затлар көзиме түсти. 
<Кестели көк көйлек, сәнли саўкеле, 
Ҳәйкел, өңир моншақ, жарқылық> дести.

Келини әкелген тилла билезик, 
Бармақтан шешилди периўза жүзик. 
Қулағынан алды зерли сырғасын, 
Журт елжиреп турды баўырын үзип.

Бир сулыў тәбассум муңлы жүзинен, 
Сырлы сәўле таратқандай өзинен, 
Қара көзи көлге ымырт түскендей, 
Кете берди енесиниң изинен...

5

Базда таң боламан сарғайып атқан, 
Гейде жолаўшыман шаршап киятқан, 
Не қубылыс болмас кеўил дүзинде, 
Бирде қус боламан уяда жатқан.

Сонда әстен түсип дәўран атынан, 
Ойлайман <эҳ, сонша асқынлар адам>, 
Сонда бул кең дүнья қус уясындай 
Бир мүсәпирхана көринер маған...

Бир кеше ҳаўаның ырайы қашқан, 
Ғәзеп оғын атты буршақлы тастан.
Алды даўыл, кейни жаўын дегендей, 
Жыртық үзик үйдей жаўрады аспан.

Әжел саўдалары түсти басына. 
Палапанын басып баўыр тусына, 
Урқанаты ушып әбигерленди, 
Тәғдир қаст еткендей кирттай қусына.

Шакмақ шағылғанда жаны ышқынып, 
Көрди бир жыланды келген ысқырып, 
Қус байғустың жарылғандай жүреги, 
Ушты-қонды жан саўғалап қышқырып.

Соның арасында болды тасырлы, 
Жыланға бир кирпишешен асылды. 
Қуйрығынан тислеп тартып алды да, 
Тобанаяк болып басын жасырды...

Билсем, қус уясы бузылған сонда. 
Мен көрмей кеткенде бүгин азанда, 
Бир қусқа кемислик қылмас па еди, 
Олсызда жетпесин оркестр - дүнья...

6

Теримнен де аўыр ислер еле бар, 
Кеш гүзекте қазыў деген бәле бар, 
Сол қазыўда миңгестирип қайтқанман, 
Астымызда жийрен ғунан жаныўар.

Күн суўық, адамлар жуқа кийинген, 
Қойныңнан кирген жел шығар мийиңнен. 
Байшубарға мингестирген Баршынды 
Алпамыстай бала кеўлим сүйинген.

От жағып жылынып ыраш ығында, 
Нан қыздырып жедик жыңғыл шоғына.
<Тоңып қала көрме, табельщик бала>,
Деп күлип қымтады жағамды сонда.

Сол мәҳәли дүсирлетип ябысын, 
Семиз аўылатком суўытып түсин, 
Келип қалды үстимизге ат айдап. 
<Усы ма аўлақта табысқан кисиң?> -

Деп кисимсип күлди жумылып көзи. 
(Ҳәмме урысқа кетип, қалған бул өзи. 
Көп жақсылар кетип Ўатан қорғаўға, 
Бираз жаман елди бүлдирген гези).

Жас келиншек әўел аз кем албырап, 
Дәрҳал өзин жыйып алды да бирақ, 
Қымтай берди күлип қызыл шарфымды, 
Қорлығы келсе де сыр бермей қарап.

Илме султан гәп қашырып әўеле, 
Ҳарам ойын буркеп, болды әўере. 
Ат үстинде бир қыялап отырып, 
Насбай атып, мысқыллады төбеде.

- Тайыңды үйретсең, миниске жақсы,.. 
Қаўын егип кетти, 
Қоста жоқ сақшы...
- Сол еккен қаўының сағал жегенше,
Баллардың жегени - кеўилдиң нақшы ...

Басын айландырып аңқаў баллардың, 
Қара көзли келин, қылығың ғар дым...
- Келинлердиң көзи қандай екенин
Аңлыр пайты келди ақсақаллардың...

Дегенинде <ел ийеси> шамланды, 
Келин сөзиндеги астар аңланды. 
Аўыл аўлақ, жигитлер жүр урыста - 
Ақсақал күш көрсетиўге ғамланды.

Мениң де тақатым болмады турып, 
<Не керек?> деп бардым қасына жүрип. 
<Хожалығын бузба фронтовиктиң!> 
Деп атқа қақтырды, бир қамшы урып.

<Беў, мийримсиз!> деп келиншек албырап, 
Маған жуўырғанда, алдынан орап, 
Ат үстинен қушақлап аш белинен, 
Сүймек болды <күйдирме> деп сыбырлап.

Намысым қорланып, қайнады кегим, 
Атқа тийди ылақтырған кесегим. 
Көк жал ат абайсыз үркип кетти де, 
Ыңқ етип жығылды қамсемиз <бегим>...

7

Қайдағы балалық алып есимди, 
Таслап кетиппен ғой баслы исимди. 
Қой, ертелеп барып көрип келейин, 
Шеңгелликте калған байғус қусымды.

Бул ғаўғалы, арасатлы дәўирде 
Қәўип-қәтер көп уя басқан кеўилде. 
Дүздеги қус туўе, үйдеги адам 
Ғам-қайғыдан саўа емес өмирде ...

Аспан қумайтланып бир күни кеште,
Қуў қамыс ызыңлап, ызғырық ести.
Сел-буршақ сабалап ерик гүллерин, 
<Қуралайдың ғайы> бул келген дести.

Қайғырып шеңгелде қалған уяны, 
Таң сәҳәрде шырт уйқыдан оянып, 
Барсам, меннен үркип жүрген сол қусым, 
Өлип атыр қанатына таянып.

Шымшық дейин десем, зәрре ғаўырақ, 
Әжел менен айқасыпты тәўирақ, 
Селлеген денеси музлап аязда, 
Уясынан ушпай өлипти жаўрап.

Қозғап көрсем жансыз қусты уядан, 
Астында шүйкилдеп жатыр палапан, 
Әжел аязынан қорғап перзентин, 
Ана байғус өзи болыпты қурбан ...

Я әжеп; не деген қустағы мийрим! 
Тикенге тырналып, шөпшеклер жыйдым. 
Жамғыр қуртын палапанға жутқызып, 
Иргесин тикледим бузылған <үйдиң>.

Нелигин билмедим өлген қустың бул, 
Көзиме жас алдым, елжиреп кеўил.
Аяз таңда арасынан шеңгелдиң 
Жақын жерде сайрап қойды бир бүлбил.

8

Кеште арпа орақ басына кетип, 
Жаз ақшамы үйге қайттым түнлетип. 
Арқаштағы аўлақ көлдиң бойынан, 
Ҳәўлирип, сескенип бараман өтип.

Жазғы түн, кемтик ай сәўлесин шашар, 
Бир үйрек үстимнен суўсылдап ушар. 
Сыңсып жылап, шашын жайып аўлақта,
Суў бойында отырыпты бир нашар.

Бала жүрек үриккен шымшықтай дүрлеп, 
Қамыс тасасынан қарадым серлеп, 
Анам айтар еди елеге дейин, 
Арқаштағы көлде суў пери бар деп.

Жасырынып түйесиңир бүгине, 
Гә буққышлап, гә қарайман тигине. 
Айдың жақтысында анықлап қарап, 
Көзим жетти пери емеслигине.

Жағыста отырған шашларын тарап, 
Мениң ушын ҳәмме периден зыят, 
Көргенде - қысыншақ, аўлақта - батыр, 
Қандай пәк, гүнасыз туңғыш муҳаббат!

Қорқытып алмайын деген ой менен. 
Әсте қосық айтып бара бердим мен. 
Ол ҳәўлирип бираз қарап турды да, 
Жылдам маған қарай жуўырды бирден:

Жуўырды күткендей қушағын ашып, 
Мен албырап қалдым ақылдан сасып, 
Жаслы көзин жүзлериме үйкелеп, 
<Жаным> деди мени баўырына басып.

Ақ билеги мойыныма асылды, 
Қолаң шашлар жүзлериме шашылды. 
Көзлеримнен қушырланып сүйди де, 
Жумсақ көкирегине қойды басымды.

Ай соқбағын көлге төсеп гүмистен, 
Аңсағандай ашықларды сүйискен, 
Жүрек туўлар, бас айланып баратыр,
Сүт татыған бир жағымлы ийистен.

Өңим бе, түсим бе, - айыра алмай, 
Бир де сөз айтыўға батылым бармай, 
Туңғыш муҳаббаттан тоят аўсады, 
Бала кеўлим түлеп ушқан суңқардай.

Хат түспеген қағаздайын ақ едим, 
Жигитликтиң гүнасынан пәк едим. 
Ыссы қушағынан босансам бирақ, 
Аяқларын оның қушажақ едим ...

Бес ай болды келген еди <қара хат>.
Шаңарағы күйреп, болғандай опат. 
Уясы бузылған қустай безигип, 
Ылағады таза жесир перийзат.

Ақшам жалғыз қайтса арпа орақтан, 
Бир бүлбил сайрапты шеңгеллик жақтан. 
Муғаллимниң атын айтып шақырып, 
Тикенге тырналып излеўге шыққан.

Айтпаса да билдим, не болған ҳалы: 
Қамыслықтан шығып қамсемиз сары. 
Көл бойында оны услап алыпты, 
Кийими жыртылған, кеўли жаралы ...

Көкирегин қымтап, келип өзине. 
Жүзин басып сүйкеп мениң жүзиме, 
Суў бойында сүйеў билип отырды. 
Қысынып, жубатып айтқан сөзиме.

Балалықтың муңлы елесли түси, 
Еле көз алдымда ушырасыў усы. 
Қулағымда, қызын жубата алмай, 
<Келин!> деген енесиниң даўысы.

Ол кетти, мен қалдым суўдың бойында, 
Суў пери сыйқырлап кеткендей сонда, 
Бас айланды бахыт суўын ишкендей, 
Сырлы бир күш ҳүким сүрип ойымда.

Түн деп ҳүрейлениў шықты ядымнан, 
Кеўил тарларымды тырнар <Адыңнан>. 
Аўлақ көлге шомылғандай жулдызлар, 
Самал <ашықсаң деп> сыбырлар маған.

Дүнья қәпелимде кетти өзгерип, 
Урыс питкендей, ҳәмме үйине келип. 
Бүлбиллер сайрасар бала кеўлимде, 
Йошлы шайырлықтың ҳәсери енип.

Көп өтпей зым-ғайып болды келиншек. 
Кимлер аяп, кимлер тоқыды өсек. 
Мениң де сырымды сезди ҳаяллар, 
<Табельчик балада өзгерис бар" : деп.

Татлы азап тартып жүдедим азып, 
Пүткил дүнья бос қалғандай қулазып. 
Түсимде көп сандырақлар екенмен, 
Жүрдим дәптер толы қосықлар жазып.

Арқаштағы көлге келемен кеште, 
Узақ отыраман ыңылдап әсте. 
Күтилмеген сол жолығыў ақшамы 
Елеўретер еле түскенде еске :

Келди көл бойына бир күни анам, 
Қамыс тасасынан қарадым оған. 
Саққа жүгинди де, пилте шам жағып, 
Айтқан сөзи бир-бир еситилди маған.

<Суў ийеси, айнанайын суў пери! 
Жынысың ҳаял ғой, сен ая мени. 
Дуўаласаң мени дуўала, жаным, 
Көрдим деп ҳеш кимге айтпайын сени.

Мен келиншек болып түскен заманда, 
Кеште суў алыўға келгенде бунда, 
Алтын тарақ пенен шашыңды тарап, 
Отырдың ғой сонда көл жағасында.

Зейиниңе ҳасла тиймейин сениң, 
Шомылсаң қасыңа келмейин сениң. 
Тилла әребегим әкелдим саған, 
Шақырма түнлерде баламды мениң.

Үлкен балам урыста көп ўақтан бери, 
Түслеримде келип жубатар мени. 
Жанымды берейин, күниң болайын, 
Кишкенеме тийме, жаным суў пери!>.

Деп анам жалынып көзин жаслады. 
Тилла әребегин суўға таслады ... 
Соннан берли дүзге кетип түнлерде, 
Көлге келгенимди қоя басладым ...

Еситтим, жас жесир аўылдан кеткен, 
Атасы келипти төркини беттен, 
Ақлық қызын алып қалып енеси, 
<Бахтыңды ашсын> деп рухсат еткен.

Жүрек ырық бермей ақыл-санаға, 
Соннан баслап усамадым балаға. 
Бир ғәлетий қус уялап кеўилге, 
Сайрар сулыў, шийрин, дәртли намаға :

9

Әй, тоба, қоя бер адам дегенди, 
Қайда өзгертсе де мәкан дегенди, 
Уўыз-ийни қурып сағынар жүрер, 
Киндик қаны тамған ўатан дегенди.

Қоя бер усы бир шайыр дегенди, 
Елжиретип жүрек-баўыр дегенди, 
Шеңгелин гүл етер, шымшығын - бүлбил, 
Усы бир усқынсыз аўыл дегенди.

Бир түп тал көрсе де оған жаңалық, 
Бир ғарры сөйлесе, - турсы даналық. 
Дәўрандай елеслер урыс ўағындағы 
Қырқ жыл аржағында қалған балалық ...

Қәлем жанға тийди түн бойы жазып, 
Аўылдың ҳаўасы жаныма азық. 
Азырақ бас самаллатып қайтайын, 
Сыртқа шақырып тур бәҳәрдиң сазы.

Атызларда шигит егиси қызған, 
<Арба жол> дәптердей табалар сызған. 
Исти тындырып жүр үш-төрт трактор, 
Өрден-ыққа шабар бригад жазған.

Шашаў салған шөпкер жайлар ҳәңкийип,
Телеантенналар шошаяр бийик,
Бағ - ҳәрем жоқ болған, -
Маллар байланған,
Жерлер кебирлеген таз кебин кийип.

Турмыс жаман емес, қурғын көплери, 
<Машын>, <мотоцикл>, <ақша> гәплери.
Еңбек етер, табыс табар, тек ғана 
Үркип ушып кеткен инсап кептери ...

Клуб, моншалар жоқ, - қағазда қалған, 
Не салса, басшылар өзине салған. 
Искер қоллар суўып, бираздан бери, 
Табысып кеткендей шын менен жалған.

Атызға шықпаған еле адамлар, 
Ферма бетке үш-төрт ҳаяллар барар.
(Ҳәй, табельчик бала, қосық оқып бер, 
Деп неге сүйкимли ойнамас олар?...)

Мектеп, коңыраўы келер қулаққа, 
Мени шақырғандай балалық жаққа. 
(Кишкене болса да, әжжедей аппақ, 
Бизиң мектеп таза еди - аў бирақта).

Билгир ҳәм азада, бек тутқан өзин, 
Абырайлы еди-аў муғаллим бизиң. 
(Ҳәзир болса, бригадир оларға 
Пахта тергизип жүр ағартып көзин :)

Аўыл аўлақ елдей, зейин жиберсең, 
Сымға қонған қарлығашларды көрсең, 
Йошлы композитор қара туш пенен 
Жазып кеткен <Бәҳәр> нотасы дерсең.

Бурын бөденелер жоңышқалық беттен 
Сайрар еди - Бәри уўланып питкен : 
Ҳинд елшиси - ала шапан өпепек, 
Әлҳәббиз, сақ жүрип бул күнге жеткен!

Самал ләм топырақты кептирип демде, 
Шаңлы перде тутты сәўлели күнге.
Бир шайқус ушып жүр қалқып асықпай, 
Гөне ыраш, шеңгелликтиң үстинде.

Бир қыймас биреўим қалғандай дүзде, 
Келмеди деп гийне етердей бизге, 
Кеўил қәтериме тәселле берип, 
Келдим сол уяны көрмеге тезден.

Палапан жоқ, барсам тәңирге жазып, 
Бизиң менен қатнасығын тыйғандай, 
Қайттым бос уядан кеўлим қулазып, 
Таборынан қалып қойған цыгандай.

Жөнекей жубаттым өзимди сонда: 
Бала бүлбил қанат байлап, азанда - 
Ушып кетип узақларға уядан, 
Сайрап жүрген шығар бир гүлистанда ...

10

Ҳәм бурылдым үш түп ғарры тал бетке, 
Биз оқыған мектеп орны бар бетке, 
Қубласында көл бойынан қашықлаў 
Муғаллимниң үйи турған әлбетте.

Ол жайлардың орны ҳәзир егислик, 
Жаптың жағалары отлақ көгислик. 
Соқпақлар жоқ, мәзи ойымда қалған, 
Көл ҳәм сайызланған, бойы тегислик.

Сол балалық заман ядыма түсти, 
Сол ашықлық әрман ядыма түсти. 
Сол бир жоқ периге жалынып атқан. 
Марҳум әзийз анам ядыма түсти.

Туңғыш муҳаббатым - жаралы елик, 
Көз алдымнан өтер көринис берип. 
Қыялымды серпип қызыл <Жигули>, 
Сол мәҳәл тоқтады тусыма келип.

Ханатлас көйлеги шоқтай лаўлаған 
Бир сәнем түсти де, бетледи маған. 
Қыялымның қыядағы төринде 
Бир аңсаўлы елес түстей оянған.

Көрдим арыўлықтың толып - тасыўын, 
Аяқ басыўын айт, аяқ басыўын! 
Туўылғанда сүйинши сорап үйинен, 
Жегеним есимде майсөк шашыўын.

Ядымда қуўыршақ ойнағанлары, 
Кемпири өлгенде жылағанлары. 
Дем алысқа келсем, бир жола меннен 
Негедур анасын сорағанлары ...

Жыллар шапқан аттай өттилер демде. 
Сейил пайты бир дем алыс кешинде, 
Шайқалып қыз болған бул қарындастың 
Залды аўзына қаратқаны есимде.

Серпилип зер нағыс сахна пердеси, 
Кеўиллерди бийлеп ышқы зернеси, 
Булт артынан көрингендей толған ай, 
Шықты жайнап көркем өнер еркеси.

Ҳаўазында бардай булақ сылдыры. 
Мақпал жумсақлығы, гүмис сыңғыры, 
Қара көзи көлге ымырт түскендей, 
Талдырмаш бойында талдың сүмбили.

Көзлерим сахнада, қыялым - алыс, 
Шабырсып атқандай қайғы, куўаныш. 
<Усамасаң туўма> деген сөздиң сол 
Уқтым мәнисинде жоқлығын шалыс.

Излеп таўып сонда сахна артынан, 
Маңлайынан сүйип, қуўандым оған. 
Анасының биз хабарсыз турмысын 
Айтып берген еди қыз сонда маған.

Айтқан, аржағында Әмиўдәрьяның 
Анасы жаңадан турмыс қурғанын, 
Еки ул, бир қызы бар екен онда. 
Айтты аўылға келип-кетип турғанын.

Айтты: <Әжем байғус өлди әрманда, 
Бир уяда жалғыз қалдым мен сонда. 
Анам алып кетти мени үйине,
Ҳәм мектеп питирдим жүрип солманда.

Несип етти қосық, музыка маған, 
Консерватория питти соңынан. 
Турмыс қурдым, бир ул, бир қызымыз бар, 
Күйеўим сазенде, әжайып адам ...

Машинадан түсип жеткенше маған, 
Ҳәммеси ҳәпзамат кешти ойымнан. 
<Аға> деп атымды айтып, күлимлеп, 
Пәк нәзери ийбе менен қараған.

Сол таныс жағыста отырып кеште, 
Өткенди асықпай түсирдик еске, 
Айтып берди қара көзли қарындас 
Бир әжеп ҳәдийстиң тарийхын әсте:

11

Айтты: <Шайыр аға, есит, мийрибан! 
Бир суўық шынлықты айтайын саған, 
Тәғдир ойлап тапқан тосын ислерди 
Тапбас деймен ең бир сумлықлы адам.

Урыс питкели қырық жылдан да көп болды,
Қанша үмит гүллеп, қаншасы солды, 
<Қара хат> алса да қанша аналар, 
Улы киятқандай қараўлар жолды.

<Мени жалғыз таслап, өлип көр, қәне!> 
Дегенимде әжем күлимлеп бәле, 
<Әкең тири ғой ...> деп, шашымнан сыйпап, 
Көзин сүртер еди жасырып және.

Жоққа исенбеймиз сиз бенен биз де, 
Бирақ мен тән бердим сол айтқан сөзге. 
Жүрек сезими ана деген адамның 
Мен билсем, қандай да жаралған өзге ...

Бул ҳәдийслер уғрас келмес ақылға, 
Усап кетер бәлким ертек - нақылға, 
Гүллеп турған кеўил бағыма мениң 
Бир дүбелей басып кирди жақында:

Бир күни хат келди бир молдаваннан,
<Әкеңиз тири> деп жазыпты маған.
Қай жерде ҳәм қалай :
Жазған ҳәммесин
Ҳәм анамның қайдалығын сораған.

Аралығы узақ болғанын айтқан, 
Бәрҳә хат алысып турғанын айтқан, 
Ол ветеран майып екен өзи де, 
Сонда да изинен барғанын айтқан.

<Әкеңиздиң ҳүждан тазалығынан 
Гуман етпең, ол мәрт, пәк жанлы адам. 
Бирақ бул урыстың сумлық ислерин, 
Қызым, тилим бармас айтыўға саған ...

Жазыпты саўашта бирге болғанын, 
Қәўипли разведкаларға барғанын, 
Бир жола жарадар болып, атысып, 
Екеўи боранлап дүзде қалғанын ...

Хатларының бәрин сақлап жүргенин, 
(Былтыр оған берипти Даңқ орденин), 
Бирақ оның тирилигин тис жарып, 
Бизлерге айтбаўға ўәде бергенин.

Жақында изинен барып көргенин, 
Сум айралық ер жүректи жеңгенин. 
<Уәдеңди бир ирет буз> деп, бәрҳәма
Бир ғайры күш буны зорлап жүргенин :

Дийдар көриспеген әкемди аяп, 
<Тири> деген сөзге қуўандым бирақ, 
Ертеңине барып айттым анама, 
Үнсиз қалды ушқан қусларға қарап ...

12

Әўел қолға қәлем аларда, маған
Қус уясы еди баҳана болған.
Енди ол уядан қайғы шекпеймен,
Онда тиришилик жоқ, ҳуўлеп бос қалған.

Нелерди көрмес бул адам баласы! 
Бомбадан қыйраған аўыл-қаласы. 
Баўыры пүтин бир де жан қалмағанбыз, 
Сол қырғын урыстың қанлы жарасы, -

Питти десек, еле ашылып атар,
Ол жарада ойнап осколка жатар, 
Урыс ҳәўири шарпыған ҳәр жүрекке 
Бузылған қус уясын да аятар ...

*     *     *

Сорап жүрмен <бул қайсы жер> деп бизден, 
Пайтах жатқан жеримиз бар шексиз кең. 
Ақ қайыңның көк желқомын жел үрлеп, 
Зәўлим бийик қарағайлар көк сүзген.

Жол тоғайдан көк шалғынға шығады, 
Көк суўлы бир өзек бунда ағады, 
Крестлер мәңгилик уйқы гүзетип, 
Жол шетинде қойымшылық қалады.

Жамғыр жаз ҳаўасын жуўып турады, 
Муңлы салқын кеўиллерге урады. 
Жас топырақлы бир қәбирдиң басында 
Еки ҳаял сыңсып ғана жылады.

Екеўи де алыс жақтың ҳаялы,
Бири кәйўаныдан өткен шамалы.
Ҳаў, баяғы Аркаш көлдиң бойында? ... 
Қой, ол жағын бунда еслеў гүналы ...

Жылады, жылады. ҳаял жылады, 
Жас топырақты бүрип, сыйпап - сылады. 
Қырық жыллық мумия - муҳаббат шери 
Қорғасындай ерип аққан болады.

Жасырағы өксир <әкежаным> деп, 
<Бир көрип, еркелеп тоялмадым> деп, 
Ал мен өкинемен бул ҳаяллардың 
Ҳәсирет тереңлигин жазалмадым деп.

Врач айтты сонда:
"Раҳмет сизге,
Не де болса излеп келгениңизге . . .
Ол әжайып гөззал бир инсан еди,
Күтилмеген иске қыйналдық биз де:

Телеграмма берип, шығыпсыз жолға,
Айтып едик, қатты қуўанды сонда. 
Ҳәтте бүлбил болып сайрап жиберди.
Бирақ жансыз жатыр көрсек азанда . . .

Мынаў қағазларын, орден, медалын 
Естеликке сақлап жүриўге алың>. 
Қағаз арасынан шықты бир сүўрет, 
Артқа жетелеген адам қыялын.

Суўрет тозған, қағазы да сары дым. 
Екеўи суўғарар қаўын қарығын, 
Көзлеринде күлки, жаслық нуры бар, 
Ийт ҳасылы Мускатты да таныдым...

Врач ағай ашып стол тартпасын, 
Бир кассета магнитофон лентасын
Алды да, даўысқа қойып жиберди, 
<Сен яр қал енди> ниң шерли намасын.

Изинен қосықлар оқылып кетти, 
Кеўиллер унырап, сөгилип кетти. 
Жаралы жүректиң әрманларынан 
Сабыр кәсаларым төгилип кетти:

ОНЫҢ  ҚОСЫҚЛАРЫНАН

Жап бойында жаўдырап, 
Сүтилмек гүллегенде, 
Жаздыр ылақларыңды, 
Жаяйын, анам мениң.

*      *      *  

Бойында Кегейлиниң, 
Шеңгеллер гүллегенде, 
Ышқыңда бүлбил болдым, 
Сайрайын ярым мениң.

*      *       *

Тар окопка жамғыр суўы толғанында, 
Үйде тезек жаққан отың жылытар, ана, 
Жаў шебинде мен боранлап қалғанымда, 
Шинелимди таныс қолың қымтар, ана.

*      *      *

Гүзар жолдан атлар барар, 
Жалын самал тарап ғана. 
Бос дизгинли торы атқа 
Сен жылайсаң қарап, ана.

*      *      *

Төрт дойнағын ақ көксиме 
Бассам дейсең, ярым мениң. 
Мәрдана бол, қой өксиме, 
Ярым мениң.

Кеўил бағында той қылып, 
Жазып шашыңның түйдегин, 
Аш көзимди тойдырып 
Сүймедим, ярым мениң.

*      *       *

Қатты самаллар арқадан ескенди, 
Түсимде көрип жаным сескенди. 
Көлге ымырт түскендей көзиңди, 
Бурдың меннен жүзиңди, ярым мениң.

*      *      *

Дуз несип, тартқан қуўысты елге, 
Қайтқан қуслар қонады көлге. 
Қанаты сынық бир жалғыз ғазбан, 
Жаўтаңлап көкке мойнын созған.

*      *      *

Ақшам ақ бесик таянған анам, 
Түн уйқыдан төрт оянған анам, 
Баўырыңды кәбап еттиң бе, 
Жолыма қарай-қарай кеттиң бе?

*      *      *

Ақ билегин дастанған ярым, 
Ақ дастыққа жас тамған ярым. 
<Қара хат> алып, жесир қалдың ба? 
Ақ жүзиңе жара салдың ба?

*      *      *

Таў басынан булт аўғанда, 
Төменде сел жаўар болар. 
Ел басына күн туўғанда, 
Ер намысқа шабар болар. 
От ишинде қалса Ўатан, 
Жигиттиң жан жарасынан 
Аппақ қарға қырмызы қан 
Тамар болар, тамар болар.

*      *      *

Атакаларда бирге жуўырдым, 
Оқлар тийгенде бирге жығылдым. 
Бирге тоңдық музлы боранда, 
Қалаларды жаўдан аларда. 
Енди неге менсиз уйқлап атыр, 
Не жазығым болды оларға? ...

*      *      *

Қар жаўғанда шар бузып 
                шығамыз дүзге,
Сона - сүйлин дус келер 
               несибемизге.
Шинелимнен тарт мени,
               Мускат ийтим, 
Қозғаларға шама жоқ бизде ...

*      *      *

Есик алдына екеўмиз еккен 
Қаўын писипти, жарайын, ярым. 
Күлип-ойнап түсиме бир ен,
Тойып-тойып қарайын, ярым.

*      *      *

Ер жигитке елжиреп,
Ыдыраў уят, ана. 
Аппақ жаўлығыңның
Бир шетин узат, ана.

*      *      *

Аяқларым болғанда еди, 
Желдей желип барар едим, анам мениң. 
Егер қолларым болғанда еди, 
Шашыңды сыйпар едим, ярым сениң ...

13

Таң алдында қайттым үйге аўылдан, 
Жалғыз баратырман сол соқбақ жолдан. 
Кешеги сумлық сөз, - солдат тәғдири, 
Қосықлары уйқы бермеди маған.

Булар қосық емес, жүректиң қаны, 
Ер жигиттиң ат басындай әрманы. 
Бунда бар урыс деген жаўыз бәлеге
Нәлет оқып атқан инсан ҳужданы.

Ел деп етик шешпей қан кешкенлери,
Аўызлықлы аттың суў ишкенлери.
Ўатан муҳаббаты,
Жаўға өшпенлик,
Жигирма миллионның жан кешкенлери.

Аналардың ақшам жолларға шығып,
Бозлаўлары жасқа жаўлығын сығып.
Қаўышпаған қушақ,
Жесир дастығы,
Қарындастың сыңсыўлары қамсығып ...

Жалғыз баратырман.
Жүрегим сызлар,
Жымыңласып, тыпырласып жулдызлар,
Уясында таң уйқыдан оянып,
Ушып кетип атқан қусларға усар.

Май нәпесли бәҳәр, көгис әтирап. 
Мине таныс мәнзил кеўилге инақ. 
Шеңгел қоңыраўлапты, гүллерин төгип, 
Бузылған уя тур, қусы жоқ бирақ.

Я әжеп, тәбият не деген билгир! 
Бул нәсилге сараң қус еди - бүлбил. 
(Оларды шымшықтай көп жаратқанда, 
Талант қәдири болмас еди жерде бул.)

Я инсап, тәбият не деген әдил! 
Шеңгел тикенекке питкен сулыў гүл. 
Таўысқа түс берген, даўыс бермеген, 
Шырайдан салыўсыз хош ҳаўаз бүлбил.

Бирақ елеспесиз усы қус егер 
Сайраса, кеўлиңде ашылар гүллер. 
Түрин көрмей оны мақтап жырласар 
Қаншама шайырлар, жүйрик қәлемлер.

Сөз бар: гүл ышқында сайрарда бул қус
Өз жүрегин шоқып қанатадымыс. 
Сөйтип болып, таң атқанша бағларда 
Дәртин сайрар дейди бир тынбай байғус ...

Бул бир муқаддес қус ҳәмме жерде бар.
Ҳәр бағдың хош ҳаўаз бүлбили болар.
Ашықларға муңлас,
Шайырға сырлас,
Бағ тапбаған жерде шеңгелге қонар ...

Тикенге тырналып ол уя салған, 
Қара даўыл оны бузып ушырған. 
Өз нәсилин қорғап өлген қустың сол 
Бирли-жарым пәри илинип қалған.

Жетим қалған сары аўыз палапан, 
Қайдан сезсин не екенин алақан? 
<Егер түсип кетсем, жуўап бересең!> 
Деп еле шүйкилдеп турғандай маған ...

Соннан берли қайсы елге барсам да, 
Қай бағда бүлбилге қулак салсам да, 
Аўылласын танып сол бала бүлбил, 
Сайрап тур ма деп қаламан мен сонда.

Ҳәм еслеймен тыңлап оның намасын:
Бузылған уясын,
Ессиз анасын.
Қырық жыл өз ошағын көрмеске жазған,
Дилгир мүтәж солдат жүрек жарасын ...

Еслеймен анамның қайғы-наласын, 
Жоқлап урысқа кеткен үлкен баласын, 
Еслеймен сол өмирзая жулдыздай 
Қанша айналардың сөнген шырасын.

Еслеймен еситсем бүлбил намасын,
Арқаштағы көлди,
Пахта арасын,
Қара көзи көлге ымырт түскендей,
Туңғыш муҳаббаттың меҳригиясын.

Ҳәр кимниң меншикли кеўил бағында, 
Ойлайман, бүлбил бар ҳәмме ўағында. 
Инсан ҳәсиретин, шадлық, әрманын 
Тәрип етер ол сайраған шағында...

Дүнья ҳәзир арасатлы, топанлы, 
Оғыры ҳүрейли, еси алаңлы. 
Ол қәўип - қәтерли, шеңгел астында 
Қурық басқан бүлбилдиң уясы яңлы.

Бузыўға қаст етип даўыллар келер,
Сел - буршағын айдап жаўынлар келер.
Сағаллар сүйкенер,
Жылан өрмелер,
Көз-қулақ болмасақ биз оған егер.

Сары аўыз, темир қанат палапан, 
Еплеп услар оны епсиз алақан. 
<Егер түсип кетсем, жуўапкерсең!> деп, 
Шүйкилдеп турғандай туйылар маған ...

Январь. 1987-жыл. Накис. 

МАЗМУНЫ

Қосықты сүйген кеўил   

ЎАТАН СОҚПАҚЛАРЫ

Ана тилиме
Халық сөзлери 
Шөгирме 
Қарақалпақты көп мақтама көзимше
Күншығыс жолаўшысына    
Қара тал   
Сен дегенде 
Қобыз       
Ҳағла, Әмиўим!
Жарқылық, наўрыздың байрамы келди 
Бул қаланың көшесинен жүргенде
Бердаққа 
Сексеўил
Таллы жағыстағы еске түсириўлер
Ана 
Мен қалада оқығанда
Айт сен Әзинияздың қосықларынан 
<Бес қонақ>
Кегейли 
Орденли халқыма 
Бес төбениң таўларында 
Ўатан 
Қазақдәрья 
Тырналар 
Ерназар Алакөздиң естелигине 
Гесирткениң көзлери 
Пазналар 
Туўған жер 
Дәўирлерге даўырық салған жас қала 
Шопан халқы - шыныққан шөл перзенти 
Алтын дәрьялық самалына
Ағартыўдың жыл қусларына 
Сен теберик дәрғайысаң билимниң
Мениң үйим  
Пошша торғайға 
Қырғаўыл 
Боранлы кеште 
Байыўлыға 
Тийле оған! 
Ғаррылар
Арал элегиялары 
Беглигиңди бузба сен
Бул жер еле зор болады
Туўған жер
Өмирбек лаққы
Тымырық
Оссуарийлар	
Сәўбетли ақшам
Кешки иңирде урықлықтан
Көзлеримниң ағы-қарасы қызлар	
Бүлбил тойына

КЕЎИЛ ҚУЯШЫ

Кеўил кеўилден суў ишер
Жигиттиң соныңдай бир досты болсын
Умтыламан жан-тәним менен
Пәлекли қоста түнеў   
Тынбай жамғыр жаўар Пярну жолында
Адам	
Дәўран
Тасқа көгерген гүл
Санат
Мен өз тәғдириме қайыл қаламан
Шөлдиң ийсин алса турмас 
Садық шайырға
Тусаўлы кийик
Аббаз бенен хошласыў
Болмаса
<Плаха> излеп
Нәресте 
Қой, даңқпараз болыўдан уял 
Скульптор болғанда мен 
Биринши муғаллимге
Өзи қызық адамлар
Еки қуўаныш
Пошша торғайдың өлими
Нервалар
Даңқ арбасы
Хошадәс
Ана жүреги
Сорша (сонетлер)
Тәжирийбе тамшылары (төртликлер)
Сақланың бүгинги бузық ҳаўадан 
Үш оқ	
Саллана - долана барар бир жәнан
Излениў
Поэзия жулдызына
Өмирзая жулдызы

ҚАРҒА ТАМЫР ТУЎЫСҚАНЛЫҚ

Туўысқанлық
Уллы қытай мақалы
Өзбекстан
Наўайыға
Тоқайға
Мен Абайды ядға билген халықпан
Көкше таў
Мактымқулының жолына 
Хош келдиң, туркменим, сапа келипсең
Хорезмге
Кырғызларға
Бир ақ қалпақ астында
Дағыстан таўларында
Украина жүрегимдесең
Әдиўли анаңдай аймалап сени
Днепр бойындағы емен
Крещатик каштанлары
Киев октавалары
Аббаз шайырға Украинадан хат

ЖАСЛЫҚ ҲӘМ МУҲАББАТ

Тасқын болып ағып өт
Монтер бала сым тартып келди
Шынтлап сүйген кеўил ҳаслан айнымас
Әнар гүлледи 
Булытлар көп түнеген асқар таўлардың
Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың
Кеўил аспанымда жулдызлар сөник 
Гөззал Юпшара
Ақтас романтикасы
Сағыныў 
Магнолия
Амира азаплары
Гүллер аңламас
Тусыңнан бир жәнан өтип баратыр
Мазлумхан елинде көрдим бир жәнан
Мен сениң кеўлиңди қабартқан күни

ЖАҢА ДӘЎИР БОСАҒАСЫНДА

Мунажат
Көрсеткен рәҳәтли күниң усы ма?
Базар жолында
Мустақиллиқ майданынан өткенде
Жубатыў
Пайғамбар жасындағы адамға
Төк таўындағы ойлар
Алыс әўладларға

Бүлбил уясы (поэма)

И. Юсупов 
БҮЛБИЛ   УЯСЫ
<Билим> баспасы

Редактор	Ш. Бекбаўлиева
Художник	А. Реипназаров
Худ. редактор Е. Хожамуратов
Тех. редактор	 Т.Махсудова
Корректер	3. Жуманова


Териўге берилген ўақты 08.10.96. Басыўға рухсат етилген ўақты 21.04.97, форматы 60х84 1/16. Әдебий 
гарнитура, Кегль 10. Жокары баспа усылында басылды. Көлеми 14,5 баспа табақ, 13,48 шәртли баспа табақ, 
11,0 есап баспа табақ. Нусқасы 1000 дана. Буйыртпа №6. Баҳасы шәртнама бойынша.

<Билим> баспасы. 742000.   Нөкис қаласы, Қарақалпақстан көшеси, 9.
Қаракалпақстан Республикасы Баспа сөз бойынша Мәмлекетлик комитетиннң 
Нөкис полиграфкомбинаты 742000. Нөкис қаласы. Қарақалпақстан кешеси, 9.


1 <Уйқасқа кире адмай жүрген фейиллер> - Хожамурат қосықта фейил сөзлерди уйқасқа 
онша жолатпайтуғын еди. И. Ю.
2 П л ах а - өлим жазасына тартылған адамның басын шабыўға арналғак дүңке ағаш, 
қассаплар оны
<жан ағаш> дейди, (И. Ю.)
3 Сонгми - америкалы империалистлер қыйратқан Вьетнамлы аўыл. И. Ю.

4 Виршеплет - еплемей шайыр.
5 Шиярият - көркем әдебият, шайырлық өнер мәнисинде.
6 Шүрәле - жезтырнақ. Тоқайдың поэмасындағы образ.
7 Парнас - грек мифологиясында шайырлық йош таўы.
8 Атақлы демократ илимпаз. Шоқан Ўәлийхановтың анасы қарақалпақ қызынан 
туўылған (И.Ю.).
9 Киевтиң тусында Днепрде қатарына төрт көпир бар (И.Ю.).
10 Гуцул - Карпат таўларында жасаўшы украинлар усылай аталады (И.Ю.).




 
Хостинг от uCoz