АЛПАМЫС
(Өгиз жыраў варианты, Қаллы Айымбетов тәрепинен 1934-жылы жазып алынған)
I бөлим
Ертедеги әййем заманда,
Ол заманның қәдиминде,
Жийдели Байсын халқында,
Қоңырат деген ел еди,
Руўы еди ырғақлы,
Байбөри, Байсары деген еки теңлес бай болып, булар дүньяға келди.
Мереке сейил, ат шабысты қыздырып, екеўи қушақласып дос болды. Екеўиниң алдына түскендей Байсында адам болмады, дүньяның қызығы менен екеўи бийперзент өтип баратыр еди. Бир неше жылдан соң Байбөри айтты:
- Байсары жора, арзым бар, жалғаншыдан бизлер бийперзент, бийнышан өтетуғын болдық.
Ашылар таўдың гиясы,
Жайылар байдың түйеси,
Бизлер өлсек, жоражан,
Себил қалған Байсынның,
Ким болады ийеси?
Ендиги қалған өмирде,
Қудайдан нийет етейик,
Сениң улың болса, мениң қызым болса, екеўимиз қуда болайық, - деди. Сол жерде қарғы тағып, мал байлады, ақлай қуда болады.
Бир неше күнлерден соң екеўиниң қатыны да жүкли болады.
Тоғыз ай он күн толғанда,
Саатлы ўақты болғанда,
Бай қатынына толғақ пайда болғанда,
Аршадан бақан көмдирди,
Тилләдан жүўен кердирди,
Жети күн жатты толғатып,
Ат басындай ул туўды,
Ақ жарылқап, күн туўды,
Атын қойды Алпамыс.
Байсарының қызы болды, оның атын Гүлпаршын койды. Байсары бай той берди, пәтия-тамашасын тарқатты. Байбөриге:
- Қудам, той бер, - десе, қатты сықмар киси еди, жаз келсе гуз беремен деп, гүз келсе жаз беремен деп, қудасын жети жыл алдап жүрди. Балалары жети жасына келди, ойнап есин билди. Байбөри бай ақыры той баслады. Байсарыдай қудасын тойына шақырды. Байбөриниң тойына Байсары қасына қырық жигит алып, қаршығасын көтерип барды. Қудасын Байбөри аттан түсирди.
Боз ордадан жай берди,
Мал семизин сойдырды,
Төрткүлли ошақ ойдырды,
Қасында барған беглерге,
Дарадан табақ қойдырды,
Таң атты, сәске болды.
Сол күни мийман қәдесин де күтти, байлықтан көңлин хошлады. Сәске ўақытта Байбөри тамаша болсын тойым деп, ортаға көкпар таслады, еки жарын болып ылақ ойнады. Байсарының қасындағы қырық жигит бул ойыннан басылды.
Байсары сонда ойланды:
«- Ат белине минейин,
Мен қудамның тойында,
Өзим ойнап көрейин».
Ат белине минеди,
Аттың басын бурады,
«Шүў», деп қамшы урады,
Өзи ойын қурмаға,
Ортаға кирип барады.
Ортадағы көкпарын,
Барып жулып алады,
Тақымға таўлап басады,
Байдың кеўили тасады,
Айландырып қурларды,
Туттырмады ҳеш кимге,
Қудасының қасына,
Көкпарын алып келеди,
- Мүше байрақ бер, - деди,
Сирә мүше бермейди,
Үш айланып келеди,
Қудам деп көзге илмейди.
Сол ўақытлары Байсарының,
Ашыўы келип, аттың басын бурады,
Қудасына гийне етип,
Көкпарын алып қашып жөнеди.
Қәдимги қудам еди деп,
Тағы айланып келер деп,
Қарап турды изинен,
Келмесин билди Байбөри,
Тоқпақ жаллы торы атқа,
Бул да ерди салады,
Ат белине минеди,
- Көргенсиз туўған занғар,
Кимниң тойын бузады? - деп,
Кейнинен қуўып жөнеди.
Жүйрик еди торы аты,
Шашырап ырғый береди,
Шыдатпады жолларды,
Бир қумды асқан жерлерде,
Қуўып жетти кейнинен:
- Атаң нәлет көргенсиз,
Енеңе нәлет кергенсиз,
Кимниң тойын бузасаң?
Кимниң ойынын бузасаң? - деп,
Ашыўланды Байбөри,
Көплик етти сорлыға,
Байсарыдай ғаррының,
Қамшылар урды мойнына,
Қанлар ақты қойнына,
Алып қайтты көкпарын,
Зорлық етип Байбөри.
Артына қарап Байсары,
Қудасына гийне етип,
Өксип-өксип жылады:
«- Дүньясы қурсын, нетейин,
Мен дүньядан өтейин,
Таяғын жеп жүргенше,
Маған өлим жақсыды,
Тайшыхан қалмақ журтына,
Қызымды алып қашып,
Мен де көшип кетейин,
Дәўран қурсын, сүрмейин,
Байсын елде жүрмейин,
Өлип жерге киргенше,
Дийдарыңды көрмейин,
Сениң улың Алпамысқа,
Баршынжанды бермейин.
Белиңди нардай бүгейин,
Көзиңниң жасын төгейин,
Балаңа бермей қызымды,
Көшип енди кетейин, - деп,
Қайта берди үйине.
Оннан соң Байсары бай пешин ўақтында үйине келди, көкиреги долы ер жигитке күн батып, кеш болмады. Жатып еди, таң атпады.
Ярым ақшам ўағында,
Ыңыранып сорлы жылайды,
Ат басындай сом жүрек,
Сарайға сыймай туўлайды,
Жайынан турып Байсары,
Атқа ерди салады,
Айылды беккем шалады,
Ат белине минеди,
Тал қурығын өңгерип,
Көлге қарап жөнеди.
Көлден малды жыйнады,
Ҳәр қыялды ойлады,
Үйлерин жыға береди,
Нар түйеге жүк артты,
Аўмасын деп жолларда,
Арқан менен тең тартты,
Ҳешкимге сырын айтпады,
Кемпирине де кеңеспей,
Тайшыхан деген қалмақтың,
Елине көшип жол тартты.
Өйппей! Ғаррым кимнен қорлық көрди екен? Кимнен зорлық көрди екен? Жалғыз қызды жылатып, қайда көшип жүрди екен? Буннан бир жол сорап көрейин, - деген кемпирге бир қыял пайда болды. Түйеден түсип, шийрин жаннан кешип, ғаррының атын жылаўлап, кемпир ғаррыға не деп толғап турған кусайды:
- Қартайғанда мениң болды ақлым лал,
Кеўлиңде бармеди, ғарры, қыйлы қал,
Егленип тур, Баршынжанның атасы,
Алғаныңның айтатуғын арзы бар.
Ҳаўа жаўып, айдын көллер хөл болсын,
Жылдан-жылға аз дәўлетиң мол болсын,
Сәҳәр ўақта сары атанға жүк артқан,
Атасы Баршынның, саған жол болсын?
Қартайғанда қыйнап шийрин жаныңды,
Мен саған айтайын арзы-ҳалымды,
Айтсаң бойма басласгенем, ҳаў ғарры!
Қайда айдадың себил қалған малыңды?
Шашгенемди кемлик пенен тарайын,
Өзим нашар, қоллар жайып жылайын,
Баян әйле маған барар жериңди,
Қостарымсаң, сапарыңды сорайын?!
Әне сол ўақта Байсары қудасынан көрген қорлығын бир-бир баян етип турыпты:
-Ҳә, кемпиржан, кемпиржан!
Ақылым болды мениң лал,
Олжалар болсын дүнья-мал,
Арзымды есит, кемпиржан,
Ғаррынның айтар сөзи бар.
Байбөри менен дос болдым,
Ақыры түби айланып,
Ақлай қуда мен болдым,
Аяп оған ул берди,
Қарғап маған қыз берди,
Қыз сақлаған кисиниң,
Не бир көрген күни бар,
Пәтия той берген менен,
Қудам, той бер, дегенде,
Жаз болса, гүз беремен, деп,
Гүз болса, жаз беремен, деп,
Мени алдап жүргенде,
Жети жасына баллар келгенде,
Байбөри тойды бергенде,
Қырық жигит пенен қосылып,
Бардым байдың тойына.
Боз ордадан жай берди,
Ертең таңлар атқанда,
Күн шығып, сәске болғанда,
Тамаша болсын тойым деп,
Ортаға көкпар таслады.
Қырық жигитим басылды,
Қудамның тойында өзим,
Ойын қурайын деп,
Кирип едим көкпарға.
Үш алып келдим көкпарын,
Сирә мүше бермеди,
Ашыўым келип қудама,
Алып қаштым ылағын.
Бир қумды асқан жерлерде,
Жүйрик екен торы аты,
Қуўып жетти кейнимнен:
- Атаңа нәлет көргенсиз,
Кимниң тойын бузасаң? - деп,
Қамшы урды мойныма.
Ағайини көп екен,
Туўысқаны көп екен,
Маған зорлық етип,
Алып қайтты көкпарын.
Бул майданда әмиўимниң керлиги,
Маған қылған Байбөриниң зорлығы,
Сәр жыйында қамшы менен тарттырды,
Өлсем де кетпес қудамның берген қорлығы.
Саўаш күни аттың жалын өрмеймен,
Байсын ели қурсын, дәўран сүрмейин,
Өзим өлип, басым жерге киргенше,
Баласына Баршынжанды бермеймен.
Саўытымды бир илгектен шешемен,
Қартайғанда шийрин жаннан кешемен,
Сол қамшысы әрман болды кеўлиме,
Баршынжанды алып көшип кетемен
Әне, кемпир сол ўақытта, ғарры қудасы менен гийнелесип келген екен-аў, - деп ойланды, ашыў алдында келеди, ақыл кейнинде келеди деген, ғаррыма бес-алты аўыз сөз айтып, кеўилин аўлап, сапарын тилейин, деген бир қыял пайда болды. Әне, сол ўақытта кемпир ғаррыға қарап толғап турған усайды:
- Шашгенемди әрман менен тарайман,
Қартайғанда не мүшкилге жарайман,
Ашыў алдында келер, ақыл кейинде,
Көшпе, ғаррым, сапарыңды сорайман.
Болар деймен Баршынжанның тойлары,
Киси елинде шарға болар бойлары,
Жалғыз нашар киси елинде ер жетсе,
Ертеңине кем болады ақыл-ойлары.
Ашылмаған бул жерлерде лалаңды,
Тәўип билер бул кеселге даўаңды,
Тилимди алсаң көшпе қалмақ журтына,
Жат журтта өсирме нашар балаңды.
Жылай-жылай көзимниң жасы көл болар.
Жаға-пешиң жас төгилип, сел болар.
Нашар бала ғайры журтта ер жетсе,
Дийқан, тыштабанға үсти жол болар,
Ер жигиттиң бир әрманы сол болар.
Сол ўақытта ғаррының ашыўы келди:
- Ҳаслың сениң қатынды, сабап-сабап, енеғар, шығарайын ба отыңды! Қатынның тилине ерген жигит қатын, деп еситиўим бар еди. Тилиңди сениң алмайман, сөзине қулақ салмайман, душпаныма қосылып, аяғымнан алдың ба, қудаңа жығып бердиң бе, ат сүринген қыя дашың, ашыўлансам, көзден ағар қанлы жасың. Түйениң алдын босат, ҳә, атаңа нәлет! Егленсең, кетер басың! - деп, аттан түсип, бузаў тил кертартпа қамшы менен кемпирди урды, кемпир ҳәм түйеге мине берди.
Әне, кемпир менен қызды түйеге мингизип, қызыл қыя шөл менен жүре береди. Тайшыхан деген қалмақтың қаласы үш айлық жол еди. Көкирегине қудасының бир қамшысы әрман болып, Байсары Байсыннан шығып жөнеди. Таң сарғайып атқанда, кемпир менен қыз түйениң үстинде баратырып, бурыла берип қарады. Қараса, Байсынның ағашы байдақ-шаншақ, елес-елес қалып баратыр. Кемпир заманласынан айырылды, қыз тең-қурдасынан айырылды. Түйениң үстинде баратырып, екеўи кейнинде қалған тең-қурбыларына хош-аллаяр айтып, жылап баратырған кусайды:
- Бир-биреўди көрмек бар ма аллаяр,
Мен жылайман Патма пирге зар-зар,
Бул дүньяда елди көрмек болмады,
Хош болыңыз ойнап өскен қурдаслар.
Айтсам, атам енем тилин алмады,
Аллам басқа қанша қайғы салмады,
Хош болыңыз ойнап өскен қурдаслар,
Бул дүньяда енди көрмек болмады.
Лашын едим, қанатымнан қайрылдым,
Жүйрик едим, дойнағымнан майрылдым,
Хош болынлар, ойнап өскен қурдаслар,
Бул дүньяда мен де сеннен айрылдым.
Ат шабылған бәлент таўдың жонында,
Толықсып жүрмедим Байсын елинде,
Бул дүньяда бир-биреўди көрмек жоқ,
Хош болыңлар, таңла мәҳшер күнинде.
Зар-заржылап, кемпир менен қыз түйенин үстинде кете берди. Бул кетиўден кетти, шөллерди сегбир өтти, түлки жүрмес түнейден түнде қойын айдады, қарсақ жүрмес қалаңнан қайырып малын айдады. Отлақ жерде қонады, шымкентли жерде түсленди, неше ай, неше мезгил болғанда, өлдим-талдым дегенде, қалмақтың Бәндирги деген таўынан Байсары бай малын айдап зордан-зорға өтти.
Майдан екен жердиң даласы,
Аллады ердиң панасы,
Көз жиберип қараса,
Майдан, сәнжақ көринди,
Тайшыхан деген қалмақтың,
Есапсыз жатқан қаласы.
- Кемпир, сен ҳеш гәптиң мәнисин билмейсең. Шашың узын, ақылың қысқа қатынсаң, ҳәр журтқа келгенд патшасынан жуўаплы отырмасаң, урысы көп, қалтаманы көп, саяқ-сандырағы көп, биреўи малымызды талар, бир нешеси үйимизди тонар, бир нешеси баламызға зорлық қылар. Тайшыхан деген қалмақтың патшасы бар деп еситемен, қатты әдил хан дейди, малды майданға таслайық, Баршынжан қасында қалсын, екеўимиз барып, патшаға арзы етейик, - дейди. - Патшасы әдил болса, мынаў жатқан мүлкинен жазда жайлау, қыста мәкән еткендей булақ сорап алайық. Салғырт десе берейик, динимизди бузбаса, қалмақтың шетинде шарўашылық дәўран сүрейик, - дейди.
Сөйтип кемпир менен ғарры малды майданға таслап, Баршынжанды малдың басына қойып, қыйсық таяқты белине қыстырып, толықсып, сәске ўақытта қалаға кирди.
II бөлим
Бәлент көше, пәс көше,
Ырас көше, тар көше,
Аралап жүрсе Байсары,
Толған журттың ишинде,
Алпыс еки ҳәмелдары,
Жетпис еки мөҳирдары,
Тоқсан бийдиң ишинде,
Алтын тахтың үстинде,
Айбалтасы дәстинде,
Тайшыхан деген патшасы,
Отыр еди толықсып.
Оң жағынан барып,
- Патша ханым дад, - дейди.
- Арзың болса, айт, - дейди.
- Мен арзымды айтайын,
Айтпай, тақсыр, қәтейин,
Аўыз айғақ, тил тайғақ,
Айтып салсам бир сөзди,
Кеўилиңе келер хан ара.
Сонда хан:
- Гәпиң болса, айта бер, - дейди.
Сол ўақытта Байсары өз көкирегиндеги әндийшелерди бир-бир баян етип, Тайшыханның алдында неше жерден тымсал келтирип, орсақы айтып турған кусайды:
- Ҳә, хан аға, хан аға!
Арзымды есит, жан аға!
Жийдели Байсын елинде,
Мал айдаған шарўа едим,
Бес жыл болды, хан ийем,
Бизиң журтлар бузылды,
Бузылғанын айтайын:
Ғаррыларда қәде жоқ,
Уламада иззет жоқ,
Байда қайыр-сақаўат жоқ,
Еки адам урысса,
Урыса турып кериссе,
Жағаға қоллар салысса,
Төрелесип барғанда,
Төре берер киси жоқ.
Журт бузылды, хан аға,
Узақ жерден еситтим:
Тайшыхан деген патша бар,
Қатты әдил хан дейди,
Жетим менен жесирдиң,
Ул зуриятсыз ғәрип сорлының,
Белли атасы сол дейди.
Хан үстине хан келсе,
Бул да ханның мийнети,
Хан үстине ел келсе,
Бул да ханның дәўлети.
Дәўлет болып келгенмен,
Ҳәр саўдаға көнемен,
Салғырт десең, беремен,
Зәкат десең, беремен,
Динимди бузба, хан аға,
Халқыңда дәўран сүремен.
Ҳәр сөзди ойлап билемен,
Патшалығыңнан тәмем бар,
Мына жатқан жериңнен
Жаз жайлаў, қыс мәкан еткендей,
Бир булақ сеннен тилеймен.
Әне, сол ўақытта Тайшыхан:
-Бар, саған Ақбулақ деген булақты инам еттим, булақтың бойына бар, жайлаўға үйиңди қондыр, өриске малыңды жайдыр, есигиңди жел ашып, жел жапсын, қайдан келдиң, кайдан турдың деген адам болса, өзи өлимдар, малы патшалық болсын, - деп далаға жар урдырды, қолына жарлық хат берди. Хан ҳәм қартты сыйлады.
Сол ўақытта Байсарының ўақты хош болып, қосына қайта берди. Алып келип булақтың бойына жүгин таслады, жайлаўға үйин қондырды, өриске малын жайдырды, қайдан келдиң, қайдан турдың деген адам болмады.
III бөлим
Бес жыл шарўашылық етти, бири екиге турмады, баяғы жети жасында барған Баршын қызы он еки жасқа келди.
Талшыбықтай буралған,
Көргенниң ақылын алған,
Еки жүзи гүл-гүл жанған,
Қаршығадай қыялланған,
Бир қыз болды таўланған.
Байсыннан шыққан жерде кемпирдиң айтқаны келди. Нашар бала ер жеткен соң есигиң тыныш болар ма, қой баққан шопан, түйе баққан сәрўан, мал баққан падашы, жылқы баққан жылқыман, дийқан, тыштабан, саяқ-сандыраққа есиги гүзар жол болды. Бир келген еки келди, еки келген үш келди, үш келген байдың қызын көрген соң жанбаслап жатып сирә кетпейтуғын бәлеге ушырады.
Тайшыхан патшаның төрт-бес шопаны бар еди, қысы-жазы отар жайда қой бағып жүретуғын еди.
-Ҳаў, жигитлер, мынаў байдың үйине ҳәр ким бара береди, бизлер ҳәм шалап ишип қайтайық, - деген оларда қыял пайда болады.
Қойларын таслап, кеўиллерин хошлап, қыйсық таяғын сүйретип, өзлерин жолға үйретип, келди байдың үйине. Қараса, оң жағында бир қыз отырыпты, ап-аппақ, жупқа додақ, шашбаўы шашақ, шашағы моншақ, узын бойлы, кең кушақ, он еки муқам, қырық қылықлы, омыраўында мойны гез, он төрт жасар.
Мунаққат менен сөз қатқан,
Қайырыла берип наз еткен,
Ҳәр наз еткенде,
Қыс тоқсанды жаз еткен,
Үйине ким келсе де,
Кимди жақсы демейди,
Кимди жаман демейди,
Хош келдиң деп,
Қол қаўсырып узатқан.
Шопанлар қыздың реңкин көрип, қолынан берген айран-шалабын ише алмай еси кетип, аңын алдырып, зордан шықты майданға. Бир майдан турып өзине келди.
- Жигитлер, маңлайымыз қурысын, бизлер буннан кетейик, Тайшыханға жетейик, бул патшалыққа мүнәсип қыз екен. Сол қыздың тәрийпин ханға баян етейик, хан айттырып алса, ярдың ышқысына түссе, қәят, сүйиншисине бизлерди қой соңынан азат етпеспекен, - деп, шопанлар ханға қарап жүре береди. Барса, Тайшыхан арыз сорап отыр екен, толы журттын ишинде:
- Патша ханым, дад, - дейди.
- Арзың болса, айт, - дейди.
- Мен арзымды айтайын,
Айтпай, тақсыр, қәйтейин,
Әйне бес жыл болғанды,
Ақбулақтың бойына,
Бир бай келип қонғанды.
Үйинде бир қызы бар,
Он еки жасына келген,
Талшыбықтай буралған,
Көргенниң ақылын алған,
Қаршығадай қыялланған,
Еки бети гүл-гүл жанған,
Қандай десең оны,
Күйдим, тақсыр, дәрдинен!
Ап-аппақ, жупқа додақ,
Шашбаўлары шашақлы,
Шашағы толған моншақлы,
Узын бойлы, кең кушақлы,
Он еки муқам, қырық қылықлы,
Омыраўында мойны гез,
Он төрт жасар,
Мунаққат пенен сөз қатқан,
Қайырыла берип наз еткен,
Ҳәр назын еткенде,
Қыс тоқсанды жаз еткен.
Қандай қыз дейсең оны,
Күйдим, тақсыр, дәртинен!
Қамшы яңлы бармағы,
Гүмис яңлы тырнағы,
Устаға барсаң сандал бар,
Сандалды көр де, төсин көр,
Моллаға барсаң қәлем бар,
Қәлемди көр де, қасын көр,
Шершиге барсаң ҳинжи бар,
Ҳинжини көр де, тисин көр,
Қара жерге қар жаўар,
Қарды көр де, етин көр,
Қар үстине қан тамар,
Қанды көрде, бетин көр,
Қумнан қашқан порсықтай,
Ҳәр емшеги торсықтай,
Қандай қыз дейсең оны!
Күйдим, тақсыр, дәртинен!
Ҳәр бендеге келмес дәўран,
Айттырып ал сол қызды,
Алтын тахтың үстинде,
Бир ақшам сүрсең дәўран,
Жүрегинде қалмайды,
Зәрре қыйлы-қал әрман,
Өлер болдым Тайшыхан,
Сулыў қыздың дәртинен!
Әне, бул ғалаўыт пенен қыздың сыртынан ғайбана ашық болды. Тентиреклеп, теңселип, зордан ғана тахтан түсти.
Қалмақтың елатында да бир қайсар дәў бар еди. Журттың бәри өзимдики деп, ханға да теңлик бермей жүрген, атын Қаражан палўан-дәў деп ат берер еди.
Бул ғалаўыт Қаражанға түсти, Қаражан ҳәм ашық болды.
- Маңлайы қара Тайшыханның кимнен тиреўи бар екен, елге келген олжаны бизге кеңеспей аламекен. Ағалық етсе, алып берер, ханлық етип, аламан десе, геллесин кесип, журтын қырып қайтайын, - деп Қаражан атлана берди.
Ханның жайы датқа жай,
Хан отырған ақ сарай,
Пияда бармас жерлерге,
Атлы кирди Қаражан,
Қаражан:
- Атлар шаптым қыядаш,
Ағарлар көзден селли яш,
Мендей бир палўан келгенде,
Тайшыхан, шығып хабарлас.
Хан аға, саған арзым бар,
Еситип, сөзге қулақ сал,
Ел шетинде бир бай бар,
Еситемен үйинде,
Бир қызы бар, дейди.
Ашық болып келгенмен,
Атын Баршын қыз дейди,
Маған алып бересең,
Хан аға, қалай көресең?
Тайшахан:
- Қайт кейниңе, Қаражан!
Толықсып дәўран сүргенмен,
Бир жағдайды билгенмен,
Баршын атлы қызларды,
Өзим бир алып қойғанман.
Сол ўақытлары Қаражанның,
Ашыўы жаман келеди,
Атының басын бурады,
Аралай берди қаланы.
Қалмақтың кәтқудаларын жыяды,
Кәтқудаларды Қаражан,
Хан алдына әкелди,
Хан бийлиги кеңести,
Кәтқудаға береди,
Кәтқудалар сөйлейди:
- Ҳә, хан аға, хан аға!
Арзымды есит, бий аға!
Хан да бир елдиң ағасы,
Бий де бир елдиң ағасы,
Екеўи қас болғанда,
Жылайды қалмақ баласы.
Бир байдың журтына,
Еки тышқан таласар,
Бир нашар ушын таласпақ,
Наҳақ қан төксең ортадан,
Еки қалмақ урысар,
Урыса тура керисер,
Жағаға қол салысар,
Адам өлер, ат жығылар,
Көшеде қан төгилер,
Жесир қатын, жетим ул,
Арасында зар жылар.
Биймәлел болсын сөзиңиз,
Хан сайласын тоғыз атлы,
Бий сайласын тоғыз атлы,
Екеўиңиз он сегиз жаўшы жиберип,
Айттырың байдың қызын,
Ханға берсе, бий өкпесиз,
Бийге берсе, хан өкпесиз,
Биймәлел болсын исиңиз.
ОндаТайшахан айтады:
- Ал, Қаражан, сениң өзиң бир гәпке түспейтуғын жигитсең. Сениң жаўшың саған тартар, бизиң жаўшы бизге тартар, ҳәр ким өз ләпсисине гүрриң айтар, гәп және алағайым болып қайтар, заңғар. Сизлерге ҳәм болмайтуғын, бизлерге ҳәм болмайтуғын, төреликти тең айтатуғын еки елшиниң алдында бийликке бир адам жиберейик, - дейди.
Онда Қаражан:
-Хан аға, кимди жиберейик? - дейди.
Ол ўақытта ханның алдында бир сөйлейтуғын шешени бар еди, ол шешенниң атын Көкаман қуўқыл дейтуғын еди.
- Ҳә, Көкаман, сен Тарлан аттың белине мин. Он сегиз жаўшыны кейниңе ертип, байдың есигине барып, қызын айттыр. Ханлыға да болмаң, бийлиге де болмаң, гәпти алағайым етип келсен, таңла мәҳшерде латманаттың алдында қыямет зарын сен тартасаң, - дейди.
- Әжеп болар, тақсыр, - деп, ханның Тарлан деген тулпарының белине минип, он сегиз жаўшыға бас болып, атлана берди Көкаман. Аррағырақ барғанда Көкаман деген бир гәпке шебер, ханға мәҳрем, атқа сейис, қуў тил кәллагар еди.
- Ҳәй, жигитлер! Ханнан шыққан жигитлер! Сизлерге бир гәпим бар: Ғайыптан келген мийманның есигине барып, бирден: «Аў, қызыңды, қәне, кимге бересең?» деген қатты айып болар, - дейди.
- Байсары жатқан боз үйге қырық адым жақын барайық, аттың басын иркип, мийман келди, хабарлас деп, үйине қыйқыў салайық, - дейди.
- Шығып хабарласар, бизлерден бир жол болсын сорар. Оннан соң қызын айттырайық. Кейнинен бес-алты аўыз абай-сыясатты ҳәм көрсетип қояйық, - дейди.
Әне, сөйтип, түс ўақтында байдың есигине қырық адым жақынлап барады, әлинде сазы жоқ, тилинде сөз бенен аттың басын иркип не деп турған усайды:
- Атлар шаптық узақ жерге қыядаш,
Ашыўлансам ағар көзден селли яш,
Ханнан, бийден атлы келди үйиңе,
Байсары бай, шық майданға, хабарлас.
Көгермей ме бәлент таўдың гиясы,
Қартайса адамның болмайды еси,
Ханнан, бийден атлы келди үйиңе,
Шықсаң бойма боз орданың ийеси.
Ашыўлансаң қанлар толар көзине,
Кийсеқ қылқа жетпей игри дизине,
Ханнан, бийден атлы келди, бай аға,
Сал қулағың мийманыңның сөзине.
Сол ўақлары Байсары,
Ақ қылқасын жамылып,
Оттай баўыры қан болып,
Тал таяғын таянып,
Сақалы қанға боялып,
Ыңыранып шықты үйинен.
Қарай берсе Байсары,
Гүрмеўленген шоқатлы,
Тур екен булақ бойында.
- Ол, ол болсын, ол болсын,
Ханнан келген хан иним,
Бийден келген бек иним,
Не хызметиң бар еди?
Инилерим, саған жол болсын,
Айтсан бойма бизлерге?
Көкаман турып сөйледи:
- Ҳә Байсары, Байсары!
Қулақ сал мениң сөзиме,
Хан жиберди бизлерди,
Бий жиберди бизлерди,
Көрип кел деп сизлерди.
Хан менеи бийдиң арзы бар,
Қолыңда тилла сазыңды,
Ат көтерместей назыңды,
Хан менен бий айттырды,
Гүлпаршын атлы қызыңды.
Таў таўлаған таўшыман,
Қусымды салған аўшыман,
Тайшыханнан тоғызбан,
Қаражаннан тоғызбан,
Екеўинен он сегиз,
Қызыңа келген жаўшыман.
Жаўластырмақ жаўшыдан,
Жаўшылыкқа келгенмен,
Еллестирмек елшиден,
Елшиликке келгенмен,
Сизлер саўыт, мен уста,
Сеплемеге келгенмен,
Еки мөмин саўдасын,
Еплемеге келгенмен,
Қолыңда тилла сазыңды,
Ат көтермес назыңды,
Хан менен бий айттырды,
Баршын атлы қызыңды.
Ханға берсең қызыңды,
Алтын тахтқа минесең,
Хан атасы боласаң,
Бийге берсең қызыңды,
Бий менен дәўран сүресең,
Хәй, атаңа нәлет Байсары!
Қызыңды қайсысына бересең?
Әне сонда Байсары:
- Ханнан келген хан иним, бийден келген бек иним, бизиң елде шәрият бар еди, шәрияттын китабында сөз бар: нашар бала ер жеткен соң өзинен бийжуўап кисиге бериў шәрияттың мәсҳәбине сыймайды. Маған бир азырақ мәўлет бериң, мен бир үйиме кирейин, қызыма кеңесейин, қайсысына тийемен десе, өзим шығып жуўабын берейин, - дейди.
- Егленбей шық, ҳәй заңғар! - деди жаўшылар.
Сол ўақытта бай бурылып үйине кирди. Қызына сөзин айталмай, көзиниң жасын тыялмай, кемпирден де уялмай, бир қәсте кесел болып, «аҳ-үх» деп, жер баўырлап жылап жата берди ғәрип.
Сол ўақта қызы Гүлпаршын деген бир ақыллы нашар еди, атасына қарап, атамның не жери аўырды екен, не кесел пайда болды екен, буннан бир аўырған жерлерин сорап көрейин деп, атасының басын дизесине қойды. Қызы не деп турыпты:
- Мен жылайман бул жерлерде зар-зар,
Бәршемизди халық әйлеген бириўбар,
Арзымды есит, муңлы болған жан ата,
Перзентиңниң айтатуғын арзы бар.
Батыр жигит байлар дейди дәбилди,
Сениң ушын шыбын жаным себилди,
Мунша неге жер баўырлап жыладың,
Жаным атам, не жерлериң аўырды?
Шашгенемди он төртимде тарайман,
Муңлы нашар, не күнлерге жарайман,
Атажаным, не жерлердиң аўырды?
Аўырған жериңди сизден сорайман.
Ашылған бағлардың гүли солар ма,
Әжел жетпей пайманаңыз толар ма,
Атажаным, не жерлериң аўырды,
Ақ үйиңе нашар тулға болар ма?
Ат сүринген бәлент таўдың тасынан,
Алла, рәхим әйле көздиң жасынан,
Атажаным, не жерлериң аўырды,
Сен өлгенде ким сыйпайды басымнан?
Сол ўақытта атасы басын көтерип:
- Ҳәй, балам Баршынжан-әй, Тайшыханнан тоғыз атлы, Қаражаннан тоғыз атлы, екеўинен он сегиз атлы келип турыпты, кайсысына барасаң, қызым? - дейди.
Атасының басын жерге көтерип урды. Енесиниң мойынын қушақлап, көзиниң жасын момшақлап, (Байсында Баршын жети жасар қыз еди, айт айтлап, той тойлап, Байбөриниң орамына барғанда, бизиң елдиң келинисең, - деп, қатынлар, қызлар дақыл ететуғын еди), ғәриптиң ата-енесине зар жылап турғаны усайды:
- Бул жоллардан сансыз кәрўан өтпейди,
Нашар бенде басқа түссе нетпейди,
Айтлар айтлап, тойлар тойлап жүргенде,
Бизин елдиң келинисең дегени,
Атажаным, қулағымнан кетпейди,
Бойым қурсын, жылдан-жылға өседи,
Батыр келмей, сол бахытымды кеседи,
Жас та болсам, қатықулақ сорлы едим,
Алпамыстың қалыңлығы деседи.
Бедеў минген қыя шөлде желмей ме,
Баршыннан айрылған палўан өлмей ме,
Қалай-қалай сөйлейсең сен, сор ғарры,
Ертең менен малды берген келмей ме?
Атадан ул туўар дейсең бе қыялсыз,
Ақ үйине болар дейсең бе зыянсыз,
Ертең менен малды берген келгенде,
Не жуўап берерсең еки иймансыз?
Мен жылайман Патма пирге зар-зар,
Ҳәр не қылса қүдиретимниң ерки бар,
Келген атлыларға жуўап бериңиз,
Ақыретке арты барғыр ғаррылар.
Сәҳәр ўақта түйеге жүк арттырдың,
Аўмасын деп арқан менен тарттырдың,
Өз журтыңды таслап еки иймаисыз,
Қалмақларда қанша дүнья арттырдың?
Шашгенемди бестен таллап өрейин,
Қүдиреттиң исине өзим көнейин,
Жылай берме еки бирдей алжыған,
Қалмақларды өзим шығын көрейин.
Алла абырай берсе мендей нашарға,
Жаўшыларға шығып жуўап берейин.
Әне, байдың қызы Баршынжан,
Ашып алтын аршасын,
Кийип ҳасыл липасын,
Сом алтынға бөленип,
Таўыс киби безенип,
Өзин жолға көзенип,
Ләблерине бал қойып,
Сөзлерине қал қойып,
Тислерине тишпен бақып,
Жилўа менен қасын қағып,
Аяқларын қыя бақып,
Нартекедей керилип,
Жүрерине еринип,
Еки бети гүл-гүл жанып,
Қаршығадай қыялланып,
Қалмақлардың ақылын алып,
Бир қолы ақ сийнесинде,
Бир қолы оң дизесинде,
Қыймығып шықты майданға.
Қалмақларды көрген соң қайнаға мисетинде көрди, дизесип басып сәлем берди, елшилерге барды. Әне, Баршын не деп турыпты:
- Ханнан келген хан аға,
Бийден келген бек аға,
Үлкениңиз қайнаға,
Кишкенеңиз мырзаға,
Ортаншыңыз қурдасым,
Қабыл болғай көз жасым.
Байсын деген бизиң журт,
Бузылып еди, қайнаға,
Бузылған сөздиң мәниси,
Еки адам урысса,
Урыса тура кериссе,
Жағаға қоллар салысса,
Төрелесип барғанда,
Тере берер киси жоқ.
Атам муңлы ғарры еди,
Ул зүриятсыз сорлы еди,
Узақ жерден еситтик,
Тайшыхан деген патша бар,
Жетим менен жесирге,
Мал айдаған шарўаға,
Жери оның жайлы деп,
Ул зүриятсыз сорлының,
Шын атасы сорлының.
Соның менен, қайнаға,
Көшип едик Байсыннан,
Нан таппай бизлер келиппек?
Мал жаймаға, қайнаға,
Көл таппай бизлер келиппек?
Телеген арба жүрместсй,
Теңселмемеди жериңиз?
Қодалақ арба жүрместей,
Қопалықпеди көлиңиз?
Ғәрип-қәсер жүрместей,
Тергеўлимеди жериңиз?
Ханыңа да тиймеймен,
Бийиңе де тиймеймен,
Ханға тийсем, қайнаға,
Бийдиң келер кеўлине,
Бийге тийсем, қайнаға,
Ханның келер кеўлине,
Журтың еки бөлинер,
Хан меиен бий қас болар,
Қасаң байтал еки айғырды,
Аш етеди, деген бир сөз бар,
Тентиреп келгем саллақы,
Журтты еки бөлди, деген,
Ыстапат келер бизлерге.
Ол лақапты көтермеге,
Өзим бир муңлы нашарман,
Ханыңнан да тәмем бар,
Бийиңнен де тәмем бар,
Мениң нашар басыма,
Алты ай берсин мәўлетти.
Узағына хат жоллап,
Жақынына ат жоллап,
Арық атын бақтырсын,
Семиз атын тапласын,
Қырық күн атты қайтарсын,
Алты ай он күн толған соң,
Уллы тойды басласын.
Дәрбент жолдың аўзына,
Сәркабын бәлент үйдирсин,
Елин қоймай жыйдырсын,
Тоқсан үйди тиктирсин,
Қырық күншилик жолларға,
Ат жиберсин байраққа.
Аты озған жигиттиң,
Кимиңди қул демеймен,
Кимиңди тул демеймен,
Кимиңди хан демеймен,
Кимиңди қара демеймен,
Аты озғанға тийейин,
Биймәлел болсын, қайнаға,
Жалғыз нашар басымды,
Ат байраққа тигейин.
Бул сөз ҳәммесине мақул түсти. Ханның атлысы ханға қайтты, бийдиң атлысы бийге қайтты.
Көкаман деген маңлайы қара бир қуўқыл еди. Қыз далаға және бир шықса, дийдарын және бир көрмеспе екенмен деп, қора аңлыған көпектей есигиниң алдында аңлыйды да турады. Баршын таўланып майданға шықса, баяғы Көкаман куўқыл еле тур екен. Сол ўақытта қызды көрип қышқырады:
- Балам-аў! Адамның жасы қайтса, мий орта түседи, ақылы азайып, тилиниң буўыны қатып, сөзиниң мазасы қашады, қулағы аўыр тартады, деген бир сөз бар, жаңағы гәпинди алағайымырақ еситтим бе деп турман-аў. Бир ай дейсең бе, еки ай, үш ай дейсең бе? - деди.
Сол ўақытта қыз ойлады:
- Гөне киси гөдек болды деген, қулағы аўыр болса аўыр шығар, жақынырақ барып, бир қышқырайын, - дейди.
Зәрре жақынлаңқырап, пердени көтериңкиреп, ғарры қулға бир қолы ақ сийнесинде:
- Алты ай, қайнаға, - дейди.
- Ырас айтасаң балам. Алты айға дейин ҳеш қалмаққа ўәде берип жүрме, балам, - деди. Аттың басын бурып, қорп-қорп жүрип қайта береди.
Жаўшылар ханның алдына келди. Қаражан ҳәм гириптар, Тайшыхан ҳәм гириптар, еки гириптар күтип отыр екен.
- Келдиң бе, Көкаман? - деди хан.
- Келдим.
- Қызын көрдин бе?
- Көргенде қандай! Ҳақыйқат көрдим.
- Жақсымекен, жаманбекен?
- Жақсы-жаманын билмедим, бир кәсе шарап қолында, шығып еди үйинен, бети айдай жарқырап, тура алмадым алдында шыдап, қамыс киби қалтырап.
- Қәне, жора, кимге барады?
Сол ўақытта:
- Ой, маңлайы қара! Қаражанға да бармайды, ханға да бармайды.
- Енди кимге барады?- дейди хан.
- Қыздың ақыллы екенин буннан бил, ханға барсам, бий өкпелер, бийге барсам, хан өкпелер, қасаң байтал еки айғырды аш етеди, деген насақ маған қалады, - дейди. - Атын алты ай байласын, арық атын семиртип, семиз атын таплап, қырық күн атын қайтарсын, уллы тойды басласын, қырық күншилик жолдан ат жиберсин байраққа, аты озған жигитке тийейин, басымды ат байраққа тигейин, сөзим биймәлел болсын, - дейди қыз, ақыллы емей, бул не?
Бул сөз ханға да, бийге де мақул түсти, ҳәр ким өзиниң орамына хат жоллап атыр, ат жоллап атыр.
Атың болса бағасаң,
Жаныңды отқа жағасаң,
Қырық күн атты қайтарып,
Қырық күншилик жоллардан,
Аты озған жигитлер,
Баршын қызды аласаң!
Байтал минген де бақты, ғашыр минген де бақты, ешек минген де бақты, ҳәр ким өз гүмирашылығы менен ат бағып қала берди.
IV бөлим
Ендиги сөзди Байсынның елатындағы Байбөриниң баласы Алпамыстан еситиң. Алпамыс Байсынның елатында он төрт жасына келди, нардай күшине толды, ер жетип, жигит болды. Жигиттиң мурынына самал енди, ҳәр ўақытта ата-енесинен «қыз алдыңыз ба?» деп сорап қоятуғын еди, ата-енеси жасырып жүретуғын еди.
Байсында алағайымлық болды, уры-қалтаман көп болды, биреўди биреў жейтуғын заман болды. Салып қойған қала жоқ, жерден ақыр қазды, арбадан қамал қылып, дәрўазаны бир жерден қойып, қамал қоятуғын бәлеге ушырады. Алпамыстың ететуғын иси жоқ, ыңыранатуғын кесели жоқ, күнде азанда дәрўазаға шығады, дәрўазаны аңлыйды, күндеги талабы сол: отынға, суўға шыққан қыз болса, мойынына қол салып, ҳәр бетинен поса алып, мойынынан қушақлап, бетлерин тислеп, тула бойын көк-көмбек қылып жиберетуғын бәлеге ушырады. Бала-шаға майданға шыға алмайтуғын, өз жаўы өзинен шыққан маңлайы қара қала сол болды.
Байбөри байдың жақынырақ бир келини бар еди:
Топпысы тозған,
Геллеси қозған,
Еки дизеси қулағынан зәрре озған,
Көзлери мәштей,
Шандыры тастай,
Көп бир қуўқыл, маңлайы қара кемпир еди, ер жеткен еки қызы бар еди, отынға бар десе, бармайды, кемпирдиң тилин алмайды, қызлары айтқанын қылмаған соң, кемпирге не турыс:
- Қыршыныңнан қыйылғыр-аў, шыбығыңнан шырпылғыр-аў, еки бирдей урғашы, суўға неге бармайсыз, отынға неге бармайсыз? - дейди.
Сол ўақытта қызлары:
-Ап-аў! Отыны да қурысын, суўы да қурысын, бизлер неғып барайық. Мына Бөйбөри байдың жүўернемек, урныққыры Алпамыс деген баласы бар-аў деймен, арман өтсек те қоймайды, берман өтсек те қоймайды, мойнымызға қол салып, ҳәр бетимизден поса алып, мойынымыздан қушақлап, бетимизден тислеп, күнде тула бойымызды көк-көмбек қылып жибереди, - дейди.
- Ўай, қудайдың өлими келгир жүўернемек-аў, - дейди кемпир. - Аўылда бала-шағаны қоймай жүргенше, қалмақтан қатынын алып келсе болмай ма? - дейди. - Сизлер қабағыңызды алып, алдыма түсиң, өзим оның жүрегине шай тартқандай қылып қайтайын, - дейди.
Сол ўақытта мама гөне мәси, гөне гүпи, гөне топпы - бәршесин кийип, дәкенесии ҳайўанқаслап, ҳалақасын узын таслап, жаўлығын қыя жамылып, ҳасаны белине салып жүре береди, қабағын ийнине салып, қызлары ҳәм алдына түсти, қызлар дәрўазаға бурынырақ барды, еки қызды көрген соң, күндегидей дийханшылықты қойсын ба:
- Көргенше жоқты қарарым,
Таймағай бастан дәўраным,
Мунша неге кешиктиниз,
Еки бирдей назлы ярым?
- деп, мойынға қол салды, ҳәр бетинен поса алды, мойынынан қушақлап, бетинен тиследи, кемпир барғанша қызлардың тула бойын көк-көмбек қылды. Сол ўақытта маманың ашыўы келип, Алпамысқа ғыжалат берип, қажап сөйлеп турған усайды:
-Халқыңыздың жарпын сорсаң қыятты,
Атаңның дәўраны журттан зыятты,
Бизин қызға малды айдап бергендей,
Қәйним, мына исиң журттан уятты.
Қарқарам бар бул басымда шоқтан-шоқ,
Мен жылайман жаратқанға, қайғым көп,
Байсын елде еки теңлес бай еди,
Билесең бе, бири бар да, бири жоқ.
Бул жерлерде шеккен жәбир-жапаңыз,
Ашыққа жарасқан заўқы-сапаңыз,
Атаң менен қайнатаң өз тойында урысып,
Қалмаққа көшип кетти қәйин атаныз.
Бедеў минген мәрттиң жүреги тасар
Ярынап айырылған ақлынан сасар,
Узақ жерден еситип жүрмен ғалаўыт,
Баршынжаным қалмақта қыз болған,
Қаражан менен Тайшыханлар таласар.
Бедеў минип, қыя шөлде желсеңе,
Бүйтип жүргенше сен, қәйним, өлсеңе,
Аўылдағы бала-шағаны қоймай жүргенше,
Қалмақтағы қатыныңды алып келсеңе.
Жеталмассаң, жолың мәнзилден жырақ,
Баршынжан жүргенди келгей деп жылап,
Буннан барып келинди алып келмесең,
Жүўернемек жер тартқыр-аў,
Киймешекли қатын сеннен жақсырақ.
Сол ўақытта Алпамыстың реңи сарғайып, кеўли пәс түсип, себил боз ордасына барды. Сол ўақытта, жалғыз бала сарғайып отырған соң, не ишесең, не жейсен, қай жериң аўырып тур, дегенлерге Алпамыс:
- Қуўырмаш куўырып бер, апа, - деди.
Сол ўақытта, жалғыз баланың сөзи жерде қала ма, қазанның басына бара қалды, майды қазанға салды, арбашы ябыдай қазанды қапталлап тура қалды.
Май күйген ўақытта бийдайды желпип майға қуйып жиберди. Ояғын дағлап, буяғын дағлап, алды қызарып, кейни сарғайған ўақытта:
- Шырағым, қатты ма, бос па, писти ме, шийки ме? - деп, бир қасық қуўырмашты узатты.
- Маңлайы қара, сениң кир касығың менен қуўырмашыңды жейтуғынбедим? - дейди бала.
Сол ўақытта елбиреп-делбиреп, бир уўыс қуўырмашты қолы менен узатты. Баланың жүреги тасты, қолы күйип баратыр, кемпир өлип баратыр. Қолын қаттырақ қысып:
- Апа, маған қыз алдыңыз ба? - деп сорады.
- Өйбей, алып едик, - деп айтып-ақ салды.
- Қайда кетти?
- Атаң менен қәйин атаң тойында урысып, қалмаққа көшип кетти, балам, - дейди.
Соннан соң қуўырмашын не қылсын, тиллә ерди ийнине салды, жез баўырдақ қамшыны қолына алды, өзин көтерип өсирген қул атасын Қултай қул деп ат беретуғын еди, ҳәмме елдин шетинде, Ақбулақтың бойында жылқы бағып жататуғын еди.
Пайыў-пияда, ер арқалап, қамшы алып, атлы бармас жерлерге ерте песин ўақытта пияда барды Алпамыс. Баба жигербенти жалғыз Алпамыстын тиллә ер ийнинде, жез баўырдақ қамшы қолында, сарғайып жортып киятырғанын көрип:
- Жигербентим, жалғызым, пияда неге киятыр екен, баламнан жол болсын сорап көрейин, - деп, Алпамыстың қасына келип, жол болсын сорап турған усайды:
- Ҳаўа жаўсын, айдын көллер ҳөл болсын,
Жылдан-жылға аз дәўлетиң мол болсын,
Көринеди тиллә ериң ийниңде,
Жигербентим, жалғыз балам, жол болсын?
Таза тарлан талпынады уяда,
Ҳеш бир бенде сарғаймасын қыяда,
Көринеди тиллә ериң ийниңде,
Неге келдин, жалғызым, пайыў-пияда?
Батыр гезер дағыстаннан жол салып,
Ашық ойнар ақ сийнеден қол салып,
Арқалапсаң тиллә ерди ийниңе,
Оң қолыңа жез баўырдақ қамшы алып.
Әне сол ўақта бала сөйлейди:
Ақылым болды мениң лал,
Кеўилиңде бар ма қыйлы-қал,
Арзымды есит, жан ата,
Саған бир айтар арзым бар.
Атам бир сықмар киси екен,
Айтлар, тойлар болғанда,
Тең қурбылар келгенде,
Жүр жора, деп турғанда,
Мингендей ат бермейди,
Кийгендей тон бермейди,
Урысарсаң сен, дейди,
Кейисерсең сен, дейди,
Биреўдиң тойын бузарсаң, деп,
Жибермейди бизлерди.
Ақша бабам той берген,
Хат жиберип шақырған,
Алпамысжан келсин деп,
Мына берген тойымның,
Мирапбысы болсын ден,
Жүз жигит келди үйиме.
Минейин десем, атым жоқ,
Кийейин десем, затым жоқ,
Қалар болдым пияда,
Егленип турың беглер деп,
Келдим сениң қасыңа.
Ат кекилин тарайман,
Жалғызбан, тилге жарайман,
Тақымым мениң толғандай,
Хызметиме болғандай,
Мына баққан жылқыңнан,
Қабырғалы бир ябы,
Сеннен баба сорайман.
Сол ўақытта бабасы:
Бәрекелла, балам, сениң мәрт болғаныңа шүкир! Ат минемен деп кәмалға келгениңе шүкир! Атаң бир маңлайы қара киси ғой, мал көтин қарыслаған. Атанның сықмарлығын сеннен көп жыл бурын билемен, балам.
Булақтың бойына бар, бойың шелли бир ақым қаз, бойыңды жасырып жат, сәскеде жылқының алды таўдан қулап суўға келер, сол жерде намазлыгерде суў ишип, кейни серпилип қайтар. Тақымың толғандай, хызметиңе болғандай, ҳәжетиңе жарағандай қабырғалы ябы болса, сайлап өзиң услап алып мин, балам. Қайсысының жүйригин, қайсысының шабанын, қайсысының жақсысын, қайсысының жаманын мен билмеймен. Атаңның көп малы жоқ, бир мың ғана жылқысы бар, балам, - дейди.
Сол ўақытта бала булақтың бойына барып, бойы шелли ақымды қазып, бойын жасырып жатты. Әрманлық пенен таң атты, күн шықты, сәске болды, жылқының алды тумсықтан таўдан қулап, суўға келди, намазлыгерде суў ишип, кейни серпилип қайтты.
Тоқымы толғандай,
Хызмет күнге болғандай,
Көринбеди ишинде,
Қабырғалы бир ябы.
- Пай, маңлайы қараның жыйнаған малы ҳарамзада екен! - деп, ақымнан басын көтерсе:
Аяклары топышақ,
Қуйрык жалы бир қушак,
Жүрип жолдан адасқан,
Тула бойын кене басқан,
Мезгиллик жолды аңлаған,
Дүбир шықса узақта,
Қулақ салып тыңлаған,
Өзи шубар, қотыр тай,
Қарны үлкен суў қабақтай,
Кеселеп жортып киятыр,
Сол маңлайы қараны сынап көрейин, деген мәрттин, кеўилине қыял пайда болды, узақтан суўсап келген жылқы булаққа тумсығын басты, Мәрт ақымнан шығып, куйрыққа беккем жабысты. Ат арман тартты, бала берман тартты, тулпарлығын билдирип, Алпамысқа күш бермей, бир танап жерге сүйреп қашты. Батырлығын билдирди, аш жолбарыстай ыңыранып, жарылған муздай гүңиренип, иркип алды Шубарды.
Тилләдан ноқта салады,
Борбослаў жерге аўнатып,
Аттың көзин уўқалап,
Жаўырынларын сыйпалап,
Ер дүзиўин салады.
Қублаға басын қаратып,
Аяғын қойды зәңгиге.
Атланайын деген ўақта, Қултай бабасы шырп ете қалды.
- Бәрекелла, жигербентим Алпамыс, танып Шубарды минген екен, Шубар тайға ер салған екен, алдында ағасы жоқ еди, кейнинде иниси жоқ еди. Ашыў менен қайда жүрди екен?
Бир жол болсын сорап, қутлы болсын айтпақшы болып ойланды. Әне, баба аттың мойнын қушақлап, жол болсын сорады:
- Беллериңде буўған тиллә дәлментиң,
Ғарры сорман, таймағай да дәўлетиң,
Қайсы елден қай шәҳәрге барасаң?
Жолың болсын Алпамыстай перзентим?
Он төртинде туўған сениң айыңды.
Мен билемен, балам, сениң жайыңды,
Қайда атландың ашыў менен перзентим?
Сен минипсең еншиге айтқан тайыңды.
Он төртиннде туўған гәўҳар айларың,
Келисипти, балам, сайма-сайларың,
Ашыў менен қайда атландың, жалғызым?
Қутлы болсын минген Шубар тайларың!
Сол ўақытта баласы:
- Мен мингенмен Байшубардың белине,
Душпан қорқсын жортқан аттың демине,
Көп еглеме, баба, енди бизлерди,
Сапарым бар Тайшыханның елине.
Қултай:
- Атлар шапқан бәлент таўда кәр еди,
Тарыққанда пири жылаўдар еди,
Ашыў менен мунша атланып, жалғызым,
Қалмақларда не хызметиң бар еди?
Алпамыс:
- Ярыма қылғанман жапа-зулымы,
Ақ бетине жарасқанды тулымы,
Көп еглеме, баба, булақ бойында,
Қалмаққа кеткенди Байсын келини.
Минип бедеў қыя шөлде желемен,
Әжел болса, үйде болса ҳәм өлемен,
Еглеме, жан баба, енди бизлерди,
Аман болсам келиниңди алып келемен.
Беллериме алтын кәмар буўаман,
Нәмәрт болсам неге анадан туўаман.
Еглей берме, пәтия бер, жан бабам,
Кеткен ярымды өлгенимше қуўаман.
Қултай:
- Ата деген қәдирдан,
Сыйлайгөр, балам, атаңды,
Ене деген мийирман,
Сыйлайгөр, балам, енеңди.
Сыйламасаң атаңды,
Қойларды баққан қул болар,
Сыйламасаң енеңди,
Тезеклер терген күн болар,
Байбөридей ағамның,
Ақбилек атлы жеңгемниң,
Қайда кеткениңди билмей,
Жылай-жылай, шырағым,
Еки көзи көр болар.
Атыңның басын бур, дейди,
Байсын елге бар, дейди
Атаң менен енеңнен,
Ақ пәтия ал, дейди.
Ақ пәтия алған соң,
Қайда кетсең, онда кет,
Перзентим, өзиң бил, дейди.
Ашылған гүллер солмайды,
Бийәжел бенде өлмейди,
Ата менен енени,
Наразы қылған баланың,
Сирә жолы болмайды.
- Енди ата-енеден пәтия алып кетпесем, болмас, - деп Алпамыс Байсын елине қарап жүрис кылды. Жақынлап барып қараса, еки ғаррысы дәрўазаның алдында жолына қарап гириптар болып тур еди. Пияда кеткен баланың атта киятқанын көрди.
- Кемпир, бахтымызға қара тигилген, жәдигөйдиң тилине инанған екен, қалмаққа кететуғын болған екен-аў, бир жол болсын сорап көрейик, кетеғойса жалғызым, сапарынан кеш болар, Байсыннан сайлап қыз алып берейик, кетпе балам деп, бир жалынып көрейик, - деди.
Бул мәсләҳәтте турған ўақытта Алпамыс сәлем берип, атасының қасына барды. Әне, сол ўақытта атасы оң жағында, шешеси сол жағында, екеўи сырласып, Алпамыстан жол болсын сорап тур:
Байбөри:
- Ҳаўа жаўсын, айдын көллер ҳөл болсын,
Жылдан-жылға аз дәўлетиң мол болсын,
Қайсы елден, қай шәҳәрге атландық,
Жалғыз ғана жигербентим, жол болсын?
Он төртинен шалқып туўған айыңды,
Мен билемен, мәрт жигитсең, жайыңды.
Ашыў менен қайда атландың, шырағым?
Қултайдан алыпсаң, енши тайыңды.
Алпамыс:
- Мен мингенмен Байшубардың белине,
Қалмақ қорқсын жортқан аттың демине,
Еглей бермең еки бирдей ғаррылар,
Сапар еттим Тайшыханның елине.
Байбөри:
-Ат ойнатқан бәлент таўда кәр еди,
Жылағанда пириң жылаўдар еди,
Ашыў менен мунша атланып, шырағым,
Қалмақларда не хызметиң бар еди?
Алпамыс:
- Байшубардың куйрық-жалын өремен,
Бәҳәр болса таўдан гүллер теремен,
Жылай берме еки бирдей ғаррылар,
Аман болсам, келиниңди алып келемен.
Байбөри:
- Қартайғанда ҳәр қыялға дөнейин,
Алды менен тамашаңды көрейин,
Алдыңда ағаң жоқ, кейнинде иниң,
Байсыннан сайлап қыз алып берейин,
Алпамыс:
-Беллериме алтын кәмар буўаман,
Нәмәрт болсам, неге анадан туўаман,
Жылаўымды қаға бермең ғаррылар,
Кеткен ярды өлгенимше қуўаман.
Байбөри:
- Бедеў минсең кыя шөлде желесең,
Өзиң жалғыз, ҳәр саўдаға көнесең,
Кетер болсаң енди, жалғыз шырағым,
Неше айда, неше күнде келесең?
Алпамыс:
- Басыма жаўдырғай алла раҳметти,
Байсын елден тайдырмағай дәўлетти,
Алты айда келиниңди алып келермен,
Егленбей бериңлер маған мәўлетти.
Байбөри:
-Жерди, көкти халық әйлеген иләйым,
Қартайғанда неден болды гүнайым,
Бар, кеткен жалғызды саған тапсырдым,
Тарыққанда қоллайгөр, қәдир қудайым.
Белиме жарасқан тиллә дәлментим,
Таймағай дә қартайғанда дәўлетим,
Балам, сени бир қудайға тапсырдым,
Аман барып, саў келгейсең, перзентим!
Атыңа таққанман тиллә сәдепти,
Хызметиңде тәнде баўырым кәбапты,
Аман барып, саў келгейсен, перзентим,
Ата-енең бере берди жуўапты.
Атпамыс аттың басын оңғарып, қаладан шықты. Сол ўақытта еки көзи сыртында, таўшанның туўған төбеси көзине ысық көринеди, ғайры журтқа шыққанда мәрт екениңди ким билсин, кемлик келер өзиме деп, әстерек кетип баратыр. Енеси барды үйине, бала менен туўысқан жалғыз нашар бар еди, жети жасар қыз еди, аты еди Қансулыў.
- Айнанайын Қансулыў, - деп қызына турып жылады.
- Кекилиңди өр дейди, ағаң бир кетти қыяға, жаман айтпай, жақсы жоқ, жалғызды көрип қал, - дейди.
Ағаң кетти деген соң, туралмады нәресте, жуўырып шықты майданға. Қараса, ағасы баратыр, жуўыра берди кейнинен. Баратырса Алпамыс, кейнинде шырқыраған сестен жалғыздың жаны сескенди, сыртынан бурылып қарады. Қарындасы жуўырып киятыр, еки көзи жаўдырап, кекиллери салбырап, қушағын ашып шырқырап, ағажан деп зар жылап. Сол ўақытта, туўысқан жаман дәрт еди, қарындасын енди қыялмай, көзинин жасын тыялмай, өзин аттан таслады, қарындасы келип кушақлап, ағажан деп жылады:
- Ол-ол болсын, ол болсын,
Дәўлетиң сениң мол болсын,
Еңкейген ғарры сенде бар,
Еңбеклеген жас та бар,
Кейниңде саған қәўпим бар.
Аўызлыға сөз қылып,
Мендей муңлы нашарды,
Душпаныңа қор қылып,
Қайда бир жүрдиң, жан аға?
Барар бир жолың жол болсын,
Алпамыс:
-Бедеў бир минип желермен,
Ҳәмирине ҳақтың көнемен,
Қалмаққа кеткен жеңгең бар,
Ар-намыс жаман дәрт екен,
Жылай берме, Қансулыў
Алты ай он күн болғанда,
Аман болсам, шырағым,
Жеңгеңди алып келермен.
Қансулыў:
-Алты ай он күн толғанда,
Қурдаслар менен суў бойына барғанда,
Ойын менен исим жоқ,
Күлки менен исим жоқ,
Ағам бир келер ўақ болды деп,
Нийерде бәлент төбениң,
Басына шығып қарарман,
Көп кешигип келмесең,
Өлген шығар ағам деп,
Матам тутып жыларман.
Сол ўақытта батыр Алпамыс қарындасының мойнын қушақлап:
- Сағынған жерде шырағым,
Белиме мәдет болсын, деп,
Дизиме қуўат болсын, деп,
Ҳәр бетинен бир сүйип,
Қарындасы менен хошласып,
Аттың басын оңғарып,
Кете берди жөнине.
Бир күн таман жол жүрди,
Жүрген жолы өнбеди,
Еки күн жоллар жүреди,
Жүрген жолы өнбеди,
Он күн жоллар жүреди,
Жүрген жолы өнбеди,
Он төртленши болғанда,
Таўдың тақыр жолынан,
Шыққан екен Алпамыс.
Атам берген Байшубар,
Жақсымекен, жаман ба?
Жүйрикпекен, шабан ба?
Бир қамшы урып көрейин деп,
Басын ирикпей Алпамыс,
Бир қамшы урып жиберди.
Алла бахтын ашады,
Аттың кеўили тасады,
Жүйрик еди жәниўар,
Тулпар еди бәтшағар,
Бир қамшыға шыдамай,
Алпамысқа күш бермей,
Ара майдан шөллерде,
Пысқырып алып қашады.
Ат кекилин өрмеди,
Қамшы неге сермеди,
Қәҳәрленип жуўырса,
Үстиндеги батырдың,
Көзи жерди көрмеди,
Қарсы келген кийикти,
Қайырмай өтип барады,
Дуўры келген қуланды,
Бурмай кетип барады.
Арқадан қулан қуўыпты,
Белине кәмар буўыпты,
Жүйрик екен Байшубар,
Қандай бийе туўыпты?
Суў тулпардан болғанды,
Жел бийеден туўғанды,
Ҳаслы-кәри қумайды,
Басына күнлер туўғанда,
Жәбирайыл деп жылайды.
Ат шапты беглер далаға,
Сыйынды қудайтаалаға,
Он еки күн жол жүрип,
Жеталмады Алпамыс,
Тайшыхан салған қалаға.
V бөлим
Әне, енди гәпти кимнен еситиңлер. Қалмаққа ўәде қылған Баршын қызға күн өтсе, ай өткендей, ай өтсе, жыл өткендей, қалмақтың күни питкендей, қыялына нашардың, ўәдели күн толғандай, ат шабар ўақты болғандай, күнде намаз ўақта үйинен шығады.
Жегдесин қыя жамылып,
Қара бир бағры қан болып,
Жаслығында қосылған,
Алпамыс ярын сағынып,
Қай жерде бәлент қум болса,
Басына шығып қарайды,
Келермекен, қудайа,
Келмеспекен, қудайа,
Азанда минген төбеде,
Кешке дейин жылайды,
Жолына күнде қарайды.
Ердиң ерден қәўпи бар, Тайшыханның қәўпи Қаражаннан болды, Қаражанның қәўпи Тайшыханнан болды, Қаражан алып кетер деп Тайшыхан қараўыл койды, Тайшыхан алып кетер деп Қаражан караўыл қойды.
Тайшыхан айтты:
- Аў, Көкаман жора, Қаражан маңлайы қара жигит, бир жағымыздан барып, Баршынды алып кетип жүрмесин. Қыздың кеўили кимде, қыялы кимде екен? Сен қараўылларға көринбей, астыртын барып хабар алып кел, жора, - дейди.
Сол ўақытта Көкаман ханның тулпарына минеди, сәҳәр ўақты қыз жатқан боз ордаға қарап жүрис қылды. Сәске ўақта Баршын бир төбениң басында Алпамыстың жолына қарап, келермекен қудайым, деп жылап турса, Баршынжанға ҳәмме елдиң шетинде, жаўдың келер бетинде елпеңлеген бир атлы көринди бийжай көзине, аңлап қараса, киятырған Көкаман куўқылды көрди. Бәрекелла, бул бир қыял менен шыққан екен, ата-енемниң алдына апармайын, еки ғаррынын көкирегине әрман салмайын. Қул халқы хошеметке көп ереди дейтуғын еди, қызыл тилимди жалдап, қулды қуры сөз бенен алдап, усы жерден қайтарайын, деген бир қыял пайда болды. Бир қумды асқан жерде ийилип, бүгилип, қол қаўсырып қулдың алдына шықты. Дизесин басып, сәлем берип, қайнаға мисетинде көрип, сол ўақытта қулға хошемет урып турған усайды:
Баршын:
-Сени көрип мениң болды ақлым лал,
Кеўлиңе келмесин, айтсам қыйлы-қал,
Хан алдынан етланыпсаң, қайнаға,
Мендей келининниң айтар арзы бар.
Ҳаўа жаўып, айдын көллер хөл болсын,
Жылдан жылға аз дәўлетиң мол болсын,
Атланыпсаң ханыныздың алдынан,
Қайнағажан, барар жериң жол болсын.
Көкаман:
- Яр сәўген жигитте болмайды әрман,
Басыннан етпеген қыйлы халлар бар,
Кыялың, кеўилиң кимде, келинжан?
Барып кел, деп жиберди мени Тайшыхан.
- Атыңды бур, қайнағажан, қайта бер,
Меннен сәлем патшанызға айта бер,
Бул жоллардан сансыз кәрўан өтпейди,
Нашар бала басқа түссе нетпейди,
Атыңды бур, қайт кейниңе, қайнаға,
Ханнан
басқасына кеўлим кетпейди,
Жүрегимде мениң барды әрманым,
Тайдырмағай
кәдир алла дәўраным,
Атыңды бур қайта берши кайнаға,
Ақшам-күндиз Тайшыханда қыялым.
Орамалым қыя шалып орайман,
Бир әрманым, яр дәртинен жылайман,
Ақшам-күндиз Тайшыханда қыялым,
Күнде-күнде жолларына қарайман.
Кийдим мақпал, жетпейди игри дизиме,
Ашықлықтан сепкил түсти жүзиме,
Надан
екен сизиң Тайшыханыңыз,
Көринбеди-аў сирә мениң көзиме.
Сол ўақытлары қулдың ўақты қатты хош болды, келинине пәтиясын берди:
- Жерди, көкти халық әйлеген иләйым,
Өзиң нашар, ашылғай, балам, талайың,
Сен сыйласаң енди мени, келинжан,
Жарылқағай
сени де өз қудайың.
Қулдың ўақты хош болып,
Атының басын оңғарып,
Қайта берди кейнине.
Пешин ўақтында Тайшыханның үйине келди, келсе, Тайшыхан жолына қарап тур еди.
- Көкаман жора, келдиң бе, қәне, қызды көрдиң бе? - дейди.
- Көргенде қандай, ҳақыйқат көрдим.
- Кеўили кимде, қыялы кимде?
- Маңлайы қара, гәп шашпа, ғалаўыт қылма, қыздын кеўили де, қыялы да сенде екен, күнде жолыңа гириптар болып жүр екен. Өзим ҳәм билип жүрмен, Қаражаннан қорқып келе алмай жүргенин, - дейди. Сол ўақта ханның ҳәм ўақты хош болды. Күн батты, әрманлық пенен таң атты, ашықлык оты жүрегине түсти.
Бул ғалаўыт Қаражанға түсти, ат шапқанды, Тайшыхан той бергенди ҳәм күнде-күнде Көкаманды жиберип хабар алдырып турыпты, өзи алайын деп атыр, - деген елге ғалаўыт түсти,
- Маңлайы қара, Тайшыханның кимнен тиреўи, кимнен сүйеўи бар екен, ўәдени, лебизди умытқан болса, ел-халқына барып, гелле қылып, журтын қырып қайтайын, - деп, Қаражан ашыўға кирди. Қара аттың белине минди, жаў-жарағын асынып, сәске ўақытта Тайшыханның алдына атлы кирди. Қаражан сол ўақта Тайшыханға кирип, бад урып, не деп турыпты:
- Атты шаптым қыя-даш,
Көзиңнен ағар қанлы жас,
Қаражаның келгенде,
Бизиң менен хабарлас,
Саған айтар арзым бар:
Қәде қәне, ар қәне?
Халықтың атын бақтырып,
Жанын отқа жақтырып,
Көкаманды жиберип,
Баршыннан хабар алдырып,
Кимнен барды тиреўиң,
Кимнен барды сүйеўиң,
Атларға таққан тумарын,
Ат шапса, тарқар қумарың,
Шық майданға, Тайшыхан!
Баршынжан ушын биз билен,
Саўаш бирмеди қумарың?
Сол ўақытта Тайшыхан:
- Қайт кейниңе, Қаражан,
Қыздың кеўили менде екен,
Ярдың кеўили менде екен,
Көп барған соң адамлар,
Айталмайын жүр екен.
Ашыўланды Қаражан,
Аттың басын бурады,
Бир көшени айланды,
Хабарласпай ханларға,
Қара аттың урды етине,
Бир нашар ушын тартысып,
Ашыў менен Қаражан,
Тайшыхан жатқан қаланың,
Кире берди шетине.
Қарсы келген қалмақты,
Қайырмай басып кеседи.
Дуўры келген қалмақты,
Түйрей шаншып барады,
Намазлыгер ўақтында,
Бөлинген қойдай шуўлатты,
Ярым ақшам ўақытта,
Сыңсылатып жылатты.
Ағзы кәтте әшрет дүпен,
Атылды майдан ишинде,
Мойыны қулаш сом бедеўлер,
Шабылды майдан ишинде,
Қаражанның самарасы,
Ашылды майдан ишинде.
Қылышынан қырмызы қан,
Шашылды майдан ишинде,
Қурт ойыны қурылды,
Көшелер өликке толды,
Қалада дабыл урылды,
Тайшыхандай патшаның,
Датқашы барды қасына:
- Шық майданға, - Тайшыхан!
Қаражан менен, енеғар,
Саўашпеди қумарың,
Қырып болды елиңди!
Екилениши күнинде,
Тайшыхандай патшасы,
Қалаға жар урдырды,
Сәркабын бәлент үйгизди,
Сәркапқа тобын мингизди,
- Қаражанды тутыңлар!
Тутқан жерде атыңлар!
Қыйнап жанын алыңлар!- деп,
Ҳәмир қылды халқына.
Туттырмады Қаражан,
Шашаў қалмақ жыйналды,
Қаражан турып ойланды,
Қалмақ деген номай болды,
Қаражанның кырмағына,
Қалмақ жаңа оңай болды.
Алдын қырдым дегенде,
Арты ғаўлап толады,
Артын қырдым дегенде,
Алды ғаўлап толады,
Биреўи өлсе қалмақтың,
Мыңы таяр болады.
Еткен иси ҳаққа жақты,
Үсти-үстине дабыл қақты,
Қалмақлардың қызыл қаны,
Көшелерде сарлап ақты.
Күн-түн салды урысты,
Аямай тартты қылышты,
Ишиндеги кесирин,
Аўызы қанлы бөрисин,
Мен-мен деген беглерин,
Батпанлы туўған шерлерин,
Ханның тоғыз шаҳзадасын,
Ишиндеги азадасын,
Туў көтерген сәркардасын,
Сайлап шанышты Қаражан.
Аллаласып жылады,
Хожасы менен дәрўиши,
Пәнжереден қарайды,
Күн тиймеген бийбиши.
Ханнын жайы дадқа жай,
Себил қалған ақсарай,
Ақ сарайдың ишинде,
Кептер яңлы ҳаўаз берди,
Ханымның кийген кеўиши.
Күнниң жүзи думан болды,
Белли ақыр заман болды,
Топалаңнан жаман болды,
Мен-мен деген Қалмақтың,
Қаражанның дәстинен,
Қутылмағы гүман болды,
Адам өлди, ат жығылды,
Көшеде қан төгилди,
Омма турған көп болды,
Қол көтерген жоқ болды,
Қылыш қаннан тап алды,
Айралық жолы жаманды,
Жетиленши күнинде,
Әйне песин ўағында,
Жарадар болған қалмақлар:
- Маңлайы қара, Тайшыхан,
Қыз алмасаң терис ал!- деп,
Ханның жайы датқа жай,
Кең сарайға қамалды.
Қаражан атты бурады,
Жети күн тамам урысты,
Тайшыхандай патшаның,
Бир нашар ушын тартысып,
Бәриниң келип айтқаны,
Он сегиз мың әскерин,
Жети күнде қырады.
Ладан туўған хан, қайғысыз султан, бундай қызды, бундай дүньяны киси елинен ийесиз келеди, белгисиз келеди, деп жүрген еди.
Қалмақтың алды бәлент таў еди, ҳәр бир бәлент таўы бар, аспан менен барабар, қалмаққа өтетуғын басқа жол жоқ, еки таўдың соклығыспасы, бир гене кезен жолы бар, оған Табан жол деп ат беретуғын еди.
- Мәрт болып дабыл қағайын,
Қара атқа тумар тағайын,
Алты ай он күн толғанша,
Ақшам болып шыңдаўыл,
Күндиз болып қараўыл,
Алты ай он күн толғанша,
Қара атты таўда бағайын,
- деген Қаражанда бир қыял пайда болды. Тайшыханнын қаласынан шығып, еки күн жол жүрип, Табан жолға барады. Селеўге атты байлайды, қазандай бир қаратасты шекесине қойып, көк шекпенди қыйығына жамылып, Қаражандай қайсар палўан уйқыға өзин шайлады.
Бир күн жатты Қаражан,
Еки күн жатты Қаражан,
Бес күн өтти арадан,
Ҳеш жерден келер хабар жоқ.
Жети күнлер толғанда,
Ярым ақшам болғанда,
Уйқысы, жатса, келмеди,
Қәдди бойы қалтырып,
Сай-сүйеги сарқырап,
Сескенип турды Қаражан.
Қаражанның ашыўы келип, ләбин тислеп, қолын мушлап, маңлайын тырыстырып турып, өз-өзинен ашыўланды. Маған не ўақыя болды деп, бәлент таўдың басына шығайын, көз жиберип қарайын, қулақ салып тыңлайын, қашқан бар ма, куўған бар ма, куўып жетип, шанышқан бар ма, я киятырған душпан бар ма? - деп.
Бәлент таўдың басына,
Секирип шықты Қаражан,
Көз жиберип қарады,
Қулақ салып тыңлады,
Я кашқан жоқ,
Я қуўған жоқ,
Қуўып жетип шанышқан жоқ,
Көринип жатқан душпан жоқ,
Бир майдан турды ербейип,
Билмейди жолдың алысын,
Келди қулдың намысы,
Қулақ салып тыңласа,
Узағырақтан келип турыпты,
Қаражанның қулағына,
Таўда жортып киятырған бир тулпардың,
Тасқа тийген дойнағының,
Дүрс-дүрс еткен даўысы.
Бул не екен киятқан деп, доспекен, душпанбекен, ермекен, шермекен, бул ғой сәҳәрге келер деди, келетуғын зат жоқ, таң ата келер дейди, келетуғын зат жоқ, сәскеге келер, песинде келер, бүгин келер, ертең келер. Арадан алты күн өтти, Қаражанның ҳәм таўдың басында силеси қатты.
Алла оқлап, пир қоллап, алты күнлик жолдан Шубардың жортып киятырған сестин Қаражаннын. қулағына жеткерип турған екен.
Алты күн анық толғанда,
Сәҳәр ўақты болғанда,
Сол киятқан дүрсилди,
Қаражанның қыялына,
Жақынлап келген қусайды.
- Қара атқа ерди салайын, айылды беккем шалайын, ат белине минейин, дос та болса, душпан да болса табан жолға киргизбейин, жанын алайын, - деген бир менменлик пайда болады. Қара атқа минип, шүў дейди, қара ат сирә жүрмейди, кейин қарап шегинип, төрт аяқлап тепсинип, алып қашпаға қайым бола береди. Ҳәр ўақытта хошамет урсам, жүретугын еди, атқа хошамет урып көрейин деп, Қаражан аттың үстинде турып, атқа қарап бес-алты сөз сөйлеп турған усайды. Әне сол ўақытга Қаражан аты менен тиресип, атқа қарап сөйлейди:
-Не көрдин, кара ат, не көрдиң?
Кейниңе қарап шегиндиң,
Төрт аяклап тебиндиң,
Не көрдиң қара ат, не көрдиң?
Мақпалдан сайлап дорба илдим,
Кишмиштен сайлап жем бердим,
Жемиңди қашан кем бердим?
Не көрдиң қара ат, не көрдиң?
Алып едим ал менен,
Алпыс еки туўар мал менен,
Жүйриклер деген даң менен,
Не көрдиң қара ат, не көрдиң?
Қәтептей аўзыңды ашпайсаң,
Дәрьядай гуўлеп таспайсаң,
Алдыңа аяқ баспайсаң,
Не көрдиң, қара ат, не көрдиң?
Мудам жортқаның өрмеди,
Қулақтан алғаның термеди,
Келгенлер бизден зормеди,
Не көрдиң қара ат, не көрдиң?
Мингениң бәлент таўмеди,
Киятқан бизге жаўмеди,
Келгенлер бизден ғаўмеди,
Не көрдиң қара ат не көрдиң?
Беглер қурған шатыр ма,
Алдыңда жолбарыс жатыр ма,
Келгенлер бизден батыр ма,
Не көрдиң қара ат, не көрдиң?
Өтер ме дәўран бийқарар,
Егленсең кетер ықтыяр,
Шуў десем, неге жүрмейсең,
Жаманлатқыр жәниўар.
Сол ўақта аты менен тиресип турса Қаражан, таң атып, өйер-бүйердеги адам көринетуғын ўақыт болған екен. Көз жиберип алдына қараса, таўдан түсип бир бала киятыр, астында он урғанда бир жортпайтуғын бир ябы.
Аяқлары топышақ,
Қуйрық-жалы бир қушақ,
Үстинде бир бала киятыр,
Зәлел еткен базаршыдай салбырап.
Атлары бар ырғайдай,
Мойынлары қуўрайдай,
Қаражанның көзине,
Көринеди-аў сол бала,
Қус урған қара торғайдай.
-Ҳә, бәтшем-әй! Дийўананың хасасындай баладан қорқып турғаның ба, - деп атқа бас демей, көз демей қамшы урды. Ат сонда да жүрмеди, Қаражанды көзге илмеди, кейин қарап серпилип, қашпаға қайым бола берди. Сол ўақытта қорққанлығын билдирмей, бадабад урып, жол болсын сорап турған усайды:
- Ҳаўа жаўсын, айдын көллер ҳөл болсын,
Жылдан-жылға кем дәўлетиң мол болсын,
Қайсы елден, қай шәҳәрге атландың,
Қыл қуйрық ябылы бала, жол болсын.
Мен билмеймен әреби аттың бабыны,
Қарағайдан кестим найза сабыны,
Барар жериң айт егленбей, қурымсақ,
Сен минипсең бир қыл қуйрық ябыны.
Сен ябыны қарашығым деп миндиң бе?
Саўытыңды кепиним деп кийдиң бе?
Баян әйлеп кеткил барар жериңди,
Бул жерлерге өлмеймен деп келдиң бе?
Кейин қарап атыңды бур, қайта бер,
Көп егленбе, бенде басың, тарта бер,
Жаның саўға, басың саўға өзиңе,
Көп егленбе, ладан заңғар, қайта бер.
Сол ўақытта Алпамыстын атты қәҳәри келип:
- Мен
мингенмен Байшубардың белине,
Душпан қорқсын жортқан аттың демине,
Жолды босат, бажбанбедиң қул занғар,
Сапарым бар Тайшыханнын елине.
Қаршығамды салдым айдын, көлиме,
Кыял менен миндим Шубар белине,
Бар, жүре бер, бажбанбысаң, енеғар,
Қорқар бала атасының белинде.
Қарқарам бар бир басымда шоқтан шоқ,
Мен жылайман жаратқанға, қайғым көп,
Босат жолды, бажбанбысаң, енеғар,
Қорқар бала енесинен туўған жоқ.
Өзинди мәрт, мени нәмәрт дейсең бе?
Алартып көзиңди, мени жейсең бе?
Жолды босат, бажбанбысаң енеғар,
Келген бала сеннен қорқар дейсең бе?
Қаражан:
- Лашын
салып гезген айдын көлинен,
Ҳәр ким айтар келген гәптиң жөнинен,
Сегбир менен атланыпсан жас бала,
Сен шығып-ең қай патшаның елинен?
Алпамыс:
- Саўаш
күни миндим Шубар белине,
Он төрт жаста ғайрат кирди тәниме,
Бажбанбысаң, жолды босат, енеғар,
Мен шығып-ем Жийдели-Байсын елинен.
Қаражан:
- Сен ҳәм пир қоллаған ердиң бирисең,
Айтып турған мынаў сөздиң жөнисең,
Сен атлансаң Жийдели-Байсын елинен,
Ол шәҳәрде қандай байдың улысаң?
Алпамыс:
- Бир алланың сүйип берген қулыман,
Бир байлардың тилеп алған улыман,
Жолды босат, бажбанбысаң, енеғар,
Байбөриниң тилеп алған улыман.
Қаражан:
- Пешанаңда
молла оқыр хатыңды,
Сорасып билмеймен ҳаслы затыңды,
Байбөриниң улы болсаң, қурымсақ,
Айтып кетши маған, балам, атыңды.
Алпамыс:
- Минип
бедеў, қыя шәлде жел, дейди,
Намыс келсе жарылып заңғар өл, дейди,
Мунша тежеп сорай берип, қул заңғар,
Қыз алысқан қудамбедиң сен, дейди.
Қаражан:
Ашыўлансам, тайдырарман дәўлетти,
Сен билмедиң түрли ҳасыл нағметти,
Ашыўланба, қатыўланба, атыңды айт,
Ат сораспақ пайғамбарыңнан сүннетти.
Алпамыс:
- Атлар шаўып жеталмадым, жол алыс,
Ерлигиме дәркар екен ар-намыс,
Жолды босат, бажбанбысаң, енеғар,
Сорасаң атымды султан Алпамыс.
Мен оқырман пешанаңда хатыңды,
Ҳаслың қул, билермен сениң затыңды,
Мунша бад урасаң дәрбент жолларда,
Қул заңғар, айт сен ҳәм өзиң атыңды.
Қаражан:
- Шөллерде болғанман өзим таламан,
Сениңдей сорлының жанын аламан,
Басың саўға, атың саўға, қайта бер,
Атымды сорасаң, қайсар Қаражан.
Ат шабылған бәлент таўда қар еди,
Тарыққанда пириң жылаўдар еди,
Сегбир менен мунша атланып қалмаққа,
Бала, сениң не хызметиң бар еди?
Алпамыс:
- Айтайын мен саған арзы ҳалымды,
Шөллерде қыйнадым шийрин жанымды,
Жети жыл болғанды Байсын елимнен,
Алдымнан қашырдым сансыз малымды.
Байшубардың жал-қуйрығын тарайман,
Нәсип болса ғазат күнге жарайман,
Көрсең-билсең малымнан бер хабарды,
Қалмақта бар дегенге қуўып келемен,
Малымның дерегин сеннен сорайман.
Қаражан:
- Ақыл адам гәп мәнисин аңлайды,
Ақмақ адам шийрин жанын қыйнайды,
Көрсем-билсем мен берейин хабарды,
Малыңның белгиси, бала, қандайды?
Қамшы урса желермекен ябылар,
Әреби атлар саўаш күни шабылар,
Көрсем-билсем, мен берейин хабарын,
Адасқан мал қалмақлардан табылар.
Сол ўақытта Қаражанға карап әлинде сазы жоқ, тилинде сөзи, малының дерегин сорап турған усайды. Әне сонда батыр не деп толғап турыпты:
- Алдын баслап кеткен ол қара нарым,
Кейнинен кеткенди қуба ингени,
Ортасында кетти ақша ботасы,
Мойнында кеткенди алтын буйдасы.
Мал жойтқанның көпти жәбир-жапасы,
Шын ашықтың жоқты заўқы-сапасы,
Алдын баслап кетти ол қара нарым,
Кейнинде бар еди қуба ингени.
Ортасында кеткен ақша ботасы,
Өзге малдың жоқдур саны-сапасы,
Мал жойытқан жүреди жолларда жылап,
Изин куўып киятырман сорағлап.
Алдын баслап кеткен ол қара нарым,
Изинен кеткенди қуба ингени,
Ортасында кеткен ақша ботасы,
Қолымнан услатпай кетти ойнақлап.
Бир көрсем тарқайды мениң әрманым,
Басымнан кетпегей келген дәўраным,
Ҳәммесинен солды қәдирли малым,
Ақша ботам еди қәдирли малым.
Сол ўақта Қаражан сөйлейди:
Бәҳәр бағда ашылысқан гүлиңе,
Қайыл болып келдиңбе, сорлы, өлимге?
Жойытқан жорың түйемеди, атпеди?
Түсинбедим сениң түрки тилине.
Алпамыс:
- Байсын елдиң бас-басына бийи бар,
Айта берсем көп сөзимниң жүйи бар,
Жети жыл болғанды бир бай көшкели,
Бир белгиси ақ бөгенек үйи бар.
Қартайыпты, тек шықпаған жаны бар,
Ол сорлының не кеўлинде ҳалы бар,
Жети жыллар болды бир бай кеткели,
Бир белгиси төрт түликли малы бар.
Байдын қолларында тиллә сазы бар,
Ақ үйинде ат көтермес назы бар,
Көрсең-билсең хабарын бер, қул заңгар,
Бир белгиси Баршын атлы қызы бар.
Қаратаўдың қабағында қар бар ма?
Жигитликте намыс пенен ар бар ма?
Мен келемен Байсын-Қоңырат елинен,
Сизиң елде Баршын атлы яр бар ма?
Әне сол ўақытта Қаражанның қолына пышақ тийгендей болып, «Мына бәтшағардың айтып турғаны ат деп, түйе деп турсам, бизиң Баршынды айта ма?» деп, Алпамысқа бад урып турған усайды:
Қазан урып, солған бағдың гүлине,
Қайыл болып келдиң бе қутлы өлимге?
Жаның саўға, қайт кейниңе, курымсақ,
Баршынжанды алагөрме тилиңе.
Қара атыма тастан ақыр ойғанман,
Намыс пенен арға өзим толғанман,
Басың аманыңда қайтқыл кейниңе,
Баршынжанды өзим алып қойғанман.
Кара атымды минип шықтым дүзлерге,
Сендей ладан көринбейди көзлерге,
Жаның саўға, қайта бергил кейниңе,
Өлмей, Баршын берилмейди сизлерге.
Сол ўақта Алпамыс не деп бад урып турыпты:
- Ат сүринген бәлент таўда қыядаш,
Ашыў менен төгейин бе көзден жас,
Өзи өлмей ердиң малы сиңе ме?
Ҳа, жолды босат, атаңа нәлет қызылбас!
Саўаш көтерип жүрген нарымды,
Ҳақ жеткергей жылағанда зарымды,
Өзи өлмей ердиң малы сиңе ме?
Алсаң, өлтирип ал, Баршын ярымды.
Ақ найзаға жумыры питкен билегим,
Сени көрип, ҳәўиж урып тур жүрегим,
Алсаң, өлтирим ал Баршын ярымды,
Сендей қулды жаратқаннан тилегим.
- Атыспақ керек пе, алыспақ керек пе, бунша неге бад урасаң, енегар, алсаң, өлтирип ал Баршын ярымды. Берсең егленбей бер саўаш жайдың дерегин, - дейди.
- Пай, енеғар! Мен бад урып, қайтады деп турсам, бул маған атыспақ керек пе, шабыспақ керек пе, деп тур ғой, бул атыспақ керек десем, сениң топырағыңа келдим дер, маған мийман болдым дер, әўели буған мәўлет жетер, узақта турып оқ атса, қолы пәтли болса, өзи мерген болса, жан шығарыма тийсе, әрманлы өлип кетермен-аў! Шаппаттай баланы жерге сиңирмей неси бар, деген Қаражанның кеўлине бир менменлик келди:
- Атларға таққан тумарым,
Көп қалмасты әрманым,
Мин атыңның белине,
Бизиң менен, жас бала,
Саўаш болса қумарың.
Қаражан минди қара атқа,
Алпамыс минди Шубарға,
Еки бирдей палўанлар,
Кирди енди ғайратқа.
Екеўи таўдың қарында,
Бир-бирине ат қойды,
Қарсыласып қарады,
Жағаға қоллар салады,
Ат үстинен алысты,
Жағаға қол салысты,
Биреўи арман тартады,
Биреўи берман тартады,
Ат қуйрығы өрилди,
Абырай қолдан берилди,
Еки батырдың күшине,
Шыдай алмай атлары,
Таўдың қара тасына,
Дизерлей берип жығылды.
Аттан жерге түседи,
Саўыттың баўын шешеди,
Батыр жаннан кешеди.
Атларын беккем байлады,
Еки бирдей палўанлар,
Гүреске өзин сайлады.
Қаражан шықты шеп жақтан,
Алпамыс шықты оң жақтан,
Бир-бирине жуўырды,
Еки палўан пәнже урды,
Текедейин тирести,
Қораздайын жулысты,
Қолларын жаздырып,
Кейин-кейин шегинип,
Қошқардай келле тасласты.
Бир күн удайы айқасты,
Жығысалмады батырлар,
Екиленши күнинде,
Айғыр киби шайнасты,
Жығысалмай батырлар,
Еки күн жатып айқасты.
Қаражандай қайсарға,
Ҳийле қылды Алпамыс,
Батыр ишинен иледи,
Батыр жанбас урады,
Дәрпенбейди Қаражан.
Үшиленши күн толғанда,
Алпамыстай баланы,
Тарта берди өзине,
Қан толды мәрттиң көзине,
Бир мәҳәлде зор салып,
Алпамыстай баланы,
Миндирди қалмақ дизине,
Жоқары силкип алмаға,
Қулдың ҳалы болмады,
Алпамыстай баланың,
Аяғы жерге тиймеди.
Сол ўақта түсти жалғызлық,
Ер жигиттин басына.
Иним деп келер аға жоқ,
Аға деп келер ини жоқ,
Алпамыстың қасына.
Жаратқанға жалбарып,
Пирим деп қол жайып,
Жылай берди Алпамыс, Қаражанның қолында:
- Жерди-көкти халық әйлеген илайым,
Жалғыз бенде, неден болды гүнайым,
Өлер болдым Қаражанның қолында,
Қул әлинен босат, қәдир қудайым.
Атың Қаўыс-Қыяс әлемге толы,
Қызыр бабам менен жүрипсең белли,
Жигиттиң пирисең, ҳәзирети Әлий,
Қул әлинен босат палўан балаңды.
Белиме байладым кешмири пота,
Жалғыздың кеўдинде көппекен хата,
Байшубардың пири, я Жылқышы ата,
Қул әлинен босат жалғыз балаңды.
Астыма төсендим нәтәлле маўыт,
Кийгенде жарасты ғуббалы саўыт,
Жигиттиң пирисең, ҳәзирети Даўыт,
Қул әлинен босат жалғыз балаңды.
Айрылған журтыңан мен де сайылман,
Жеккелиги қурсын бизди майырған,
Өлер болдым Қаражанның қолында,
Қоңыраттың пири едиң Жайылған.
Қудайым жаратсаң, беслерди жарат,
Жалғызды жаратқанша, тасларды дөрет,
Бири өлсе, төрти келер қасыңа,
Жалғыз өлсе, ким барады қасына?
Ғарға-қузғын қонар болды лашыма.
Жалғыз өлсе, ким көмер?
Еспе қызыл қум көмер.
Ғәрип өлсе, ким жуўар?
Абылайсаң сел жуўар.
Минекей мениң болғаным,
Ата-енемди көре алмай,
Жалғызлықтың жәбиринен,
Бәлент таўдың қарында,
Қул қолында қалғаным.
Сол ўақытта:
Ашылған бағдың лаласы,
Қабыл болды тәўбеси.
Алла деп жылап жүргенде,
Қорқагөрме, балам, деп,
Ҳәзир болды қасына,
Қоңырат елди қоллаған,
Жайылған ғарры бабасы.
Жылап жүрген баланың,
Жаўырынына пәнже урды,
Аўызына түкирди.
Сол ўақыгта:
Қулдың қолы жаздырылды,
Күйди Қаражанның мийнети,
Аяғы жерге тийеди.
Бесиленши күн болғанда,
Қаражандай қайсарды,
Аш белинен кушақлап,
Аяғын жерге тийдирмей,
Алпамыстай палўаның,
Көтерип кетип барады.
- Мен жоқары алмайын,
Белиме күшлер салмайын, - деп,
Қаражандай қайсарды,
Қолтығына қысады.
Ишин ҳәм ғамға толтырды,
Ақша ҳәм жүзин солдырды,
Қатты қысып қайсардың,
Ҳәр жағынан Алпамыс,
Жуп қабырғасын сындырды,
Қулдың кеўлин тындырды.
Жетиленши күнинде,
Әйне пешин ўағында,
Бир жыраның бойына,
Дәрбент жолдың аўзында,
Қурбанлық қылған серкедей,
Көтерип урды қайсарды.
Геўдесине минеди,
Қанжарын тасқа қайрады,
Бүлбүлдей батыр сайрады,
Енди шалдым дсгенде,
Шалар жерге келгенде,
Ғарқылдап күлди Қаражан.
- Неге күлдин, қул, - дейди.
Әне сол ўақытта қайсар жалынды:
Бул басымда гүлдей болған тәрзим бар,
Бир қудадан бес ўақ намаз қарызым бар,
Өлтирмегил, дос болайық, Алпамыс,
Мендей қайсар палўаныңның арзы бар.
Сен өлтирсен, меннен өшер шамшырақ,
Қартайғанда ашылмады ығбал-бақ,
Сен өлтирме, дос болайық екеўимиз,
Қуданы бир билдим, расулды мен ҳақ.
Тилимнен берейин мен нурзибан,
Ссн өлтирсең, кетер бизлерде әрман,
Өлтирмегил, дос болайық екеўимиз,
Кәлийма қайтарып, айтайын ийман.
Таслама қыя шөлге мениң басымды,
Көзимнен ағызба қанлы жасымды
Бул сөзиме инанбасаң, жан достым,
Әўели муртымды қақ,
Екиленши алғыл мениң шашымды.
Қазан урып солдырмағыл гүлимди,
Жәбир менен маған қылма зулымды,
Өлтирмегил, дос болайық екеўимиз,
Корыққанымнан саған бердим динимди.
Козлеримс тар көринди бул жәҳән,
Мендей қулға туўған екен зимистан,
Өлтирмегил, дос болайық, иншалла,
Қорққанымнан, олла, болдым мусылман.
Әне, сол жерде батыр Алпамыс:
- Сен өлгени менен жер толмас, бир қул менен бизде душпан болмас, қатты қарыўлы ер жигит екен, деп батыр үстинен түсти. Екеўи қуданы ортасына салды, ақ сийнесин ашты, қушақласым дос болды. Қаражанға кәлийма келтиртти, ийман айттырды, шашын ҳәм алды, муртын хәм қақты, таза тәрет алдырды, еки рәкәт намаз оқытты, сол күни жатып, екеўи дағыстанда мийман болды.
Ертең намаз ўақытта:
- Енди расымды айтайын, жора, - дейди. - Сениң ярың бизиң журтқа келип еди жети жасында. Ақбулақтың бойында жети жыл мәкан етип, он төртке шығып қыз болды. Маңлайы қара Тайшыхан ҳәм ашық болды, мен де ашық болдым. Екеўимиз он сегиз жаўшы жиберип айттырдық, қыз ақыллы екен, бизлер ақмақ екенбиз. Сени келер деген бир дәмеси бар екен, қызыл тилин жалдаған, барған еки елшини қуры сөз бенен алдаған екен, -дейди.
Алдағаны сол болған:
- Алты ай атын бақсын, деп
Жанын отқа жақсын, деп
Алты ай он күн толған сон,
Қәдели күн болған соң,
Уллы тойды берсин, деп,
Әскерлерин жыйдырып,
Сәркабын бәлент үйдирип,
Патша дәрбент жолдың аўзына,
Тоқсан үйди тиктирсин,
Сансыз қалмақ жыйдырсын,
Уллы тойды басласын,
Қырық күншилик жоллардан,
Ат шаптырсын майданға.
Аты озған жигитке,
Кимиңди қул демейин,
Кимиңди тул демейин,
Кимиңди хан демейин,
Кимиңди қара демейин,
Кимиңди бала, демейин,
Қырық күншилик жоллардан,
Аты озған жигитке,
Биймәлел өзим тийейин, - деди.
Баршын бизлерге ўәде қылған, бир нашардан алданып, ат бағып жатқанымызға да қырық күн болды, - дейди. - Жуўап берсең, кетейин, Баршын қызға жетейин, сениң келгенинди билдирип, ярыңды қуўандырып, сүйинши алып қайтайын, - дейди.
- Бар, кетебер, Қаражан, - дейди.
Қаражан атланып кете берди, аррағырақ барып айланып келди:
Буннан кетсем, Баршынға жетсем, лебизиме инанбас, сөзиме қулақ салмас, белгили душпаны мен едим, мен достымның қасына барып, инанғандай бир нышан алайын, - дейди. - Басқа ўәжин танымас, бир таныса, атын таныр, берсе атын алайын, - деп, қайтып Алпамыстың қасына келип, бес-алты аўыз орсақы айтып турған усайды:
- Кеўлиңе келмесин, достым, қыйлы қал,
Сизди, бизди халық әйлеген бириў бар,
Арзымды есит, достым болған Алпамыс,
Мендей палўанның айтатуғын арзы бар.
Саўаш күни қанлар толар көзиме,
Кийсем липас жетпес игри тизиме,
Буннан барсам инанбайды Баршынжан,
Бир нышан бер көрсеткендей өзине, - дейди.
Алпамыс:
- Атлар шаўып шықтым майдан дүзлерге,
Сансыз қалмақ көринбейди көзлерге,
Кеўлиңдегини айтсаң бойма, жан достым,
Көрсеткендей не берейин сизлерге?
Қаражан:
- Ылғал күни ат қуйрығын өр, дейди.
Батыр едим, тамашамды көр, дейди,
Танымас Баршынжан басқа затыңды,
Астыңдағы Байшубарды бер, - дейди.
Алпамыс:
- Мойынға тағылған тиллә тумарды,
Саўаш күни тарқатарман қумарды,
Исенбеймен саған, достым Қаражан,
Бералмайман ҳәм жолдасым Шубарды.
Алтын кәмар қуп жарасар белиме,
Жекке-жалғыз келдим қалмақ елине,
Қымбат баҳа мениң минген Шубарым,
Алып қашып кетерсең қалмақ елине.
Қаражан:
- Хызметиңе мен өзимди сайлайын,
Сениң ушын шийрин жанды қыйнайын,
Бере бергил, достым, инанып маған,
Алып қашсам тас төбемнен қудай урар бизлерди,
Қара атымды қазығыңа байлайын.
Сол ўақытта Қаражанның қарады жүзине, инанды сөзине, зәртең-зәбертең мустәкам, демедең ертлеп Байшубарды Қаражанға берди. Қаражан атланып Баршын жатқан боз ордаға қарап жүрис қылды. Қаражан кетип баратыр, Алпамыс қалып баратыр. Аррағырақ барғанда Алпамыс ойланды:
- Бул заңғар ябы менен майданға да шығар, қамшы урар, алып қашып, шерменде қылар. Аттың сыры ийесине мәлим деген, Қаражанға бир аттын сырын бетине айтып жиберейин, деген қыял пайда болды.
Кетип баратқан Қаражанның кейнинен Алпамыс жуўырып баратыр, еглен достым Қаражан, - дейди, сол ўақта Қаражан егленди, достыма қарап Алпамыс сөйледи:
Бизлер келген мусылманнан алымды,
Сизлер жүрген дин билмеген залымды,
Еглен жора, аттың сырын айтайын,
Аттың сыры ийесине мәлимди.
Сен түсерсен ҳақтың туўры жолына,
Атты бердим сен қалмақтың қолына,
Ара шөлге шыға қойсаң жоражан,
Қамшы урма Шубар ябы қоңына.
Ҳәммелерден ладан билме бизлерди,
Жалған деп ойлама мына сөзлерди,
Ябы билип қамшы урсаң Шубарға,
Алып қашып кетер, жора, сенлерди.
Арылған басыңнан қайғы думанды,
Қамшы урсаң салар ақыр заманды,
Ябы билип Қамшы урсаң коңына,
Жора, мени көрмеклигиң гүманды.
Қаражан:
- Қалмақларда сенсиз дәўран сүрмейин,
Байшубардан басқа аттың қәдирин билмейин,
Еглей берме, ирке берме, Алпамыс.
Қудай урсын, пайғамбар урсын,
Олла, Қамшы урмайын,
дейди.
Сол ўақытта Қаражанның қарады жүзине, инанды сөзине, «бар, кете бер, жора», деп жуўап берди. Қаражан аттың басын оңғарып, Баршын жатқан боз ордаға жүрис қылды. Бир қумды асып түсти, батырдың қарасы шөкти.
- Пай, маңлайы қара, қоңыраттай ақылсыз халық болмайды. Бир қыл қуйрық ябыны жүдә мақтайды. Мени алып қашқанда гөрге бара ма, аяғым жерге тийейин деп тур, - деп, басын иркиңкиреп, аяғын зәңгиге тиреп, бир қумның түсерлигинде Қаражан әстерек Шубарға бир қамшы урып жиберди.
Бахтын алла ашады,
Шубар ҳәм қайнап йошады,
Бир қамшыға шыдамай,
Маңлайы қара Қаражанды, жәниўар.
Байшубар алып қашады.
Егерде өзи жайғаспай,
Тартса күши жетпеди,
Аттың үстине Қаражан,
Лық-лық атып, Шубарға,
Хошамет урып барады:
- Мойыныңа таққан қос тумар,
Аяғай мени бириўбар,
Оллагер Қамшы урмайын,
Билләгер қамшы урмайын,
Турҳа-турҳа,
жәниўар.
Майданда қурдым салтанат,
Тапсырды достым аманат.
Олла урмайын сизлерди,
Биллә урмайын сизлерди,
Лық-лық, көзиңнен әреби ат,
Турҳа-турҳа, бедеў ат,
деп және бир қумнын түсерлигинде алысып, қан қусып, зордан басын иркип алды. Аттың басын иркип алып, Баршын жатқан боз ордаға жүрис қылды.
- Эй, маңлайы қараның малы, еки урғанда ғой журттан шығарып кетесең мени, - дейди.
VI бөлим
Тайшыханға бир ғалаўыт түскен дейди. Енди Қаражан таўдан келип, Баршынды алып кетейин деп атыр, дегенге жети күн болған екен. Тайшыхан ата-енесин бенде қылып, қой кейнине салған екен. Және Көкаманды бас етип, тоғыз елшини жиберген екен.
-Баршын инсапқа кирдимекен, бизге тийетуғын болдымекен, көрип кел, Көкаман жора, - деп.
Көкаман келип, Баршынның қасында ата-енеси жоқ, үйи аўлақ, алтын кесе, жез шәйнек, қыз бенен бәзим етип, кесе алысып, шай ишип отырған екен. Бәҳәрдиң айы, үйи шийшең, есик түриўли, узағырақтан киятырған Қаражанды көрди. Көкаман өрре турды:
- Жигитлер, Маңлайымыз қурысын, ҳәр ким өз жайында турсын. Тайшыхан қыз алмаса, терис алсын, Қаражан киятыр!
Келлеңди кеседи,
Қаныңды ишеди,
Қашқан қутылар,
Турған тутылар,
Жети атасына нәлет,
Қашқанға рахмет,
Зәнгиге ҳүрмет,
Қуйысқанға берекет,
Бул жерде қалғанның
Жети атасына нәлет.
деп майданға шықты. Ҳаўлығысып, атын шешпек ядында жоқ, Қаражаннан қорыққанынан байлаўлы турған атына минип, казықты айланып, қамшы урып, шүў-шүў деп турған қусайды. Ҳаўлыққаны минип танабын кесип, ҳаўлықпағаны минбей танабын кесип, Қаражанның алдынан зордан қашып қутылды.
Сол ўақытта Қаражан боз орданың оң жағына келип, жабықты көтерип, Баршынға нәзер салып, Алпамыстың келгенин билдирип, дос болғанын билдирип, сүйинши сорап турған қусайды. Әне сол ўақытта Қаражан Баршынға қарап, неше жерден тымсал келтирип, бес-алты аўыз орсақы айтын турған қусайды:
-Ат шапқаным узақ жерге қыядаш,
Көзлериңнен төгилмегей селли жас,
Сүйинши бер, шық майданға, қыз Баршын.
Қаражандай ағаң келди, хабарлас.
Ай қараңғы көринин тур көзлерге,
Саўытлар жетпейди игри дизлерге,
Қоңыраттан бир жигит келди излеп сени,
Егленбей сүйинши бериң бизлерге.
Тарқады жүректен сениң әрманың,
Және айланды сениң өткен дәўраның,
Сүйинши бер, қыз Баршын, шығып майданға,
Қоңырат елден излеп келди палўаның.
Пешанада мен оқыдым хатыны,
Сорасып билгенмен ҳаслы затыны,
Егленбейин сүйинши бер, Баршынжан,
Инанбасаң, мен айтайын атыны.
Ат шапқанда жете алмадым, жол алыс,
Бәҳәр болса таўра шығар маялыш,
Сүйинши бер, егленбейин, Баршынжан,
Излеп келди Қоңыраттың беги Алпамыс.
Сол ўақытта Баршын әстелик пенен қыймырып, әстелик пенен шығып, көз жиберип қараса, Қаражанның астындағы Байшубарға көзи түсти. Байшубар Баршын кеткенде енесиниң изинде қысыр емген тай еди, ат болар деп нашардың соннан тәмеси бар еди. Байшубар жетилип ат болған екен, мениң қалмаққа кеткен ғалаўытымды еситип, кейнимнен атланып шыққан екен. Қаражан дәрбентти аўлап атыр, деп еситиўим бар еди, батыр аңқаў, ер гөдек деген сөз бар, кезеўли оққа гез келген екен, ярым бийәжел өлген екен, аты қулға олжа болған екен, бахтыма кетпестей қара тигилген екен.
Баршынның көкирегине бул қыял пайда болды, Қаражанның астындағы Шубардың мойнын қушақлап, көзиниң жасын моншақлап, сол ўақытта аттан жалғыздың дәрегин сорап турған қусайды:
- Ат болыпты Миян көлдиң тайлары,
Қойын сатып, қозы қылар байлары,
Ар жағы Түркистан, бер жағы Коқан,
Хәзиретимниң қәдем урған жайлары.
Он төртинде гәўҳар туўған ай едиң,
Арысланым келер деп, кеўилим жай еди,
Тилиң болса сөйле, өйбей, Байшубар,
Мен кеткенде қысыр емген тай едиң.
Мойыныңда сулыў қара жалың бар,
Екеўимизди көрсетпеди бириўбар,
Көринесең Қаражаннын астында,
Үстиңдеги жалғыз қайда, жәниўар?
Шашгенемди әрман менен тарайын,
Нашар басым не күнлерге жарайын,
Тилиң болса, сөйлесеңе, Байшубар,
Жалғыздың дәрегин кимнен сорайын?
Сүриндиң бе бәлент таўдың тасына,
Алла рәҳим қылмай көздиң жасына,
Тилиң болса, сөйлесеңе, Байшубар,
Таслап келдиң қайсы таўдың басына?
Ғарра-қузғын қонды ма екен лашына?
Әрман менен ақлар енер шашыма.
- Бул заңғардың қызы неге түсинбейди екен мениң гәпиме, - деп Қаражанның көкрегине бир қыял пайда болды, және бир тәқәлле гүрриң айтып көрейин, - деп, Қаражан Баршынға не гүрриң оқып тур екен:
Әўел қалмақ, мен өзим зулым болдым.
Қартайғанда мен сениң қулың болдым,
Сүйинши бер егленбей, ҳаў қыз Баршын,
Ақыр түби айланып келин болдың.
Ат ойнатып барып едим мен дәрбентке,
Латманатқа мен болғанман шерменде,
Бас қойып қара тасқа жатып едим,
Келе берди сәҳәр ўақты жалғыз бенде.
Келген заңғарды бала билдим,
Еткен исин олардың шала билдим,
Өлтирейин сени деп, жатқан жерден сес келди,
Сол ўақытта өрре турдым жайымнан.
Таўдай екен ол заңғардың жүреклери,
Қос найзаға қумар екен билеклери,
Бала маған жуўырды аттан түсип,
Саўаш екен қудайдан тилеклери.
Сөйлегенде түспедим тиллерине,
Аш жолбарыстай пәнже урды беллериме,
Өлмей қалған пайда деп, дәрбент жолда,
Кәлийма айтып, киргенмен динлерине.
Бәрекеллә, Баршынжан келбетиңе,
Орамалың тутагөр жел бетиңе,
Сүйинши бер егленбей, келин балам,
Малды берген яр келди ел шетине.
Сол ўақытта Баршынжан:
- Аға, мен ол сөзге инанбайман, - деди. - Мениң ата-енемди Тайшыхан қой кейнине салғанына жети күн болды, еки ғаррымды әкелип берсең лебизине сонда инанаман, - дейди.
Сол ўақытта ашыўы келип, Қаражан Тайшыхаиның қаласына ат қойып жөней берди.
Атлар шапты далаға,
Сыйынды қудайтаалаға,
Егленбей кирди Қаражан,
Әйне сәске ўағында,
Тайшыхан жатқан қалаға.
- Ат шаптым беглер қыядаш,
Ақпай ма көзден селли жас,
Мендей бир иниң келгенде,
Тайшыхан аға, хабарлас.
Ойласпаға келгенмен,
Кеңеспеге келгенмен,
Сениң менен урысып,
Әскер қырып, қан төгип,
Дәрбент жолға барғанман.
Жети күн жаттым жол аңлып,
Жети күнлер толғанда,
Сәҳәр ўақты болғанда,
Дүбирлеген сес келди,
Иниңниң жаны сескенди.
Не әндийше болды деп,
Жуўырып шықтым таўларға,
Минсем таўдың басына,
Буўдақ-буўдақ шаң шықты.
Шаң астына қарасам,
Есабы жоқ, саны жоқ,
Лек-лек жатқан қол келди,
Айырылмастай ел келди,
Жасыл-ала туў келди,
Үлкен қара топ келди.
Жеккелик еттим, хан аға,
Урыспаққа мен қорқып,
Аттың басын оңғарып,
Қайтып қаштым кейниме.
Ағайин билдим сизлерди,
Көмек сорап келгенмен,
Сен жыйнайгөр әскерди,
Мен жыйнайын нөкерди.
Қара топты сүйретип,
Дәрбент жолға барайық,
Оннан бурын топ атып,
Ғайыптан келген әскердиң,
Бәрин бирдей қырайық,
Ат-жарағын олардың,
Олжа қылып алайық,
Калай көрдиң, хан аға?
-Ҳә, Қаражан, Қаражан!
Инанбайман сөзиңе,
Менде әскер қойдың ба?
Менде нөкер қойдың ба?
Мен-мен деген ерлерди,
Батпансыған шерлерди,
Қарыўлы туўған беглерди,
Өзиң қырдың Қаражан.
Саған ерер ҳалым жоқ,
Абырайы да сеники,
Олжа малы да сеники.
Сол ўақытта қайсар Қаражанның қатты ашыўы келеди:
- Маңлайы қара, Тайшыхан!
Қолыңнан неге келмесе,
Қойға неге саласаң,
Баршынның ата-енесин?
Ат ойнатып мен барғанман дәрбентке,
Латманатқа өзим болдым шерменде,
Жатып едим қара тасқа бас қойып,
Сәҳәр ўақытта келе берди бир бенде.
Бала билдим заңғарды,
Шала билдим заңғарды,
Бундай малды, Тайшыхан,
Ийесиз келер деппедиң?
Белгисиз келер деппедиң?
Алты күнлик жоллардан,
Аттың жортқан дүбири,
Уйқылатпады бизлерди.
Алты күн анық толғанда,
Сәҳәрдиң ўақты болғанда,
Келе берди бир бала:
Атлары бар ырғайдай,
Мойынлары қуўрайдай,
Ат үстинде көринди мениң көзиме,
Қус урған қара торғайдай.
Бала дедим заңғарды,
Шала дедим заңғарды,
Өлтирейин сени деп,
Балаға қарап жуўырдым,
Аттан түсип жуўырды,
Таўдай екен жүреги,
Жумыры екен билген,
Күни-күни қудайдан,
Саўаш екен тилеги.
Аш жолбарыстай ыңыранып,
Жарылған муздай гүңиренип,
Сол ўақытта өзим ойландым,
Өлмей қалған пайда деп,
Батыл диннен дөнгенмен,
Барҳақ динге енгенмен,
Қорыққанымнан балаға,
Мен динимди бергенмен,
Кәлийманы үйренип,
Ҳарам аўызды ҳадаллап,
Мусырман болып келгенмен.
Шеккен жәбир-жапасын,
Жарасқан заўқы-санасын,
Қолыңнан, занғар, келмесе,
Қойға неге саласаң,
Баршынның ене-атасын?
Тилимнен мен бердим нуўры зибанды,
Қорқып мен айттым кәлийма ийманды,
Шығар Баршынжанның ата-енесиң
Мен күткенмен саған келген мийманды.
Дәўраным дөнер ме бастан бийқарар,
Ҳәр бенде оның жолында гириптар,
Шығар Баршын қыздың ата-енесин!
Ҳақ жеткерген жылағанда зарымды,
Алалмадым мен атысып арымды,
Өртеп тур-аў сол наймыттың қореги,
Хәр мезгилде жеди тоғыз нарымды,
Және бир жети күн жатса, енеғар,
Жеп болады мисетимде барымды.
Сол ўақытта Тайшыхан «жәллат!» деп қышқырды, жәллатлар жуўырып келди. –Баршынның ата-енесин алып келип, Қаражанға тапсырың - дейди.
Олар ата-енесин алып келип, Қаражанға тапсырады. Қаражан ертип, Ақбулақтың бойында Баршын жатқан боз ордаға келди. Баршын ата-енесин көрген ўақта Қаражанның дос болғанын билди.
Алтым аршамы ашады,
Жағасы алтын, жеңи зер,
Кәдирли ағам сен, дейди,
Оң ийниннен кий, дейди.
Қаражанға жабады,
Сүйинши болсын сол, дейди.
Тартты палўан ийнине,
Қаражандай қайсардың,
Бул ийнине сыймады,
Жыртпаға көзи қыймады,
Бир жеңин суғынып,
Желбегей таслап бир жеңин,
Аттың басын оңғарып,
Қайта берди кейнине.
Намазшам ўақытта айланып келди дәрбенттеги досты жатқан шатырға. Баршынның берген инамын көрип ўақты хош болды. Сол түн жатты, мийман болды, ертең намаз ўақытта Қаражан қара атқа ерди салады, айылды бекем шалады, ат белине минип:
- Алпамыс жора, арзым бар, арзыма қулақ сал! Жуўап берсең, кетейин, Баршын жатқан боз ордаға ат ойнатып жетейин, сениң келгениңди билдирип, ата-енесин қуўандырып, барып ярыңды әкелип, бир ақшам мийман етейин, - дейди.
- Бар, кете бер, Қаражан жора, - дейди.
Сол ўақытта Қаражан атты оңгарып, қызыл қумды аралап, әйне түстиң ўақтында Байсары жатқан боз ордаға барды. Қырық адым кейинирек аттан түсип, қол қаўсырып сәлем берди.
Байсары аға, арзым бар, бул сөзиме қулақ сал, деди.
- Алдыңда жүрсе тиреўиң,
Артыңда жүрсе сүйеўиң,
Ҳәм перзентиң, ҳәм балаң,
Қызыңды алған күйеўиң,
Алпамыс деген азамат,
Излеп келди кейниңнен.
Қалмақтан алар арыңды,
Тәңири берди зарыңды,
Дүзе турсаң салтанат,
Хақ етпегей биймурат,
Баршын атлы қызыңды,
Тилеп келдим, бай аға,
Бир ақшамға аманат.
Сол ўақытта Баршынды,
Мингестирип қара атқа,
Қайта берди Қаражан,
Намазшам ўақта дәрбентке,
Алып келди қызды айланып,
Еки бирдей шын ашық,
Дәрбент жолда дусласып,
Қушақласып, жыласып,
Бота киби бозласып,
Алпамыс ата-енесин сорайды, Баршын елатындағы тең қурбы-қурдасларын сорайды. Баршынның қалмаққа ўәде қылғанына қырық күн болған екен. Қырық күннен бери ақшам уйқы жоқ, күндиз тыным жоқ, түн уйқыдан қабағы қатып, реңкинен қан қашып, Алпамыстың жолына қарап, өлер ҳәлге келген екен. Алпамысты көрген соң кеўилиндеги қайғы-дәрти умыт болды.
Екеўи дәрбентте мийман болды. Баршынның көзи уйқыға кетти, Алпамысқа жатса уйқы болмады, ярым ақшам ўақтында батыр жайынан турды, Шубардың сыйырып ерин алды.
Борбослаў жерге аўнатты,
Аттың көзин уўқалап,
Жаўырынларын сыйналап,
Ерин дүзиў салады,
Айылды беккем шалады,
Атты беккем байлайды,
Шатырға кирди толықсып.
Баршынның зулпын шамал қағып, уйқылап атырғанына көзи түсти.
- Бул заңғардың зейнине тийип оятпайын, кеўлин аўлап, бес-алты орсақы сөз айтып көрейин, - деген бир қыял пайда болды. Баршынға қарап:
- Дийдарыңды көргенше жоқ қарарым,
Басымнан таймасын мениң дәўраным,
Оянып ўйқыдан, мингил Шубарға,
Байсын елге жүр, қайтайық, дилбарым.
Оянып минегөр аттың белине,
Ашықлықтан отлар түсти тәниме.
Ийтлер тойған, ерлер туўған жериңе,
Жүр, қайтайық, туўып өскен еллерге.
Бедеў минип, қыя шөлде желгенмен,
Өзим жалғыз, ҳәр ислерге көнгенмен,
Мин Шубарға, жүр қайтайық, Баршынжан,
Ата-енемнен мәўлет алып келгенмен.
Минсең ярым, бөктериўге жарасар,
Ата-енем келгей деп жолға қарасар,
Көп кешиксең себил қалмақ журтында,
Өлди дейип, Байсын ели жыласар.
Сол ўақыта Баршын басын көтерип:
- Ақыллымекен деп едим, ақмақ екен Қоңырат, мәртпекен деп едим, нәмәрт екен Қоңырат, - деп:
- Сабыр әйле, палўан, сабыр әйле,
Сабырлы жетер муратқа,
Бийсабыр қалар уятқа.
Сабыр әйлесең рахмет бар,
Бийсабыр болсаң нәлет бар,
Сабыр әйле, палўан, сабыр әйле.
Байсын деген журтыңды,
Сен де жети жасыңда,
Мен де жети жасымда,
Билмейди деп жүрмедиң?
Кәләмулла қолыңда,
Жасыл қалпақ басыңда,
Мектепте оқып жүргенде,
Еки ғарры урысқан,
Урыса тура керискен,
Жағаға қоллар салысқан,
Көшипти қалмақ елине,
Жети жаста келгенмен,
Ақбулақтың басына,
Жети жыл мәкан етип,
Он төртке шығып қыз болдым,
Тайшыхан ашық болғанды,
Мынаў турған Қаражан,
Достың ашық болғанды,
Кейниме жаўшы салғанды,
Қызыл тилим жалладым,
Еки бирдей жаўшыны,
Қуры сөз бенен алдадым,
Алдағаным сол болды,
Атыңды алты ай бақ, дедим,
Жаныңды отқа жақ, дедим,
Алты ай он күн толғанда,
Уллы тойды бер, дедим.
Қырық күншилик жоллардан,
Ат қашырып кел, дедим,
Мендей муңлы нашардың,
Басы байрақ болсын деп,
Қәде қылдым байраққа,
Қәде қылдым қалмаққа.
Сен де алты ай атың бақ,
Шийрин жаның отқа жақ,
Сүмбиле туўар сымпыйып,
Ат семирер қунтыйып,
Бедеўдиң жалы жатқанда,
Мәлин менен қарсақлар,
Ырсылдап қарда жортқанда,
Сен де атыңды қос байраққа,
Ханның уллы тойында.
Ере алмайман кейниңе,
Мен де минсем атыңа,
Кайтсаң Байсын елине,
Қас етерсең душпанды,
Кейниңе түсер көп Қалмақ.
Жол ортаға барғанда,
Жеккелик етип палўаным,
Түсерсең қалмақ қолына,
Сен де бенде боларсаң,
Мен де бенде боларман,
Бир-биреўди көре алмай,
Жаңа көрген ўақтымда,
Әрман менен өлермен.
Қалмаққа қылған ўәдем бар,
Ҳәр ким дөнсе ләбизинен,
Ҳүкиминде болар кәпирдиң,
Деген сез бар, байбәтше.
Атың озса, оздырып ал,
Атың қалса байрақтан,
Арың қалса қалмақта,
Ақ билектиң күши менен,
Ақ найзаның ушы менен,
Батырлығыңды билдирип ал.
Тыңласаң сөзимди айтайын.
Жуўап бер маған қайтайын.
Сол ўақта сөзден қалды Алпамыс,
Жуўап берди Баршынға,
Қайта берди үйине.
VII бөлим
Әне, енди гәпти кимнен еситиң. Қаражанның бир улы бар еди, аты Досмәмбет еди, он бир жасына келип, ер жетип, жигит болып еди, қалмақлар жол бермей балаға:
- Ҳә, Досмәмбет, ағаң Баршынға ашық болып, Тайшыханның он сегиз мың әскерин қырып, жатып еди дәрбентте, шайтандай бир қурымсақ келген екен.
Сол баладан қорқыпты,
Батыл диннен дөнипти,
Бәрҳақ данге енипти,
Ҳадал аўызын ҳарамлап,
Маңлайы қара Қаражан,
Кәлийма деген бирнеңени үйренипти.
Сен Қаражаннан туўған бала болсаң, атаңнан барып қара атты алып кел, - дейди.
- Бизлер ҳәм атты бағайық,
Жанды отқа жағайық,
Ханның уллы тойында,
Қара атты бизлер косайық,
Қара ат озса байрақтан,
Баршын қызды алайық,
Қара ат қалса байрақтан,
Баршын атлы қызлардан,
Биймәлел болып қалайық.
Сол ўақыттта елдиң түртки сөзине бала шыдамай, атасы жатқан дәрбентке пайыў-пияда жүре берди. Ақшам жатпай, күн тынбай, жети күн жүрип, Досмәмбет дәрбентке келип, атасын көрип, атасына бес-алты аўыз орсақы айтып турған усайды:
- Ата, саған арзым бар,
Бул сөзиме қулақ сал,
Гәп билмеген шолақсаң,
Жипектен нәзик торқасаң,
Толықсып қалмақ турғанда,
Сен де бир кимнен қорқасаң.
Қара атты берсең, бағаман,
Жанымды отқа жағаман,
Тайшыхан бүгин той берсе,
Байраққа мен де қосаман,
Атым бир озса байрақтан,
Баршын қызды аламан,
Атым қалса байрақтан,
Биймәлел болып қаламан,
Кара атты бер, жан ата!
Баршын атлы дилбарға,
Мен де болдым таламан.
Баланы қыймай, атасы қара атты берди, Алмамыс пенен Қаражан дағыстанда қала берди.
VIII бөлим
Ат ҳарыса жем болар, ер ҳарыса азық болар деп, Байсыннан шығарда қырық қосуўыс арпаны мақпал дорбаға салып, ҳарыған жерде беремен деп, ердиң басына қыстырып еди Алпамыс. Жолда жем бермек ядында жоқ, бул ҳәм қалмаққа бара берген екен.
Сол жылғының қысы жыллы келди, бәҳәри жаўынлы болды, арқадан жаўын көп жаўды, таўдың сели төменге ағып, жыраның суўы қайтты. Иси еригип жатқан еки палўан қырық қосуўыс арпаны бир таўдың арасына септи.
Батырлар дийқаншылық қылды,
Дийқаншылық келисип,
Ат қапталынан питти.
Тастан ақыр сайлады,
Шийрин жанын қыйнады,
Еткен дийқаншылық арпаға,
Булар ҳәм Шубарды байлады.
Сүмбиле туўды сымпыйып,
Семирди атлар қунтыйып,
Алты ай он күн толғанда,
Тайшыхандай патшаның,
Ўәдели күни болғанда,
Узағына хат жоллап,
Жақынына ат жоллап,
Сансыз жақтан қалмақты,
Дәрбент жолдың оңына,
Тайшыхан халықты жыйнады.
Патша бир кеўилин хошлады,
Журт жыйнап, тойды баслады,
Қалаға жарды урдырды,
Тоқсан үйди сайлап тиктирди,
Дәрбент жолдың аўзына,
Баршынға отаў қурдырды.
Қаражан айтады:
-Жора! Той тәклиби тутылып атыр, бизлер де қоржын-қолаңды көтерип, Байшубарды жетеклеп тойханаға барайық, жора, - деди. Булар да тойхананың бир шетине барады, қоржын-қолаңын көтерип барса, той қуралып қалыпты, көз жиберип қараса:
Ақ шатыр, аппақ шатыр,
Ақ шатырда хан жатыр,
Арзын айтқан айтып атыр,
Айталмаған қайтып атыр,
Ат деген шабылып атыр,
Гүрес тутылып атыр,
Нақыра урылып атыр,
Дәп қағылып атыр.
Топ-топ, шоқ-шоқ...
Ҳәр жерде мәсләҳәт қурылып атыр.
- Бизлер қалмаққа көп қосылмайық, жора. Қалмақтың ат сейиси көп болады, сыншысы көп болады. Биреўи келип атымызға жаманлық етип жүрмесин, сен аттың қасында қала бер, мен бир қалмақты аралап көрип келейин, не сөз, не әңгиме бар екен, - дейди Қаражан.
Алпамыс аттың қасында қала берди, Каражан той-жыйынды аралап кете берди. Алпамыс Қаражанның қойып кеткен жырасынан және бир жыраға асып түсти. Қалмақтың ат сейис, сыншысы көп болады дегени көкирегине бир қәўетер болды, аттың көзин уўқалап, жаўырынларын сыйпалап, айылын шешип турса, қалмаққа жекке келген екен. Алпамыста атшабар бала жоқ, я ат сүйер қостар жоқ. Баршын ярымды қалмақтың қолына таслап неғып кетер екенмен қырық күншилик жолға, деген қыял пайда болды.
Қаражан көп жығынды аралап жуўырып жортып киятырса, өзиниң қойып кеткен жырасында досты жоқ. Ҳәр төбеге бир шықты, қарап турса Қаражан, бир жырадан Алпамыстың аттың қапталында айылға асылып жылап турғанына көзи түсти.
- Достыма не қайғы пайда болды екен? Буннан бир көкирегиндеги не қайғы-дәртин сорап көрейин, - деп, әлинде сазы болмаса да, тилинде сөзи менен сөйлеп турған кусайды:
- Достым неден болды сениң әрманың?
Бастан таймағайды келген дәўраның
Бунша неге қапа болып жылайсаң?
Әрманыңды баян әйле, палўаным.
Саўаш күни қанлар толды көзиңе,
Ашықлықтың ышқы түсти өзиңе,
Бунша неге кемлик тартып жылайсаң?
Қапалығың баян әйле өзиме.
Алпамыс турып сөйледи:
- Мәрт болып майданда дәбил қақпадым,
Ат мойынына тиллә тумар тақпадым,
Жылағаным бир-бир баян етейин,
Байшубарды шапқандай бала таппадым.
Дүнья қурысын, енди жалғыз нетермен,
Жеккеликтен дүньяны тәрк етермен,
Баршын ярды таслап қалмақ қолына,
Қырық күншилик жолға нетип кетермен.
Қаражан:
- Мәрт болмай майданда дәбил қағылмас,
Ғәнийим көрмей абырайың жабылмас,
Маған бер, жан достым, енди Шубарды,
Меннен басқа қолайлы бала табылмас.
Ғәнийим көрсе, мен үстине минейин,
Өзим қайсар, хызметиңе көнейин,
Меннен басқа қолайлы бала табылмас,
Бер атыңды, өзим шаўып келейин.
Сол ўақытлары Қаражанға Алпамыс атын берди:
- Саўаш күни аттың басын тартайын,
Берсе сынап, өз бетимнен қайтайын,
Тыңлап көр, жан достым енди Қаражан,
Байшубардың сырын саған айтайын.
Мойынына тағылған жуптан тумарым,
Саўаш күни минсем тарқар қумарым,
Жол ортаға барған ўақта Қаражан,
Қалмаққа көз болып қумда болдырар,
Ҳийлекер еди астымдағы Шубарым.
Шықса атың ойнайды таўдын шөлинде,
Сен мингейсең Байшубардың белине,
Ат болдырған жерде пирге жылайгөр,
Сирә қамшы урып жүрме қоңына.
Саўытымды бир түймеден қаўсырдым,
Саўаш күнде шул бедеўге қамшы урдым,
Узақ жолға кетсең жора аллияр,
Атты саған, сени ҳаққа тапсырдым.
Кылыш урса, қанлар толар көзиме,
Инсап берди, жаңа келдим өзиме,
Сени мен тапсырдым енди аллаға,
Атты тапсырғанман, достым, өзиңе.
Сөйтип Алпамыс қала берди. Қаражан кете берди. Қаражан тойханаға кирди. Барса, Тайшыханның Тарланы өтип тур ортадан, үстиндеги ат шабарманы да Көкаман, әмини де Көкаман. Қаражанның қара аты өткен екен ортадан, үстиндеги атшабары жалғыз улы Досмәмбет.
Есабын дийўан алыпты,
Молласы хатқа салыпты,
Баршын қызға таламан,
Бир кем тоқсан атлы болыпты.
Қаражанды да алды дәптерге,
Тоқсан атқа толыпты.
Тайшыхан алдап таслап келмесин, ат болдырып келмесин, жолдан қайтып келмесин деп, ат үстинде балалардыН қолына пәтек берипти, ханнан жуўап алыпты, атларды айдап Көкаман жолға рәўан болыпты.
Баршын атлы қызға ерекке отаў қурдырған. Баршын баратқан атларға жабықты көтерип караса, Байшубар көп атларға косылмай, шетлеңкиреп баратыр.
- Байшубарға Қаражан ағам минген екен, қалмаққа көп көринбейин, Қаражанға бир жол болсын айтайын, - деп, атқа бир бес-алты аўыз хошамет урып қайтайын, - деген бир ойға келди. Боз ордадан шығып Баршынжан:
Бир мисекти жамылып,
Баўыры оттай қабынып,
Пешин басып жығылып,
Қыйсық жолды төтелеп,
Алдына шықты Шубардың
Дәрбентти нашар кеселеп,
Аттың мойынын қушақлап,
Көзден жасын моншақлап,
сол ўақытта Қаражанға жол болсын айтып, не деп тур екен:
-Ҳаўа жаўсын, айдын көллер ҳөл болсын,
Жылдан жылға аз дәўлетин мол болсын,
Сен минипсең Байшубардың белине,
Қаражан аға, бул сапарын оң болсын.
Қарқарам бар сол басымда шоқтан шоқ,
Жаратқанға мен жылайман, қайғым көп,
Өзиң шаўып, өзиң абырай алмасаң,
Көзиңнен айлансын апаң, Байшубар.
Қалмақларда ат көтерер қостар жоқ.
Сүринбей келгейсең таўдың тасына,
Алла рәҳим қылғай көздиң жасына,
Тоқсан аттан озып келсең, Байшубар
Мендей
нашар саған болсын садаға.
Он төртимде мениң бахтым ашылғай,
Дуз-несийбем Байсын елге шашылғай,
Тоқсан аттан озып келсең, Байшубар,
Төрт аяғың ақ сийнеме басылғай.
Мойыныңа таққанман тиллә сәдепти.
Бар аллыяр, көргениңше жәниўар,
Хызметиңде тәнде баўырым кәбапты,
Мендей нашар саған берди жуўапты.
IX бөлим
Көкаман атларды айдап кетти. Тайшыханның той берип атырған жери дәрбент жолдың аўызы еди, еки жағы бәлент таў, ортасы жол еди. Аржақ-бержағы сегиз күнлик жол еди. Көкаман атларды айдап кетти, дәрбенттен аман-саў өтти, он алты күн атты айдады, аяғы жоқ, басы жоқ, еспе қум дус болды.
Қумда төрт күн жол жүрди, атлап өте алмады, жигирма бирленши күни:
Әйне пешин ўағында,
Батырды ғамға толтырды,
Батырдың жүзин солдырды,
Алпамыс берген Байшубар,
Қалмақларға көз қылып,
Еспе қызыл қумларда,
Омыраўлап болдырды.
Тайшыханның ҳәм әмини, ҳәм атшабары Көкаман көрди бул исти. Көкаман аттың басын оңғарып Қаражанның қасына келди. Сол ўақытта Қаражанға қарап сөйлейди:
- Сен де қалмақ, мен де қалмақ
Саған да қайда қыз байрақ,
Қайт кейниңе, Қаражан
Мына басың турғанда,
Қолыннан заңғар келмейди,
Баршынжанды сен алмақ.
Бедеўди минсең желерсең,
Ҳәр иске өзиң көнерсең
Усы жолдан қайтпасаң,
Қыя бир шөлде қаларсаң,
Әрманлар менен өлерсең.
Он төрттен туўған айыңа,
Қайт кейниңе Қаражан!
Исенбе қотыр тайыңа.
Елиң қайда сизлерге,
Баршын қайда сизлерге,
Өлмесең, жора, барарсаң
Келеси жылы гүзлерге.
Кете берди Көкаман,
Кала берди Қаражан,
Әри-бери «шүў» деди,
Сирә ябы жүрмеди,
Еспе қызыл қумлардан,
Төрт аяғын сермеди.
- Усы жерден мен қайтсам,
Мәлел келер достыма,
Ат ҳийлекер, деп еди,
Рас екен айтқаны,
Жигирма бир күн мен миндим,
Он төрт күн ат минсин деп,
Бир шапанын шешеди,
Бүклеп қойды ийнине,
Аўнап атқан Шубардың,
Еки аяғын услады,
Қағып салып ийнине,
Жортаберди Қаражан,
Байшубарды арқалап,
Кеткен атлардын кейнинен.
Пиядаға атлы жеткермей,
Алдында кетип баратыр,
Ақшам жатпай, күн тынбай,
Ат қарасын көралмай,
Алты күн жүрди Қаражан,
Алтыланшы күнинде,
Әйне сәске ўағында,
Заманасы тар болды,
Таңлайлары жарылды.
- Мойнында тиллә тумарды,
Тарқаталмадым қумарды,
Енеғардың малы,
Өлсең өл, гөр бол, - деп,
Көтерип урды қумларға,
Ийниндеги Шубарды.
Әри-бери «шүў» деди,
Сирә ябы жүрмеди.
Сол ўақта қайсар ойлады:
- Бәрекеллә, Алпамыс достым айтып еди-аў, ат болдырған жерде пирим деп жылай көр деп, Маңлайы қара басым, ядымнан шыққан екен-аў, пирдиң атын билмесем, Алпамыстың бабасы деп шақыра берейин, Алпамысты қоллаған пир мени колламаспекен, - деп, әлинде сазы жоқ, тилинде сөзи менен Қаражан қыя майдан шөллерде сөйлей берди:
- Наданлықтан қызыл жүзим солдырды,
Әжел жетпей пайманымды толтырды,
Атты қолла, Алпамыстың бабасы,
Ара шөлде Байшубарың болдырды.
Қабыл болған ер жигиттин тобасы,
Үйрек ушқан Байбөриниң сабасы,
Байшубарың қыя шөлде болдырды,
Атты қолла, Алпамыстың бабасы.
Бәршемизди халық әйлеген илайым,
Ғарры қулман, неден болды гүнайым,
Ат болдырып, ара шөлде жылайман,
Шубарды қоллайгөр, қәдир қудайым.
Айырылған журтынан мен де сайылман,
Ҳәр не қылсаң өз хәмириңе қайылман,
Байшубар болдырды қыя шөллерде,
Қоңыраттың бабасы дейди Жайылған.
Сол ўақытта Жайылған атлы пири атты қоллайды, аўнап жатқан Шубардың саўрысына шаппат урды.
- Бар кете бер, Қаражан, - деди.
Қаражан белине минип, көп атлының кейнинен бул да кетип баратыр.
Пешин ўақта атларға,
Араласты Байшубар,
Алдын баслап көп аттың,
Жөней берди жәниўар.
Бул кетиўдем кетти, арадан қырық күн өтти, қырық күн анық толғанда, таң рәўан атып, күн шашырап шықпаға мейил еткен ўақтында хан жиберген бәндирги, ат қашырар жерге жетти.
Барғаннан соң Қаражан өзи турып қыял етти.
- Мен ат шаппақты не билейин, сейисликти не билейин, қалмақтың сейислери не қылса, соны қылайын, жем берсе, жем берейин, отлатса, отлатайын, аўнатса аўнатайын, - деп қалмақлардың сейисине қараса, бир нешелери жем берип атыр, бир нешелери аўнатып атыр, бир нешелери отлатып атыр. Мен хәм Байшубарға жем берип көрейин деген бир қыял пайда болды. Сол ўақытта Қаражан дорбаны алып, Байшубарға «мәҳ-мәҳ» лесе келмейди.
Қәтептей аўзын ашады,
Дәрьядай гүўлеп тасады,
Қаражанға күш бермей,
Берген жемин шашады.
Ашыўланып Қаражан,
Төрт аяғын услады,
Көтерип урды Шубарды,
Басына дорбаны илип,
Атын жайдан турғызып,
Билегине қысып тутып,
Жемди басса аўзына,
Шиңгир-шиңгир киснейди,
Арқаға қарап еснейди,
Қаражанның берген жеминен,
Бир арпаны төрт-бес бөлип,
Зордан-зордан тислейди.
Буны көрген Көкаман келди қасына:
- Қаражан жора, атың қалай, жақсы ма, жаман ба, жүйрик пе, шабан ба, қорең бе, шымқор ма? - деп сорайды.
Сол ўақытта Қаражан:
- Сен тыңла, мен айтайын Байшубардың дәстанын, - дейди.
- Бизге салған жаратқанның азабы,
Мен билмеймен ат шапқан жолдың узағы,
«Мәҳ-мәҳ» десем, ат дорбаға келмейди,
Жем мәнисин билмейди екен қазақы.
Өз-өзинен турып қайнап йошады,
Қамшы тиймей мени алып қашады,
Ат дорбаны илейин десем басына,
Берген жемди, күш бермейди, шашады.
Ҳайўан атым шиңгир-шиңгир киснейди,
Тулпарсыйды, сары арқаға еснейди,
Жемхорлығын, шымхорлығын буннан бил,
Бир арпаны төрт-бес бөлип тислейди.
Сол ўақытта күн батты, ярым ақшам болды. Қаражан булақтан тәрет алады, атқа дорбаны илди, парызға нийет қылды. Басын сәждеге қойған ўақытта Көкаман келип, атты айланып қарады. Бир қанаты кирип, бир қанаты шығып турғанын көрди. Шексиз тулпар екенин билди. Балаларға қарап қатты ғыжалат урып турыпты:
- Аўа, аўа, қалмақлар,
Қоңыраттан келген Байшубар,
Жүйрик екен, енеғар,
Қолтығында қос қанат,
Майданға өзин көзеп тур,
Жүйриклигин буннан бил,
Қырық күнлик қыя шөллерди,
Жети күнге гөзлеп тур.
Суўық сөзди салмаң араға,
Муқаллас қашар панаға,
Сеннен он бес күн бурын барады,
Тайшыхан салған қалаға.
Аўа,аўа қалмақлар,
Ел қайда сизлерге,
Баршын қайда бизлерге,
Хош болың енди, жоралар,
Өлмегениң барарсаң,
Келеси жыл гүзлерге.
Сол ўақытта Қаражанның баласы Досмәмбет айтады:
- Ол себепли қайғы етпең, жоралар. Мениң әкем қатты уйқышы киси, бир уйқыласа, жети күнге шекем келлесин кессең ҳәм билмейди, - дейди.
- Бир балаға жар урдыр, алты күнлер атларға мәўлет деп, ҳарығанлар дем алады, суўсаған атлар суў ишип, мийри қанады. Таўдан егленип ғаўдан шалады, алты күннен соң атларының пәтегин алып, жуўап қылады, - деп бир бала жар қышқырды.
Қаражанға сол ўақытта «қудай берип қалды». Атын беккем байлады, парызды бәржай қылды, пәтияны жүзине тартты. Орпаң топырақты үйди, Қаражан шеккесин урды, қублаға қарап жатты, қуптан болмай-ақ силеси қатты. Баласы Досмәмбет келип, оң аяғын бир жаққа, шеп аяғын бир жаққа көтерип-көтерип урады. Маңлайы қара қул сирә билмейди.
Аяғын, қолын беккем ғана таңды, Қаражанның атының ҳәм төрт аяғын байлады, төрт аяғына төрт гүлмыйық қақты. Қаражанды бир оқпанға апарып шалқасынан таслап, жатар ўақта атлардың пәтегин алып, «әўмийин», деп қашты.
Қала берди Қаражан, бир күн жатты, еки күн ҳәм үш күн арадан өтти, сирә дәрпенбеди, үш күн ҳәм арадан өтти.
Әйне сәҳәр ўақтында,
Басында бар сәллеси,
Ийнинде бар меллеси,
Қолында сырлы ҳасасы,
Уйқылап атырған Қаражанның,
Түсине аян болады,
Жайылған ғарры бабасы.
Сол ўақытта Қаражанға бад урып, басыңды көтер, деп турған қусайды:
- Себеп неден шөлге болдың таламан,
Сениң ушын мен де күйип жанаман,
Қасыңдағы атлар қашып кеткенди,
Басгенеңди көтерсеңе, Қаражан.
Атлар шаўып жеталмассаң, жол алыс,
Мәрт жигитке дәркар екен ар-намыс,
Аты қалса, жалғызлықтан зар жылар,
Қапа болар жалғыз ғана Алпамыс.
Жанға қылған жәбир менен зулымы,
Ақ бетине жарасқанды тулымы,
Басгенеңди көтер, надан Қаражан,
Қалмақта қалар Баршын атлы келиниң.
Ҳаса урып, алайын ба жаныңды,
Тәрк етейин сениң дүнья-малыңды,
Басыңды көтергил енди, ғарры қул,
Төгейин бе тәниңдеги қызыл қаныңды?
Сол ўақытта Қаражан сескенип кетип еди, аяқ-қолын байлаған жиплер үзилип, жайына кетти, басын көтерип қараса, ат түўе зат та жоқ, өзиниң де аты жоқ.
- Пай, бәтшағар қалмақлар бизди алдап қашқан екен, бизиң ат та танапты үзип, бизди пияда таслап кеткен екен, - деп ҳайран болып турса Қаражан, таң атып, ойер-бүйердеги адам көринетуғын ўақыт болыпты.
Сол ўақта бир сүйреткиге көзи түсти, барса, Байшубар бир оқпанда шалқасына жатыпты, я өли емес, я тири емес, кирпигин зордан қағып атыр, атты арқалап жүрген палўан бир оқпаннан шығарып алыўға Қаражанның дәрманы болмайды. Сол жерде оқпанның арқасына шықты, қублаға қарап мойнына пота салды.
Жаратқанға жалбарып, атты бос ет, қулды шад ет, деп жалбарып жылап турған қусайды:
- Жерди-көкти халық әйлеген илайым,
Ғарры қулман, неден болды гүнайым,
Атты босат, қулды шад ет шөллерде,
Адамды жаратқан кәдир қудайым.
Атың Қаўыс-Қыяс әлемге толы,
Қызыр бабам менен жүрипсең белли,
Жигиттиң пирисең сен ҳәзирети Әлий,
Атты босат, қулды шад ет шөллерде.
Журтынан айырылған мен де сайылман,
Ҳәр не қылсаң өз еркиңе қайылман,
Атты бос ет, қулды шад ет шөллерде,
Қоңыраттың бабасы дейди Жайылған.
Сол ўақытта қулдың дәрманы келди, атты шығарып алды, төрт аяғын шешти, төрт аяқта гүлмыйықты көрген екен Қаражан, Алпамыс достым ақыл етип аяғына тазадан нәл қаққан екен-аў, дейди.
Шубарға ерди салады,
Айылды беккем шалады,
Ат белине минеди,
Әйне намаз ўағында,
Қайсар туўған Қаражан,
«Әўмийин» дейип шөллерде,
Өзине жуўап береди.
Аттың басын бурады,
«Шүў» деп қамшы урады.
Төрт аяғы майып ат,
Мамырлап жортып барады,
Орпақ жерге келгенде,
Аяғын тегис басады,
Қумлық жерге келгенде,
Қаражандай батырды,
Байшубар алып қашады.
Басына күнлер туўады,
Сай сүйеги қызады,
Турды шамал оңына,
Урды аттың қоқына,
Кеше жатпай, күн тынбай,
Қуўа берди Қаражан,
Кеткен аттың соңынан,
Ол төбе менен бул төбе,
Баўырында ойнап барады,
Ат басындай сом жүрек,
Сарайға сыймай туўлады,
Жеталмады Қаражан.
Аттың кеўили тасады,
Қаражан қайнап йошады,
Шубарға қамшы басады,
Тоғызланшы күнинде,
Әйне сәске ўағында,
Алдындағы қалмақтың,
Атларына араласады.
Көз жиберип қарады,
Аралай берди атларды,
Қаражанның қара аты,
Озып кеткен қусайды.
Көринбейди ишинде,
Тайшыханның тарланы,
Бул да кеткен қусайды.
Еки атты анық жойытты,
Айдай бериң, баллар, деп,
Шубарды бурып салады,
Кеткен аттың кейнинен,
Толықсып қайсар қуўады,
Басына күнлер туўады.
Астындағы Байшубар
Тебингиден тер алды,
Ырғығанда жәниўар,
Танап ярым жол алды,
Кеткен аттың кейнинен,
Қаражан енди ат салды.
Майданда жердиң даласы,
Аллады ердиң панасы,
Көз жиберип қараса,
Узақтан елес-елес көринди,
Баратқан аттың қарасы.
Пешинде көрген қараға,
Жуўыра берди кейнинен,
Қырқар-қырқар таў келсе,
Тартар ат ҳәм бүгилип,
Алыстан қара көринсе,
Жуўырар еди жүйрик ат,
Қос қулағы тигилип.
Пешинде көрген қараға,
Намазлыгер ўағында,
Өкшесине минеди,
Намазшам болған ўағында,
Зәңгиге басын тығады,
Әйне қуптан ўағында,
Зәңгилесип барады.
Ярым ақшам ўақтында,
Қайым келди қумлақ жер.
Қумлақ жерге келгенде,
Қыйып түсти Байшубар.
Көкаман жора, айда, деп,
Саған Баршын қайда деп,
Толықсып ат ойнатты Қаражан.
Қамшы урып Тарланға,
Қуўа берди Көкаман,
Қумлық жерге келгенде,
Байшубар зорлық қылады,
Тақыр жерге келгенде,
Тарлан зорлық қылады.
Еки тулпар жарысты,
Табан жолға тарысты,
Дойнақтан шыққан отларға,
Ғаўданлы жерлер алысты.
Себил қалғыр Тарлан ат,
Дүзетти жаңа шабысты,
Он екиленши күнинде,
Көринбей кетти қарасы.
Қуўа берди изинен,
Қайсар туўған Қаражан,
Он төртинши күнинде,
Көтерилди Байшубар,
Пешин ўақты болғанда,
Кыя шөлде толықсып,
Изинен жетти жәниўар.
Қәтептей аўзын ашады,
Ашыўы келип Байшубар,
Тайшыханның Тарланын,
Сағырына салып аўызды,
Нуқый берип басады,
Бир нуқыўға шыдамай,
Тарлан қалды майырылып.
Кете берди Қаражан,
Алды бәлент таў еди,
Етеги гүзар жол еди,
Күн батты, намазшам болды,
Ала геўгим ўағында,
Аяғын тасқа уралмай,
Қызыл қыя тасларды,
Қыйығына бир тислеп,
Байшубар таўда жығылды.
Қаражандай мәрт жигит,
Аттың мойнын қушақлап,
Көзиниң жасын моншақлап,
Ақшамы менен Қаражан,
- Пирим ... - дейип жылады.
Ашылған бағдын лаласы,
Әйне сәҳәр ўақтында,
Ҳәзир болды қасында,
Жайылған ғарры бабасы.
Қырық шилтери бар қасында,
Булар ҳәм оның жолдасы,
Аўнап атқан Шубардың,
Қырық шилтерлер жәм болып,
Тилинен мөҳир алады.
Сол ўақытлары Қаражанға қарап,
Байшубар оқырана берип жылады:
- Ақыллымекен деп едим,
Ақмақ екен ғарры қул,
Мәртпе екен деп едим,
Нәмәрт екен ғарры қул,
Он еки мүшем бир сыйпап,
Өз көзиң менен көрмедиң,
Бес-алты аўыз сөзим бар,
Оны саған айтайын,
Қабыл болғай тилегим,
Еситкен соң бул сөзди,
Жарылмасын жүрегиң,
Мен жайымнан турайын,
Сен үстиме мин, дейди,
Жез баўырдақ қамшыны,
Оң қолына ал, дейди,
Бас демей ҳәм ура бер,
Көз демей ҳәм ура бер,
Қамшы өтсе жаныма,
Қызар ма екен сүйегим.
Аттың тили байланды,
Сол ўақытта Қаражан қайсар ойланды,
Белине минди Шубардың,
Қамшы ма, - деп, тилегиң,
Бас демей урды Қаражан,
Көз демей урды Қаражан.
Келипти аттың тилеги,
Қамшы өтип жанына,
Ҳайўанның қызды сүйеги,
Ат дойнағы қызады,
Мойнын қуўдай созады
Ол-ол қалды, ол қалды,
Себил қалғыр тойханаға,
Он сегиз күнлик жол қалды.
Көз жиберип караса,
Қара аттың үстинде,
Баратыр екен баласы,
Сүринген таўдың тасына,
Үш орап тартып Досмәмбет,
Ақ баслы ердиң қасына,
Шекшейип тартып жибермей,
Баратыр аттың басын-аў.
Ағасының барғанын билди баласы,
Бир ораўын жаздырды,
Көринбей кетти қарасы.
Және қуўды атасы,
Он жети күн болғанда,
Және жетти кейнинен,
Атасының барғанын билип баласы,
Және бир ораў алады,
Жүўернемек Досмәмбет,
Көринбей кетип қалады.
Он алты күн қалғанда,
Және жетти изинен,
Атасынын барғанын билди баласы,
Дизгинин төгип қара аттың,
Бир қамшы урып жиберди,
Пәрсиз оқтай қаңғыды,
Аламандай шаңғыды,
Қара аттың баўыры жазылды,
Қара аттың қашқан жоллары,
Соқпағы дизден қазылды.
Он бес күн жол қалғанда,
Және жетти атасы.
- Балам, саған арзым бар,
Бул сөзиме қулақ сал,
Алдап қаштың сең - дейди.
Әрманлы болдым мен, - дейди.
Бир теңлесип қашайық,
Мен әрмансыз болайын.
Сол ўақытта өзиниң қылған ҳийлеси,
Өзине мәлим баланың:
- Алдымда қаш сен, ата,
Саған тайлық берейин.
Алдында қашты атасы,
Атты еглеп кейинге,
Қара гөрим қалады,
Досмәмбеттей баласы.
Аттың басын жаздырып,
Атасының кейнинен,
Бул да қуўып жүреди.
Он төрт күн жоллар қалғанда,
Айда-айда, ата, айда, деп,
Саған Баршын қайда, деп,
Қамшы таўлап Досмәмбет,
Тусынан өтип барады.
Және қашты баласы,
Қуўа берди атасы.
Кәҳәрленди Байшубар,
Ырғый берди жәниўар,
Он үш күн жол қалғанда,
Және жетти кейнинен.
- Ҳә, перзентим, перзентим,
Атыңды тарт, перзентим,
Алпамыс пенен дос едим,
Достымның аты қалмасын,
Патшалық дәўлет басында,
Залым туўған Тайшыхан,
Қалай озып барсаңда,
Баршынды саған бермейди.
- Ата, айда-айда, деп,
Саған Баршын қайда, деп,
Атым озса аламан,
Атым қалса, қаламан,
Баршын атлы дилбарға,
Мен де болдым таламан, - деп,
Қаша берди баласы.
Он еки күн қалғанда,
Және жетти кейнинен,
Жалынды және балаға:
- Атыңды тарт, қарағым,
Сен қалагөр кейинде,
Мен озайын алдыңда,
Достымның аты қалмасын,
Баршын атлы сол нашар,
Қалмаққа бенде болмасын.
- Ат шаптым таўдың өрине,
Ашықлық түсти тәниме,
Айдай бергил, жан ата,
Аты қалса Қоңыраттың,
Атасының гөрине,
Қоңырат пенен сен доссаң,
Мен нетейин Алпамысты?
Қаша берди Досмәмбет,
Ат ойнатып жөнине,
Және қуўды Қаражан,
Баласының изинен.
Тоғыз күн жол қалғанда,
Зәңгилести Қаражан:
- Қыршыныңнан қыйылғыр!
Жүўернемек, жер тартқыр!
Тилимди неге алмадың?
Сөзиме қулақ салмадың?
Баласына билдирмей,
Белиндеги сәмсәрдиң,
Ғуббалы баўын жаздырды,
Қынабынан суўырды,
Дослыққа мәлел келер, деп,
Қалса байрақтан Шубар, деп,
Жекке келген жан достым,
Қапалық пенен өлер, деп,
Ат үстинен баланы,
Қарқыратып шалады.
Бос аты озып кетер, деп,
Мени шерменде етер, деп,
Шоқлығының алдынан,
Қыл мойнының кейнинен,
Атқа сәмсәр урады.
Әўели улын өлтирди,
Екинши атын өлтирди,
Дос себепли Қаражан,
Дослықты бәржай келтирди,
Қаракөрим барған ўақта,
Баласы түсти ядына:
- Мен қайтайын кейниме,
Жасырайын жүзини,
Досмәмбеттей баланың,
Ғарға шоқыр көзини.
Аттың басын оңғарып,
Қаражан қайтты изине,
Песин ўақта келеди,
Баланың өлген жерине,
Аттың басын егледи,
Перзентин жоқлап Қаражан,
Қос бүйрегин таянып,
Ат үстинде Қаражан,
Ўай-ўай салып жылады:
-Ақ үйимниң арысланы,
Боз үйимниң бостаны,
Дүнья-малдың ийеси,
Қорған үйдиң белгиси,
Перзентим, сеннен айырылдым-аў, ўай-ўай!
Өзи қылған өкинбес,
Өзиңнен болды-аў, Досмәмбет,
Жаўға тийсең қанатлы,
Төрт аяғы полатлы,
Узағымды жақын қылған,
Қанатым сеннен айырылдым.
Әреби ат шөлде шабылмас,
Перзент деген не болар,
Инжылма кеўлим, сабыр әйле,
Қыямет-мәҳшер күнинде,
Достымның кеўили табылмас.
Қан толды мәрттиң көзине,
Баланың жүзин жасырды,
Сабыр әйле, кеўлим, сабыр әйле, деп,
Қайтарып атты оңғарып,
Қайта берди изине.
X бөлим
Тайшыхан той берип атқан дәрбент жолдың аўзы екен, аржағы менен бержағы сегиз күнлик жол екен. Тайшыхан зулымлық етип, сегиз жүз атлы жәллат жиберген екен:
- Дәрбенттиң аўзын аңлыңлар, қара ат шықса да сүйреп қайтыңлар, намыс бир еди, Тарлан шықса да сүйреп қайтың, - деп, озған болса Байшубар, атты байлап атыңлар, - деп.
Дәрбент жолдың аўзында,
Қарап турса көп мерген,
Узағырақ жерлерден,
Ийреңлеп қара көринди,
Биреў айтты Тарлан деп,
Биреў айтты Қара ат деп,
Қырағы көзли бир мерген,
Көз жиберип қараса,
Киятыр екен Байшубар,
Мойынындағы көринди,
Тилләдан таққан қос тумар,
Қаражан екен үстинде,
Буған минген атшабар.
- Ат шабылған бәлент таўдың пәстине,
Жәллат келер жан алмақтың қәстине,
Ат келди деп лалаўласпаң қызыл бас!
Мен айтайын шул ҳайўанның ўаспыны.
Буны шапқан тарқар мәрттиң қумары,
Жалтырап көринди тиллә тумары,
Ат келди деп лалаўласпаң, көп қуллар!
Бул киятқан Алпамыстың Шубары.
Узаққа болыпты қызға талабан,
Ышқы отына жанымды отқа саламан,
Душпан көрип қағагөрмең жылаўын,
Үстиндеги көринеди Қаражан.
Ол заңғардан алалмассаң арыңды,
Жыласаң бермейди сениң зарыңды,
Душпан билип қағагөрмең жылаўын,
Ашыўланса қырып кетер бәриңди.
Меп билмедим майдан жолдың даласын,
Молла оқыр тилинде бар сәнесин,
Душпан көрип қағагөрмең жылаўын,
Пош-пош! Ашың дәрҳал жолдың панасын.
Қалмақлар қорқып, ҳәр қайсысы бир таўдың жырасына қаша берди. Қаражан ат ойнатып дәрбентке кирди, жез баўырдақ қамшыны оң қолында таўлады.
Ат шапқанда алла демек,
Қаражандай қайсардаң
Мәғбе болып қалады.
Қаражанның ат үстинде,
Алла деген даўысы,
Тойда турған қалмақтың,
Қулағын жарып барады,
Тойда турған қалмақлар,
Толықсып жолға қарады,
Қарай берсе көп қалмақ,
Киятыр екен Байшубар,
Ат шомылып терине,
Сыйынып кәмбил пирине,
Бәс бармекен халайық,
Қалмақтың қайсар ерине?!
Тартып қамшы урады,
Алла салып барады,
Көзгенеңнен Байшубар,
Толықсып қурға киреди.
Дүзетти палўан салтанат,
Етпегей алла биймурат,
Маңлайлары жарқырап,
Кырық күншилик жоллардан,
Сызықтан өтти саламат.
Көтере алмады қәддини,
Төрт аяғы майып ат,
Алпамыстың тусына,
Келген ўақта жәниўар,
Муғаллақ атып қулады.
Сол ўақытта Алпамыстың көзлери кәсадай, түклери тебендей шаншылды. Жалғызлық саўдасы басына түсти.
Аттың мойынын қушақлап,
Көзиниң жасы моншақлап,
Қаражанға кейинип,
Жылап турған кусайды:
- Ат мойнына таққан тиллә тумарым,
Өзим шаўып тарқатпадым қумарым,
Жекке жүрип ат шапқаны қурысын,
Төрт аяғын басалмайды-аў Шубарым.
Саўаш күни ат кекилин өрмеймен,
Душпан көрсем, қарсы қылыш сермеймен,
Қымбат баҳа еди мениң Шубарым,
Тайшыхандай қырық бес қулға бермеймен.
Байшубардың төрт аяғы гүлли даш,
Ат қәдирин билмейди екен қызыл бас,
Байшубардың бир баҳасын айтайын,
Тайшыхандай қырық бес қулға баспа-бас.
Сол ўақлары Қаражанның, қатты ашыўы келеди:
- Кәдиримди билмедиң,
Бир тай шелли көрмедиң,
Әўели улымды өлтирип,
Екинши атымды өлтирип,
Дослықты бәржай келтирип,
Қыйнап бир жанын алғанман,
Дос себепли, енеғар,
Досмәмбеттей баланы,
Ат үстинен шалғанман.
Байшубарды оздырдым,
Қәдиримди де билмедиң,
Ҳарма, достым, демедиң.
Ашыўланып Қаражан,
Кете берди изине.
Жегдесин қыя жамылып,
Баўры оттай қамылып,
Еки әли көксинде,
Баршын яры киятыр,
Алпамыс ярын сағынып:
- Узақты Қоңырат еллери,
Ат шапқан таўдың шөллери,
Озыпты Шубар байрақтан,
Көз айдын, Байсын беглери!
Ойнаған бедеў рәўаның,
Жүректен тарқар әрманым,
Келипти Шубар байрақтан,
Көз айдын, Байсын палўаным!
Атқа жарасқан қос сәдеп,
Хызметиңде баўрым кәбап,
Ашыў бир келер алдында,
Ақыл бир келер соңында,
«Ҳарма!» деп мәрттиң кеўлин ал,
Сен болма, батыр, бийәдеп,
Ериңниң ал кеўилин,
Пәсең бир тартпа жүрегин,
Жекке бир келдиң қалмаққа,
«Ҳарма!» деп мәрттиң кеўилин ал,
Басыңа күнлер туўғанда,
Қаражан достың керекти.
Ойланды енди байбәтше,
Жуўыра берди кейнинен:
- Болып шөлге таламан,
Сениң ушын күйип жанаман,
Наданлығымды мен айттым,
Ҳарма, ҳарма, Қаражан!
Ат шапқан жоллар тақырды,
Палўанлар қурар шатырды,
Ҳарма, достым Қаражан!
Билмейсең ойын дақылды.
Сол ўақта Қаражан ойланды:
- Бәрекеллә, достымның бир аўыз сөзин көтермей, зейнине тийип баратырғаным меники нәмәртликтен болған екен деп, айланып қасына келди. Атты жайынан турғызды. Баршын атты жетеклеп, Алпамыс изинен айдап, Қаражан сыртынан қарап бақты.
Еки палўанды көргенде қалмақтың тиси батпады, әйне пешин ўағында, Ақбулақтың бойында, Байсары байдың үйине кирди. Баршын деген ақыллы қыз еди, төрт аяғындағы гүл мыйықты алып, төрт қысырдың сүтин төрт шелекке саўды, аттың төрт аяғына кийдирди. Мәртлик пенен дәбил қақты, ат мойынына тумар тақты, боз орданың оң жағына байлады, күнниң жүзин көрсетпей, суўсынына әрўананың сүтин берди, Байшубарды сейислеп Баршынжан қырық күн бақты, ат семирди қунтыйып.
Алпамыс:
- Ата, қалмақта қор боласаң, Байсын елге қайтайық, - деди.
- Алсаң, мине қатының,
Байсында дәўран сүрмеймен,
Ойлап бир сөзди билмеймен,
Басым жерге киргенше,
Сол атаңды көрмеймен,
- дейди Байсары.
Атасы менен хошласып, Баршынды Байшубарға мингестирип, қайта берди Алпамыс.
- Қаражан жора, бизиң елге жүр, - дейди.
- Инандым сениң ләбизине, мен бармайман елиңе, неше айда келерсең, неше күнде келерсең, қалмаққа қайтып айланып?
- Мәрт болып дәўран сүремен,
Ойлап бир қуда билермен,
Хош бол, достым Қаражан,
Аман болсам айланып,
Алты айда келермен.
Қаражан менен хошласып, Қайта берди Алпамыс.
Неше күн, неше ай жол жүрип,
Баршынжанды келин қылып,
Узатып Байсын елге әкелди,
Ели-халқын жыйдырды,
Мал семизин сойдырды,
Алтын қабақ аттырды,
Нақыра, сырнай тарттырып,
Тойда дәбил қақтырып,
Төрткүлли ошақ ойдырып,
Кырық күн той-тамаша қылдырды.
Той-тамашасын тарқатып,
Қаршығасын көтерип,
Хәзлигине қус салып,
Жүре берди шикәр гезип.
XI бөлим
Ендиги гәпти қалмақта қалған қәйин атасы Байсары, қәйин енеси Жантилестен еситиң. Тайшыхан оларға қатты зулымлық қылды.
- Бизлерди көзге илмедиң, ел қатарында көрмедиң, мусылманға қызыңды берип жибердиң, - деп, малын тараж қылды, басына жумыры кийгизди, аяғына шарық бүргизди, еки бирдей ғаррыны есапсыз қойдың кейнине салды. Қалмақтың елатында еки ғарры бенде болып, зар жылап жүр еди.
Байсары:
- Ҳәй кемпир, шашың узын, ақылың қысқа қатынсаң ҳеш гәптиң мәнисин билмейсең, қызымыз Гүлпаршын еди, улымыз Алпамыс еди, я бир ушқан қус болса, я бир жүрген жәниўар болса, я жолаўшы кәрўан болса, еки перзентимизге бир дуўайы сәлем айтып жиберсек, алла оңлап, пир қоллап, сәлемлемемиз балаларымызға тийсе, еки перзентимиз бизлерди қалмақтан арлап алмас па? - деп мәсләҳәт етти.
Усылай мәсләҳәтлесип, қой бағып жүрсе, Тайшыханның түйесин тартқан бир бөлек кәрўан уллы гүзар жол менен таўға өрмелеп баратыр. Қыйсық таяғын сүйретип, кемпир менсн ғарры жуўырып-жортып кәрўанлардың алдына шықты. Кәрўанларды еглеп, екеўи ботадай бозлап сөйлеп, кәрўанларға не тақелле гүриң айтып турған қусайды:
- Қойды бағып, болды мениң ақлым лал,
Еглесем келмесин саған қыйлы ҳал,
Арзымды есит, түйе тартқан кәрўанлар,
Еки сордың саған айтар арзы бар.
Ҳаўа жаўса, айдын көллер ҳөл болсын,
Жылдан жылға кем дәўлетиң мол болсын,
Сапарың бар қайсы ханның елине,
Кәрўан басы ерлер, саған жол болсын?
Көгермей ме бәлент таўдың гиясы,
Адамның қартайса болмайды еси,
Сапарың бар қай патшаның шәҳрине,
Тартқаныңыз қандай байдың түйеси?
Кәрўан басы сейледи:
- Түйе тартып, шөлде болдық дәрбедер,
Жылағанға ким болады қәўендер,
Жылай бермең еки бирдей ғаррылар,
Бизлер жүрген ақ безирген саўдагер.
Көгереди бәлент таўдын гиясы,
Сөйлесем, келе ме гәптин жүйеси,
Бизлер жүрген ақ безирген саўдагер,
Тартқанымыз Тайшыханның түйеси.
Жүк артқанман нар түйениң белине,
Түйе тартып шықтым қыя шөлине,
Бизлер жүрген ақ безирген саўдагер,
Сапар еттим дин мусылман елине.
Сонда ғарры сөйледи:
- Кеўлиңде қалмасын қыял қалларың,
Қой соңында кешер мениң ҳалларым,
Байсыннан тускей дә, кәрўан гүзарың,
Арзы-халым мен айтайын, балларым.
Қартайғанда дүзе алмадым салтанат,
Аллам қой соңында қылды биймурат,
Байсын елден түсеғойса гүзарың,
Мен сизлерге тапсыраман аманат.
Түйе тартып гезсең қыя шөллерди,
Ҳәммелерден ладан билме бизлерди,
Аманатты сизлер аман жеткериң,
Аманатым аман сақлар сизлерди.
Жүрегимде қайғы менен әлемди,
Айтып турған бул сөз саған бәнемди,
Байсын елден түсе ғойса гүзарың,
Қызым ҳәм Гүлпаршын, улым Алпамыс,
Еки перзентиме дуўайы сәлемди.
Минип бедеў, ара шөлде желгейсең,
Барған сапарыңнан аман келгейсең,
Дуўайы сәлем еки бирдей балама,
Еки ғаррың бенде болды дегейсең.
Ат шаппадым бәлент таўдың басына,
Ҳәр бир қыйлы ислер түсти басыма,
Еки балам арлап алмаса қалмақтаң
Ырза емеспиз жаста берген сүтиме.
Мен жылайман қойды бағып зар-зар,
Аямады халық әйлеген бирубар,
Айтып болдым кәрўанлар саған бул сөзди,
Көрискенше хош болыңлар аллаяр.
Әне, бул сөзди тамам қылып, еки ғарры қала берди, кәрўанлар түйесин тартып, жолға рәўан болды.
XII бөлим
Ендиги сөзди кимнен еситиң. Баршынның келин болып келгенине алты ай болды.
Ата-енесин сағынып,
Баўыры оттай қамылып,
Жегдесин қыя жамылып,
Қай жерде бәлент қум болса, қай жерде бәлент төбе болса, қай жерде жүрген жолаўшы болса еки зүриятсыз қалған ғаррымның ҳалын сорар едим деп, күнде жолға қарайтуғын еди.
Байсынның ортасы гүзар жол еди. Алпамыс кәрўан сарай салып, кәрўаннан бажы алар еди, бир куни сәске ўағында нашар бенде үй гүмирашылығында көбирек егленген екен, майданға шығып қараса, уллы гүзар жол менен бир бөлек кәрўан өтип киятыр.
- Бәрекелле, сол карўанлар қалмақтың елинен шыққан болса, ата-енемниң аманлығын билмес пе еди, сол кәрўанлардан сорап көрейин, - деп, Баршын кәрўанлардың кейнинен қышқырып, жуўырып-жортып баратыр екен:
- Жүрегимде қалмағайды әрманлар,
Басымнан кетпегей келген дәўранлар,
Мен нашардың айтатуғын арзы бар,
Егленип тур, түйе тартқан кәрўанлар.
Он төрт жаста болды мениң ақлым лал,
Ҳәр ким болды жолларымда гириптар,
Мендей нашар бес-алты аўыз арзы айтсын,
Бир майдан еглениң енди, ағалар.
Сол ўақытлары кәрўан басы түйелерин егледи. Жақынласып барып нашар сөйледи:
- Саўдагерлик мудам еткен кәриңди,
Жылағанда ҳақ жеткергей зарыңды,
Қайда жүрдиң түйе тартқан ағалар,
Жолың болсын, айтқыл шыққан жериңди?
Шашгенемди әрман менен тарайын,
Өзим нашар, не мүшкилге жарайын,
Қалмақта қалып еди еки ғаррымыз,
Көрсең хабарын бер, аға сеннен сорайын.
Алыстан көринген таўлардың тасы,
Сел болып ағып тур көзимниң жасы,
Мен сорайын еки бирдей ғаррымды,
Көрсең хабарын бер, карўанның басы.
Майданда толықсып дәўран сүрдин бе?
Ара шөлге түйе тартып жүрдиң бе?
Я улым деп, я қызым деп жылаған,
Еки бирдей көз жаслыны көрдин бе?
Кәрўанлар турып сөйледи,
Сөйлей берип толғады:
- Ҳә, қардашым, қардашым,
Қабыл болсын көз жасың,
Тайшыханның түйесин тартқан,
Ақ безирген саўдагер едик жол гезген.
Таўға минген жерлерде,
Келе берди еки ғарры,
Басында бар жумыры,
Аяғында шарығы,
Қыйсық таяқ қолында,
Зар жыласып жүр екен,
Есапсыз қойдың соңында.
Алдымнан шықты кеселеп,
Баратырсыз қайда деп,
Жол болсын бизден сорады,
Егер түссе гүзарың,
Байсын деген шәҳәринен,
Қызым еди Гүлпаршын,
Улым еди Алпамыс,
Еки бирдей балама,
Дуўайы-дуўайы сәлем! - деди.
Мәгер болса булардың,
Перзентимисең сен, деди,
Ашылған гүли солыпты,
Әжел жетпей ғаррыңның,
Пайманасы толыпты,
Тапсырды маған сәлем хат.
Тайшыхандай патшалар,
Зулымлық қылып екеўин,
Қой соңына салыпты,
Еки бирдей ғаррыңыз,
Қалмаққа бенде болыпты.
Мине аманатың, - деп,
Баршын жанға тапсырып,
Кете берди кәрўанлар.
Баршынжан хатты оқып, еки бирдей ғаррының бенде болғанын билип, ақырзаман қурылды, көзине дүнья тар көринди. Сыңсып жылап, себил боз ордасына келип қамығып, қапа болып, төмен қарап жылап отыра берди.
Батыр қаршығасын көтерип, кус салатуғын еди, намазшамда, я қуптанда қус салып келетуғын еди. Батыр кус салып келген ўақтында Гүлпаршын талшыбықтай буралып, Алпамыстың ақылын алып, еки әлин көксине қойып, майданға шығып, батырдың атын тутып, қолындағы суңқарды алып, туғырға таслап, төсегин салып, алдында хызмет етип турар еди.
Сол күни қуптан мәҳәлинде батыр кус салып келди. Аттың үстинде бир майдан егленип турды, майданға Баршын шықпады.
- Бул занғардың қызы майданға неге шықпады, атты неге тутпады, - деп батырдың қатты қәҳәри келди.
- Аттан түсейин, келлесин кесейин, қанын ишейин, - деген бир қыял пайда болды.
Секирип аттан түсти. Атын байлап, қолындағы сунқарды туғырына таслап, белиндеги қылыштың бүлдиргисин жаздырды. Қылышын қынаптан ярым шығарып, ҳәр көзи кәсадай, түклери тебендей шаншылып, батыр қәҳәр менен үйге кирди. Үйге кирип қараса, ярынын қамығып, қапа болып төмен қарап жылап отырғанына көзи түсти.
- Әстапыралла! - деп батыр инсапқа кирди, - Бул заңғарды қалмақтан көп қыйнаўлар менен алып едим, буның гүнайы мойнымда қалмасын, - дейди. - Кимнен қорлық, кимнен зорлық көрди екен, сорап көрейин, - деди. Баршын ярының басын оң дизесине қойып, әлинде сазы жоқ, тилинде сөзи, не гүрриң айтып тур екен:
- Сени көрип мениң болды ақлым лал,
Кеўлиңде не себепли қыйлы ҳал?
Себеп неден солдырдың ақша жүзиңди?
Назлы ярым, саған айтар арзым бар.
Бир көргенше жоқты мениң қарарым,
Өтпегейди бастан келген дәўраным,
Бунша неге қапа болып жылайсаң?
Әрманыңды баян әйле, дилбарым.
Батыр болған байлар дейди дәбилди,
Сениң ушып шийрин жаным себилди,
Бунша неге қапа болып жыладың,
Назлы ярым, қай жерлериң аўырды?
Ай қараңғы көринип тур көзлерге,
Маўыт кийим жетпейди игри дизлерге,
Бунша неге қапа болып жыладың?
Әрманыңды айтқыл, ярым, бизлерге.
Ат кекилин саўаш күни тарайын,
Басқа түссе ҳәр бир иске жарайын,
Айт егленбе, назлы ярым, бизлерге,
Аўырған жериңди сеннен сорайын.
Баршын басын көтерди,
Өксип-өксип жылады,
Жылай берип толғады:
- Ойнап өскен қостарым,
Саған айтар қостарым,
Бул сөзге енди қулақ сал.
Алты ай болды келгели,
Керилип сәлем бергели,
Баўырым оттай қамығып,
Қалмақта қалған ата-енем,
Зар жыладым сағынып.
Бүгин сәске ўақтында,
Уллы гүзар жол менен,
Өте берди көп кәрўан,
Солар айтты бизге әрман,
Кемлик тартып жыладым.
Өткенде ағыр кәрўанлар,
Ата-енемди сорадым,
Сақалы мәш пурш болған,
Кәрўан басы сәрдары,
Түйелерди егледи,
Маған қарап сөйледи:
-А, Қардашым, Қардашым,
Қабыл болсын көз жасың,
Тайшыхан деген қалмақтың,
Түйесин тартқан саўдагер едик биз, - деди.
Таўға минген жерлерде,
Келе берди еки ғарры,
Зар жыласып солқылдап,
Көзинен аққан жаслары,
Жағасына молтылдап,
Жол болсын бизден сорады,
Байсынға түскей гүзарың, деп,
Тапсырған екен сәлем хат,
Екеўимизге, палўаным.
Жылағанымды сорасаң,
Сол еди менин әрманым,
Ашылмай гүл солыпты,
Еки бирдей ғаррымыз,
Қалмаққа бенде болыпты,
Әжели жетпей бендениң,
Пайманасы толар ма,
Сол болды мениң әрманым,
Сендей палўан жигиттиң
Қәйин атасы, қәйин енеси,
Қалмаққа бенде болар ма?
Сол ўақытта Алпамыстын қатты қәҳәри келди, жатса уйқысы келмеди, ярым ақшам ўақтында шашырап турды жайынан.
Тәбледен шешти тулпарды,
Сыйырып алды жабыўын,
Борбослаў жерге аўнатты,
Аттың көзин уўқалап,
Жаўырынларын сыйпалап,
«Алла» демей Алпамыс,
Ерди салды Шубарға,
Маўыты кийип сайланып,
Көк темирге бөленип,
Шашырап минди белине.
Аттың басын оңғарып,
Ашыў менен барады,
Баршын жатқан боз орданың алдына.
Ат үстинде Алпамыс
Үйге қарап сөйледи:
- Ат сүринген қыядаш,
Ағар көзден селли жас,
Атланып келдим алдыңа,
Назлы ярым, шық майданға,
Бизиң менен хабарлас.
Баршын қамығып майданға шығып:
- Ол-ол болсың ол болың,
Аз дәўлетиң мол болсын,
Ашыўланып атланып,
Келипсең батыр бул жерге,
Сапарың сениң оң болсын.
Алпамыстай ер жигит,
Сонда да алла демеди.
- Назлы ярым, жуўап бер,
Хош болагөр, аллаяр,
Шубарды жолға саламан,
Қалмаққа болдым таламан,
Мен де күйип жанаман,
Қалмақты қойдай шуўлатып,
Тайшыханды жылатып,
Қәйин атамның орнына,
Мен де қойға саламан.
Сонда тарқар әрманым.
Бойында алты айлық ҳәмиле бар,
Кешигип қалсам қалмақта,
Ат басындай ул туўсаң
Ақ жарылқап күн туўсаң,
Жалғыздан қалған Жәдигер деп,
Атын қойғыл, дилбарым,
Қыз туўсаң өзиң қоя бер, - деп,
Аттың басын оңғарып,
Кетермен болды палўаның.
Сол ўақытта нашарлық етти Баршынжан, аттын мойынын қушақлап, көзиниң жасын моншақлап:
- Ата-енеси қурысын, өз күнин өзи көрер, - деп, сени де көзим қыймайды, аттан түссең нешик болар екен деп, - палўанын иркти Баршын қыз.
- Қатынға хошамет ҳарам екен, - деп, ашыўы келди батырдың, бул заңғардың кеўилин қалдырып кетсем, мени де жибермес, деген бир қыял пайда болып, Баршынжанға қатты қәҳәр менен бес-алты аўыз орсақы айтып турған қусайды:
-Кеўлиңе алмағыл түрли қарарың,
Ашыўлансаң таяр сениң дәўраның,
Атқа минген палўан қайтып түсер ме,
Ашыўлансам, келлең кетер, дилбарым.
Мәрт болғанлар саўыт баўын шешер ме,
Надан жигит шийрин жаннан кешер ме,
Қатынлық етпе, жаздыр бедеўдиң мойнын,
Атқа минген палўан қайтып түсер ме.
Жаў деген әўелги мениң шәртимди,
Айтып тарқатайын енди дәртимди,
Атқа минген палўан қайтып түсер ме,
Атқа минип, қайтып түскен қатынды.
Таслайын ба қыя шөлге лашынды,
Көзлериңнен ағызайын жасыңды,
Не себептен жылаўымды қағасаң?
Ашыў менен кесейин бе басынды!?
Жалғызлықтан мен жыладым зар-зар,
Көргенше болар ма ҳәр ким бийқарар,
Мен бараман Тайшыханның елине,
Көрискенше күнлер жақсы, аллаяр.
Баршын:
- Ат мойнына тақтым тиллә сәдепти,
Хызметиңде тәнде баўырым кәбапты,
Көрсең сәлем, еки бирдей ғаррыға,
Бар аллаяр, саған бердим жуўапты,
- деп, қала берди Баршынжан. Батыр жолға киреди.
XIII бөлим
Сәҳәр менен ат шапты,
Шықты майдан шеллерге,
Арасы жалғыз жолларға,
Ақшам жатпай, күн тынбай,
Жети күн сегбир тартты.
Ат үстинде сегбирге,
Шыдамады байбәтше,
Сәске ўақта Алпамыс,
Ат үстинде қалғып кетип барады.
Басында бар сәллеси,
Ийнинде бар меллеси,
Түсине енди баланың,
Жайылған ғарры бабасы.
- Балам, атланғанда «Алла» демедиң,
Жолға кирдиң, пирим демедиң
Кеўлиңе алдың менменлик,
Не кеўилиң қалды бизлерден?
Менменлик етсең, заўал бар,
Заўалы болар әлдинде,
Кемлик етсең, кәмал бар,
Кәмалы болар кейнинде,
Бизлерге жети жыл гүнәкәр болдың,
Жети жыл жатып зинданда,
Жети жыллар болғанда,
Босанарсаң, перзентим.
Жети жыллар болғанда,
Сен гүнаңнан пәк болып,
Зинданнан шығып саламат,
Қалмақтан алып арыңды,
Оннан соң балам, қайтарсаң, - деп,
Ғайып болды көзинен.
Кимнен қорлық көрерин,
Кимнен зорлық көрерин,
Ҳеш билмеди Алпамыс.
Ат шапты беглер далада,
Сыйынбады аллаға,
Көкирегиндеги менменлик,
Шықпады сирә палўанның,
Он еки күн жол жүрди,
Жете алмады қалмаққа.
XIV бөлим
Баяғы Қоңырат елинен келип,
Жаман ябыны оздырып,
Баршын қызды әпкеткен,
Алпамыс киятыр деген ғалаўыт,
Түскен екен халайық,
Тайшыхан жатқан қалаға.
Тайшыхан қатты қәўетерде болды, узақтың мыш-мыш гәпине көп исенбейин деди. Хан қалаға жар урдырды.
- Қоррандоз болсаң, азайымхан болсаң, жаўрыншы болсаң, қумалақшы, палшы болсаң, хан алдына барасаң - деп жар қышқыртты қалаға.
Азайымханды шақырып китап қаратты. Қоррандозға қорра таслатты. Жаўрыншыға жаўрын жақтырды.
Бәри де: -Алпамыс киятыр, тақсыр, - дей берди. Батырдың киятқанлығы халыққа мәлим болды.
Тайшыхан қорқты, қәўетер етти.
- Сол киятырған батырды палўанлық пенен өлтиретуғын, латманаттың исине көндиретуғын, я шықпастай жерлерге гириптар қылатуғын қарыўлы палўан болса, астына ат беремен, жаў-жарақ беремен, - деп жар урдырды. Мен барайын, деген қалмақта палўан табылмады.
Қалмақтың халқында бир кемпир бар еди:
Топпысы тозған,
Келлеси қозған,
Еки дизеси қулағынан,
Зордан ғана озған,
Көзлери мәштей,
Шандыры тастай,
қатты бир куў кемпир еди. Атын қалмақта Мәстан мама дейтуғын еди. Бул ғалаўыт Мәстан кемпирге түсти. Жаўлығын қыя жамылып, ҳасасын белине шалып, Тайшыханның алдына келди.
- Балам, Тайшыхан, саған арзым бар, - деди,
- Не арзың бар?
- Сол киятқан душпаныңды шықпастай иске гириптар қылайын, маған не бересең? - деди.
- Саған бир табақ тиллә берейин, - деди.
- Беретуғын бир табақ тилләң мурыныма шегетуғын насыбай, қәлемпир пулы да болмайды, тақсыр, - деди.
- Яқшы, еки табақ тиллә беремен.
- Яқ, болмайды, - деди.
- Яқшы, үш табақ тиллә берейин, - дейди.
- Яқшы,тақсыр, барайын, - дейди.
- Журт қорыққан Алпамыстан сен неге қорықпайсаң, заңғардың қызы? - дейди Тайшыхан.
- Жәдигөйликтен, дуўаханлықтан не өнериң бар? - деди хан.
- Менде өнер көп, тақсыр, - дейди.
- Өнериңди айт, - дейди.
- Яқшы, айтайын: қалмақтың қызларын жыйдыр, ишинен қырық қыз сайлап ал, - дейди. - Бәри бир атадан болғандай, бир енеден туўғандай, қырқы да бир иреңде болсын, - дейди.
Сол ўақытта Тайшыхан қалаға жар урдырды, қалмақтың қызларын қоймай жыйдырды. Ишинен қырық қызды сайлап алды. Орта бойлырақ, шүңирек көзлирек, шекеси қуўысырақ, аўызы шүртигирек, ҳәммесиниң де мурыны бир жағына қыйсығырақ, қырқы да бир енеден туўғандай, бир иреңде болды.
- Патшалықтан қырқын да сом алтынға бөлеп кийиндир, үлкен бир боз орданы нар түйеге жүклеп бер, жети жылғы патшалықта турған шараптан бир тулып шарап бер, - дейди.
Кырық қызды да бөлеп кийиндирди, үлкен бир боз орданы нар түйеге жүклеттирди, жети жылғы патшалықта турған шараптан бир тулып шарап берди.
Мама нар түйени жетеклеп, қырық қызды ертип жолға рәўан болды.
- Мама, сен не өнерди етесең? - дейди.
- Тоғыз жолдың дәрбентиндеги зиндан қасында үйимди кураман, дейди, - Зинданның аўызын көрпешелеп, тулыпты керегеге керип байлап, қызларға да гәпти түсиндирип, сол киятқан палўанды хәм алдап-арбап, қырық қызым менен шарап берип, мәс қылып, зинданға гириптар қыламан ба деген латманаттан бир тәмем бар, - дейди.
Мама еки күн сегбир етти, тоғыз жолдың дәрбентиндеги зинданның аўзына барып, үйди де қурды, жолдың дәрбентиндеги зинданның аўзын көрпешелеп, тулыпты да керегеге керип байлап, қызларға ҳәм гәпти түсиндирип, ақшам шындаўыл болып, күндизи қараўыл болып, жаўлығын қыя жамылып, ҳасасын белине шалып, Алпамыс кеше-күндиз бир жағынан өтип кетип жүрмесин деп, ақшам жатпай, күндиз тынбай жолға қарап, мама телмеңлеп жүре берди,
Арадан бир неше күнлер өткенде, әйне сәске ўақтында бир бала киятыр, астында тулпары, ийнинде қалқан, ойнап хайўан ат шөлде жүз әлўан, уллы жолды толтырып киятыр. Байшубардың үстинде киятыр он төрт жасар бир сайыпқыран.
Он төрттен туўған ай киби,
Тумағалы қумай киби,
Реңине, үстине Қараса.
Салланған бай киби.
- Алпамыс деген бала болса, усы болар-аў, - деп, жолаўшы ийттей қуйрығын сыйпаңлатып, әсте-әсте қымырып, жаўлығын төменирек бүркенип, реңин де керсетпей, батыр Алпамыстың алдына шығып, мама толықсып жылап, Алпамыстан жол болсын сорап турған секилли:
- Ҳаўа жаўсың айдын көллер ҳөл болсын,
Жылдан жылға аз дәўлетиң мол болсын,
Қайсы елден, қай шәҳәрге барасаң?
Жас баласаң, барар жериң оң болсын.
Ашылмаған он гүлиңнен бир гүлиң,
Бүлбилдей сайрайды, билсең, бул тилим.
Дин мусылман мегзетемен өзиңди,
Сегбир етип, қайда жүрдиң қулыным?
Ай қараңғы көринеди көзлерге,
Саўытың жетпейди игри дизлерге,
Күнлер батып, түсиң қашып, жол жүрип,
Қайда жүрдиң, айт перзентим бизлерге?
Запырандай сарғайтыпсаң жүзиңди,
Жалған деме мениң, айтқан сөзимди,
Ашыў менен қайда жүрдиң қулыным?
Дин мусылман мегзетемен өзиңди.
Алпамыс:
- Мен мингенмен Байшубардың белине,
Душпан қорқар жортқан аттың демине,
Еглей берме ара шөлде, жан мама,
Сапарым бар Тайшыханның елине.
Мама:
- Минсең балам, Байшубардың белине,
Не себептен отлар түсти тәниңе?
Дин мусылман мегзетемен өзиңди,
Шығып едиң қай патшаның елинен?
Алпамыс:
- Алтын кәмар қуп жарасар белиме,
Қарыў менен отлар түсти тәниме,
Еглей берме енди, мама, бизлерди,
Шығып едим Байсын-Қоңырат елинен.
Мама:
- Қазан урып солған бағдың гүлинен,
Алла берип ғайрат кирген тәниңнен,
Мендей бахты қара апаң айлансын,
Байсын дейип айтып турған тилиңнен.
Қолына көтерген тиллә саз едим,
Ҳәр бәҳәрде ат көтермес наз едим,
Айлансын апаңыз сениң тилиңнен,
Урыўым ырғақлы, қоңырат қызы едим.
Буйерлерде шектим жәбир-жапамды,
Тириликте сүрип заўқы-сапамды,
Урыўым ырғақлы, қоңырат қызы едим,
Енди жаным, айтып кетши атыңды.
Алпамыс:
- Бир тәңиримниң сүйип берген қулы едим,
Бир байлардың кисе қаржы пулы едим,
Сапар еттим Тайшыханның елине,
Байбөриниң тилеп алған улы едим.
Мама:
- Қазан урып солған бағдың гүлинен,
Қайыл болдым тәңирим берген елимнен,
Мендей бахты қара апаң айлансын,
Байбөри деп айтып турған тилиңнен.
Ат шапқанда майдан бәлент таўмеди,
Қалмақ душпанлықтан бизге жаўмеди.
Байсын елде таласып емшек емискен,
Байбөридей жалғыз ағам саўмеди.
Ат ойнатқан бул майданда далаңды,
Тилиннен оқыйгөр нуры сәнеңди,
Байбөриниң улы болсаң, қулыным,
Айтып кетши, ақ сүт берген анаңды.
Алпамыс:
- Алып еди әўлийеден бир тилеп,
Перзент деп күн-түни мудам еңиреп,
Еглей берме жол үстинде, жан мама,
Сорасаң енемниң аты Ақбилек.
Мама:
- Ат шапқан майданда бәлент таўмеди,
Қус салып гезгениң сениң аўмеди,
Байсын елде он еки жасар қыз едим,
Жақсы көрген Ақбилек жеңгем саў ма еди?
Оң қолымда орамал, шеп қолымда шар айна,
Ақ жүзимнниң сыйырған аның шаңлары,
Айтта-тойда сәрдар қылған қырық қызға,
Кәдирданым, Ақбилек жеңгем саўмеди?
Молла оқыр пешенеңде хатыңды,
Сорасып билгенмен ҳаслы-затыңды,
Байбөри менен туўысқан мәстан мамаңман,
Енди, жаным, айтсаң бойма атыңды.
Алпамыс:
- Атлар шаптым, жете алмадым, жол алыс,
Мәрт дигитке дәркар екен ар-намыс,
Жол үстинде еглей берме, жан апа,
Атымды сорасаң, султан Алпамыс.
Сол ўақытта кемпири аттың мойнын қушақлап жылай береди:
- Бай баласы байға усар,
Байлаўда турған тайға усар,
Шеккен бир жәбир-жапаңман,
Жарасқан заўқы-сапаңман,
Байсын бир деген елатта,
Байбөри менен туўысқан,
Таласып емшек емискен,
Тай қулындай тебискен,
Мәстан бир атлы апаңман,
Көрдим мен сениң шешеңди,
Жәбир бир қылмақ пешеңди,
Көрмесем де мегзеттим,
Ағама сениң мүшеңди,
Ат таппаға келгенде,
Ким екениңди билмедим.
Әўели бастан, шырағым.
Айтпасам түсинбессең сөзиме,
Байсын деген елатта,
Байбөри менен туўысқан,
Жалғыз апаң мен едим,
Ағам жекке болды,
Үйге келсе дүзде жоқ,
Дүзге шықса, үйде жоқ,
Жалғыздан муңлы сирә жоқ,
Бәҳәрдиң айы туўғанда,
Шарўашылық, дийқаншылық,
Екеўи енди бир келди.
Ағам айдап малларын,
Кетер болды отарға,
Сен қал, аға, үйде, деп,
Шарўалар менен қосылып,
Қара көлде жүрип едим,
Орта жайда мал бағып.
Мына жатқан көп қалмақ,
Душпан екен бурыннан,
Шыққан екен мың атлы,
Бул Байсыннын елине,
Мал алып, олжа қуўайық деп,
Үстиме қалмақ қуйылды,
Еркеклер қашты панаға.
Алты ай қыслар аман ба?
Алты ай жазлар аман ба?
Ақшал бай атақ аман ба?
Қултай бир бабаң аман ба?
Өзим нашар болған соң
Қорғай алмай басымды,
Қала бердим далада,
Қалмақтың түстим қолына.
Ат кейнине салғанды,
Көлден малымды айдады,
Жанымды мениң қыйнады,
Әпкелди қалмақ елине.
Он еки жасар қыз едим,
Келгеннен соң елине,
Қалмақлар қорра таслады,
Мусылманның динин бузып кәпирге,
Берген шәрияттың мәсҳебине,
Сыймасын деген сөз тапты.
Қалмақты бурын жайлаған,
Елинде бир бай бар екен,
Байсыннан аўып келген сол екен,
Жалғыз улы бар екен,
Ол байдың баласына,
Ақ некемди қыйдырды,
Шәриятқа исин сыйдырды,
Қалмақтың елин жыйдырды,
Қырық күн той-тамаша қылды.
Қалмақтың енди жаратқан,
Жақсы келини мен болдым,
Ханға мәҳрем, ат сейис болды күйеўим.
Өли емеспен, тиримен,
Өлди деп мени жүргенди,
Еренлердиң биримен,
Жездең менен қосылып,
Қалмақта дәўран сүргенмен,
Жигирма қурсақ көтердим,
Егизден қырық қыз туўдым,
Қырық қызым бәри ер жетти,
Жети жыл болды, шырағым,
Жездең өлип, тул қалдым.
Ул қалмады, қыз қалды,
Себилли мүлким тул қалды,
Киси елинде, шырағым,
Қыз сақлағаны қурысын,
Ақшамына уйқы жоқ,
Күндиз маған тыным жоқ,
Есигимде тыным жоқ,
Шопан суқты таяғын,
Жолаўшы суқты аяғын,
Көзимниң жасы көл болды,
Жағамды жуўып, сел болды,
Түйе баққан шарўаға,
Жылқы баққан жылқыманға,
Малды баққан падашы,
Қойды баққан шопанға,
Дийқан менен тыштабанға,
Саяқ пенен сандыраққа,
Есигим гүзар жол болды.
Апаңның ҳалы сол болды,
Қартайғанда ғарры апаң,
Қалмақларға қор болды,
Бәҳәрдиң айы туўғанда,
Көклемниң ўақты болғанда,
Қалмақлар қаладан малды айдады,
Көклетпеге отарға,
Баҳана маған сол болды,
Мен де көштим қалмақтан,
Ол Байсынның елине,
Көшермен деген тәмем бар,
Усы жолдың үстине,
Келип қондым, баўырым.
Анаў турған бизиң үй,
Жалтырайды тутқан ший,
Инижан, аттан түсип кет,
Арақ-шарап ишип кет,
Жездеңнен қалған қырық қыз бар,
Арыўлар сайлап, қушып кет,
Жийенлериңди көрип кет,
Ҳарысаң бүгин қонып кет,
Бәри бирдей тул отыр.
Кимди кәпир дей көрмең,
Кимди мусылман дей көрмең,
Жолың түссе керекти,
Жийенлериң менен танысып,
Еки қолыңнан берип кет.
Ат шапқан жолдың даласы,
Узақ па жердиң саласы,
Барып аттан түс дейди,
Қаналасым-ғамқорым,
Жалғыз ағамның баласы.
Сол ўақытта ладан Алпамыс,
Аттың басын бурады,
Қызды айтқан соң қызады,
Батыр мойнын созады.
Мама түсти алдына,
Бала ерди кейнине,
Үйге жақын барғанда,
Алдындағы апасы,
Қышқырып сүрен салады:
- Ҳай-ҳай, қырылғыр!
Жүўернемек шаялар!
Ағам жоқ деп жүр едиң,
Иним жоқ деп жүр едиң,
Жаў жағыңның қаласы,
Жел жағыңның панасы,
Ақ үйимниң арысланы,
Боз үйимнин бостаны,
Ғарры дайыңның баласы,
Жалғыз ағаң киятыр,
Майданға шық, қырылғырлар, - деп,
Кемпир сүрен салады.
Батырдың жүреги тасып,
Айрылды ақылдан сасып,
Еситкен соң кемпирдиң даўысын,
Түсимпаз болған қырық қызлар,
Есиктен шықты таласып.
Батырға жақын барғанда,
Жигирма қыз оңында,
Жигирма қыз солында,
Аттың мойнын қушақлап,
Аттың мойны тиймегенлер,
Зәңгиге тиреп маңлайын,
- Айланайын, дайыжан,
Аман-есен келдиң бе,
Қәўендерим-қостарым,
Ғарры дайым аман ба?
Ғарры жеңгем аман ба?
Баршын жеңгем саўма еди?
Көрмесем де сорайын,
Байсын деген елиңди,
Тең қурбы-қурдас аман ба?
Жети жыл болды, дайыжан,
Атамыздың өлгени,
Жетимлик келди бизлерге,
Жесирлик келди бизлерге,
Шүкир етиң қәдир аллаға,
Излер дослар бар екен,
Аттан түс дайы, үйге кир.
- Өлим бергил шаялар,
Ҳәр ким дайысын сыйласа,
Жат өзинен түңилсин, деген,
Үш айшылық шөллерден,
Излеп келген дайыңның,
Аяғын жерге тийгизбең,
Шаң урады жүзине,
Қапалық келер өзине,
Астына төсеп ақ кийиз,
Ақ кийизге түсирип,
Тум-тусынан көтерип,
Ҳүрметлеп киргиз инимди.
Түсимпаз болған қырық қыз,
Астына кийиз төседи,
Бул ләззетти көрген соң,
Батыр аттан түседи.
Апасы атын услатты,
Қағып қойған қазық жоқ,
Билип қояр палўан деп,
Ат байларға ҳаўлығып,
Ҳәр путаны сыйпады,
Қызлар тум-тусынан көтерди,
Хүрметлеп үйге киргизди,
Алпамыстай султанды.
Себил қалған боз орданың,
Оң жағына отырғызды,
Жигирмасы оңында,
Жигирмасы солында,
Алпамыстай баланың
Қолын қысып ойнады,
Апасы турып қышқырды:
- Өлим бергир шаялар,
Ойын-күлки қурый ма?
Суўсап келген дайына,
Суў берсең бойма қолыңнан?
Алтын кәса қолға алып,
Керилип турды жайынаң
Айтсам сөзим парықлы еди,
Булақтың суўы талқы еди,
Төрде турған тулыпқа,
Басып алды кәсаны.
Ишемисең дайы, деп,
Алып келди қос қоллап.
Қыз көргенсоң қайтсын ба,
Ишип алды Алпамыс.
Ол жийениң болғанда,
Мен жийениң емес пе деп,
Бул да алып келди бир кәса,
Буны да ишти Алпамыс.
Және бир қыз түргелди,
Енемниң генже қызы едим,
Буйырмақлық уллыдан,
Хызмет қылмақ кишиден,
Өлим бергил, апалар,
Дайымның тутсаң бармағын,
Мақсетине жеткендей деп,
Бул да алып келди бир кәсаны,
Буны да ишти Алпамыс.
Үш кәса шарап ишкенин,
Анық билди «апасы»,
Дайың демин алсын, деп,
Қызларды қуўып шағады,
Есикти илди сыртынан,
Себил қалғыр боз орданың жабығын,
Арқа беттен көтерди.
Арқадан ескен суўық жел,
Баланың тийди бетине,
Суўық шамал тийгенсоң,
Баланы шарап көтерди,
Қәдди бойы қалтырап,
Сүйеги мәрттиң сырқырап,
Еси кетип жығылды.
«Апасы» келди қасына,
- Не болды саған, шырағым, - деп,
Алпамысты сүйеди,
Батыр сирә билмеди.
- Келсең бойма, қырылғырлар, - деп,
Қызларын енди шақырды.
Қызлар келди жыйналып,
Саўытын шешип алады,
Жаў-жарағын жыяды,
Ақ кийизге орады,
Тум-тусынан көтерип,
Әйне песин ўақтында,
Гөдек туўған батырды,
Көрпешелеп қойған зинданға,
Ылақтырып урады.
Ат жарағы баланың,
Мамаға олжа болады.
Қупыяда қатын озды, деген,
Алпамыстай батырдан,
Ўәсият болып қалады.
Маманың ўақты хош болып, барқылдап күлип, үйлерин түйеге жүклеп, Байшубарды жетеклеп, Тайшыханның алдына барды. Ат-жарақты патшалыққа берип, мәҳрем кемпир сол болды. Алпамыс зинданда жата берди.
XV бөлим
Тайшыханның бир шопаны бар еди, жети жасында бенде қылып әкетип еди, атын Әшим кәл деп ат беретуғын еди. Тайшыхан жети жыл қой баққызғаннан соң балам, еншиң болсын деп, ай мүйизли ақ серкени еншиге берип еди. Қой бағып жүргенде ўақты хошлырым болсын деп, зәргерге апарып, ҳәр түгине бир қоңыраў тақтырған еди, буның ўақты хошлығы менен Әшим жети жыл бағып еди.
Он төрт жылдан берги жерде қой соңында болған, ағайининен жуда болған, лақабын Әшим кәл дер еди. Бир серкеге машқы етип ханның қойын барып жүрсе, маңлайы қара Әшим ақ серкени жойылтты, көп қыдырды, таппады, шөл қыдырды, таппады, бир неше күнлер сәҳәр ўақытта серкесин жойылтып киятырып, көкирегине бир қыял пайда болды. Тайшыхан патшаның бир зинданы бар дейтуғын еди, қойдың кейнинде уйқылап, қараңғыда бақырып киятырып, зинданға түсип кетпесин ҳәм бул бир әрман болмасын деп, буны да бир барлап көрейин деп, жуўырып-жортып, күн шашырап шыққан ўақытта зинданның аўызына барды.
Ишине қараса, тастай қараңғы, Алпамыстың зинданға түскенине жети күн болған екен. Есин жыйнап, өзине келип қараса, бир қараңғы гөрде жатқанын билди. Баяғы менменлик алдына келгенин сол ўақытта билди.
Жоқарыға қараса, пәнжиреде бир адам көрди, бул не жандар екен, жинбекен, шайтанбекен, я бир адамзат па екен, буннан бир саўал сорап көрейин деп, даўыслап тур екен:
- Саўаш күни ат кекили өрилген,
Менменликтен абырай қолдан берилген,
Мен жатырман қайғы менен зинданда,
Ким боласаң пәнжиреде көринген?
Қәдир аллам бизди қылды биймурат,
Он төртимде дүзеткенмен салтанат,
Я көринген шайтанбысан, жинбисең?
Сен бул жерде не қып жүрген адамзат?
Душпан көрип сарғайтаман жүзимди,
Менменликтен зинданға салдым өзимди,
Қыя шөлде не қылып жүрген жандарсаң?
Мен ғәрипке баян әйле өзиңди.
Сонда Әшим сөйледи:
- Биз де бир халық еткен ҳақтың инсаны,
Жаслығында бастан тайған дәўраны,
Қулақ салдым мен гүңиренген сестиңе,
Бизлер жүрген Тайшыханның шопаны.
Мен жүриппен дойнағынан майырылған,
Лашын едим, қанатымнан қайырылған,
Тайшыханның қойын баққан шопанман,
Атым Әшим, ақ серкеден айырылған.
Шөллерде қыйнады шийрин жанымды,
Мен саған айтайын арыз-ҳалымды,
Жети күнлер болды қыя шөллерде,
Мен жойылтып жүрмен жалғыз малымды.
Сонда Алпамыс сөйледи:
- Атың Әшим болса,
Мен жатырман зинданда,
Дос болайық екеўимиз,
Қәўендер бол бизлерге.
Онда Әшим сөйледи:
- Тышқан сыймай инине,
Қуйрығына сипсе байлайды, деген,
Сениң дәртиң тамақ ғой,
Мениң дәртим ақ серке.
Дәртли менен дәртлессең,
Дәртиң қалмай төгилер,
Бийдәрт пенен дәртлессең,
Қабырғалы қолың сөгилер.
Қойды баққан шопанман,
Нан таппаған жемеге,
Не берейин сизлерге,
Қой бағып шықтым шөлине,
Бармадым ханның елине,
Не берейин мен саған, - деп,
Кете берди Әшим жөнине.
Сол ўақытта Алпамыс изинен даўыслап:
- Егленип тур, жоражан,
Сен айтып едиң атыңды,
Мен де айтайын атымды,
Әжел жетсе, өлермен,
Ҳәр иске қайыл боларман,
Баяғы Қоңыраттан келген,
Байшубарды оздырып,
Баршын қызды алып кеткен,
Алпамыс султан боларман.
Қәйин атамнан хат барды,
Қалмаққа бенде болды деп,
Сәҳәр ўақта атландым,
Ядыма Алла кирмеди,
Жети күнлер жол жүрдим,
Әйне сәске ўақтында,
Шыдамадым сегбирге,
Ат үстинде қалғыдым,
Бир баба енди түсиме.
- Жети жыл болдың гүнакар,
Жылаўдар болған пириңе,
Атландың, Алла демедиң,
Жолға кирдиң, пирим демедиң,
Жети жыл жатып зинданда,
Бәнт боласаң, - деп еди,
-Жети жылда гүнаңнан,
Пәк боласаң, - деп еди.
Кимнен қорлық көреримди билмей,
Жақынлап келдим қалмаққа,
Бир мама шықты алдымнан,
Дәрбент жолдың үстинде.
Апаң едим мен, дейди,
Әммең едим мен, дейди,
Қырық қыз туўдым мен, дейди,
Аттан түс, иним, сен, дейди.
Барып аттан түскенмен,
Баяғы қалған менменлик,
Алдыма келди-аў, жан жора,
Жети жыл бақсаң сен, дейди.
Зинданнан шықсам мен, дейди,
Тийсе Шубар астыма,
Найза тийсе дәстиме,
Ат ойнатып мен барсам,
Тайшыханның елине,
Тайшыханды өлтирип,
Сени патша қыларман.
Шарық бүрген аяғыңа,
Саўры етик кийдирип,
Шылбыр буўған белиңе,
Тилләден кәмар буўдырып,
Таяқ тутқан қолыңа,
Айбалталар услатып,
Жумыры бүрген басыңа,
Тилләдан тажды кийдирип,
Тайшыханның орнына,
Өзиңди патша қыламан.
Күн көрмеген бир қызы,
Арзайымдай бийбишин,
Кәлийманы үйретип,
Батыл диннен дөндирип,
Барҳақ динге ендирип,
Ақ некасын қыйдырып,
Шәриятқа исин сыйдырып,
Саған алып берермен.
Сарғайған түби сары алтын,
Сен жетерсең муратқа,
Сүрилди бедеў дүзлерге,
Көринбей душпан көзлерге,
Не берейин дейсең жора,
Қайсы атаңның малы еди,
Аўзын үйлеп жыйнаған,
Алдыңда баққан қойыңнан,
Күнде бир қой бере бер бизлерге.
Сол ўақытта Әшим ойланды, Әшимге кеңесетуғын адам болмады. Қыйсық таяғын жерге шаншып, жаман шөгирмесин қыстырып, әне шөгирмеге кеңесипти, «шөгирмеге кеңеспек» Әшимнен қалған екен.
- Ҳай, маңлайы қара қул, дейди, жети жыл бақсам, зинданнан шықса, Шубар аты астына тийсе, ақ найзасы дәстине тийсе, Тайшыханды өлтирсе, күн көрмеген Арзайымды маған алып берсе, буннан артық не дәўран керек, - дейди. - Ырас айтады, бул мениң қайсы атамның жыйнаған малы, буны күнде биреўден бермек түўе, екеўден берсем де, жети жыл түўе, он төрт жылға дейин таўсылмайды. Буның меннен есабын ким сорап атыр, - деп, Әшим инсапқа кирди. Батырдың қасына келди, биреўи иште, биреўи сыртта, екеўи қуданы ортаға салып, дос болды.
- Жора, қоналқаң болсын, - деп бир семиз қойды таслады, емшекти ана берди, ырысқалды қудай жеткерди, күнде бир қойдың гөшин жеп, аўқатын алып жата берди.
Алпамыс бәҳәр айында зинданға түсип еди, сол жылы жаз өтти, киятырған қыс өтти, бир жыл артық болды. Әшим қойды суўғармаға жаз күни ханның көли Қаракөлдиң бойына барды. Ол заманда қубладан ғаз баратуғын еди, қалмақтың көлине уя салатуғын еди, палапан шығарып, гүздиң күни қанат-қуйрығы жетилип, қублаға қайтатуғын еди. Сол жылы бир ғаз барып ханның көли Қаракөл, шөп шықпаған дала көл, көлдиң жағасына қумды етеклеп уя салған екен, алты палапан шығарған екен, бесеўи шыққан екен, биреўи жумыртқадан кейинирек шығып қалған екен.
Әшим қойды суўғарып жүрсе, бир ғаздың палапанының қанаты менен суў шашып, көлде ойнап жүргенин көрип, тутып алды. Алпамыс достымның бир өзи жатыр-аў, ғаз да болса, ес болсын, Алпамыс достыма апарып берейин, деген қыял пайда болды. Палапанды қолына алып Алпамыстың қасына келди:
- Жора, буның менен екеў болып жата бер, - деп, буны да зинданға таслады.
Әшимниң алып келген палапаны өзиниң маңлайына қара болды, нанды жемейди, гөшти көрмейди, буның жейтуғыны қамыстың шыйқылдаўығы болды. Ханның көли Қаракөл, шөп шықпаған дала көл, көлге шыққан қамыс жоқ, бар липасын шешип, дизден суўға түсип, қой өрместен бурын намыз ўақытта тапса бир қысым, таппаса ярым қысым шыйқылдаўық терип келетуғын бир бәле болды.
Азан менен изей суўға түсип, самалға шыққан кисиниң не көрген күни бар, Әшимнин өкшеси, балтыры, саны, еки бармақ, кейни бир ели, пыт-шыт жарылып, айырылып кетти. Бир күни суўға түсе алмай жылап турса, зинданда жатып Алпамыс даўыслады:
- Әшим, Қайда?
- Ҳә, не бар, маңлайы қара, енеғар?
- Тезирек шыйқылдаўық терип кел, ғазың аштан өлетуғын болды.
- Ғазың да, өзиң де қуры, биреў еди ҳәңгилим, екеў болды шәңгилим, өлсең, гөр бол, - деп Әшим кететуғын болды.
- Бәрекеллә, Әшим кетсе, биз де өлемиз, Әшим де өлер, ғаз да өлер, биреў-биреўди көрмей, шерменде болатуғын болдық-аў. Қул халқы хошаметке көп еретуғын еди, заңғарға хошамет урып даўыслайын, - дейди. Сол ўақытта Алпамыс Әшимниң кейнинен қышқырып атыр:
- Дос жылатар, душпан күлдирип,
Найза алып, қара баўрым тилдирип,
Мениң менен дос болып едиң әўели,
Таслап кетпе мийнетиңди күйдирип.
Әўел мениң менен болдың досу-яр,
Өшти өмириң кәмбил пирге қол жаяр.
Мени таслап кетпе зиндан ишинде,
Мийнетиңди қылма, жора, зая-да.
Сен кеткенде мениң қәдирим ким билер,
Достың жыласа, душпаның күлер,
Мени таслап кетпе зиндан ишинде,
Кетсең де өлерсең, қалсаң да өлерсең.
Әшим тағы ойланды:
- Кеткенде неге өледи екенмен, қалғанда неге өледи екенмен? Алпамысты баққаныма еки жыл болған екен, қойдың ярымын берип болмасам да, үштен бирин берип болған екенмен. Тайшыханның қасына барсам, малың түўел емес десе, ярымын уры алды десем, ханның малы қараға сиңе ме, қасқыр жеди десем, сен қайда едиң, - деп мойныма шыжым салса, дар түбине алып барса, әлбетте үш ағашы менен төртеў болады екенмен-аў.
Қалғанда неге өледи екенмен деп ойланса, Алпамысты асырайман, ғазды асырайман, қойды бағаман деп, өз туўрыма жорта береди екенмен, сөйтип-ақ ақыры өледи екенмен, сирә бул заңғардың гәпи ырас екен, еле де болса Тайшыханнң шынжырын мойныма салып өлгенше, Алпамыстың хызметинде шейит өлгеним жақсы екен, - деп инсапқа кирди.
Қайтып айланып келди, өзине қой берди, ғазына шыйқылдаўық берди, күндеги хызметин қылып жүре берди.
Гүзектиң айы туўды, арқадан суўық турды, көлдиң жийеги қатты, қубладан келген ғазлар қыйыршық муз жеп кублаға қайтты. Алпамыстың қасындағы ғазы қанат-куйрығы жетилип, бир жерде турып ер жетти. Ҳәр ўақ аспанға қарап ғаңқылдайды.
Алпамыс ата-енесин сағынып, қара бир баўыры қан болып, усы ғазымды аспанға ушқан ғаз болса, көрине қойса көзиме, қанатына хат жазып, жолдасларына қосып жиберер едим елиме, деген қыял пайда болды.
Арадан бир неше күн өткенде бес ғаз төменлеңкиреп ушты, гүзары тап зинданның үстине түсти. Алпамыс көрди ғазларды, сол ғазларды шақырып көрейин деп, ғазға қарап толғанды:
- Жалғызлықтан менде болды қыйлы ҳал,
Зинданда жатырған мениң ақлым лал,
Сизлерге бир жолдас қосып алайын,
Айланып кетиңиз енди жәниўар.
Қолымда болмады тилләдан сазлар,
Жыласам жетер ме ҳаққа бул зарлар,
Сизлерге бир жолдас қосып алайын,
Берман айланыңыз, ол қоңыр ғазлар.
Ҳаўадан ушқан бесеўи,
Төмендеги ғаздың сестине,
Алпамыстың ҳаўазына,
Қанатын жыйнап айланды,
Ғаңқылдасып жәниўар,
Зинданның қонды аўзына,
Қасындағы жолдасына,
Қанатына Алпамыс,
Қызыл сыя хат жазды,
«Алпамыс» деген ат жазды:
- Барсаң дуўай сәлем де,
Атам менен енеме,
Қарындасым Қансулыў,
Баршын атлы ярыма.
Көтерип мени өсиргең
Қултай атлы бабама.
Өли емеспен, тиримен,
Еренлердиң биримен,
Менменлктен бир өзим,
Бәнт болып қалдым зинданда,
Жети жылда пәк болып,
Мен гүнамнан қутылып,
Қалмақтан алып арымды,
Болса Алла қәўендер,
Мен Байсынға барарман.
Сәлем жазып Алпамыс,
Ушырды ғазды ҳаўаға.
Ғазлар қосылды жолдасына,
Алпамыс қалды зинданда.
Алты ай қолдан от жеген,
Ағасын таслап кетпеге,
Ғаздың көзи қыймады,
Сөйлерге тили болмады,
Зинданға қарап муңайып,
Мойны менен жер төсеп,
Қанаты менен жер урып,
Сөйлерине зибан жоқ,
Ишкериге қарап жылап тура берди.
Сол ўақытта Алпамыстың кеўлине келди: усы ғаздың меннен бир сәлемнама тәмеси бар екен, жолда дос-душманды айтып жиберейин, деген бир қыял пайда болды.
Қалмақтың алды бәлент таў еди, аспан менен бара-бар, ғаздың өтер жайы жоқ, еки таўдың кезеңи, еки таўдын суғылмасы, бир кезең жол бар, қус ушса, соннан өтер еди, ол кезеңди аңлыған тоқсан үйли мерген бар, қудайдың қарсы душпаны, булардың ететуғын талабы - дийўанашылығы - тастан гезе соғар еди. Сары жайға оқ қыстырып, ақшам көзи ашылып, күндиз көзи қапылып, ақшамында дәрбенттен ушқан ғазды байлап атар еди.
Ақшамында үстинен қус аман-саў өтсе, қыяметте дийдарыңды көрмеймен, деген Қудайтаалаға белгили шәрти сол еди.
- Буннан ҳаўалап ушып кетерсең
Кос қанатқа мудам ғайрат етерсең,
Еки күн, еки түн ушып жәниўар,
Үшинши күн қуптан ўақты болғанда,
Себил қалған Дәрбент таўға жетерсең,
Мениң тилимди алсаң, ушпағыл түнде,
Сол таўларда бир ақшам мийман болып өтерсең,
Мен болғанман бул зинданда бийхабар,
Менменликтен өзим болдым гириптар,
Дәрбентте жатырған тоқсан мерген бар,
Түнде ушпа, күндиз ушқыл, жәниўар.
Бул зинданда сарғайтарсаң бизлерди,
Душпан көрмей, аларттырма көзлерди,
Егер тилимди алмай ушсаң ақшамда,
Ол мергенлер атып алар сизлерди.
Кеўлиңде бармеди түрли қарарың,
Басыңнан өтер ме енди дәўраның,
Тилимди алмай ақшам ушсаң таўларда,
Тоқсан мерген атып алар қоймайын.
Қыямет күнинде қуда алдында,
Сен берерсең Алпамыстың заўалын.
Күндиз ушсаң, бәлент таўдан асарсаң,
Иншалла барарсаң, жүз мың жасарсаң,
Сәлем хатты сизлер аман жеткерсең,
Себил қалғыр Қоңыраттың айдын көлинде,
Палапан ушырып, узақ өмир жасарсаң,
Бар кете бер, жәниўарлар.
Ғазға жуўап береди.
Ғазлар көтерилип ушты, еки түн өтти, үшинши күн қуптанда себил дәрбент таўға жетти. Таўда ғазлар бир мәсләҳәт етти, биреўи ақшам ушайық деди, биреўи таўға түсейик деди, биреўи қырда не көрген күнимиз бар, деди.
- Бәримиз уйқылып қалсақ, биреўимизди касқыр жесе, биреўимизди шағал жесе, бәримиз де қуп шерменде болып өлсек, батырдың аманатының жуўабын ким береди, - дейди.
Биреўи айтады:
- Ҳәр ким уйқыламай жатады. Уйқылаған адам аманатқа жуўап берсин, - дейди.
Таўға түсти, қырда ғаздың не көрген күни бар, қорқыныш сес келди, сирә уйқылай алмады, қыялына таң атып кеткен усады, турың, көтерилип ушайық, ҳаўалап кетейик, бултқа жетейик, Шекаманның жеринде ғаңқ етип сес бермейик, әсте үндемей ушайық, дейисти.
Ғазлар хаўалап кетти, тап бултқа жетти, тоқсан үйли мерген дәрбентти гезек пенен аңлыйтуғын еди.
Тоқсан мергенниң сәркардасын Шекаман деп ат беретуғын еди, сол күни Шекаманның нәўбети еди. Шекаман деген мергенге жети күн болған екен, иш бурыў деген кесел тийген екен.
Киндиги бурып, диңкеси қурып, белдеўге асылып, көзи қызарып, ярым ақшам ўақтында төрт тәрепке қарап күшенип отырса, ғаздың ғаңқылдаған сести жоқ, қырқылдаған қанаттың сести келди, аңлап караса ҳаўаға, алты ғаз ҳаўалап ушып барады.
Бир ғарры енеси бар еди, ўәлий еди, Алпамысты мәстан зинданға салғанын ўәлийлик пенен билетуғын еди. Сол ғаздың қанатына сәлем жазғанын да ўәлийлик пенен билер еди.
Майданда күшенип отырып, ишкеридеги апасына қышқырып атырған кусайды Шекаман:
- Мерген едим, мениң болды ақлым лал,
Бул кеселге мен болғанман гириптар,
Арзымды есит, жасы қайтқан жан ене,
Перзентиңниң саған айтар арзы бар.
Мерген болған ҳәр қыялды биледи,
Жай көтерип ҳәр ислерге дөнеди,
Қарап едим көз жиберип ҳаўаға,
Қырқылдасқан қанаттың сести келеди,
Алты ғаз ҳаўадан ушып барады.
Иш аўырыў алды менин айымды,
Ене, ақ сүтиңнен емдим пайымды,
Ҳаўалаған алты ғазды көргенмен,
Алып бер, ене, туқтый менен жайымды.
Сары жайды мен ийниме салайын,
Туқтыйымды аш белиме шалайын,
Туқтый менен жайды алып бер, енежан,
Алты ғазды өзим атып алайын.
Онда енеси не дейди:
- Ғаррылықтан мен де болдым бийқарар,
Ғазды көрип, болма балам гириптар,
Бир тилегим, атагөрме ғазларды,
Зиндандағы Алпамыстың хаты бар.
Кеўилиңе алмағыл зәрре қарарың,
Атсаң таяр басыңдағы дәўраның,
Атсаң, сен боларсан қан қарыздар,
Сен бересең аманаттың заўалын.
Алыстан көринген таўдың қыяғы,
Тас қақса сүринер аттың дойнағы,
Бир тилегим сеннен мениң,
Алты ғазды атагөрме, шырағым.
Сол ўақытта Шекаманнын ашыўы келди:
- Маңлайы қара, алжыған, терис қайтқан, тезирек алып бер! Атым жайдан өтер болды алты ғаз, жулайын ба шашыңды, тасларман шөлге лашынды.
Сол ўақлары енеси, Шекамандай баласын, Жер тоқпақлап қарғады:
- Қыршын жаның қыйылғыр!
Шыбығынан шырпылғыр!
Жүўернемек болғыр, жер тартқыр!
Өлим бергир иш бурыў,
Иш аўырыўдан өлгейсең!
Тилимди неге алмайсаң
Сөзиме қулақ салмайсаң,
Қанлар толғай көзиңе!
Ғазға гириптар қылмағай,
Атқан оғың, жан балам,
Қайтып тийгей өзиңе! - деп,
Қарғай берди енеси.
- Маңлайы қара, алжыған,
Мен өлгенде зар жылап,
Сен қаларсаң нышансыз,
Өз баласын қарғаған,
Бармекен сендей иймансыз, - деп,
Есикти бузды Шекаман.
Енениң тилин алмады,
Жайды ийнине салады,
Туқтыйды белине шалады,
Тентиреклеп-теңселип,
Дәрбентке қарап жөнеди.
Мергенге сапар жақпады,
Сыйпалап көзи таппады,
Өлдим-талдым дегенде,
Кезесин таўып алады,
Туқтыйынан суўырып,
Барып оқлап алады,
Пәрли оқтан алады.
Гириске оқты қыстырып,
Атайын деп ойланды,
Ҳаўадағы алты ғаз,
Атым жайдан жәниўар,
Зәрре өтип барады.
Ел шетине келдик, деп,
Биз де аман өттик, деп,
Бир ғаз турып ғаңқ етти,
Кейнинен келип оқ жетти.
Хат көтерген қоңыр ғаз,
Баратыр екен кейнинде,
Қуйрықларын жулып кетти,
Ғаңқ етпеске тәўбе етип,
Ғазлар буннан аман өтти.
Шекаманның атқан оғы,
Сарқып өзине жетти,
Қос жүректен оқ тийип,
Өкпесинен тесип өтти,
Қәлийдиң келип айтқаны,
Шекаманның әжели жетти.
Ғазлар сәҳәр ўақытта,
Ҳаўалап ушып баратырса,
Сағымын көлдиң көреди,
- Тез жетейик биз, - дейип,
Сарқыңқырап жамырады,
Күн орта болды, жетелмай.
Ғазлар ҳайран болады.
Сәҳәрде көрген сағымға,
Песинде зордан барады,
Суўды көрип бесеўи,
Қаракөлге қонады,
Хат көтерген қоңыр ғаз,
Түсейин десе, болмайды.
Қанатында хаты бар,
Алпамыстың аты бар,
- Түссем пәрим езилип,
Жазған хаты өшер, - деп,
Қаракөлди үш айланып,
Тапсырарға жанлар таппай,
Бир айланба қолтыққа,
Қос пәрин қыйып таслады,
Жолдасларына қосылып,
Бул да көлге қонады.
Әне, ғазлар көлде ойнап жүре берди. Алпамыстың қарындасы Қансулыў, Алпамысты көтерип өсирген қул атасы Қултай қул журттың қыя шетинде жылқы бағып жүрер еди.
Баба жүдә гөдек адам, жылқының бөлинип кеткенин билмейтугын еди, Қансулыў ҳәптеде, он күнде бабаға жылқы жыйнап берип, қайтатуғын еди.
Бабаға жылқыны жыйнап берип киятырса, нашарға бир қыял пайда болды.
- Қаракөлди жағалай кетейин, арқадан ғаз келген болса, ағамның дәрегин сорап өтейин деп, ат ойнатып келатырса, Қансулыў Қаракөлде алты ғазға көзи түсти.
Ғазды көрип сөйледи:
- Көзлериме жақты күнлер түн болды,
Душпанларға үстим гүзар жол болды,
Көрсең мениң ғайыбымнан хабар бер,
Жан ағам кеткели еки жыл болды.
Он төртимде жуўған шашым тарайын,
Нашар басым не күнлерге жарайын,
Ағам кетип еди, еки жыл болды,
Көрсең, билсең, мен дәрегин сорайын.
Ушқан Мәдийнеден ол қоңыр ғазлар,
Өлмеген бендеге болғанды жазлар,
Ағам кетти мениң еки жыл болды,
Көрсең, билсең, хабарын бер, жәниўар.
Сол ўақытта бир ғаз топарынан айырылып шыға берди. Нашарға жақынлап келди, ғаз суўдан жүзди, қыз қырдан жүрди, бир айланба қолтыққа барған ўақытта қырға шықты. Нашарға қарап ғаңқылдап сөйлерге тили болмады. Сол ўақытта қыз жерге қарады, Қараса, жерде еки пәр көрди, аттан түсип қолына алды, қараса, қызыл сыя хаты бар. Ағасының аманлығын сол хатты оқып билди. Атасы менен енесине аманлығын билдирди. Әне, баласынын аман екенлигин билип, ғаррылардың ўақты хош болды.
XVI бөлим
Батыр зинданда жата берди, арадан үш жыл өтти, баяғы дос Қаражан турып ойланды.
- Достым неге келмеди, ата-енеси қалмаққа бенде болды, биреўдиң арын биреўге арламақ заман бар ма?
Өзимди шөлге дүзейин,
Ҳәр қыялды көзлейин,
Өмирим туўып көрмеген,
Алпамыс достымның елин,
Қәлендер болып излейин,
- деген қыял пайда болды.
Тал таяғын қолына алып,
Дос себепли қыялланып,
Жолға кирди Қаражан,
Достын излеп ойланып.
Батырға сапар жақпады,
Өмири туўып көрмеген,
Байсынның елин таппады,
Бир елаттың шетинде,
Баратырса Қаражан,
Ат шаппады далада,
Тилине адам түспеген,
Бир мәҳәлде келипти,
Байсын деген қалаға.
Ғалаўыт түсти араға,
Жол сорарға адам жоқ.
Таппады. Көп елатты аралап баратырса, көринди бәлент байтерек, патшалыққа мүнәсип. Бәрекеллә, Алпамыстын үйи усы болар, деген қыялға келди. Усы үйден сорайын деп, бир үйдиң есигиниң алдына барып, тал таяққа сүйенип, үйге сүрен салады:
- Ат шаўып шықпадым шөлге қыядаш,
Наданлықтан көзден ақты селли жас,
Ғайыптан келгенмен, тәңри мийманман
Бенде болсаң боз ордада, хабарлас.
Шөлди гезген уллы гүзар жолмеди,
Байсын деген жатқан айдын көлмеди,
Мен де узақ жолдан келген мийманман,
Алпамыс достымның үйи усымеди?
Мәртлик пенен мен де кимге жарайын,
Саўаш күни ат кекилин тарайын,
Алпамыс достымның үйи усымеди,
Шық, хабарлас, мен достымды сорайын.
Сол ўақта енди Бөйбөри,
Тал таяғын таянып,
Сақалы қанға боялып,
- Баламның атын айтқан ким, - деп,
Майданға шықты толғанып,
Майданға шықса, есиктиң алдында бир жигит тур, Бөйбөри жол болсын сорап жылады:
- Ҳаўа жаўса, айдын көллер ҳөл болсын,
Жылдан жылға аз дәўлетиң мол болсын,
Жалғызымның атын айтқан ким еди,
Айт, перзентим, сапарыңыз жол болсын?
Қаражан:
- Батырлықтан дүзетемен салтанат,
Кәдир аллам етпегейди биймурат,
Сен бе едиң Алпамыстың атасы,
Бер қолыңды, мен қылайын зиярат!
Байбөри:
- Көзлериме ашық күнлер түн еди,
Дин мусылман Муҳамметтиң дини еди,
Перзентимниң атын айтсаң шырағым,
Егленбей айт, сениң атың ким еди?
Қаражан:
- Мен болдым шөллерге өзим таламан,
Дос себепли мен де күйип жанаман,
Алпамыстың қыяметлик достыман,
Атымды сорасаң, мениң Қаражан.
Екеўимиз де душпан менен қас болдық,
Қосылысып бир биреўге ес болдық,
Алпамысжан ат шаппаға барғанда,
Дәрбент жолда қыяметлик дос болдық.
Баршынжанға қос шашбаўлар өргенбиз,
Мәрт пенен қосылып дәўран сүргенбиз,
Алпамыс Баршынды алып қайтқанда,
Жүр дегенде бизлер жүрмей қалғанбыз.
Сол ўақытта Байбөри Қаражанның мойнынан қушақлап, жалғызды көрген көзиңнен, сен де улым Қаражан, айлансын атаң көзиңнен, деп Қаражанды үйге киргизди.
- Достым қайда? - деп еди Қаражан.
- Үш жыл болды кеткели, өли екенин билмедик, тири екенин билмедик, быйыл гүзек айында, ғаздың қанатында сәлем хат келди, барсаң дуўайы сәлем де деп, жиберген екен жалғызым. Зинданда жатыпты бәнт болып, менменлик келип өзине, сол болды көрген аўҳалым, - деп Қаражанды сол күни мийман қылып күтти.
Достың зинданда қалды, деген соң Қаражанның жатып тақаты болмады, ярым ақшам ўақтында турып кетермен болды.
Қарындасы Қансулыў егленип турып, дәркар ўәжиңди берейин, деди. Қарындасы Қансулыў ийнине дорба асады, қолына ҳаса алады, Қаракөлди жағалап, жағаға қонған шарўаға қарап жөнеди. Ҳәр шарўанын есигине барып, ҳуў-ҳақ деп, пәтия берген қусайды.
- Нашарман, болдым дәрбедер,
Мен де бир ҳақтың қайғы шер,
Ағайин болсаң шық, деди,
Есигиңе келди қәлендер.
Нашарман, болдым ақлым лал,
Аллам бир салды ҳәр қыял,
Есикке келген қәлендермен,
Айтқан сөзге қулақ сал.
Саўашта миндим қарагер,
Жалғызға болдым аҳыў-зар,
Ағайин болсаң бизлерге,
Ҳәр үйге бир-бир танап бер.
Ағайинлеринен бир-бир танап жыйнады, алып келип Қаражанға берди. Қаражан арқалап қайта берди, неше күн жол жүрди, бәндиргиден өтти, досты жатқан зинданды таппай ҳайран болды, бир үйилип жатқан топыраққа көзи түсти, барса, досты жатқан зинданға дус болды. Ишкериге қарады. Ата-енесин сағынып, Алпамыс қапа болып атыр еди. Жоқарыға қараса, пәнжирениң аўзында бир адам көринди. Сол ўақта батыр жоқарыдағы кисиге қарап, толғап не деп атыр екен:
- Жас алпысқа келгенде,
Пайғамбар жасқа мингенде,
Әўлийеге ат айтқан,
Шыйықларға тай айтқан,
Әўлийеде түнеген,
Муңлы атам сенбедиң,
Тилеп алған бизлерди,
Жоқарыда көринген?
Бунда саза болмады.
Он ай қурсақ көтерген,
Омыртқасы бүгилген,
Қан аралас сүт берген,
Аязлы күни айланып,
Бултлы күни буралып,
Сәҳәр ўақты болғанда,
Жан балам, деп ойланып,
Музлы бесик таянған,
Енембедиң көринген?
Бунда саза болмады.
Таласып емшек емискен,
Тай қулындай тебискең
Тар курсақта бир жатып,
Көп тамаша көрискен,
Жалғыз қарындасым Қансулыў ма?
Бунда саза болмады.
Қалмаққа келип кейнинен,
Қырық күншилик жоллардан,
Байшубарды оздырып,
Қалмақтан алған дилбарым,
Баршын ба едиң көринген?
Бунда саза болмады.
Көтерип мени өсирген,
Бир камалға келтирген,
Баласынан айырылып,
Сергиздан болған кейнимде,
Бабам Қултаймедиң сен?- дейди.
Бунда саза болмады.
Табан жолдың аўзында,
Қара ат жүрмей турғанда,
Аттан түсип жуўырып,
Екеўимиз гүрес салғанда,
Таўда жықтым сизлерди,
Қорққанынан дос болған,
Қаражанбедиң сен? - дейди.
Ашыўланды Қаражан:
- Атаңды айттым, сөзим жоқ,
Енеңди айттың, сөзим жоқ,
Туўысқаның Қансулыў,
Қарындасыңды айттың сөзим жоқ.
Костар деген сүйеўди,
Баршынды айттың сөзим жоқ,
Қатарда көзге илмеген,
Той-мереке болғанда,
Келдиң, аға, демеген,
Дизесине орын тиймеген,
Қолына суў қуймаған,
Бес байталға сатып алған,
Қултай қул шелли көрмедиң,
Үш айшылық шөллерге,
Пияда жүрип тентиреп,
Елиңе барып еситтим,
Қалғаныңды зинданда,
Излеп келдим пияда,
Кәдиримди билмедиң,
Қултай қул шелли көрмедиң,
Қултай қулдан соң айттың,
Жаўда мингениң мая ма,
Батыр сөзден тая ма,
Қултай шелли көрмедиң, - деп,
Қаражан ашыўланып кете берди.
Алпамыс:
- Саўаш күни ат кекилин тарайсаң,
Өзиң батыр, ҳәр мүшкилге жарайсаң,
Мен жатырман үш жыл болды зинданда,
Қапа болған мәрттиң несин сынайсаң?
Сол ўақытта Каражан және ойланып қайтып келди. Ийниндеги танапты Алпамысқа таслады, мәрт танапты услады, Қаражан жыйнады, жол ортаға келгенде, Алпамыс кыял ойлады, ат басы қағыспас жер болмас, я саўашта, я урыста, я гүресте баяғы зинданнан шығарып алған ағаңман, деп жүрсе, сол ўақытта жүзим төмен болар деп, батыр танапты шешип түсип кетти. Қаражан өз жөнине кетти.
XVII бөлим
Бул жатыўдан арадан алты жыл өтти. Алты жылға мал шыдай ма, Әшим бар қойды берип болды. Қанатынан қайрылды, есапсыз қойдан айрылды, берерге заты болмады, енди ыразы бол, жора, деп, Алпамыстың келди қасына.
- Не болды, жора? - дейди Алпамыс.
- Не болғаны курысын, бар қойымды жеп болдың, - дейди.
- Сениң, жора, беретуғын затың болмаса, саған бир аңсат талап бар, - дейди.
- Не талап? - дейди.
Ийниңе дорба сал, қолыңа ҳаса ал, қалмақтың қаласына бар. Не жерде тандыр болса, нан жапқан қатын болса, нешесине пәтия бер, нешесин алда, қалмақтың қатынлары сениң түрки тилиңе түсинбейди, кунде нан тилеп келе бер, - дейди.
Әне Әшим:
Ийинине дорба салады,
Қолына ҳаса алады,
Қалмақтың қаласына жөнеди,
Ҳәр көшени қыдырды,
Қыдырып тандыр таппады,
Әшимге сапар жақпады,
Бир көшеге кирди.
Бәлентте қурған бир тандыр,
Ол көшеде көринди,
Елли-алтмыш қатын басында,
Бир нешелер нан жапқан,
Бир нешелер нан жасаған,
Жақынлап барды қәлендер:
- Дийўанаман, дийўанаман,
Ышқына күйип жанаман,
Бир-бир наннан бериңлер,
Есапсыз қойдан айырылған,
Нан тилеген дийўанаман.
Жүректен шықпас әрманым,
Таймағай бастан дәўраным,
Бир-бир наннан бериңлер,
Аман-саў шыққай палўаным.
Аллаға жеткей налышлар,
Дийўанашылық бул ислер,
Бир-бир наннан бериңлер,
Нан жаўып турған бийбишлер.
Келсе бир әжел қамалар,
Дийўана кешсе аллалар,
Бир-бир наннан бериңлер,
Нан жасап турған мамалар.
Дийўаналар, әндийшелер,
Бизлерге түскен пешелер,
Бир-бир наннан бериңлер,
Тандыр басында шешелер.
Шектим жәбир-жапалар,
Сүргеним заўқы-сапалар,
Бир-бир наннан бериңлер,
Тандыр басында апалар.
Қолымда бар ма тенгелер,
Көринбес сизден өңгелер,
Бир-бир ҳәм наннан бериңлер,
Тандыр басында жеңгелер.
Беррегирек келиңлер,
Биз бенен ойнап күлиңлер,
Бир-бир наннан бериңлер,
Тандыр басында келинлер.
Байларман кәмар белиме,
Түстиң бе мениң тилиме,
Бир-бир наннан бериңлер,
Топалаң келгей бегиңе.
Атлар сүрилди дүзлерге,
Көринбес душпан көзлерге,
Бир-бир наннан бериңлер,
Иш бурыў тийгей сизлерге.
Әшим сөзди тамам қылды. Қалмақтың қатынлары түрки тилине түсинбей, ғайыптан келген сайыл екен, пәтиясы қабыл екен, буның дуўасынан қуры қалмайық деп, кими бир нан, кими еки нан, сақыйырағы үш наннан берип атыр. Әшимнин қойыны да толып атыр, дорбасы да толып атыр, бир арқа нан жыйнады.
Күнде бир арқа жыйнаған дийўана сирә тына ма, бүгин де киятыр, ертең де киятыр, бес күн де киятыр, он күн де киятыр, бир ай да киятыр, еки ай да киятыр,таўып алды бир елли-алпыс сада қатынды, басқа тандырды қыдырмайды, күнде сәскеде зиңкилдеп келеди де турады.
Әўелде тилеп алды, соң-соң қатынларға үйренисе келе, тандырды паналап барып, урлап алды. Кет ширкин, деп түйип жибереди, кет деген менен кетпейди, нанды жаўып болып, қатынлар тандырдың басында мәсләҳәт етип отырады ғой, сол ўақытта пәттелеп койған нанды алып қашатуғын бир бәлеге ушырады. Алты ай бүйтип аўқат етти, буның дады Тайшыханға жетти.
- Алты ай болды, бир сайыл келип, қатынларға нан жаптырмайды, деген ғалаўыт түсти, кимде-ким қалаға сайыл киргизсе, өзи өлимдар, малы патшалық, - деп жар урдырды. Он сегиз жерге дәрўазаға қараўыл қойдырды. Әшимниң де дийўанашылық жолы байланды.
- Алпамыс жора, енди разы бол, - дейди. - Сен де өлесең, мен де өлемен, - дейди.
- Не болды, жора? - дейди.
- Не болғаны қурысын, ханға даңқым түсип, қалаға қараўыл қойдырды, - дейди. - Дийўанаға жол байланды.
- Жора, сениң және елместей илажыңды етип беремен, - дейди Алпамыс. -Қалмақтың базарына бар, бир кескир пәреңи пышақ алып кел, - дейди.
- Әжеп болар, жора, - деп, Әшим жуўырып-жортып қалмақтың базарына барды. Бир шершиден бир пәреңи пышақ алып әкелип Алпамысқа берди.
Алпамыс бир қолы епли, өнерли жигит еди. Баяғы семиз қойлардын жуқа қабырға сүйеклеринен қызлар шертетуғын шыңқобыз дүзетти. Зинданда жатып шертсе, қыз түўе, Әшимге де жағып қалды.
- Буны саған беремен, буны алып кет, қалмақтың қаласына жет, қаланың арқасына шықсаң күн шығардан күн батарға қарап тартылған бир гөне жап бар, жапты жағалап кетерсең, ханның қызы Арзайымның бағы-ҳәреминен боз булаққа сейил етип шығатуғын жолының үстинде, көпирдиң күн батар шетинде, жаптың арқа бетинде, қублаға қарап қыйсайған, түбин сағал геўлеген, үстин дәлтек басқан бир ғарры жийде бар. Соған сиңип жатсаң қырық қәнийзеклери менен Арзайым булаққа шығар, жақынлап келгенде бир нама шерт, қызлар қарар, таба алмас, рас тусыңа келген ўақытта аяғынды кесекке тиреп, жаратқан деп еңиреп, ыңырандырып бир шерт.
Қызлардың бәри қарар, таба алмас, ақырында Арзайым ақ күймеден түсип, қызларға дарғазап болып, кесеклерин аўдарттырып, тасталқан қылып, сени таўып алар, - деди.
- Буны ким дүзетти дер, өзим дүзеттим, дегейсең. Қызларға да урдырар, кәллеңди де тырнар, жуқа бастан қан ағар, өзим дүзеттим, дей бер. Сол ўақытта өлтириң деп ҳәмир қылар, онда айтайын, апа, - де. Алпамыс жети жыл болған екен, саған ашық болып шыққанына де. Маңлайы қара мәстан қырық қыз бенен зинданға салған екен. Соның жиберген сәлемнемеси деп, Арзайымға бер де, қайт, - дейди.
Әшим қобызын алып, жуўырып қаланың сыртына шықты, қараса, күн шығардан күн батарға қарап тартылған бир гөне жап бар, жапты жағалап кетип баратырса, көпирдиң күн батар шетинде, жаптың арқа бетинде, қублаға қарап қыйсайған, түбин сағал геўлеген, үстин дәлтек басқан ғарры жийде бар. Батырдың айтқан жерине келдим деп, Әшим дәлтекке сиңип жатты, уйқылап силеси қатты, әрманлық пенен таң атты, күн шықты, сәске болды.
Қулақ салып тыңласа, тум-тустан қоңыраўдың сести келип тур. Қараса, ақ гөмменде, қырық қыздың ортасында бир қыз киятыр, маған әперетугын Арзайым деген қыз усы шығар деп, Әшимниң ҳәм ўақты хош болды. Батырдың айтқан жерине келдим деп, әстерек гүңирендирип бир нама шертти, буны қызлар еситти.
- Усы жерде бир нәрсениң сести бар, қараң, - деди.
Бесеўи қарады, таба алмады. Жақынлап келгенде бир нама шертти, алтаўы қарады, таба алмады. Тусына келгенде аяғын кесекке тиреп, жаратқан деп еңиреп, Әшим сазды шертти.
Қызлардың бәрин түсирди, таба алмады, ақырында Арзайымның өзи түсип, кесеклерин аўдарды, дәлтеклерин қопартып, тас-талқан қылып қарады. Қараса, баяғы өлим келгир Әшим кәл.
- Өлим бергир, кәл, сенбедиң? - дейди.
- Аўа, апа, мен едим, - дейди.
- Буны ким дүзетти? - дейди.
- Қойдың кейнинде жүрип өзим дүзеттим, - дейди.
- Айт ырасын, - дейди.
- Өзим дүзеттим, - дейди.
- Урың, қызлар, - дейди.
Қызлар ғаўлап үстине минип қалады. Баўырына да урып атыр, қарнына да урып атыр, басына да урып атыр, басын тырнап та атыр, жуқа бастан қан ағып атыр, өзим дүзеттим дей береди.
- Өлтириң қызлар, - дейди.
Сол ўақытта еки қыз кегирдегинен илип алып еди.
- Ўай-ўай, айтайын, апа, - дейди. - Батыр Алпамыс жети жыл болған екен, саған ашық болып шыққанына, - дейди. - Мына маңлайы қара мәстан қырық қыз бенен зинданға салған екен, соның жиберген сәлемнамасы, - деп, Арзайымга берди де, қайта берди.
Арзайым жети жастан бери Алпамысқа гириптар ашық еди, булақ сапарын қойды, ғырлап кейнине қайтты, атасының қасына келди, атасынан дәрбент жолды еншиге тилеп, атасына тәсил салып, Арзайым не деп тур екен:
- Дәўлетиңде мен сүргенмен салтанат,
Нашарлықтан өзим болдым биймурат,
Ханның қызы ат көтердим жасымнан,
Қурбыларым менен қурдым салтанат.
Ашылған бағларда гүлим солмады,
Әжел жетип пайманамыз толмады,
Ханның қызы дейди, ата, халқыңыз,
Мен сорлыда ҳеш бир нышан болмады.
Шашгенемди таллап бестен өремен.
Өзим нашар, ҳәр саўдаға көнемен,
Бергил ата, дәрбент жолды еншиге,
Қызлар менен бирге дәўран сүремен.
Қара шашым кемлик пенен тарайын,
Нашар басым ҳәр күнлерге жарайын,
Еншиге бер уллы жолды бизлерге,
Дәрбент жолға кәрўан сарай салайын.
Патшалық жол, ата, қарап жатарман,
Саўдагердиң бажы пулын алайын.
Сөйтип, Арзайым атасынан дәрбент жолды еншиге сорап алды, қасына қырық қыз ертип кетти, бир боз орданы нар түйеге жүклеп, аман-есен Арзайым тоғыз жолдың дәрбентиндеги патшалық зинданның аўзына барды, маманың үй қондырған жерине бул да үй қондырды.
Қыздың кеткени Тайшыханға бир қәўетер болады.
- Алпамыс та ер жигит, батыр туўған шер жигит, нашарлық етер, душпанды шығарып алар, елге арылмастай ақырзаман салар, сол қызымды айландырып әкелгендей адам болса, ҳәр не тилегенин беремен, - деп қалаға жар урдырды.
Маңлайы қара мәстанның бир қара ешеги бар еди.
Ыңғыршақ ерди салады,
Кендир айыл, жип қуйысқанын тартып,
Ашамайын қайтарып,
Талтайып минип алады,
Ҳасаны алдына өңгерип.
Қуптан ўақытта Тайшыханның алдына келди.
- Ҳәй, балам Тайшыхан, - дейди. - Және сол қызыңды айландырып әкелип берсем, не бересең? - дейди.
- Баяғы берген үш табақ тилләмды және берейин, - дейди.
- Әжеп болар, таксыр, - дейди.
Патшадан үш табақ тилләны ҳәм алып, қара ешекти жолға салып:
Ақшамы менен жол жүрди,
Таң сарғайып атқанда,
Әйне намаз ўақтында,
Қара ешектиң үстинде,
Арзайым жатқан боз орданың,
Оң жағынан пайда болды,
Арзайымға қарап қыймырып,
Сөйлеп кетип барады:
- Ешекти шаптым қыядаш,
Ақпай ма көзден селли жас,
Мәстан бир апаң киятыр,
Арзайым үйде бар болсаң,
Майданға шығып хабарлас.
Он төрттен туўған айларың,
Билермен, қызым, жайларың,
Дәрбентте бажбан болыпсаң,
Қутлы болсын сарайларың.
Минип ешекти желгенмен,
Ҳәр иске өзим көнгенмен,
Қутлы болсын сарайларың,
Саўғалар тилеп келгенмен.
Өзиңди жолға сайлаңлар,
Ҳәр қыялды ойлаңлар,
Арзайым, шығып майданға,
Апаңның атын байлаңлар.
Арзайым шықты алдына,
Қызлар шықты кейнине,
- Мәстанды тутың, - деп еди,
Ешегин мәстан бурады,
Саўырына қамшы урады,
Қызлар гүўлеп қуўады,
Мәстанға күнлер туўады.
Жеткермеди қара ешек,
Жүреги кемпирдиң тасады,
Ешекке қына басады,
Қына тийген ўақтында,
Тумсығын алып бир жаққа,
Қуйрықларын көтерип,
Себил қалғыр қара ешек,
Майданда алып қашады.
Сәскеге дейин қуўады,
Қызларға күн туўады,
Сәске ўақты болғанда,
Бақа жаўырын мәнтирсек,
Келте бақай, семизек,
Томпақ қызлар ҳәр жерде,
Жорталмай жолда қалады.
Узын путлы, кең сыйрақ,
Аш өлеңирек еки қыз,
Айырылып шығып ишинен,
Тындырмай қуўып барады.
Күн орта жақын болады,
Арқадан самал қутырып,
Қалған екен жолларға,
Еспе қызыл қум урып,
Қумлық жерге барғанда,
Ешектиң халы мәлимди,
Себил қалғыр қара ешек,
Төрт аяғын кереди,
Қублаға жүзин береди,
Талтайып турып сарыды,
Артына бурылып қараса,
Еки қыздың киятқанын,
Мәстан сорлы көреди.
Мәстан сор қайнап йошады,
Себил қалғыр қара ешек,
Қалдырды мени жаўда деп,
Қолындағы қынаны,
Қатты, қатты басады,
Сонда да ешек жүрмеди.
Кейниндеги еки қыз,
Куўып жетти кейнинен,
Мәстан атлы кемпирди,
Шырқыратып услады.
Бири тартты қолынан,
Биреўи түртип еңседен,
Әйне пешин ўақтында,
Арзайымның қасына,
Мәстанды қуўып барады.
Қапа кеўлин хошлады,
Булар исти баслады,
Мине сениң апаң, деп,
Мәстан атлы сорлыны,
Алпамыс жатқан зинданға,
Кемпирди де таслады.
Жоқарыдан түсти бир адам,
Иреңкине қараса,
Жарасқан заўқы-сапасы,
Баяғы дәрбент жолда,
Байбөри менен «туўысқан»,
Өзи Қоңыраттың қызы,
Урыўы еди ырғақлы,
Қалмаққа бенде болған,
Ат сейиске тийген,
Жигирма қурсақ көтерген,
Егизден қырық қыз туўған,
Арада түсик түспеген,
Мәстан атлы «апасы».
Ат шапқан жоллар пәс болды,
Мәстанға бул ис ҳеш болды,
«Апасы» келип Алпамыстың
Қақты шандан хош болды,
Мойнын ғаздай қайырды,
Буны айтқан шайырды,
Мәстан атлы апасының,
Бир путын аяғына басып,
Бир путын қолына услап,
Еки жаққа айырды.
Қуўып келген сизлерге деп, путын қызларға таслады. Әшим достыма бер деп, бир путын таслады, сол ўақытта Арзайымның Алпамысты көргенше отырып парақаты болмады:
- Өлим бергил, Әшим кәл, шығарып ал палўанды.
Сол ўақытта Әшим айтады:
- Алпамыс деген ер жигит саған да шықпайды, маған да шықпайды.
- Енди кимге шығар екен? - дейди.
- Ҳәм ағасы, ҳәм иниси, елинен шыққан жолдасы, бир шығарса, Байшубар шығарады оны, - дейди.
Сол ўақытта Арзайымнын ашықлығы жүрегине түсти. Қалаға сегбир қылып пияда сапар етип жүрди. Табанларын тас қағып, маңлайларын күн қағып, пайыў-пияда солқылдап жортып, атасының алдына жетти:
- Нашарлықтан болды мениң ақлым лал,
Кеўилиңде көппеди, ата, қыйлы ҳал,
Мендей қызың келди сениң алдыңа,
Жалғызыңның бул сөзине қулақ сал.
Дәрбент жолда кәрўан сарай салғанман,
Қызлар менен бирге сейил қылғанман,
Қатар-қатар келе берди кәрўанлар,
Төрттиң бири бажы пулын алғанман.
Шын бедеў минбедим шөлде шайланып,
Бажбан болдым, мениң бахтым байланып,
Таўдың жолы жазық екен, атажан,
Кәрўан бажы бермей қашты айланып.
Таза тарлан талпынады уяда,
Бажбан болып, сарғаяман қыяда,
Бажы бермей қаша берди кәрўанлар,
Жете алмадым, ата, қуўып пияда.
Шашгенемди кемлик пенен тарайман,
Өзим нашар, ҳәр хызметке жарайман,
Кәрўанлардан қуўып бажы алғандай,
Ғәзийнеден бир тулпар ат сорайман.
Тайшыхан:
- Дүнья деп қыйнама бир шийрин жанды,
Дәрбент жолда айтың, балам, уранды,
Ат керек болса, қызым, минип кете бер,
Өзиң менен тең жасаған Тарланды.
Арзайым:
- Бәҳәр болса бағдың гүли солмайды,
Әжел жетпей, пайманаңыз толмайды,
Ғарры атыңды мине алмайман, атажан,
Ғарры Тарлан хызметиме болмайды.
Айта алмайман саған сөздиң ебини,
Билмедим кәрўанның азы-көбини,
Ғарры атыңды мине алмайман, жан ата,
Жемес себил таўдың қатты шөбини.
Мойнында көргенмен алтын тумарды,
Мингенде тарқатар мудам қумарды,
Ғарры атыңды мине алмайман, жан ата,
Бизге бергил олжа болған Шубарды.
Душпаныңның хәр күн ишин қайнатып,
Тулпар атқа полат суўлық шайнатып,
Бизге бергил олжа болған Шубарды,
Мен минейин дәрбент жолда ойнатып.
Ат шапқанда бәлент таўлар пәс болсын,
Ер жигитке ҳәр бир саўда дус болсын,
Минген атым түскен екен қатынға деп,
Көрип Алпамыстың кеўили пәс болсын.
Сол ўақытта Тайшыхан:
- Бәрекеллә, қызым ҳәм намысқа тырысқан екен, бар қызым, ғәзийнеге кир, - дейди.
Байшубарға мин дейди,
Алпамыстың қарыў-жарағын,
Қалдырмай бөктиргиге таң, дейди,
Саржығаңды кий, дейди,
Шашыңды тас төбеге түй, дейди.
Қарағай найза өңгерип,
Жығынға басыңды теңгерип,
Дәрбент жолға бар дейди,
Қызым, ғәзийнеге кир, дейди.
Байшубарды шештирип,
Мақпалдан жабыў жаптырып,
Тилләдан ер салдырып,
Айылын жуптан шалдырып,
Батыр кийген жарақтың,
Бәрин бирдей таптырып,
Бөктергиге таңдырып,
Қарағай найза оңғарып,
Байшубарға минеди.
Атасынан жуўап алып,
Дәрбентке қарап жөнеди,
Намазлыгер ўақтында,
Батыр жатқан зинданға,
Шубарды алып барады.
Боз орданың оң жағына байлап,
Сол күни мийман болады,
Ертең намаз ўақтында,
Шығарып ал батырды, деп,
Әшимге ҳәмир қылады.
Байшубардың мойнында патшалықтан тағылған қырық қулаш жипек танап бар еди. Мойнынан шешип, Әшим аттың қуйрығына байлады. Аттың қуйрығын зинданға бурып, Әшим танап таслады.
Мәрт танаптан услады,
Әшим танаптан тартты,
Танаптан батыр асылды,
Дүзетти палўан салтанат,
Ҳақ етпегей биймурат,
Жети жыллар толғанда,
Гүнасынан пәк болып,
Алпамыстай ер жигит,
Аты шығарды шад болып,
Зинданнан шықты-аў саламат.
XVIII бөлим
Ҳеш ким менен иси жоқ,
Атты көрип кеўли толып,
Аттың мойнын қушақлап,
Көздиң жасын моншақлап,
Аты менен танысты,
Әшим менен танысты,
Қызларға нәзер салмады,
Бара бер, жора, кейнимнен деп,
Ат белине минеди.
Аттың басын оңғарып,
Тайшыхан салған қалаға,
Талап етип жөнеди,
Ат ойнатып Алпамыс,
Әйне песин ўақтында,
Тайшыхан салған қалаға,
Ат ойнатып киреди.
Қамшы урды аттың етине,
Ләйли жәўҳар қолға алып,
Қалмақтың ийди шетине,
Ат шапты беглер далаға,
Сыйынды қудайтаалаға,
Намазлыгер ўақтында,
Бөлинген қойдай шуўлатты,
Намазшам болған ўақтында,
Асаў тайдай туўлатты.
Ақшам менен ат шапты,
Үсти-үстине дәбил қақты,
Мәрт жолдасы қәдир ҳақты,
Душпанлардың қызыл қаны,
Көшелерге шарлап ақты.
Бир күн тынбай ат шапты,
Екиленши күнинде,
Аттың басын оңғарып,
Хан отырған датқа жай,
Себил қалған ақ сарай,
Пияда бармас жайларға,
Батыр атлы киреди,
Тайшыхандай патшаның,
Мойнына жип салады,
Ат қапталында сүйретип,
Ырылдатып ийт киби,
Басын жулып алады.
Атты оңғарып Алпамыс,
Қарсыласқан душпанға,
Тийе берди шетинен,
Алдын қырдым дегенде,
Арты гүўлеп толады,
Артын қырдым дегенде,
Алды гүўлеп толады,
Биреўи өлсе қалмақтың,
Мыңы таяр болады,
Узын қылыш шәпиресте,
Өлик деген дәсте-дәсте,
Қурт ойыны қурылды,
Көшеге қылыш урылды,
Үш күн урыс салады,
Төртинши күн болғанда,
Ханның тоғыз ханзадасын,
Беги менен бегзадасын,
Күн тиймеген азадасын,
Туў көтерген сәркардасын,
Сайлап бир шаншып барады.
Аллаласып жылайды,
Хожасы менен дәрўиши,
Дәрежеден қарайды,
Күн тиймеген бийбиши,
Дадқа жайдың ишинде,
Кептердей ҳаўаз береди,
Ғәнимлердиң кеўиши.
Төрт күн салды урысты,
Аянбай тартты қылышты,
Бесинши күн болғанда,
Күнниң жүзи думан болды,
Белли ақырзаман болды,
Адам өлди, ат жағылды,
Көшесинен қан төгилди,
Ат баўрынан қан болды,
Омма турған көп болды,
Қол көтерген жоқ болды,
Қылыш қыннан тап алды,
Айралық оты жаманды,
Жарадар болған қалмақлар,
Кең сарайға қамалды.
Жәнжел қойды, ғаўға тынды,
Байшубардың басын бурды,
Қаражан менен шегара,
Шегараға барғанда,
Тал таяғын таянып,
Еки пешин қайырып,
Көкирегин айырып,
Қол қаўсырып сәлем берди.
- Арзымды есит, жан достым,
Шығып па едиң саламат,
Алдың ба ханнан арыңды,
Тақтырған кәмар белимди,
Сөйлетсем саған тилимди,
Сен де бир пай, мен де бир пай,
Тайшыхан менен шегараға,
Ат ойнатып келгенсең,
Ҳарма, достым, ҳарма,
Мен сорадым саўғатқа,
Өзиме дәрек елимди.
Әне, Қаражанның журтын еншиге берип, Алпамыс қайта берди. Сәске ўақтында алтыншы күнинде ат қойған жерине келди. Әшим досты келген екен кейнинен.
Басында бар жумыры,
Аяғында шарығы,
Қыйсық таяқ қолында,
Ҳарма, достым, ҳарма деп,
Қәдимги ўәде бар ма, деп,
Келген екен Әшим сорлы.
Аттан түсти Алпамыс,
Әшим атлы достының,
Оң қолынан тутады,
Тайшыхан өлген датқа жай,
Алып барды Әшимди,
Барып басын шешеди,
Шарық бүрген аяғына,
Саўры етик кийдирди,
Шал шекпен кийген ийнине,
Еңсе постын кийдирди,
Шылбыр буўған белине,
Алтыннан кәмар буўдырды,
Жумыры бүрген басына,
Тилләдан тажды кийдирди,
Таяқ тутқан қолына,
Айбалталар услатты,
Майданға атты шаптырды,
Ата-енесин таптырды,
Мынаў сениң атаң, деп,
Мынаў сениң енең деп,
Әшим ханға тапсырды.
- Кеўлиңе, жора, келмесин,
Арзайым жатқан боз ордаға,
Ат ойнатып барайын,
Ханның қызы Арзайымды,
Батыл диннен дөндирип,
Барҳақ динге ендирип,
Ақ некесин қыйдырып,
Шәриятқа исин сыйдырып,
Саған алып берейин.
Атты бурды Алпамыс,
Ханның қызы Арзайым,
Бар-ҳәремниң ишинде,
Тиллә көшкиниң астында,
Сәрҳәўиздиң бойында,
Боз орданың оң жағында,
Алтын кәттиң үстинде,
Дизден төсек салдырып,
Белден дастық қойдырып,
Жатыр еди керилип,
Турмағына еринип,
Қырық қәнийзек оң жағында,
Қырық қәнийзек шеп жағында,
Жатыр екен Арзайым,
Алтын кәттиң үстинде.
Ақ үйине атлы кирди Алпамыс,
Жатқан қыздың бас ушына барып,
Аттың үстинде турып,
Көзин алартып,
Жүзин қабартып,
Қызға не айтып турыпты:
- Қолыма көтерген тилләдан сазды,
Бизлерге жараспас дилбардың назы,
Сени бердим Әшим атлы достыма,
Көтергил басыңды, қалмақтың қызы.
Қазан урған солдыраман гүлиңди,
Ҳақ миясар көрди ме саған өлимди,
Сени бердим Әшим атлы достыма,
Егленбей бағыш әйле оған тәниңди.
Сендей қыздың ақ некесин қыйдырып,
Еткен исин шәриятқа сыйдырып,
Сени бердим Әшим атлы достыма,
Той беремен ел-халықты жыйдырып.
Сол ўақытта қыз толғай берип жылады:
- Жылаў менен қанлар толды көзиме,
Ашықлықтың ышқы түсти өзиме,
Ондай қулға мени мийрас әйлеме,
Жети жастан ашық едим өзиңе.
Қулға берсең қалар мениң әрманым,
Бастан таймағайды келген дәўраным,
Қой баққан шопанға мийрас әйлеме,
Мен нашарды өзиң алшы, палўаным.
Душпанлардың ақша жүзин солдырдың,
Әжел жетпей пайманасын толдырдың,
Мен нашарды өзиң алшы палўаным,
Сен атамды әрман менен өлтирдиң.
Мен атамды әрман менен өлтирттим,
Қайғылы кеўлимди ғамға толтырдым,
Жети жастан ашық едим өзиңе,
Олжа болған Байшубарды келтирдим.
Әшим менен нешик дәўран сүрейин,
Алғыл өзиң қәдириңди билейин,
Мени бермең, палўан, ондай кәллерге,
Оған тийип, кәл қулыңды нетейин,
Сарғайып душпанның жүзин солдырып,
Кетсең кеткил өз қолыңнан өлтирип.
Алпамыс:
- Олар да халық еткен ҳақтың инсаны,
Оны қул деп шек келтирме, енеғар,
Ҳаслы кәри ол шаббаздың әўлады.
Дәўлет дөнип, иси ғайры дөнгенди,
Батырлықтан ҳәр саўдаға көнгенди,
Ҳаслын сорсаң ол қайсардың улы еди,
Жети жаста бенде болып келгенди.
Сол ўақытта Алпамыстың қатты қәҳәри келип, қыздың шашынан бурап алып, сыңсылатып жылатып:
Асаў тайдай туўлатып,
Дин-шәрият үйретип,
Алып барды Арзайымды,
Әшим ханның алдына.
Узағына хат жоллап,
Жақынына ат жоллап,
Қалмақтың елин жыйдырды,
Қырық күн жатып қалмақта,
Мираплы мешит салдырды,
Өзинен шәрият қойдырды,
Дәўир қусын ушырды,
Басына кусты қондырды,
Дәўир кимнин дәўири,
Әшим ханның дәўири,
Әшимди патша көтерди,
Арзайымдай қызлардың,
Әшим атлы патшаға,
Ақ некесин қыйдырды,
Шариятқа исин сыйдырды,
Мал семизин сойдырды,
Төрткүлли ошақ ойдырды,
Алтын қабақ аттырды,
Нақыра, сырнай тарттырды,
Узаққа ат шаптырды,
Толықсып атқан қалмаққа,
Патша қылып Әшимди,
Әшим ханға тапсырды.
Ҳақ етпегей биймурат,
Дүзетти палўан салтанат,
Жети жыллар толғанда,
Гүнасынан пәк болып,
Қалмақтан алып арыны,
Әшимге журтты тапсырды,
Байсын деген халқына,
Қайта берди саламат.
XIX бөлим
Әне, енди гәпти кимнен еситиң. Батыр Алпамыс қалмаққа кеткенде Баршынның бойында алты айлық ҳәмиле қалып еди. Ат басындай ул туўып, ақ жарылқап күн туўып, атын жалғыздан қалған Жәдигер қойып еди. Бала жети жасына келгенде, Алпамыс қалмақта өлипти деген ғалаўыт Байсында пайда болып еди.
Байбөри байдың тоқсан үйли қулы бар еди, тоқсан үйли қулдың сәркардасына Ултан қул деп ат беретуғын еди.
Алпамыс өлди деген соң,
Қоңыраттан бийлик кетти,
Қулларға нәўбет жетти,
Тоқсан үйли қул да,
Өз басына болып,
Шегирейип кетти.
- Ат өлсе, саўыр мийрас, аға өлсе, жеңге мийрас, Алпамыс ағам өлипти, жеңгем маған мийрас болыпты. Ағамның орнында патшалық дәўран сүрейин, елди жыйнап, қырық күн той берип, ақ некесин қыйдырып, шәриятқа исин сыйдырып, жеңгемди өзим аламан, - деген Ултанға бир қыял пайда болды.
Ханлық қулға жетип,
Байсынның елин жыйнады,
Ултанқул қыял ойлады.
Уллы тойды баслады,
Патшаның кеўлин хошлады,
Байбөри байды мәскепши қылды,
Енеси сорлы күң болды,
Қарындасы Қансулыўға,
Апарып жылқы бақтырды,
Байбөри менен еншилес,
Қул атасы сол еди,
Алпамыстай баланы,
Көтерип енди өсирген,
Қуп кәмалға келтирген,
Атын Қултай дер еди.
Қултай атлы ғаррыға,
Шөлде түйе бақтырды.
Жети жасқа келген Жәдигердиң
Басына жумыры кийгизди,
Аяғына шарық бүргизди,
- Бала өз ырайына ер жетсе,
Ер жеткен соң атасына,
Жаман азап береди,
Жаслығында таланса,
Кеўли қорқақ болады, - деп,
Қултай бабаның қасына апарып,
Ата дийдарын көрмей,
Қалған Жәдигерди,
Кыйсық таяқ услатып,
Қой соңына шопан қылады.
Алпамыс, ел шетине келдим деп, топырағыма миндим деп, Байшубардың суў тулпардан болған жери еди, жел бийеден туўған жери еди, ене сүтин емип кәмалга келген жери еди. Қуба таўдың басында бир ақшам мййман болып кетейин, деген батырга қыял келди. Қуба таўдың басына шығып, батыр бир ақшам мийман болды.
Намаздың парызы ўақтында,
Шайтан кашқан шақтында,
Аттың көзин уўқалап,
Жаўырынларын сыйпалап,
Ерин салып, айылын тартып,
Төрт тәрепке Алпамыс,
Қызыл қыя қумның ишинде,
Қуба таўдың басында,
Қарап турса байбәтше,
Бир бабаның гүңиренип жылаған сести,
Қулағына тал-тал келеди.
Бабасы Қултай Алпамыстан айырылып,
Қанатынан қайырылып,
Түйеге күши жетпей,
Жалғызы ядына түсип,
Бир төбениң басында,
Алпамысты жоқлап,
Сийнесин дағлап,
Тал таяғын таянып,
Баба не деп жылап турыпты,
Басынан өткен дәўранларға,
Шүкир етип жылап тур:
- Дүньясаң, дүньясаң, ақырын паныйсаң
Кимлерден қалмаған толы дүньясаң,
Мен айырылдым Алпамыстай баладан,
Басыма айралық салған дүньясаң.
Әўел бул дүньяға бир қус келтирип,
Жердиң жүзин дана менен толтырып,
Бир дана жеп, елли мың жыл отырып,
Сол қусқа бийпаян болған дүньясаң.
Кимлер гәда болды, малдан айырылып,
Кимлер шейит болды, жаннан айырылып,
Мен жылайман Алпамыстан айрылып,
Басыма айралық салған дүньясаң.
Жерди-көкти халық әйлеген илайым,
Қартайғанда неден болды гүнайым,
Кетти Алпамысым, жети жыл болды,
Келермекен, келмеспекен қудайым.
Сол ўақытлары түйе шашаў жайылды,
Таўға питкен мудам ҳасыл гиялар,
Байсын елди енди қуллар ийелер,
Қайтарыўға менде дәрман болмады.
Ҳала-ҳала, себил қалған түйелер.
Үркер батса тәрезиге таялар,
Хызметкерлер хан қасынан жай алар,
Қайтарыўға менде дәрман болмады.
Ҳала-ҳала, себил қалған маялар.
Алпамысым барда кийген паршалар,
Үйлерге жарасқан алтын аршалар,
Қайтарыўға ҳал-қуўатым келмеди.
Ҳала-ҳала, себил қалған наршалар.
Сағынғанда Жәдигержан аталар,
Бул сөзимде жоқты мениң хаталар,
Қайтарарға белде менде дәрман жоқ,
Ҳала-ҳала, себил қалған боталар.
Алпамыс бул сөзди еситти, бул ғой мениң атам Қултайдың сести екен, елимди қул бийлеген екен-аў, атам алып келгенде тоқсан үйли қул еди, бәринин түби бир еди. Мен қасына барайын, тәңир сәлемин берейин, сәлемимди алса, қәдимги перзентим деп, қушағын ашып жуўырса, мен сылайын басын.
Қул менен қулдың түби бир,
Сәлемимди алмаса,
Сөзиме қулақ салмаса,
Мойнына шылбыр салайын,
Ат қапталында сүйретип,
Қыйнап жанын алайын, -
деген батырда бир қыял пайда болды.
Байшубардың белине минип, ғаррының оң жағынан келип, қол қаўсырып, тәңири сәлемин берди. Сәлемин сирә алмады, сөзине қулақ салмады, Алпамыстан айрылғалы жылай-жылай көзи көр болыўға қайым болған екен. Шөлде түйе бағып, қулағына қум тығылып, қулағы аўыр тартқан екен. Сәлемин алмай, төбеден түсип, гүңиренип төбеге қарап, кейинип баратыр.
- Бәрекеллә, бул маңлайы қара да қуллардың динине кирген екен, - дейди. Шеп ийнинен қақтырыңқырап сәлем берди, тентиреклеп барып, жер қушақлап жығылады, басын көтерип ғарры «әстаўпыралла» деп инсапқа кирди.
- Мениң Алпамысым қусаған, халқынан айрылған, ата-енеден бийгана болған бир жигит екен, бул ақылдан сасқан екен, шөлде адасқан екен, маған сәлем берген екен, аўыр қулағым еситпеген екен, жол сораған екен, көр көзим көрмеген екен, буның өзи мәжгүн бе, жинли ме деп, мени атқа қақтырған екен-аў, жоқты жоқ биледи, деген, усы баладан жалғызымды сорап көрсем, дерегин билмес пе екен, - деген бир қыял пайда болды.
Өз баласын танымай,
Аттың мойынын қушақлап,
Жол болсын сорап жылады:
- Ҳаўа жаўсын, айдын көллер ҳөл болсын,
Жылдан жылға кем дәўлетиң мол болсын,
Себеп неге қақтырасаң атыңа?
Барар жериң айтқыл, балам, жол болсын.
Картайыппан, кемлик пенен жылайын,
Тиллериме ҳақ санасын салайын,
Себеп неден қақтырасаң атыңа?
Жас қулынсаң, барар жерин сорайын.
Ай қараңғы көринип тур көзлерге,
Ақ қылқаң жетпейди игри дизлерге,
Себеп неден қақтырасаң атыңа?
Балам, сапарыңды айтқыл бизлерге.
Алпамыс:
- Көз жиберип ҳәр жаҳанға қарайсаң,
Бунша неге өксип-өксип жылайсаң?
Не қыялың барды, баба, кеўилиңде,
Айта бер, бизлерден не сөз сорайсаң?
Қыл шылбыр байланған сениң белиңе,
Саўдагер билмейди сениң жолыңды,
Бунша неге кемлик пенен жылайсаң,
Сорағандай не сөзиң бар кеўлиңде?
Қултай:
- Сораған жоғымды өзим айтайын,
Жылаған дәртимди саған айтайын,
Көзлериме жақты күнлер түн болды,
Душпанларға үстим гүзар болды,
Жылағанымды саған айтсам, перзентим,
Алпамыс кеткели жети жыл болды.
Лашын едим, қанатымнан қайрылдым,
Жүйрик едим, дойнағымнан майрылдым,
Жети жыл болғанды жалғыз кеткели,
Шамшырағым Алпамыстан айырылдым.
Ат кекилин бестен таллап өрдиң бе?
Майданда толықсып дәўран сүрдиң бе?
Көрсең билсең хабарын бер жалғыздың,
Я атам деп, я енем деп жылаған,
Өзиңдей бир жас уғланды кердиң бе?
Алпамыс:
Саўаш күни ат кекилин өрмедим,
Мәртлик пенен аз дәўранды сүрмедим,
Мен билмеймен, баба, адасқаныңды,
Ондай жигит сирә елде көрмедим.
Ат шаўып шөллерден болдым дәрбедер,
Ғайып бенде бир қуда деп қайғы жер,
Мен билмеймен, баба, адасқаныңды,
Бизлер жүрген ақ безирген саўдагер.
От бар ма жанғандай сениң тәниңде,
Саўдегер билмейди енди жолыңды,
Узақ жерден журтты гезген саўдагер,
Нелер арзан, нелер қымбат елиңде?
Саўаш күни ат кекилин тарайын,
Несип әйлеп ғазат күнге жарайын,
Нелер арзан-нелер қымбат елиңде?
Бабам, сеннен нырқ аўҳалын сорайын,
Қултай:
- Базары қурысын, бармайман,
Базардан ўәж алмайман,
Бир жетимди сыйпаған,
Жүрип жанды қыйнаған,
Муңлы болған ғаррыман,
Арзан менен қымбатты,
Сатқан билер, перзентим,
Алыс пенен жақынды,
Жортқан билер, перзентим.
Ашшы менен душшыны,
Татқан билер, перзентим.
Атыңның жалын өре бер,
Өз жөниңе жүре бер,
Саўдагер болсаң, шырағым,
Базардың жолы мынаўды,
Өзиң бир барып көре бер,
- Түйе кимдики, бабажан?
- Алпамыстай ердики.
Қалаберсе, шырағым,
Қултай атлы сордыки.
- Жылқы кимдики, бабажан?
- Алпамыстай ердики,
Қала берсе, шырағым,
Қултай атлы сордики.
- Мал кимдики, бабажан?
- Алпамыстай ердики,
Қала берсе, шырағым,
Қултай атлы сордыки.
- Қой кимдики, бабажан?
- Алпамыстай ердики,
Қала берсе, шырағым,
Қултай атлы сордыки.
- Ақылым болды мениң лал,
Кеўлиңде бар ма қыйлы қал,
Алдымыз кеш, жол узақ,
Қалды түйем кейинде,
Пәтиямди берейин,
Аман келгей балаңыз,
Қосыңа бүгин мийман қыл,
- дейди Алпамыс.
- Бәрекеллә, шырағым! Жас жигит екенсең, қыялым жас жигиттиң пәтиясы қабыл деген, мийман болсаң бола ғой, - дейди.
Ғарры алдына түсти, батыр кейнинен келди, қосқа қарап жүрис қылды. Иси ериккен палўан, бабаның ҳаўлыққанын не қылсын:
- Ғарры, сизиң елде не әңгиме, не сөз, не ғалаўыт бар?
- Рас бир маңлайы қара жигит екенсең! Қонсаң, қон, қонбасаң, терис қон!
Дәртли менен дәртлессең,
Дәртиң қалмай төгилер,
Бийдәрт пенен дәртлессең,
Қабырғалы қолың сөгилер.
Өзимдей бир дәртли жигит екен ғой, деп едим сени. Ақшам менен ишки сырымды айтайын десем, бизиң елдеги әңгиме-гүрриңди сорайды-аў, маңлайы қара! Бизиң елдеги әңгимени сорағанша, а, қудай, тоба де.
- Баба, ашыўланба, қатыўланба, айтабер, - дейди.
- Сен ғой сорап қоймадың, енди айтайын, улым, - дейди.
- Мениң бир жалғыз ағам бар еди, Байбөри бай деп ат беретуғын еди. Байсары деген бай менен әўели дос болып, ақырысы қуда болып, еки қуда тойда адаўатлық таўып, қудасына гина етип, Байсары бай жети жасар қызын алып, қашып Тайшыхан деген қалмақтың халқына көшип кетип еди. Кейнинен Алпамысым ер жетип, Байшубар деген атты минип, қатының Қалмақта деген менен қалмақтан атын оздырып, келинимди әкелип еди, келип алты ай опалы дәўран сүрди.
Қалмақтан бир хат келди, қәйин атаң, қәйин енең қалмақта бенде болды, деген. Жалғызым атланып кетип еди, келинимниң бойында алты айлық ҳәмиле қалды, ат басындай ул туўды, атын жалғыздан қалған Жәдигер қойдық. Аклығым жети жасына келгенде, Алпамыс өлипти, деген ғалаўыт пайда болды. Байсында Байбөри байдың тоқсан үйли қулы бар еди, сәркардасын Ултан қул дейтуғын еди. Алпамыс өлди, деген соң қоңыраттан бийлик кетти, қулларға нәўбет жетти, тоқсан үйли қул өз басына шегирейип кетти, шырағым.
Ханлық Ултанға жетти. Ат өлсе, саўры мийрас, аға өлсе, жеңге мийрас деп, Алпамыс ағам өлсе, маған жеңгем мийрас болған екен деп, қырық күн той-тамаша қылып, ақ некесин қыйдырып, жеңгемди өзим аламан, деген Ултанқулда бир қыял пайда болған ба...
Байсынның елин жыйдырды,
Мал семизин сойдырды,
Уллы тойды баслады,
Қайсар қул кеўлин хошлады.
Атасы Байбөрини мәскепши қылып, енеси сорлы күң болды, қарындасы Қансулыўға жылқы бақтырды, қул атасы мен едим, маған түйе бақтырды, жети жасына келген Жәдигердиң басына жумыры кийгизди, аяғына шарық бүргизди, қыйсық таяқ услатып, әкелип қойға салды.
Былтыр малды дәптерге алып еди. Қуллардың қалып турған бир ғаррысы едиң деп, енши бермедиң деп, кеўилиңе келер деп, енеси өлген бир ақ ылақ берди.
Шырағым, пәтияңды берсең, соны сойып берейин, соннан басқа малым жоқ, сеннен аяр жаным жоқ. Қулдың да той берип атқанына отыз бес күн болды, балам, бизиң елдеги әңгимениң лийкини сол болды, балам, - дейди.
Батыр қосқа келип, аттан түсип, өз атын өзи байлады. Қултай бабасы қыйсық таяғын белине қыстырып, Жәдигердиң қой бағып жүрген мәканына қарап жүрис қылды.
Қултай деген бир бәдбәшер қул еди, бели нардай бүгилген, қас-кирпиги ғаррының ақбетине төгилген, ҳәр шыңның басына шығып, қас-кирпигин көтерип, баўрын жазып қарайды, көринбейди ақлығы. Бир шыңның басына шығып, аңлай-аңлай қараса:
Басында бир жумыры,
Аяғында шарығы,
Қыйсық таяқ қолында,
Еки көзи жаўдырап,
Кекиллери салбырап,
Атам, дейип зар жылап,
Жети жасар Жәдигер,
Жүр екен қойдың соңында.
Қасына барды бабасы:
- Ҳә, перзентим, перзентим,
Саған айтар арзым бар,
Бүгин намаз ўақтында,
Күш бермеди түйелер,
Бир төбениң басында,
Балам түсти ядыма,
Ботам түсти ядыма,
Сағынғаннан, шырағым,
Сарғайып жылап тур едим,
Келе берди бир атлы,
Бизге сәлем берипти,
Еситпеди қулағым,
Жол сорапты бизлерден,
Көрмеди сирә көзлерим,
Атына мени қақтырды,
Қалдаўрап турдым жайымнан,
Кемлик келди өзиме,
Алпамысжан болғанда,
Бундай жүрген саяқтан,
Көрермедим қорлықты,
Қылармеди зорлықты.
Сол жүрген жолаўшыдан,
Мен сорадым атаңды,
Кейнинде бала бар ма, дейди,
Жалғыз улы бар, дедим.
Мен де көрип кетейии, деп,
Корғанға мийман болды,
Сеннен бетер жылайды,
Атаңды меннен сорайды,
Я атаңның досты ма,
Я бир қәдир билиси,
Ата билер ашнасы,
Деймен қыялым,
Үйге келди бир мийман.
Соның ушын келгенмен,
Бир тоқлы берсең сояйық,
Алдына басын қояйық,
Жас жигит екен қыялы,
Қабыл болғай дуўасы,
Пәтиясын алайық.
Сол ўақытта бала жылады:
- Хаў, алжыған, алжыған,
Бере алмайман бир тоқлы,
Қайта бергил сен, деди.
Бир қой тутып мен берсем,
Апарып сойсаң сен, дейди.
Гүзектиң айы толғанда,
Шопанның ўақты болғанда,
Ултан деген залым хан,
Дәптерине қараса,
Есабын меннен сораса,
Бир тоқлысын жойытса,
Есабын өзим бералмай,
Атлы салар кейниме,
Қамшы урар мойныма,
Еки атлының алдында,
Зар жыларман сарғайып.
Өз малын сойған өкинбес,
Деген сөз бар, бабажан,
Былтырғы берген ақ серке,
Арық еди бәҳәрде,
Ойпат жерде арқанлап,
Қумлық жерде жетеклеп,
Тапқанымды бергенмен.
Быйыл серке семирди,
Дөнен жасына келди,
Мен де тутып берейин,
Апарып сой мийманға,
Мийманның ҳақы сол, дейди,
Алдына басын қой, дейди,
Пәтиясын ал, дейди.
Әўелги мениң нийетим,
Мынаў еди, жан бабам,
Мухаммедтиң үммети,
Бир қудайдың қуллары,
Жалғаншыға келгенде,
Тилейди екен перзентти.
Өзим өлип кеткенде,
Кейнимде адам қалар, деп,
Моллаларды жыяр, деп,
Мал семизин сояр, деп,
Моллалардың алдына,
Малдың басын қояр деп,
Басына қуран оқытып,
Атаға дуўа қылар деп,
Тилейди екен перзентти.
Гүзектиң айы туўғанда,
Шопанның ўақты болғанда,
Ақ серкени жетеклеп,
Хан алдына барайын,
Бир күн жуўап сорайын,
Жесир болған енемниң,
Ақ серкени жетеклеп,
Мен алдына барайын,
Бес-алты нан жаптырып,
Бес-алты молла жыяйын,
Ақ серкени сояйын,
Моллалардың алдына,
Серкениң басын қояйын,
Қалмақта атам бар еди,
Көрмей қалған перзентпен,
Ясийин қуран оқытып,
Тийе берсин мен айтып,
Ҳаққына дуўа қылайын, деп,
Нийет етип жүр едим.
Ол нийетти мен қойдым,
Он бес күн болды, жан баба,
Сәрсенби күни ақшамы,
Сәҳәр ўақта түс көрдим,
Түсимнен өзим қуўандым,
Көрген түсимди айтайын,
Саған айтпай қәйтейин.
Абырайды аллам берипти,
Атам гүнадан пәк болып,
Зинданнан шығып саламат,
Шубары тийип астына,
Тийипти найза дәстине,
Ат ойнатып барыпты,
Тайшыхан қалмақ елине.
Әжеллисин өлтирип,
Келле кесип, қан төгип,
Қалмақты қойдай шуўлатып,
Өзине жақын бир досын,
Орнына патша қылыпты,
Аттың басын оңғарып,
Байсынға атам қайтыпты,
Байшубары астында,
Қарағай найза дәстинде,
Он бес Қоңырат оңында,
Он бес Қоңырат кейнинде,
Жайылған бабам алдында,
Ат жылаўлап Байсынға,
Атам аман келипти.
Атам минген Шубарға,
Енди өзим миниппен,
Тоқсан үйли қуллардың,
Мәканына барыппан,
Келле кесип, қан төгип,
Қуллардан арымды алыппан,
Көрген түсим сол мениң,
Ашылған гүллер солмасын,
Бийәжел бенде өлмесин,
Ақ серкени берейин,
Апарып сой мийманға.
Аңлап қара, алжыған,
Үйге келген мийманың,
Ғайып болған атамның,
Өзи болып жүрмесин!
Сол ўақытта ғарры жылады:
- Жылай берме, ақлығым,
Ата қайда сизлерге,
Бота қайда бизлерге,
Келе қойса сол атаң,
Түспес пе еди атынан,
Баба дейип гиржиңлеп,
Асылар еди мойнымнан.
Минген бедеў желер ме?
Бийәжел бенде өлер ме?
Жылай берме ақлығым,
Ата қайда сизлерге,
Бота қайда бизлерге,
Өлгенлер қайтып келер ме?
Бабаға серкени тутып берди. Баба жетеклеп песин ўақытта қосына келди. Батыр Алапамыс жайынан турды.
- Баба, сениң хызмет пенен исиң болмасын, - дейди. Ҳадал малым келди деп, ҳақ миясар көрди деп, серкени тәкбир айтып, ҳадаллап сойды. Бабаға билдирмей терисин тулып етип алды, бар гөшин қазанға салды, екеўи гөшти писирип отырып, күн батты, намазшам болды.
Жол бетине қараса,
Жети жасар Жәдигердиң,
Еки көзи жаўдырап,
Кекиллери салбырап,
Ақша жүзин шаң басып,
Басында бар жумыры,
Аяғында шарығы,
Қолында қыйсық таяғы,
қойдың соңында киятырғанын көрди. Жәдигерди көрген ўақта турып тақаты, отырып парахаты болмады.
Мәрт жайынан шашырап турды. Баланың қасына барды, баланың маңлайын он дизесине тиреп, тиллә кекиллерин сыйпалап, бабаға тәсил салып, өзин танытпай:
Атларға тақтым сәдепти,
Хызметте баўрым кәбапты,
Кеўилиңе, баба, келмесин,
Жетимниң басын сыйпамақ,
Пайғамбардан саўапты,
- деп баланын кекилин сыйпап жылап атырған қусайды:
- Жалғыздан қалған аклығың
Усы ма еди, жан баба?
Балам жоқ деп жылама,
Орнында болса, оңалар,
Изинде болмаса, адам жоғалар,
Перзентли адам дүз базар,
Бийперзент болар қуў мазар.
Жылай көрме, балам деп
Ақлығың ертең ер жетсе,
Душпаннан алар арыңды,
Қор қылмас сени перзентиң,
Айланайын Жәдигер деп,
Балаға қарап жылады.
Шеккен бир жәбир-жапаңды,
Жарасқан заўық-сапаңды,
Көре қойсаң, Жәдигер,
Таныр ма едиң атаңды?
Сен жүрсең бунда атам деп,
Жүргенди атаң қалмақта,
Көрмей де қалды-аў балам, деп,
Мәртлик пенен дәўран сүрерсең,
Ойлап бир қуда билерсең,
Аман болсаң бир күни,
Сабыр әйле, қозым, сабыр әйле,
Сабырлы жетер муратқа,
Сен атаңды көрерсең.
Баба арман қараса,
Ҳәр бетинен бир сүйди,
Мийири қанды палўанның.
Әне, сол күни серкениң гөшине тойып, үшеўи мийман болды. Бәҳәрдиң айы еди, көклемниң ўақты еди, қой, малға бәҳәр күни тыным бар ма, қумда жатқан патшалықтың қойы, сәҳәр ўақта қойлар өрип жайылды. Жәдигер мийманға қарамай, қыйсық таяғын сүйретип, қой соңына ерип кете берди.
Жәдигерге күш бермей қойлар ҳәр қайсысы бир қумның баўырына шөп куўып жайылып кетти. Жәдигер қойды жыйнап ала алмай, өкшесинин жарығын қара тасқа тийдирмей, бир төбениң басына шығып, бала шырқырап жылап турған кусайды. Сарғайып таң атқан ўақытта Алпамыс дастыққа омыраўын таслап, атамды көрдим, баламды көрдим, ата-енемниң аманлығын билдим деп, қудаға шүкир қылып, төрт тәрепке қарап атырса, бир баланың шырқырап жылаған сести қулағына тал-тал келип турыпты. Жетимлигин яд етип:
- Жерди, көкти халық әйлеген илайым,
Жети жаста неден болды гүнайым,
Көрмедим мен, сен атамнан айырылдым,
Жетимликти миясар қылды қудайым.
Аталылар ойнайды дейди еллерде,
Атасызлар қой бағады шөллерде,
Келермекен ғайып болған жан атам,
Ақшам-күндиз еки көзим жолларда.
Жетимликтен шарға болды бойларым,
Атам келип болармекен тойларым,
Қайтарарға ҳал-қуўатым келмеди,
Қуррайт-қуррайт, себил қалған қойларым.
Қойларда болмады мениң қостарым,
Басыма бүркенген тилла жастарым,
Қайтарарға ҳал-қуўатым келмеди,
Куррайт-куррайт, себил қалған қошқарым.
Лашын едим, қанатымнан қайрылдым,
Жүйрик едим, дойнағыман майрылдым,
Келермекен енди бир күн ғайыбым,
Тоқпақ жаллы торы айғырдан айрылдым.
Қуллардан аларман иншалла арым,
Жылағанда билгей алла бул зарым,
Жети жыллар болды журттан кеткели,
Келермекен бир күн адасқан нарым.
Жетимликтен бул сарғайған бой болды,
Атам кетип, мениң енем той болды,
Келермекен енди бир күн ғайыбым,
Кеткенинде қошантайлар қой болды.
Бәҳәр болса таўдан аққан булағым,
Жетимликтен аўыр болды қулағым,
Қайтарарға ҳәл-дәрманым келмеди.
Қуррайт-қуррайт, себил қалған ылағым.
Бала зар жылап тур еди. Алпамыс жайынан турды, Шубардың белине минди. Алпамыс атты иркип, аяғын зәңгиге тиреп, ақ найзаға сүйенип, жайылып атқан қойға бир қыйқыў салды. Бир қыйқыўға шыдамай, қойлар үркип жыйналды. Аттың басын оңғарып, Жәдигер турған төбеге барды. Аттан өзин таслады, Жәдигерди қушақлап, көзиниң жасы моншақлап, сол ўақта батыр жылады:
- Атқа бир тартқан андызым,
Маңлайымда қундызым,
Жетиммен деп жылама,
Аман болса бир күни,
Атаң бир келер, жалғызым.
Маң-маң басқан, маң басқан,
Төрт аяғын тең басқан,
Алды өркешин қум басқан,
Артқы өркешин шаң басқан,
Қара гүрең адасса,
Қайтқан жоғың мен, - дейди.
Атасы ғайып болғанда,
Енесиниң ишинде,
Алты айлық қалған Жәдигер,
Жалғызым ба едиң сен? - дейди.
Гүлдир-гүлдир киснеген,
Суўлықты кесе тислеген,
Танаўлары шапшақтай,
Саны қара гүпшектей,
Елиңе душпан келтирмес,
Жылқыңа саяқ ендирмес,
Тоқпақ жаллы торы айғыр,
Ғайып болса елиңнен,
Адасқан жоғың мен, - дейди.
Атасы ғайып болғанда,
Енесиниң ишинде,
Алты айлық қалған Жәдигер,
Қулыным ба едиң сен, - дейди.
Мүйизлери шығыршық,
Қуйрықлары дығыршық,
Мекиренип сес берген,
Душпанның жаны сескенген,
Елиңе душпан келтирмес,
Қойына саяқ ендирмес,
Ай мүйизли ақ қошқар,
Ғайып болып кеткенде,
Енесиниң ишинде,
Алты айлық қалғанда,
Ат басындай ул туўып,
Ақ жарылқап күн туўып,
Шырқырып жерге түскенде,
Алтын гүўен мойнында,
Маңырап қойлар келгенде,
Талпынып қозы турғанда,
Жаздырылып гүўениң,
Ҳәр саўлыққа бир барып,
Таба алмай жүрген атаңды,
Жәдигер ме едиң сен? - дейди.
Жылай көрме жетимек,
Душпаннан арыңды аларсаң,
Сарғайып неге жылайсаң,
Аман болсаң бир күни,
Сен атаңды көрерсең,
Танытсам туўры балаға,
Жарылып кетер жүреги,
Қор болар бала сүйеги,
Жаңа көрген ўақтында,
Дийдарына тоялмай,
Мен жыларман кейнинде, - деп
Танытпай тағы балаға,
Аттың басын оңғарды.
Қойдың ишин аралап, бир семиз қойды алдына алып, сәске ўақытта бабасының алдына келди. Бабаға тәңири сәлемин берди, баба сәлемин алды.
- Баба, сен балаңды таныр ма едиң? - деди.
- Көрсем, таныр едим, шырағым, - дейди.
- Балаңның не белгиси, не нышаны бар еди, - дейди.
- Жеңгем жүкли болғанда, тоғыз ай он күн толғанда, тилләдан жүўен кердирип, жети күн жатты толғатып, туўалмады сол нашар, жети күнлер толғанда, сәҳәр ўақты болғанда, ҳәзирети Әлий шери қуда келип, оң ийнине пәнже урған, бес пәнжениң дағы бар еди, көрсем, соннан таныр едим, - дейди.
Сол ўақытта батыр ийинин ашты, бабасы бес пәнженин орнын көрип, аўдарылып түсти. Қәдди бойы қалтырап, сай сүйеги сырқырап, бир майдан жатып, өзине келди.
Әне сол ўақытта баба менен танысты, қуллардан көрген қорлықты, қуллардан болған зорлықты баласына баян етти.
Күнде атлы келеди,
Хан шақырды сени, деп,
Шақырғанда бармайман,
Ултан атлы мың қулды,
Алпамыстай баламның,
Бир басып кеткен изине,
Сирә десе алмайман,
- десем, мени олар урып-урып таслап кетеди.
Сондай қорлық көргенмен,
Келдиң бе жалғыз перзентим,
Сен кеткели канлар толды көзиме,
Келе алмадым өзиме,
Сени көрдим, шырағым,
Енди өлсем разыман,
Жаратқанның өзине.
XX бөлим
Әне сол күни де қой сойып, гөшке тойып, үшеўи мийман болды. Ерте намаз ўақтында Жәдигер қойды бағып кете берди. Қултай менен Алпамыс қоста қалды, екеўи мәсләҳәт салды,
Алпамыс айтады:
- Баба, биреў бендени бийгүна өлтирсе, оның гүнасынан киси шыға алмас, гүнайы өз мойнында болса, ол бендени өлтирсең, мәҳшерде сораўы болмас, сен ат-жараққа ийе бол, сениң бар липасыңды кийейин, сен мисетте болайын, той берип атқан қулдың қасына барайын, ким жақсы екен, ким жаман екен, ким дос екен, ким душпан, ҳәр кимниң гүнайын мойнына қойып, өлтирип қайтайын деп ат-жарақты бабаға берип, бабасы Қултайдың гөне гүписин кийди, гөне соппасын кийди, гөне көйлек-ыштанын кийди, гөне кеўиш-мәсисин кийди, белбеўди ҳәм төменирек буўды.
Бир шапанды еңсесине бүклеп ғана тықты. Ғожалак киймек Алпамыстан қалып еди. Әдепки ақ серкениң терисин ғожалақ қылып, қан менен қатырды, Қултай менен қатар отырып, суўға қараса, екеўин сирә айырып болмайды. Қайсысының Қултай екенин өзлери де билмей қалды.
Қултай бабаның қыйсық таяғын белине қыстырып, ат-жарақты бабаға тапсырып, ортасы Қаракөл еди, арқасы гүзар жол еди, уллы гүзар жол менен бул тойханаға қарап жүрис етти.
Елатында бир бай бар еди, Ақшалбай деп ат беретуғын еди. Ултанханға қәдирлирек бай еди, Қаракөлдиң арқасын жайлайтуғын еди. Төрт-бес ер жеткен қызлары бар еди, буларды да тойға айттырған екен. Бир топар қызлар арбасын айдап, Қара көлди жағалап тойға қарап қыйсаңласып кетип баратыр.
Сол қызлардан бир жол болсын сорап көрейин, арбасына миндирип кетермекен деген «баба» да қыял пайда болды. Қызлардың алдына шықты, арбасын еглеп, қызлардан жол болсын сорап, «баба» не деп тур екен:
- Ҳаўа жаўса айдын көллер ҳөл болсын,
Жылдан жылға кем дәўлетиң мол болсын,
Арба айдапсыз Қаракөлдиң бойына,
Айт, қызларым сапарыңыз, жол болсын.
- Арба айдадым Қаракөлдиң сайына,
Шатыраш кийдим келте-келте бойыма,
Жолды босат, өлим бергил алжыған,
Биз барамыз Ултан ағам тойына.
- Кеўлиңде қалмасын қыйлы қалларың,
Тойға барсаң, кешер нешик ҳалларың,
Барғаныңша бирге жолдас болайық,
Арбаңызға миндире кет, балларым.
- Көкирегиңе ҳәр қыйлы ҳал ала бер,
Өткен күнлериңе шүкир қыла бер,
Жолды босат, өлим бергил алжыған,
Жайғаспайсаң арбамызға, қала бер.
- Барғаныңша мен де жолдас болайын,
Қартайсам да бирге ойнап күлейин,
Арбаңызға миндире кет, қызларым,
Барғаннан соң пәтиямды берейин.
- Арба айдадым Қаракөлдиң басына,
Ертеңги исти қоя берме кешине,
Жолды босат, өлим бергил алжыған,
Уйқылағанда сен енерсең түсиме.
- Аўа, қызлар, мен енермен түсиңе,
Тойға барсаң келиспеген исиңе,
Миндирмесең, кете бергил, арбаңа,
Ақыры бир күн бабаң минер үстиңе.
Билегимди салайын ба мойыныңа,
Ким шыдайды ғарры атаның ойнына,
Миндирмесең, кете бергил, арбаға,
Бир ақшам ал шул бабаңды қойныңа.
Бизге айтып турған, қызлар, ҳийле ме,
Ойлансаңыз гәптин соңы гийне-ме,
Миндирмесең, кете бергил, арбаңа,
Ақыры бир күн бабаң минер сийнеңе.
Сол ўақытта қызлар арбасын бурып айдап: - Өлим бергил алжыған, ширкин, ақлығы менен жас адам менен дақылласады-аў, - деп қызлар жөнине кете береди.
Қызлардың кейнин ала он сегиз қатын шыққан екен, ийининде дәстүрхан, қолында бала, бәҳәрдиң айы еди, көклемниң ўағы еди, аўзын ашып, тилин салып, тула бойы ақ көбик болып, қатынлар да өлейин деп шаршап киятырған қусайды.
Усы қатынларға жақынлаңқырып дақыл етсем, дәстурханларын бермеспекен, деген бир қыялға кетти. Жақынлап барып:
- Келинлер, амансызлар ма, - дейди.
- Қуллық, кайнаға, - деп, дизесин басып сәлем берип атыр келинлер.
- Келинлерим, жол болсын, - дейди.
- Жол болса, қайнаға, мол болсын, - дейди. - Ултан хан тойға айттырған-аў.
- Бәрекелле, балаларым, баяғыдай күним бар ма, мен сорлыға тыным бар ма, Алпамысжан барындағы күш болғанда, дәстүрханларыңды алып жүрип, сизлерге көмек берер едим-аў, - дейди.
- Қайнаға, сөйтегөр, ийманлы бол, көп жаса, балаң аман келгей, - дейди.
- Жақсы, балаларым, «көп тилеўи көл» деген, бир майдан көмек бере қояйын, балаларым, - деди де, бир жанбаўырға өзин таслап отырды.
- Ийниме теңлеп салып, колымнан тартың, арқамнан ийтериң, мени бир еплеп турғызып жибериў керек, - дейди.
Қатынлар ғаўлап қасына барды, тоғызын бир жағына, және тоғызын бир жағына, он сегиз дәстурханды еки ийнине теңлеп ғана қойды. Бир қатын қолынап тартты, бир қатын арқасынан ийтерди, аҳ-уҳ деп еңкейип-тоңқайып түргелип кетти. «Қултай» қатынлар менен бир майдан жолдас болды, әўели бир танап бойы озды.
Қаракөлди жағалап, дәстурханларды арқалап, қатынларға көринбей, қарасы шөгип кете қалды. Қаракөлди өткен жерде Колтық деген бир көл бар еди, жери отлақ еди, мал отлаўға қолайлы еди, бир бай мал көклетип көп отырған екен, малы ҳәм қайырда көп жатқан еди, малдың тезеклери, асты қайыр, үсти қуяшламаға шытырмақланып қатқан екен, «арқадан даўыл турды, Қултайды қуда урды», дәстурханларды жерге қойып, он сегиз дәстурханның қатламасын мақул бүклеп ғана урды.
Дәстүрханлар бос қалды, сийрегирек жатқан, жуқарақ қатқан, ҳәр қайсысы-ҳәр қайсысына жуп-жуптан тоғыз жуп малдың тезегин таўып салды. Қатынлар изинен келди, былайырақ шығып отырды.
- Келинлер, дәстүрханларыңды ала қойың балаларым, - дейди.
- Қайнаға көп жаса, ийманлы бол, - деп, балаң аман келгей, - деп, «Қултайға» пәтиясын берип, Қатынлар дәстүрханларын танып алды. «Қултай» болса озып кетти.
Қоңыраттың бир жабы бар еди, Ақжап деп ат беретуғын еди, қатынлар да туўра жолдан Ақжаптың бойына жетти. Айланып өтейин десе, көпир узақ, түсип өтейин десе, жап шуқыр, секирейин десе, енлирек, бир тигирек жерге көзи түсти ҳәм тарырақ көринди. Усы жерден секирип өтейик, деп мәсләҳәт салды, еки пешин қайырып, көкирегин айырып, ыштанларын шербенип, көйлегин аўызына тислеп, балаларын ийнине салып, дәслурханларын қолына алып, кейин шегинип келип секирип еди, он алтысы өтти. Бақа жаўырын, мәнтирсек, бөксеси жуўан, келте бақайырақ екеўи шомп етип суўға батты, суйық тезекте не көрген күн бар, бул да шайылып кетти, екеўи суўдан шығып, биреўи алдында, биреўи кейнинде кетип баратырса, «аўған талғанға күледи» деген, изги қатын өзиникинен хабары жоқ, алдындағы қатынның қатламасы шайылыпты, өкшесине, бөксесине, қуйрығына тамшылап тамып баратыр, оған изги қатын аўызын қыйсайтып күлип баратыр:
- Тойға барсақ, мениң ақлым болар лал,
Кеўлиңе келмесин сениң қыйлы қал.
Егленип тур, өлим бергил бийҳая,
Ҳаў абысын, саған айтар арзым бар.
Кириппедиң еренлердиң бағына,
Күйиппедиң жоқшылықтың дағына,
Аңламапсаң, өлим бергил бийдәўлет,
Қатлама писириппедиң зығыр майына.
Ултан ханлар уллы тойды баслайды,
Той бергенлер зәрре кеўлин хошлайды,
Аңламапсаң өлим бергил бийдәўлет,
Қатламаңыз шайылып кеткен усайды.
Тойға барсаң сениң ақлың ҳайранды,
Бизлер менен сүре алмайсаң дәўранды,
Аңламапсаң өлим бергил бийҳая,
Майлар тамып үсти басың ўайранды.
Сол ўақытта артына бурылып қараса, буныки оннан бетер ағып баратыр. Екеўи де бир аш кисиниң қатыны еди.
- Маңлайымыз қурысын, абысыным, енди тойға не бетимиз бенен барамыз. Ун тилеп алып, майды қарыз алып, ийлеп зордан писирип едик-аў, - дейди.
- Усындайда алыспайтуғын бола ма, аналардан қарыз ала қояйық, - дейди.
Алдындағы қатынлардан екеўи нан қарыз сорап баратырған кусайды:
- Қәйним өлип, Ултан болды ханымыз,
Тойы қурсын, қыйналды шийрин жанымыз,
Бир-бир наннан қарыз бериң бизлерге,
Суўға батып, шайылып кетти нанымыз.
Қайырып жақтым Байсын көлдиң қамысын.,
Жаңа билдим тойхананың алысын,
Бизиң нанлар суўға батып езилди,
Бир-бир наннан қарыз бериң абысын.
Байлар малын Қаракөлге бағады,
Жарлылығы қурсын,ени жағады,
Қатлама писиргени қурсын зығыр майына,
Бөксемизге ыссы-ыссы тамады.
- Бийшаралар суўға ығып кетип еди, шайылса, шайылып кеткенди, бир-бир наннан берсек, бере қояйық, - дейди басқалары.
Мәсләҳәт пенен дәстүрханларын шешип қарады, өзлериниң суўы менен булар да ийленип қалған екен, қудай урды Қултайды, қайнаға болмасаң, терис бол. Қатынлар Ақжаптың бойына қайтып келип, дәстүрханларын зордан ҳадаллап алды.
«Қултай» озып кете берди. Қултайдың бурыннан киятырған бир қәдирдан ағасы бар еди, қолы еплирек еди, ханның тойында мал соятуғын еди, қассап бола қойған екен, қалада отырсам ҳәр ким жаманлар, гөшти көп алдың дер, ханға өлимдар болып жүремен бе деп, қаланың сыртында, жолдын үстинде тораңғылдан ылашық қылып отырар еди. Кемпири де Қултайдың қәдирдан жеңгеси еди. Қултайға қосып қойған бес-алты ешки ылағы да бар еди. Қултайды көрип арқасы қозды, кемпир мойнын созды:
- Шырағым, мырзаға, аман-саў жүрмисең? Бизиң ақ ешки саў ма, сары ешки саў ма? - деп сорап атыр.
- Заңғардың қызы, қай ўақытта маған мал қосып бийнаймыт болып едиң? Ақ ешкиң урғашы туўды, сары ешкиң егиз туўды, қара ешкиң үшеў туўды, - деп еди, кемпир қуўанып кетти.
Кемпир қассапқа күнде бир қазан шәўле писирип қоятуғын еди. Шәўле писип тур екен.
- Жеңге, мына шәўлеңнен берсең, жеп кетейин, - дейди.
- Мә, шырағым, - деп бир шөмиш алып берди. Жеп болып:
- Және бер, жеңге, - дейди.
Және бир шөмиш салып берди.
- Қудайдың өлими бергил қул, сениң ушын писирип атырман ба, - дейди. Кемпир шөмиш пенен қойып жиберди. Рас қойыў олай емес, былай деп кемпирдин колынан шөмишти тартып алды.
Жүрегиңниң аўызы деп,
Қос өкпениң тусы деп,
Өлетуғын жериң усы деп,
кемпирди бир урып еди, кемпир узынына жатты, қозғалмай силеси қатты, кемпирдиң өлгенин билди, еки қатлап көрпени салды, дастығын бәлент қойды, қублаға қарап өз жөнине кете берди. Намазшам қарлығып, қуптан болған ўақытта қассап киятырған кусайды, дорбасы толы, қойны да толы, күндегиден ўақты хош. Гөши де көп, шегирдек, өңеш, өкпе, қырыққат, жумыры аш ишек - бәрин арқалап киятыр-аў. Маңлайы қара, гөштиң ўакты-хошлығы менен кемпирге қышқырып киятыр:
- Көргенше жоқты қарарым,
Таймағай мениң дәўраным,
Қассап ярың киятыр,
Үйдемисең назлы ярым.
Есиктиң келди алдына,
Бекитиўли есикти көреди,
Майданда қассап сөйледи:
-Тораңғылдан ылашығым,
Сайлап алған шын ашығым,
Қассап ярың келип тур,
Есик аш дилбарым, есик аш.
Ақлым ҳәм болды мениң лал,
Бармеди сенде қыйлы ҳал,
Ийнимди дорба талдырды,
Кемпир жан, шығып дорбаны ал.
Ушырдым көлден ғазымды,
Қолыма алдым сазымды,
Шыққыл заңғардың қызы,
Өлгенше қоймадың назыңды.
Қассаптың келди ашыўы,
Нардай белиңди бүрейин,
Көзиңниң жасын төгейин,
Шық десем, неге шықпайсаң?!
Есикти бузып киреди,
Узынына жатқан кемпирдиң,
Көкирегине тебеди,
Кемпирден хабар болмады.
Кемпирин жоқлап,
Қассап ўай-ўай салады:
Қанатымнан қайрылдым,
Дойнағымнан майрылдым,
Тойың қурсың Ултан қул, ўай-ўай.
Кемпир ярымнан айырылдым,
Тойыңа барып алғаным,
Тоғыз баўызлаў, бир көтен,
Кемпириме келди төтен,
Кемпирим бийжай жатты ма,
Шәўлениң дузын татты ма,
Ыссы жеп суйық шәўлени,
Жумбаршағыңа қатты ма?
Қассап ўай-ўай салып турса, ханнан еки жасаўыл келди, маңлайы қара, Ултанның дәўлетинде саған кемпир қурый ма, деп қассапты да қуўып кетти.
XXI бөлим
«Қултай» тойханаға жетти, әўели атаны көрмек, енени көрмек мийрас, ата-енемди көрейин деп, қаланы аралап барса, атасының байлықтан тиккен боз ордасын апарып Ултан қул тойханаға алып кеткен екен. Отыр екен енеси, бир көрпениң ишинде, кақ шекпенди жамылып, Алпамыс жанды сағынып. Барып сәлем берди.
- Жеңге, аман-саў отырмысаң, - дейди, қолынан алып зыярат қылды.
- Шырағым, мырзаға, аман-саў жүрмисең? Малың, жаның аман ба, жетимегиң саў ма? Жалғыздан хабар бар ма? - деп сорап еди енеси.
- Жеңге, ишкендей нең бар, ишим аш болып киятыр, - дейди.
- Төрде турған кергиге қолыңды суқ, шырағым, - дейди.
Қолын суғып қарады, жумыры, аш ишек, бақай тазалаў енесиниң патшалықта қылып турған ўазыйпасы сол екен. Мынаў ҳалды көрип, тойханаға қарап жүрис қылды. Баратырса, атасы Байбөри байдың ақ қылқа үстинде, үлкен қабақ ийнинде, суў тасып мәскепши болыпты Ултан ханның тойында. Қолынан алды, сәлем берди, танымады, атасынан өтип ханның қасына барды. Баласы танытпады өзин, белли «Қултай» сол болды, ханға барып сәлем берди. Хан сәлемин алды.
- Хан иним, қутлы болсын, той берипсең, - дейди. - Тойыңа шақырттың, келе алмадым, қутлы болсын айтып қайтайын деп едим, және «жетимниң бир тойғаны шала байығаны» деген, бес-алты күн жүрип, патшалықтың тойынан тойып кетейин деп келдим, - деди.
- Бәрекелла аға, тәўир келген екенсең - дейди. - Асханаға бар, от жақ, күл ал, суў тасы, тамағыңды тойдырып жүре бер, - дейди.
- Әжеп болар, иним, - дейди. Қол қаўсырып, кейин басып ғана шықты. Майданға шығып ойланды:
- Ҳәр кисиниң басына дәўлет келсе, оның хызмети ар болмайды деген, бул заңғарға кемли күн дәўлет келген екен, буның хызметин ар билмейин, - дейди.
Бир қысым күл алды, азғана от жақты, суў тасыр қабақ таппады. Сол ўақытта түс болып, Байбөри кемпириниң қасына барған екен, изинен барып, өзин танытпай Байбөри байдан қабағын сорап турған қусайды:
- Бағда ашылған рең гүлдей солайын,
Хан буйырса, хызметине көнейин,
Қабақты бер, Байбөридей жан аға,
Сениң ушын өзим хызмет қылайын.
Ақ қылқа жарасар кийсең бойыңа,
Ҳеш нәрсе тең келмес ақыл-ойыңа,
Қабақты бер, Байбөридей, жан аға,
Суў тасыйын Ултан ханның тойына.
Көллерден ушырдым ақша қуўымды,
Жүйрик ат билмейди уллы дуўымды,
Қабақты бер, Байбөридей жан аға,
Сениң ушын мен тасыйын суўынды.
-Азған Қултай,
Алласына жазған Қултай,
Сындырарсаң қабақты,
Айырарсаң күнимнен,
Көрермен қулдан қорлықты,
Қуллар қылар зорлықты,
Бере алмайман қабақты,
Кете берши жөниңе, - деп,
Байбөри баўын услады,
Қултай аўызын услады,
Биреўи берман тартады,
Биреўи арман тартады,
Екеўи турса тиресип,
Аңлаған екен енеси,
Буны керип, жуўырып келди қасына,
Атасына кейис қылды:
- Ҳей, алжыған, алжыған,
Жиберсең бойма қабақты,
Бағда ашылған лаланы,
Яд әйлейин алланы,
Өлим бергил иймансыз,
Танымадың балаңды.
Минген бир бедеў желгенди,
Қәдириңди қуллар неғып билгенди,
Жети күн болды емшегим,
Булақ болып ийеди,
Ғайып болған перзентиң
Саў-саламат келгенди.
Сол ўақытта Байбөри баласын таныды.
- Перзентим, аман келдиң бе, жалғызым аман келдиң бе, - деп, баланың мойынынан қушақлап, ўай-ўай салып жылады.
- Жылай бермең, ғаррылар, мениң кеўилим бузылар, қуллар хабар таппасын, дос-душпанды көрейин деп, ғаррылардың кеўлин аўлап, қабақты ийнине салып, қуптан ўақта ярым қабақ суў апарды.
Үш аспазы бар еди, тамақ бериң деп еди, қулдың сүйер асын ким берип атыр, қай жерде қазанға қатқан, ийт жемей жатқан, текшеде қалған күйик қаспақты жыйнап Қултайға берди. Жемеге намыс етти, ярым ақшам ўақта ханның қасына жетти.
- Хан иним, арзым бар, - дейди.
- Не арзың бар? - дейди.
- Байбөри бай алып келгенде тоқсан үйли қул едик, - дейди. Бәримиздиң түбимиз бир еди, есигинде гедей болдық, ағайиннен жүдә болдық, жас алпысқа келгенде, Алпамыс деген жүўернемекти қудайдан тилеп алғанда, жети жасына келгенде, тоқсан үйли қулды таяқлап ойнап еди, жүўернемек он тоғыз жасына келгенде қалмақта өлди дегенге ўақтымыз хош боп жүр еди, «ерге келди бир нәўбет, жерге келди бир нәўбет», басыма дәўлет айланды, ханлық қулға келди деп, «атаң мурап болғанша, жериң ой болсын» деген нақыл бар еди, балам, атаң Ғодар қул еди, енең Гүлшин шоры еди. Ҳаў, бәтшағар, той бермек сениң теңиң бе еди, - деди.
Сол ўақтта:
- Аға, саған не болды? - дейди.
- Не болғаны қурысын, маған хызмет буйырдың, от жақтым, суў тасыдым, тамақ бер десем, аспазлар тамақ бермейди, қатты қаспақты жыйнап маған береди, тойға келип өлетуғын болдым ғой, иним, - дейди.
- Аға, бул тойда сен дарқансаң, - дейди, бәтшеғарлардың берсе, қолынан, бермесе, жолынан алып жей бер, - дейди.
- Әжеп болар, иним, - дейди. Қол қаўсырып, кейин бәсип ғана шықты. Тойға келгендеги тилеги де сол еди.
Ярым ақшам ўақтында асханаға барды, уллы тойдың қуралған күни еди. Үш аспаз үш қазан майды күйдирип тур еди, май күйди ме, қам ба, деп қазанды айланып, дуз таслап тур еди.
- Ҳай маңлайы қаралар, ишим аш болды, тамақ бериң, - дейди.
- Маңлайы қара қул, жаңа жеп кетпедиң бе? - деп, кепкир менен қойып келип жиберди.
- Бәтшеғардың аспазлары, қазанға дуз таслап көргенше, келлеңди тығып көрсең болмай ма? Еки аяғын бир қол менен тутып, еки қолын бир қолы менен тутты, күйип турған майға аспазлардың геллесин тығып-тығып алды. Аўызы-басы ыржыйып, тула бойы тыржыйып, аспазлар да қуп шерменде болып өлди. Саққа жүгиндирип, бир-бирине қаратып, кепкирди ийегине тиреп:
- Бар, тамағыңызды писире бериң, - деп жөнине кетти. Аспазлардын да «ўақты хош», бир-бирине ыржыйысып күлип қарап тура берди.
XXII бөлим
«Қултай» көп үйлерди аралап кете берди, патшалықтың тойы да уллы той. Елди қоймай жыйдырған, тоқсан үйди тиктирген, ол ўақытта патшалық тойда қыз-келиншек жыйылатуғын еди, ҳәўжар айтып, той баслап, сарпай кийетуғын еди. Ултан ханның бир енеси бар еди, атын Гүлшин шоры дейтуғын еди. Тили де шүлжиң, өзи де тутлықпарақ еди.
Көп қызлардың ишинде отырып, қызларға той баслаң деп мирәт етип турған қусайды:
-Айт дегеннен айтаман, қыйылғыйлай,
Пилте басшам оқтың оғы жыйылғайлай,
Ултан ағам хан болып, той бейгенде,
То-то-той басласаң бойма, қыйылғыйлай.
Аппақ мүйиз ақ сейкем жол баслайды,
Анна-саннан аяғын бий таслайды,
То-то-той басласаң бойма, жүўеймеклей,
Тойға келген қыз бала той баслайды.
Қыз деген тойға келсе ойнап күлей,
Ашна, яй-досы келгенде қәдий билей,
То-то-той басласаң бойма, жүўеймеклей,
Ултан хан ағаң болса оямал бейей.
Тойға келген қыжлайдың жеңгеси бай,
Той басласаң бойма, қыйылғыйлай,
Қуйы оямай демеймиз, тенгеси бай.
Мен билмеймен тойымның енекешин.
Келисей ме той бейсем мениң ишим,
Өз тойымда отыйман ҳаўжай айтып,
Усы тойда жоқ пекен-ай бий-бий теңлесим.
Сол ўақытта үй артында «Қултай» турып сөйледи:
-Айт дегеннен айтаман әўел айым,
Алған қарап қуба инген шөлге қайым,
Тартып сөйле тилиңди, сақаў Гүлшин,
Үй артына келип тур Қултай байың.
Гүлшин:
- Өз жөнинде жүйей ме тойдан қайтқан,
Тойдан қайтқан жигитлей сыйнай тайтқан,
Ҳәўжай айтып, той баслап отыйғанда,
Ким болады жығында атымды айтқан?
Қултай:
- Оң жағыңа мен туўған айың едим,
Бирге ойнап-күлмеге қайым едим.
Тартып сөйле тилинди, сақаў Гүлшин,
Бирге ойнап күлген байың едим.
Гүлшин:
Гүўлеген айқа беттен желлей есей,
Өлим бергей сөзиңди кимнен шешей,
Тайтсаң бойма тилиңди, кет аўнаққа,
Ултан балам еситсе, бы-бы-басың тешей.
Қултай:
- Ойланаман сөзимниң ҳатасына,
Түйе ерер болар ма ботасына,
Тартып сөйле тилиңди, Гүлшин сақаў,
Хан да тийер болар ма атасына?
Гүлшин:
- Қайа көлдиң қамышы қолымды қыяй,
Қамыш қыйған жаяны пахта тыяй,
Тайтып сөйле тилинди, кет аўнаққа,
Ултанханым еситсе, төбеңди ояй.
Алтын қаслы ақ мылтық аттыяйман,
Шықпас иске басынды шаттыяйман,
Тилиңди тайт, алжыған, кет аўнаққа,
Етлейиңди гүйжиге тайттыяйман.
Қултай:
- Ертең сәске Ултанды турған байлар,
Қасындағы көп қуллар одағайлар,
Қалай-калай сөйлейсең, Гүлшин сақаў,
Өткен дәўран басыма сонда айланар.
Гүлшин:
- Оң жағымнан сен туўған айымбедиң?
Жасымда ойнамаға қайымбедиң?
Келген сөзди аўзыңнан қайтаймадың
Күлискен бийге ойнаған байымбедиң?
Қултай:
-Жуўырып таўдан гүллер термедик пе?
Бирге ойнап мениң менен күлмедик пе?
Сен қозы, мен түйени баққан жылы,
Бир қумнын баўрайында жатпадық па?
Гүлшин:
- Шашымды бестен тайлап өйгеним жоқ,
Таў басында сениң менен жүйгеним жоқ.
Тайтып сөйле тилинди, өлим бейгий,
Сендей қулды түсимде көйгеним жоқ.
Қултай:
- Бағдан алып бир писте татпадық па?
Жеңге деп бир алманы татпадық па?
Ақ түйениң қәтеби аўған жерде,
Жастанып жабағыны жатпадықпа?
Гүлшин:
-Айтаман айт дегеннен қал өн шоқ,
Буздыйған бек саўытын қойғасын оқ,
Аўзыңа келген сөзиң қайтаймадың
Түсимде сендей қулды көйгеним жоқ.
Қултай:
- Бирге ойнап, мениң менен жүргенинди,
Дәўранды аз ғана күн сүргениңди,
Алпамыс қустан келген күни ақшамында,
Умыттың ба қой қорада көргениңди.
Гүлшин:
-Тейгеним жоқ бағдан гүлди,
Көзиңе көйсетсин көп зулымды,
Аўзына келген сөзди қайтаймайды,
Уйып жибей майданға ғайып қулды,
Қултай:
- Айтқан сөзиң өзиңе билинбейди,
Бирге ойнап мерекеде күлгениңди,
Қызық көрип далада қой баққанда,
Гүлшин сақаў, умыттың ба бирге ойнап жүргениңди?
Қойды бағып отардан қайтпадың ба?
Қайын деп дақыл сөзди айтпадың ба?
Биз екеўимиз қойларды бақпадық па?
Бойыңды жыйнай алмай жатпадың ба?
«Қултайдың» мына сөзи ақылын алды, сол ўақытта сақаў шоры ҳайран қалды. Ярым ақшам ўақтында сақаў шоры тутлығып, «Қултай» қулдан жеңилип сөзден қалды.
Әне сол ўақытта төрт жаршы төрт жақтан қыйқыў салып киятыр:
-Тойға келген тойшылар,
Ултан ханның тойы бар,
Алтын қабақ аттырып,
Тамаша берер ойы бар.
Мерген болсаң барасаң,
Талапкер болсаң барасаң,
Тамашагөй болсаң, барасаң,
Ҳәр ким атып түсирсе,
Жағасы алтын, жеңи зер,
Қара тонды кийесең.
Мерген болсаң, бара бер,
Алтын қабақ тиклейди,
Алтын қабақ атасаң,
- деп қыйқыў салып баратыр.
Байсында сексен мерген бар еди, сары жайын ийнине салып, атын хатқа берди. Алтын қабақ тиклетти, арбадан қамал қылды, мергенлер сәскеде атыспақ қурды, песинге дейин ҳеш кимниң оғы тиймей ҳайран болды. Намазлыгер ўақтында «Қултай» ханның қасына барды:
- Хан иним, саған арзым бар,
Бул сөзиме қулақ сал,
Алпамысжанның барында,
Боз булақтын бойында,
Жылқы бағып жатқанда,
Кийик пенен қуланды,
Булаққа келген ўақтында,
Тастан гезе дүзетип,
Атар едик екеўмиз.
Оның оғы тийгенде,
Мениң де оғым қаяған жоқ.
Алпамыстан көрип қалған,
Мергеншилик өнерим бар еди,
Атайын десем, жайым жоқ,
Атайын десем оғым жоқ,
Оқжай таўып бере ғойсаң,
Мен де атып көрейин.
Сол ўақытта қос жасаўылға буйырды:
-Барың «Қултай» ағаңа ҳәр мергенниң оқ жайын алып бериң қолынан, ол да атып көрсин, - дейди.
Ҳәр мергенниң оқ жайын алып берди қолынан, атайын дейди оқласа, тартып қараса сынады, сынғанның кеўили тынады. Намазлыгерге дейин Байсында сексен мергенниң оқ жайының бәрин сындырып, мергенлерди тындырды, ханға және келди:
-Хан шырағым, ағаңның,
Белинде мәдет бар екен,
Жүзинде қуўат бар екен,
Алпамыс атқан сары жай,
Шегими қатты полаттай,
Турған шығар боз үйде.
Апкелдирип сен берсең,
Үйренискен жай еди,
Мен де атып көрейин.
Еки жигит жиберди,
Қыймылдата билмеди.
Бес жигитти жиберди,
Бул қозғалта билмеди.
Он жигитти жиберди,
Тәбирете билмеди.
Жигирманы жиберди,
Бул көтере билмеди.
- Қултай аға, бул жайды ким көтерер, билесең бе сен? - дейди. - Усы жайды көтергендей Байсында жигит бар ма, билесең бе? - дейди.
- Әлбетте, мен билемен, - дейди. - Алпамыс кеткенде Баршынның бойында алты айлық ҳәмиле қалып еди, келиним ул туўып еди, атын Жәдигер қойып едик, бала жети жасына келди, қой бағып жүр шөллерде, апкелдирсең сол баланы, ерден туўған ер еди, жаслық етпес сол бала, сол көтерер жайды деп, сынамаға баланы, хызмет буйырды.
Хан ҳәмир қылды, Жәдигерди ким алып келер, - дейди. Тоқсан үйдин жигитлери бармаға ырайлы болды. Жәдигердиң еки немере дайысы ханның алдында жасаўыл болып жүр еди, ярым ақшамда ханның қасына келди:
- Хан аға, Жәдигерди апкелсек, не бересең? - дейди.
- Биреўиң қус беги, биреўиң метер беги болың, - дейди.
Екеўи атланды. Қаладан шыққан ўақытта «Қултай» барды:
-Ҳаў, инилерим, арзым бар,
Егленип турың, қулақ ас,
Урып жүрмең баланы,
Алдап-арбап алып келиң,
Бириң болдың қус беги,
Бириң болдың метер,
Егер урсаң баланы,
Қудай сени әўере етер,
- деп «Қултай» қала берди.
Жасаўыл тилин алмады,
Сөзине қулақ салмады,
Ат ойнатып кете берди,
Ақшам менен жол жүрип,
Күн шашырап шыққанда,
Барды булақ бойына.
Барса, Жәдигер баратыр қойды өрдирип.
- Ҳә, Жәдигер, Жәдигер, - деп ат ойнатып қасына барды.
- Хан жиберди бизлерди,
Хан шақырды сизлерди,
Жәдигер балам келсин, - деп.
Жәдигер тилин алмады,
Сөзине қулақ салмады,
Баратыр қойдын кейнинде.
Ашыўланды жасаўыл,
- Жүўернемек урныққыр,
Неге тилди алмайсаң?
Сөзиме қулақ салмайсаң?
Биреўи шықты оңына,
Биреўи шықты солына,
Қамшы урды мойнына,
Шырқыратып айдады.
Әйне түслер болғанда,
Отыр еди Баршынжан,
Боз орданың ишинде,
Өз-өзинен емшеги,
Булақ болып ийеди,
Жүреклери ҳәўлирди,
- Не болды екен қудайым, - деп,
Майданға шығып қараса,
Жалғыз улы Жәдигер,
Киятыр аттың алдында.
Қос бүйреги солқылдап,
Көзинин жасы мөлтилдеп.
Сол ўақытлары Баршынжан,
Ағажан, деп сөйледи:
- Атлар шапқан узақ жерге даланы,
Яд әйлегил жылап қәдир алланы,
Арзымды есит, еки бирдей жан аға,
Ура бермең атасы өлген баланы.
Бул жерлерде ашылмаған лалалар,
Жылаған бендени бир алла қоллар,
Арзымды есит, еки бирдей жан аға,
Жетимимди ура бермең, ағалар.
Сол ўақытта Жәдигердиң енесине көзи түсти. Енесине гийне етти:
- Кир үйиңе, ғапыл бол, енежан,
Нәмәрт қулға жүзиң түспесин.
Баршынның табы болмады.
- Кеўилиңде қалмасын қыйлы қалларың,
Нашарлықтан не болыпты ҳалларым,
Жетимимди ура бермең, ағалар,
Жәдигердей жетим қалғай балларың!
Әне Жәдигерди айдап, боз ордаға апарды, жайды көтер деп балаға ҳәмир салды, көтерейин деп еди, жер баўырлап жығылды, екинши зор етти, қара жерге Жәдигер дизесинен көмилди, көтере алмасын билип, пирим деп жылады:
- Жерди, көкти халық әйлеген илайым,
Жети жастан неден болды гүнайым,
Жайды көтералмай жылайман өзим,
Жетимиңди қолла қәдир қудайым.
Атын Қаўыс-Қыяс әлемге толы,
Қызыр бабам менен жүрипсең белли,
Жетимниң пирисең, я ҳәзирети Әлий,
Жетимекти қолла қәдир қудайым.
Атадан айырылған мен де сайылман,
Ҳәр не қылсаң, өз еркине қайылман,
Жайды көтералмай өзим жылайман,
Қоңыраттың бабасы, қолла, Жайылған.
Сол ўақта Жайылған ғарры пири қасына келип:
- Балам, көтер жайды, - деп, жаўырынына урды, аўзына түкирди, балаға қуўат кирди, жайды ийнине салды, туқтыйды белине шалды, бир мысқал, жеп-жеңил. Атасынын қасына барды, көрип кеўли толды, оң колынан тутты, қурдың сыртына шығарды.
- Кете бер, балам сен, - дейди,
Ярым ақшам ўақтында,
Алла деген даўысым,
Бара қойса қулағыңа,
Байшубарды мин, дейди,
Әйне намаз ўақтында,
Байсын елге кел, дейди.
Ҳәр бетинен бир сүйди,
Сол ўақытта бала атасын танып, қуўанып тасып, жолға рәўана болды.
XXIII бөлим
Әне алтын қабақтың касына келип,
Жайды көрип кеўили толды,
Пирли оқтан оқ алды,
Гириске оқты қыстырды,
Гүпшекке тиреп өкшесин,
Бир оқты тартып жиберди.
Атқан оғы батырдың,
Қол күшине шыдамай,
Ийттей үрип барады,
Бир атқан оғы тийеди,
Сабағынан қыяды.
Қуллар кетти жуўырып,
Хан алдына барады,
Байрақты бер, хан аға,
Қултай атып түсирди,
Ханлық ҳәм келди бизлерге,
Мергенлик келди бизлерге,
Қултай ақылдан шашты,
«Қултай» атқан байраққа,
Қәтқудалар таласты.
Әне, сол күни Ултан атлы патшаның неке қыяр күни еди, Алпамыс Баршынның қайда отырғанын билмей ҳайран болып жүр еди.
Әйне қуптан ўақтында,
Бир үйден сес шықты,
Жақынлап барып тыңлады,
Тыңласа Баршын отыр екен,
Боз орданың оң жағында.
Шымылдық ишинде Баршын тексиз қулға султан басым қор болатуғын болдым-аў деп, өз басын өзи жоқлап отыр екен Баршынжан, ҳәўжар айтып зар жылап:
- Зер көйлектиң етегин илер ме екен, яр-яр,
Қәдиримди тексиз қул билер ме екен, яр-яр,
Қор қылма бундай қулға султан басым,
Жанымды алсаң қайылман, пәрўардигар, яр-яр.
Қәдиримди тексиз қул билер ме екен,
Дос жыласа, душпанлар күлер ме екен,
Қор қылма тексиз қулға султан басым,
Атасы Жәдигердиң келер ме екен, яр-яр.
«Қултай»:
-Айт дегеннен айтаман Гулпаршыным,
Мына сөздиң мәнисин бил Баршыным,
Байым өлип, жети жыл тул болдым, деп,
Ултан қулға тийгенше, өл Баршыным,
Байсырасаң сен маған тийши Баршыным, яр-яр.
Баршын:
- Қудайым басқа салған бир даўаға,
Батыр гезер шөллерге ат шаппаға,
Тийейин деп жүрмедим тексиз қулға,
Душпан болып сөйлеме, жан қайнаға.
«Қултай»,
- Зер көйлектиң етегин илсең бойма,
Қәдирин мендей қулдың билсең бойма,
Байың өлип, жети жыл тул болдым, деп,
Ултан қулға тийгенше, өлсең бойма,
Байсырасаң маған тийсең бойма, яр-яр.
Баршын:
- Патша болсам мен өзим билгир едим,
Жалғызымның жолына дилгир едим,
Тийейин деп жүрмедим тексиз қулға,
Жетимектиң атасы деп жүр едим, яр-яр.
«Қултай»:
-Сейис гезер жолларда атын тартып,
Тәўиплердиң қолында мүйиз қартық,
Байсырасаң маған тий, келин балам,
Қулдан қулдың қай жери артық, яр-яр,
Баршын:
- Мен билмедим қалмақтың алысын-аў,
Усы күнлер келип жүр намысым-аў,
Көрер күнлер бармекен жалғаншыда,
Аңлап турман султаным даўысыңнан, яр-яр,
«Қултай»:
- Ғарры адамның қәдирин билер болар,
Дос жыласа, душпаның күлер болар,
Байсырасаң маған тий, келин балам,
Иниси өлсе, қайнағаға тийер болар, яр-яр,
Баршын:
- Бүркенгеним басыма бир жалаң қат,
Бир жаным бар, ол қудайға аманат,
Ашыўланба сөзиме, Байсын төре,
Келиппедиң журтыңа саў-саламат, яр-яр,
«Қултай»,
- Ғарры адам қәдириңди билмей ме екен,
Көзине қайнағаны илмей ме екен,
Байсырасаң маған тий, келин балам,
Иниси өлсе, қайнағаға тиймей ме екен, яр-яр,
Баршын:
-
Шөлди гезип жүрмедиң дәрбедерим,
Сен кеткенде ким болар қәўендерим,
Шақырғанда қасыма келши, төрем,
Атам деп зар жылады-аў Жәдигерим.
«Қултай»:
-
Әреби атлар шөллерде желемекен,
Қәдириңди тексиз қул билемекен,
Байсырасаң маған тий, келин балам,
Өлген адам айланып келемекен, яр-яр,
Баршын:
- Әреби атлар шөллерде желсең бойма,
Қәдиримди мен сорлының билсең бойма,
Ашыўланба сөзиме, Байсын төре,
Шақырғанда қасыма келсең бойма, яр-яр,
«Қултай»,
-Зер көйлектиң етегин илсең бойма,
Ғарры атаңның қәдирин билсең бойма,
Майдандағы кисини сен шақырып,
Пышақ урып ишиңе, өлсең бойма, яр-яр.
Баршын:
- Ол ағашы дәрьяның, бул ағашы,
Отқа салсам жанбайды ҳөл ағашы,
Ашыўланба сөзиме, Байсын төрем,
Шақырғанда қасыма келе қалшы, яр-яр.
«Қултай»:
- Ол ағашы дәрьяның бул ағашы,
Отқа салсам жанбайды ҳөл ағашы,
Жолдан өткен жолаўшыға қолын былғап,
Пышақ урда ишиңе, өле қалшы, яр-яр,
Баршын:
- Дүң көтерип суўаттан суў аламан,
Көрсем молла, хожадан дуўа аламан,
Жети күнлер болғанды сен келгели,
Оң қабағым мен тартып қуўанаман, яр-яр.
Қуптан ўақытта елес-қапас болып,
Ыңыранып Алпамыс үйге кирди, яр-яр.
Әне еки бирдей шын ашық боз ордада дусласып, әстелик пенен жыласып, табысқан екен екеўи. Баяғы наны суўға батқан қатынлар, шерменде болған қатынлар Ултанның қасына барып, бүгин қол усластырып кетейик, қәдемизди бер, деп турған кусайды.
- Не кәдеңиз бар? - дейди.
- Қол услатар қәдемиз бар, - дейди.
Сол ўақытта қул ғоддаслап атырған кусайды:
- Кетиң атаңа нәлетлер, ондай қатынды алмайман, қасына сирә бармайман, - деп.
Сол ўақытта қатынлар мәсләхәт етип турыпты:
- Өзи патша болған соң, бизлерге наз етип атырғанды, «хан сыйлаған қалый болмас» деген, ақ кийизге салайық, тум-тусынан көтерип, жигитти ҳүрметлеп алып барайық, - дейди.
Ултанды ақ кийизге салады, тум-тусынан көтерип алып жөнеди.
Баршын жатқан боз ордаға,
Қатынлар жақын барады,
Кәйўанырақ биреўи,
Алдында өзим кирейин,
Хызмет етип берейин,
Күйеўи келсе тур, дейин,
Керилип хызмет қыл, дейин,
Тәғдирге қайыл бол, дейин,
- деп, бир қатын кирди алдында, қатынлардың алды кирди, қулдың бели босағаға кесе келди, әўели келген қатынның Алпамысқа көзи түсти:
- Абысын, абысын, маңлайымыз қурысын! Үниң өшсин, қул атасы деген пиядаңыз, мырзаға келин қалған екен журт ийеси - деп, қулды босағаға көтерип урып қашты. Ултан жайынан турды, есикти таппай төрге қашты. Ҳәр жабыққа бир соқты, есикти тапқан ўағында Алпамыс жайынан турды, жаўырынына пәнже урды, Ултан қулды тутып алып, шалқасына салып, геўдесине минди, тартып урар қылыш жоқ, түйреп шаншар найза жоқ, бир қолын төбесинен услап, бир қолын ийегинен услап, қулдың басын жулып алды. Қалаға жар урылған, көше қадаған болған, майданда жүрген жанлар жоқ, алпыс еки ҳәмелдар, жетпис еки мөҳирдар ханның мәсләхәтхана есигине барды. Бирдем жерди алады, майданға турып Алпамыс, әстерек ғана сол жерде бир ғалаўыт салады. Не ғалаўыт табылды деп, бир жигит жиберип еди, есиктен шыққан ўағында мойынын жулып алады. Бул адам неге келмеди деп, екеўиңиз шығың дейди, еки жигит жиберсе, екеўиниң мойынын услап, биреўиниң маңлайын биреўине қарсылдатып урады. Үшеўиң шығып көр дейди, үшеўи шықса майданға, биреўин батыр көтерип, анаў үшеўин урады, кимниң басы жарылған, кимниң аяғы сынған, кимниң қолы сынған, ўай-ўай деген көп болды. Ашыў менен Алпамыс бир аҳ урып жиберди, атасының даўысын еситип, жалғызы Жәдигер:
Әйне сәҳәр ўақтында,
Байшубарға минеди,
Саўыт кийип сайланып,
Көк темирге бөленип,
Булақтан шығып Жәдигер,
Қалаға қарап жөнеди,
Әйне намаз ўақтында,
Қалаға барып киреди.
Алпамыс турып қараса,
Жәдигер аттың үстинде,
Еки көзи жаўдырап,
Кекиллери салбырап,
Байшубары астында,
Қарағай найза дәстинде,
Сәлем берип қол қаўсырып,
Келди бала атасының қасына.
Ат жылаўын бер, дейди,
Тамашамды көр, дейди,
Пәтия бер, жан ата, деп,
Жәдигер турып сөйледи:
- Өшлиден өшимди алайын,
Кеклиден кегимди алайын.
Сол ўақытлары балаға,
Пәтиясын береди,
Бала атты бурады,
Дәрўазаның аўызына,
Ат ойнатып барады,
Еки бирдей дайысы,
Қайда кетерин билмей,
Ҳайран болып тур еди.
- Айланайын, дайыжан,
Бир қамшы урдың, сен, - дейди
Кек етпеспен, мен, - дейди,
Жас адамда кек болмас,
Жаман адам тек болмас,
Өзи болған жаманды,
Сирә жақсы деп болмас,
Қолыңды бер, жан дайы,
Мен зыярат қылайын.
Қуўанып кетти дайысы,
Ҳәм баўырым, ҳәм жийеним,
Атаң аман келди,
Көз айдын болсын сизлерге.
Қулларға намыс кетти, деп,
Қапа болып жүр едик,
Тилеклесиң биз едик.
Қушағын ашып жуўырды,
Еки бирдей дайысын,
Жылдам тутып алады,
Байшубардың шылбырын,
Дузақ қылып екеўиниң,
Мойнына салып алады,
Байшубарға сүйретип,
Еки бирдей дайысын,
Атасының қасына,
Бала алып барады,
Ата саған саўға, деп,
Атасына береди.
Аттың басын оқтарып,
Жәдигер кирип қалаға,
Тоқсан үйли қуллардың,
Бир шетинен тийеди,
Алла, алла, алла, - деп,
Яшшери дарға деп,
Мәўлен өзиң қолла деп,
Ат қойды Жәдигер.
Қарсы келген қулларды,
Қайырмай кесип басыны,
Туўры келген қулларды,
Сүйреп шаншып барады.
Ат қулағы терледи,
Жәдигердиң урысы,
Песин ўақта өрледи,
Гелле кести, қан төкти,
Қырғын қылып барады,
Күнниң жүзи думан болды,
Белли ақыр заман болды,
Топалаңнан жаман болды,
Тоқсан үйли қуллардың,
Жәдигердиң дәстинен,
Қутылмағы гүман болды.
Кылыш урды, қан төкти,
Шубардың басын бурады,
Намазлыгер ўақтында,
Тоқсан үйли қулларды,
Туқым қурт қылып қырады.
Атасының қасына,
Ат ойнатып Жәдигер,
Сәлем берип барады.
Ҳарма, балам, ҳарма, - деп,
Көтерип алды баласын,
Баласы менен қосылды,
Сол күни жатып мийман болды.
Ерте намаз ўақтында,
Қалаға жар урдырды,
Байсынның елин жыйдырды,
Мал семизин сойдырды,
Қырық күн тамам той берди,
Қырық күн ойын еттирди,
Алтын қабақ аттырды,
Нақыра, сырнай тарттырды,
Төркүлли ошақ ойдырды,
Узаққа атты шаптырды,
Аман-есен баласы менен қосылып,
Байсын деген елатта,
Бөйбөри байдың баласы,
Алпамыстай ер жигит,
Толықсып дәўран сүрип,
Әдил патша болып,
Мурат-мақсетине жетти.